tgindex
Baxıtlı SARÍBAEV

Baxıtlı SARÍBAEV

Статистика
@BaxitliSaribaevузбекский

Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

Последний пост
14 авг.
Последнее чтение
13 авг.
Постов за неделю
10
Всего постов
27
Тип
открытый
Язык
узбекский
В каталоге с
13 авг.
Подписчики
1 074
−2 за 4 дн.
Сутки
−1
−0,09%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
257
27 постов
Вовлечённость
23,9%
к подписчикам
Постов в день
1,4
всего 27
Упоминаний
3
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
217
1/48двое суток
248
1/72трое суток
268

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • без подписи

  • без подписи

  • без подписи

  • @BaxitliSaribaev

  • Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Ортаға пул шыққан соң тезирек алып жоғалмасаң, биреў келип қалса, жетер-жетпеске гәп боласаң, буны Оразгүл жақсы билгенликтен отыз бесликлерди жалман-жан қопыратыўы менен халатының қалтасына тықты, енди тымпыйып отырып сөйлеспекши болып атырғанда Әмирханның бирге ислейтуғын Әмеков ҳәм Шәмеков деген еки жалатайлаў жорасы келип қалды, Әмековының да, Шәмековының да аш көзлери өзин тинтинип жеп сала берген соң, нашар бала, қымсынып шығып кетти. Прилавкадан ишкерилеп, орынына турып алғаннан соң қарыйдарлардың ғаўырлысына да итибар берместен: "меннен қутылып болыпсаң!" деди Әмирханға ишинен ҳәм анаў бөлимлердеги бийнеке күндес дүканшыларына жеңимпазлық салтанат пенен қарады, саўданы соң баслады. Бул түстиң алдындағы ислер еди, түстен соң Әмирханның өзи: "базар ошарыңа бара ғой", деп урықсат берип жиберди. Жол-жөнекей керекли нәрселердиң бәрин әнжамлап, базардың үстинен үйине келди. Көкиреги алып ушып баратыр, сирә баяғы жаңа қойынласқан күнлери буны буншелли арзыў-ҳәўес пенен күтпес! Қалай болмасын Айбөректен Әмирханның дыққатын өзине аўдарып ала алмаса онда өзинен көрсин Оразгүл! Кеңесгүлден қызғанып жүргенинде Айбөректиң тап болғаны қыйнап жүр еди бул байлары тири жесирди, бирақ бул күнлери Әмирхан Айбөрегин Жердашына узатып үлгерген соң: "енди Кеңесгүлден тартып алмай неси бар!" деген де қыял болды Оразгүлге. Кеңесгүл узын бойлы аршын төс, көзлери кийиктиң көзине меңзеген, домбыра бөксе, қыпша бел, даўысы сырнайдың даўысындай қубылыңқырап саз шығатуғын, териси ақ қағаздай тынық, қартая келе келсең кел дейтуғын кейўаны болатуғын, гүдарыдай созылған сулыў нашар еди, сулыўлыққа оны "жырып жибере" алмайтуғынын Оразгүл жақсы биледи, бирақ өзиндеги пышықтың баласының ойынындай сүйкимли қылықлы жылўаның Әмирханды бәнт ететуғынын да жақсы түсинеди, әри Кеңесгүлдей салақлаў емес. Оразгүл жуўынып-артынып, өзин жарастыра боянып, уқшатып жүретуғын туяна. Ол өзиниң усы артықмашлықларына исениңкирейди. Кеңесгүлге қарағанда пәк нәрестениң қылығындай жақсылап, жарастырып еркелей алады. Ҳәзир ҳәм трюмоның алдында рольге таярланып атырған актрисадай кишкене қыздай былай етип бултыйып өкпелеп, ер жеткен қызға қусап, мәстана бағып, түрли муқамға дөнип көрип атыр. Шифонерден қара иш көйлегин, мәмишқабын, плавкасын алды. Аппақ тәнине усыларды тартқанда териси контрастан бурынғыдан да жуқарып, бурынғыдан да ағарып мүсиндейленетуғынын, Әмирханның әйне усындай пайытлары делебеси қозып қуштарланатуғынын жақсы билгенликтен ҳәм моншадан шығарда соларды кийиўге уйғарды. Кеште аўыздағы өжиреге әтирин келистирип дәстурхан жайды, түрли-түрли мийўелер, Әмирханның арқасын қоздыратуғын бир графин геширдиң ширеси, армянь коняги, бәри-бәри қойылды. Газ ошақта семиз қойдың төрт-бес кило гөши сорпада аўнап түсип бүлкилдеп қайнап атты. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 13. 08

  • Ғәрезсизлик байрамы ушын @BaxitliSaribaev

  • ▶️ Өмириңизди жақсы тәрепке өзгертиўдиң ең жақсы жолы - бул ҳәр күни пикирлериңизди, сезимлериңизди, сөзлериңизди ҳәм ҳәрекетлериңизди жақсы тәрепке өзгерттириў. ▶️Kим кеселликлер хаққында көп айтса кеселленеди, гуллеп жаснаў ҳаққында көп айтса гуллеп жаснайды, хәр бир пикир дөретиўшилик қәсийетине ийе, хәм Әлем ҳәр бир пикириңизди дәлиллеп бериўге умтылады. ▶️Арзыу етиң. Әлем арзыў етиўшилер тәрепинде болады. @psixologggiya_6434 @BaxitliSaribaev

  • @BaxitliSaribaev

  • Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Соң-соң үйге зат келе баслады, бул нашардың Әмирханға сүйгилик екенлигине әлле қашшан бундай ислерден қалып қойған, сонда да сүйгиликке қараўыллық етиўге жарайтуғын, бала-шағалары таслап кеткен кемпир менен ғарры гүманланған жоқ. Деген менен, ғаррысы қартайып, бес ўақ намазын тасламай, жасындағы қуран китапларды өртеген гүнасы ушын қудайға қулшылық етип жүрген адам екен, "ҳарамлылықты көрип отыра алмайман" деп ойлады ма, дым үндемей Оразгүлге соңғы үш айының пулын төлеп көшти де кетти. Бул ўақытта бийнеке ҳаяллығына бир-еки жыл өтип, Оразгүлдиң де болары болып қалып еди, Айбөректи де Әмирханның ым-жымы менен буған Оразгүлдиң өзи шығарып берди. Несине қызғанады, қызғанғаны менен де не пайда, түбинде өзин ҳаяллыққа алмайтуғыны мәлим, оның үстине "ер адам деген ойлағанын ислемей турмайды, усыннан хабар алмай кетсе де, жәрдем қолын созбаса да, дүканында сүйеспесе де, жайынан, ҳәтте жумысынан қуўып жиберсе де жақсы емес, дәретине шөп шаныша алмайсаң, соның ушын шыдай бер, Оразгүл, шыдай бер!" Төрги жайда он алты-он жетилердеги айдай Айбөректиң "аға жан!"лаған даўысы шығып атырғанда да ол өзине өзи "шыдай бер, шыдай бер!" деп тәўелле салып, өзин өзи шымшып жылап отыр еди. Сол ақшам бул сол отырған аўызғы өжиресинде жаттыдағы, төрги өжиресинде Айбөректи аймалап, сыртқа бир де шықпай қойған Әмирханын өлгейлиден қумарлық пенен сағынып атты, қызғанып атты, қызғанғаны менен не пайда, "ер адам өзи дийдине" жетпей қоймайды. Бул ҳәдийсе тағы, тағы, тағы тәкирарлана берди, ақыры қызғаныш та қалды. Оразгүлдиң ети өлип кетти. Бирақ, өзиниң де Әмирханға сүйгилик болғанын, аманатын усыған тапсырғанын тис жарып Айбөрекке айтпады. "Етегимди туңғыш мәрте кимниң ашқанын Оразгүл ападан басқа ҳеш ким билмейди" деп ойлады Айбөрек те. Жумысына барған соң да Оразгүлден бурынырақ ислеп атырған дүканшылар Оразгүлдиң сынған ақшадай болып қалғанына қуўанғанынан-ақ Айбөрекке ҳеш нәрсе айтпады. Сөйтип жүргенде Оразгүл Тахтакөпирли бир бай ширкетке екинши ҳаял болып тийип алды да: "ҳаққыңнан шықтым!" деп отырғанының себеби ширкет Әмирханнан бай, ҳәтте меншик "Волгасы" бар, ҳәптесине бир-еки күн қонып кетеди. Бара-бара буннан қай күнлери келетуғыны базардың ҳәптениң қай күни болатуғынындай Әмирханға да, Оразгүлге де мәлим болып қалып еди. Тахталы бай келмейтуғын күнлери "хабар алармекен" деп елеңлеп жатып жүрди Оразгүл. Жақ, хабар да алмады, Оразгүлди тилине де баспады, сонысы батты Оразгүлге! "Та-ап, қудайдан тап!" деп қарғанып жатады түнлерде әлле қандай да бир ашыўлы ҳәўес пенен. Бир күни (Тахталы бай келмейтуғын күн еди) алдына кабинетке шақырды ҳәм: "Қалай аўҳаллар, көптен бери хызметиңди көрмедик-ғо" деп күлди, Әмирханның усы күлкиси, жеңил дәлкеги унайтуғын еди Оразгүлге. Оразгүл өкпе-гийнесин айтыўға қайымласып атырғанда: "кешлеў бараман, ғәрежет етип қой", деп, алдына гилең бүкленбеген отыз бесликлерди таслады. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 12. 08

  • Сени биреў таслап кетсе өкпелеме. Қураны Кәримде Аллахтаала сондай дейди: “Олар сени таслап кетпеди. Мен оларды өмириңнен шығарып тасладым. Себеби сен еситпеген сәўбетлерди мен еситтим” дейди. t.me/maman_advokat

  • Өмир фортепианоға уқсайды. Ақ клавишлар - муҳаббат хәм бахыт. Қаралары болса - ғам хәм қайғы. Өмир музықасын еситиўмиз ушын биз онысын да, бунысын да басып көриумиз керек.

  • @BaxitliSaribaev

  • Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Оның оң жақтан еки қабаты баяғы Оразгүл Әмирхан менен дәўранды сүрип жүрген жыллары мийманхана еди-дә, қып-қызыл түрк гилемлери еденди, дийўалларды жайнатып туратуғын, диван, кәт, кресло, шифанер дегенлер усы үйге Әмирханның да үйинен бурын әкелинди, онда Әмирхан жүз пайыз ҳәз етип дем алатуғын, атлас халатларды суўсылдатып кийип, тек ғана трусийшең, жалаң аяқ жүретуғын, ал Оразгүлди болса тек қара плавка менен аппақ етип, тыржалаңаш жүргизип қоятуғын Әмирхан киргеннен кеткени шелли сыртқы қапы, ҳәмме айналардың қалың перделери ашылмайтуғын, күндиздиң күни-ақ тасқараңғы өжиреде сүтирең шыра жанып, оның сүтирең нурлары Оразгүлдиң де гирбиңсиз тынық беденин де сүтиреңге айналдырып туратуғын, ал Әмирхан болса Оразгүлдиң қәдди жатпаған, мелле ирең шүртиклери адамға гөзелип туратуғын тырсыйған ақ мәмишиниң араларынан ийискелеп сүйетуғын, емиренетуғын, еметуғын, сондайда жап-жас Оразгүл ғарры қасқыр аймалап атырған ақ маралға усап керилип жататуғын еди. Булардың бундай болып, ақ жыландай есилип жатқанларын, емиренисип уйпаласқанларын Айбөрек те, Кеңесгүл де, Гүлара да, Әширепи де, соң Айбөрек пенен орын алмастырған Сәнегүл де, Оразгүлдиң орнына алынған Нәзигүл де, әлбетте, көрген емес. Сонда да булардың тап үсейтип маўқын басысатуғынын олардың ҳәммеси де биледи. Өйткени, Әмирхан булардың бәри менен де усы жайда болмаса басқа бир жайларда сөйтип уйпаласқан, буларды сөйтип мыжырықлаған, соны ҳәммесиниң де ишлери сезеди, бирақ, бирине бири дым көрмеген сүттен ақ периште болып көриниўге ғана талпынады. Лекин, Айбөрек пенен Кеңесгүлдиң Оразгүлден жасыра алмайтуғын бир-бирден қупыялары бар. Ең әдеп, усы жай сатып алынбасынан бурын мынаў қубладағы өжиреде Оразгүл бақырып жибермеўи ушын өзиниң өримин өзи шайнап, аманатын Әмирханға тапсырды, соннан кейин ғана дүканның есигин ашты. Он жетидеги жас жетим қыз Әмирханның дийдинен шыққанлығы соншелли, тамның сыртына: "жай сатылады" деп жазылыўдан дәлдәлши жиберип саўдалатты, өзи келип саўдалаўға уялды, себеби, бул да бир өзи жумысқа киргизген, соңғылығында байыған, ақыр изинде мойынына ондай пул түсип, "үйге түспей" қалыўы ушын жайын сатыўға мәжбүр болған ғәриплеў дүканшы еди. Тез төлемесе тюрьманың темир қапысын елеслетип турған дүканшыда не сын болсын, шалқаярлық шама жоқ, дәлдалшы менен ап-арзанға-ақ шаппат урысты да келисилген пулды кешқурын санап алды. Дәлдалшы: "бул қыз отыра турсын, мен елеберин көшип келе алатуғын түрим жоқ", дегенде де, Оразгүл буған: "бир өзим қорқаман ғой" деместен үнсиз көнгенде де жайын Әмирханның алып атырғанын сезген де, ойлаған да жоқ, жылан шыққандай, тасыр-тусыр районға көшти де кетти. Бул қызға ес болғандай жуўас кирейкешти де Әмирханның өзи тапты, соған шекем ақшамлары түўе базда күндизлери де бул үйдиң перделери тасқамал бекитилип, есиклери иштен қулыпланып, сүтирең шыралар жанып, ақ мәрмәрдей Оразгүлдиң сүтирең бедени, нәфийс ақ сийнеси Әмирханның жүнлес омыраўының астында езилип, ғаз мойынлары, ақ буғақлары көкталақ болғанша сорылып атты. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 11. 08

  • 🦋Өзиниң ишки ҳаўазын тыңлап, адам ең туўры қарарларды қабыл етеди, ең унамлы режелерди алдына қояды хәм ҳәр бир нәрсеге тереңирек қарап, өз қәлеўлерин аңлап, оны әмелге асырыуға ең қысқа жолды таўады. Жон Кехо 🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊

  • Жанашыр достым Жолықтырған сендей жақсы бир досқа Көп еслеймен магистрлик жылларын. Ғәниймет мәўритлер кетпеди босқа, Жақынласты сонда кеўил жоллары. Арзыў-тилегимди асырған иске, Шексиз миннетдарман сақый әлемге. Садық дослық ийе қүдиретли күшке, Ең керекли демде келдиң жәрдемге. Сыйлы орын берип төриңнен маған, Шын жүрегиң менен жақсылық еттиң. Жомартлығың кеўилиме унаған, Исиң менен дос болыўды үйреттиң. Ата-анаң баласындай қәдирлеп, Қуўатлады сениң тутқан жолыңды. Шүкир етип мириўбетли тәғдирге, Дослық сезимлерге бойым жылынды. Өмирде шын дослар болар санаўлы, Қатарына кирдиң сондай дослардың. Үлкен парыз санап шадлық арнаўды, Муңайғанда кеўилимди хошладың. Сақландың зейниме алыўдан тийип, Жаным азықланды жақсы сөзиңнен. Сонлықтан мен ушын мәртебең бийик, Сөниўди билмейди дослық сезимлер. Атап өтсең физиканың заңларын, Жалғастырдым әдебияттан гәп қозғап. Қәдирледик ҳәр кимниң өз таңлаўын, Пәнлер додаланса арқамыз қозған. Физика, әдебият - үйлеспес, бәлким, Бирақ досласыўға болмады тосық. Кеўлимиздиң серлеп қуўаныш, дәртин, Ўақыт өткен сайын нығайды дослық. Қарсы алғаныңда жаңа жасыңды, Дослық тарийхына дыққат аўдардым. Кеўлимдегин айтып маўқым басылды, Шадлық жылқым мәканлайды таўларды. Жора, қутлы болсын туўылған күниң, Қурдас пенен өмир сүргил бахытлы! Ҳеш қашан кетпесин жүзиңнен күлки, Ийелей бер адамгершилик тахтын! 10-август, 2026 Бахытлы Сарыбаев @BaxitliSaribaev

  • Táriyipke til jetpes aqlımdı aldı https://youtube.com/shorts/pkzRWCR2Rbo?si=etC5ZJlDFxTCkDYB

  • Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман - Жақ берсин! - деди Тәңирберген. - Ишпесең, тегиңе тур, Сийсен! Айекең деген сендей қатын емес, ўәдесинде турады!.. Бул ўақытта жаслы көзлерин бир қолы менен сыпырып, бир қолы менен жүктиң арасынан бир шийше ақты суўырып бери киятыр еди. Айбөрек Сийсен созылған қолға қарап күлди, күлди де шыбынлағандай шыбыжыңлады: - Қәйтемиз енди, аламыз-дә! Алмасақ, кеўлиңе келсе, Айеке! - Арақты алды. Ҳеш ким былай шығың демегеннен соң-ақ қанша пияң болса да: "Басқа гөрге барып ишиң", дегенди уққан Сийсен: - Бул, көзи қызып, тағы ишип қояр, Тәке жүр, жүр, Нурекеңдикине. Олар тиртеклесип шығып кеткен соң да Айбөрек дүстөменине түсип, көп жылады. Жер шуқлап отырған Жердашқа көзиниң қыйығын салып-салып, өксип-өксип жылады. - Қоя ғоой, шабазым, енди ишсем, атымды басқа қой!.. Оннан соң да бир-еки мәрте ишип келди, оннан соң да Айекеңи айбарақ салмастан әлемниң муңын шақырып, өксип-өксип жылады, байына уғрын-уғрын бағып жылады. Соң-соң дым ишпеўге қарады. Сөйтип жүрген күнлериниң биринде жазасын өтеп, Оразгүл үйден шығып келген екен, бир жан садақасына бурынғы ислескен адамы сыпатында Айбөрекке де айттырыпты. Садақаға түслик ўақтында шақыртылғанлықтан Жердаш жумысына байлы бара алмай қалды, улыўма, Ақтубалылар, соның ишинде Жердаш та анда-санда болмаса қатынына тиртеклесип көп жүрмейди. Соның ушын ҳәм Айбөрек садақаға жесир қатындай жекке келди. "Садақа" деп, садақаға, "той" дегендей тойға усамайды, жыйналып атырған журт, сыртта бурқылдап қайнап атырған қазан, тартылып атырған табақ, есиктиң алдында дизилип турған машина жоқ. Көптен бери келмегенге ме, я өзлери уқшатып жай салып алғанға ма, Оразгүлдиң "Садовая"дағы бурынғы даңғаралы көринип жүрген жайы демниң арасында қорениш тартып, шөгип қалғандай ысқынсыз көринди. Баяғылары ҳәкленгеннен қайтып ҳәкленбегеннен соң ҳәги тозып, шаң басып, төбесинен суў жырып ағып, қуты қашқан. Силпилеп турған жаңбыр Айбөрек бул тамға жеткенде тамның карнийзинен соррыйып шыққан қаңылтыр тарнаўдан шарлап ағып, үйдиң әтирапын бирден суўытып жибергендей туйылды. "Буның қаяғында мерекеси? Мени алдап шақырған жоқпекен?!" деген де пәмге кетип, коридорға гүманланыңқырап кирди. Бурынғы қызыл сырға сырланып, ғалы паяндоз төселип туратуғын узын коридорда сыр, паяндоз түўе, қысы менен ишине от жанбаған ба, тақталары дүңкийип кетипти. Бул - узын коридор, коридордың ҳәр жағында еки қат өжиреден, жәми бес қат жай. Өжирелерге биринен өтип бирине кириледи, соның ушын да коридордан шығып турған еки қапы, қалған еки қапы сол еки өжиресиниң ишинде. Коридордың ҳәр қанатындағы еки өжиреде кишигирим бир хожалық оңыса бериў итималлығы бар. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 10. 08

  • 🦋Биз өз өмиримиз даўамында не нәрсеге исенсек ҳәм нени күтсек соған ерисемиз... 🦋Өмир гөззал екенине исенсеңиз - өмириниз гөззалласады... 🦋Егер өмирде жасаўдың мәниси қалмады десеңиз...өмириңиз өз мазмунын жоғалтады... 🦋Егер сиз "түскинлик ҳәм өмир сынақларынан шығыу жолы жок", десеңиз ол жолды табалмайсыз... 🦋Сиз өзиңизге исенсеңиз, ҳәр қандай қыйыншылықлардан шығыу жолын таўасыз ҳәм ол жолды әлбетте көре аласыз... Сиз жаманлықты күтсеңиз, ол келмей қалмайды... 🦋Әўметке исенсеңиз - оны жаратасыз... Бахытты кутсениз - ол сиз тәрепке жолға шығады... @psixologggiya_6434

  • @BaxitliSaribaev

  • 9 авг.375102

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Буны Айбөрекке сол мектепте оқыйтуғын баласы Бердаш айтып келди. - Ал енди, Айбөрек, - деди бир барғанында Үбайда жаны ашыған кейип пенен маңлайын жыйырып. - Кисиниң усы жүриси болса Сийсендей алкаш болмай турмайды, буны медик болғаннан соң мен жақсы ғана билемен. Ҳәзир арақ буўынба-буўынына сиңип бара береди, соң ишпесе басының арты қақсайтуғын болады, алдын ал, бала жан, алдын ал! - деп қапылтты. - Оңысығынан айырылып қалмасыңнан бурын алдын ал! Ойланып қараса ырас, Жердаш күннен күнге қумартып ишетуғын болып баратыр. Жылады, сықлады, сөйтип, бес-алты күн қойдырып та көрди, жақ, тийип-қашып тағы иштире береди мына Сийсен деген! Буннан айырыўдың исласын ойлайын десе, Жердаштың оқыўынан тапсырмалары жылдан-жылға аўырласып баратыр, оның тексериў жумысын дәптер-дәптер етип жазатуғын Сийсеннен басқа ийт жоқ. Сол жумыслары ўақтында тапсырылмаса Жердаш курстан курске өтпек түўе май бөксесине туфлийдиң изин қалдырып қуўады екен ГосПИ ден! Әне, оннан кейин ГосПИге киремен дегенше Нөкер Ниязовичке берилген сонша ақша, арақ, кийим-кеншек, оннан берги жағында Сийсенге ерли-зайыплы екеўиниң сонша жалбырақлаўлары менен көрсеткен иззетлери, кири-қоңын жуўып, үстин үтиклеп турғанлары бир пул! Қуўады да жибереди ГосПИден, шығынынан да бетер: "усының мийланына илим қона ма?!" деген журттың насағын айтсаң-ә!.. - Арақ деген не, шийшеси жигирма алты манат! - деди бир күни Сийсенге жалынып. - Бир өтинишим бар сеннен, соны орынласаң, арағың меннен! Ҳәр күни усы бизиң жаманға түк таттырмай келиң, Тәңирберген екеўиңизге күнде бир шийше әкелип қояман!.. - Я-ғааў, онсыз-ақ ишкизбей әкелейик! - деп ўәде берди Сийсен. Бизге арақтың кереги жоқ, тек бир, рети келип қалады-дә!.. Сийсен ўәдесинде елиў процент турды. Тәңирберген екеўи шала пияң: "Байыңды сүйеп әкелдик, инанбасаң, аўызын ийиске Айеке!" деди. "Егер ишкен болса, бир шийше арақты өзим қояман, ишпесе се-ен!.." деди бармағын солтаңлатып, дигирманның тартқышындай былғаңлап турып. Айбөректе де қыз күнинен қалған жуўҳалық бар: - Ырас па-әй? - деп аўызын ийискеди, уялған да жоқ, Жердаштың мойынына шапшып, аўзынан сүйип, сүйип алды, жылады, еңиреди, бармағының арасынан жигитлерге сығалап турып еңиреди. - Усындай ҳаялым болғанда, мен биллә ишпес едим! Сен ийт екенсең, мына нашарды буншелли жылатып қойғанша зәҳәрди ишсеңо! - деп бақырды Жердашқа шыны менен-ақ Сийсен. - Бизлерге ишсек болады, жылап баратырған бала-шағамыз жо-оқ, ҳаў ийт, сен неге ишесең?! - Ишпей келдик-ғо енди, ўай-боой, қойсаңызда енди, - деп атыр Жердаш. - Бизиң Айекең деген өйтип мени сөкпесеңиз де береди... - Бермей-ақ қойсын, кереги жоқ! (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 09. 08