tgindex
Б

БАБА МИЙРАС

Статистика
@Bazarbaev_Irazрусский

Ас салаўма алейкум азизлер бул каналда сизлер ҳәўескер шайыр Базарбаев Ыразбектиң жеке қәлемине тийисли қосықлары менен танысып барасыз Каналға жақынларыңызды мурат етиң

Последний пост
9 авг.
Последнее чтение
ещё не заходили
Постов за неделю
0
Всего постов
20
Тип
открытый
Язык
русский
В каталоге с
17 авг.
Подписчики
106
−1 за 1 дн.
Сутки
−1
−0,93%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
224
20 постов
Вовлечённость
211,3%
к подписчикам
Постов в день
0,0
всего 20
Упоминаний
0
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
121
1/48двое суток
138
1/72трое суток
149

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • Жасап атырмыз бүгинде, Өлемиз бырақ түбинде, Соның үшын өткинши, Дүнья деп күйип жүгирме. Шүкир деймен деним саў, Туўылған жерим елим саў, Түспейди жүзге жамаў, Тәўбем турса тилимде. Келдик жигирма алтыға, Ўахыт ушар алдыға, Қарамайын артыма, Табаным қалар тартыла. Бүгин 9- авгүст хош келдиң жигирма алты жасым

  • без подписи

  • "Мама" атлы қосығымыздың толық варианты шықты Ыразбектиң сөзине, Берик бийсенбаевтиң намасы ҳәм атқарыўында

  • Мама атлы таза қосығымыз шықты ал, еситип баҳа берерсизлер. Авторы:Базабаев Ыразбек. Намасын жазған ҳәм атқарған Берик Бийсенбаев. (С.И)

  • КЕЎИЛ ГҮЛШАНЫ дөретиўшилик топарының күн темасына БАРСАҢБА Эй нәзәлим, гүл нигарым, бул әлемде барсаңба, Излеп қурыды димарым, бул әлемде барсаңба, Таппай жүрмен ғәрибиңмен мәлҳәм болғыл жаныма, Сөзи майлы о дилбарым бул әлемде барсаңба. Бар болсаң сен қайда жүрсең қай маканды жайладың, Бар тәнимди ықрарымды қыялларға байладың, Саат санап түпсиз ўахыт мен өзиңди ойладым, Өмир мазмуны шырағым бул әлемде барсаңба. Махийтабан излериңди сүрме етсем көзиме, Тапсам сени қушақласам, ләбим қойсам ләбиңе, Қолым тийсе арманым жоқ қысық қыпша белиңе, Жаслық ышқы о қумарым бул әлемде барсаңба. Шашларыңа байла мени сүйретилип~ақ жүрейин, Не десеңде мейли жаным шәртлериңе көнейин, Табылмасаң енди қалай сенсиз өмир сүрейин Көзлеримдеги қырағым бул әлемде барсаңба. Автор:Базарбаев Ыразбек

  • Яр аман. (Музикаға қолайланған) Кеўилимнен жай алдың, Шашларыңа байландым, Ашық болып қалғалы, Қараўылға айланды. Көшеңизде тентиреп, Тайды талай ергенек, Мың бир ашықларыңнан, Үлгерейин ертерек. Аман-аман, яр аман, Мен ышқыңда жанаман, Бундай азар шекпедим, Туўылғалы анадан. Аман-аман, яр аман, Мен ышқыңда жанаман, Жүрегимди күйдирме, Өртенеғойсам жаман. Автор:Базарбаев Ыразбек. 01:08:2026

  • Қасымда тек сиз қалың мама. Күлгишимде мәдар қалмады, Қыйнар жақынлардың жалғаны, Түнде көлеңкемде алдады, Қасымда тек сен қалдың мама, Достың иси сапасыз болды, Яр дегеним опасыз болды, Кийген кийим жағасыз болды, Қасымда тек сен қалдың мама Әўмет келсе басымды сыйпап, Дәўлет кетсе ҳәммеси бийтап, Бәри кетти жанымды қыйнап, Қасымда тек сен қалдың мама. Көзимде жас қалмады тама, Олар аппақ болдым мен қара, Зор боламан көресиз ана, Дуўа қылып турың сиз мама Гүресемен келгенше шамам, Мениң алдымда болсаң аман, Ҳәр бир сөзиң дәртиме даўа, Дуўа қылып турың сиз анам. Уялады бизге күлгенлер, Пәс санап басыма мингенлер, Ерисемен еле бәрине, Қасымда тек сиз қалың Мама. Дүнья жалған аңладым мама, Исенерим қалмады мама, Сүйенерим жалғыз сен өзиң, Қасымда тек сиз қалың мама. Енди жалғыз әрманым мама, Қәлегеним талғамым мама, Сиз мақтанып жүресиз еле, Өмиримше ардағым мама, Автор:Базарбаев Ыразбек. 2026

  • https://t.me/Soz_marjani

  • Гүлжайна. Өзиңе жететин күн қайда, Ақшам ай сәўлеси нур қайда, Гүлжайна. Бул саған қосығым жүр ойна, Кел сырласайық бир майдан, Гүлжайна. Түнлери уйқымды урлайма, Сениң дәл бойыңды жырлайман, Жырлайман. Мениң аҳу зарым тыңлайма, Келиссең болмайма ыңғайға, Болмайма. Өзиңсиз бизлерге күн қайда, Тыныш көз илдирер түн қайда, Түн қайда. Ақшам ай сәўлеси нур қайда, Өзиңе жететин гүл қайда, Гүлжайна. Автор:Базарбаев Ыразбек. 18:07:2026

  • Үйлениў. Бир күнлери ойландымаў отырып, Үйленемен дедим ишлей қутырып, Қатыны бар жораларға қарасам, Көпшик қысып ҳәўес еттим жутынып, Бир ўақлары шықты қыял ўайраны, Үйлениўдың қалып турған ҳайраны, Өзиңди бир еплеп тиклеп алмасаң, Айтасаңаў үйлениўди қайдағы, Ай яқшы деп қоярсаңаў уўызда, Дейсең булда жаслықтағы қан қызба, Материяллық жағдайымды жасайын, Үйленермен дейсең шығып отызға Жас гезиңде болар екен жайдары, Жас өткен соң мийиң шағар пайданы, Жай ремонт чипир керек төбеге, Ақша жыйна өзгертиўге айнаны, Сыртты көрген ат болады тайыншақ, Қазаққа шық жумыс исле ақша тап, Питирип қой алдың ала ертеңди, Бул сөзлерди қулағыңа илип тақ, Басқа шығып кетиўиңе жайды сал, Наның ушын кем дегенде нехиа ал, Кейин соңы үйленерсең қаралы, Жыйна жыйна қалың малға қараламал, Ҳаў айтқандай қалың Малда кетипды, Қырықтан асып елиў жастан өтипты, Алпыс миллион ақша таўып турмасаң, Ким қәлейди сендей қара кетикти. Солай солай шамаласып қырыққа, Айланарсаң бочкиге я щыбыққа, Жайда салдың машындыда алдыңғо, Қатын қайда? отыздағы былықта. Отыз жасқа шамаласқан шағымда, Ашыларма енди гүллер бағымда, Гүл ашылар екен текте жаслықтың, Он сегиз ҳәм жигирма беслик ўағында, Бул өмирде қысар екен бир жақ боп Жас қызларға қыймылдаўға тил жақ жоқ, Отыз болды қатар қызда қалмады, Үйлениўды айтпа енди тур жоқ бол Дейди екен бул өмирде бойдаққа, Эх жаслығай жүрген шағым ойнақлап, Үйленсем боладығо сол деймен, Жүргенимше ҳәр қызға бир лайлақлап Автор:Базарбаев Ыразбек 2026

  • Эй ағайин... Не өзгерди, Не жаңарды, Не тозды, Ким ушпақта, ким қалмақта ким, Ким озды, Басыңды аўыртпайын айтып көп сөзди, Умытпадыңба... Үш жыл болып қалыпты. Кимлер өтти, кимлер кетти дүньядан, Залым өтти көзи топрақ қыймаған, Мәртлер кетти жер үстине сыймаған, Умытпадыңба... Үш жыл болыпты. Ўатан ушын жан қыймаққа талабан, Пары шашырады қанша палапан, Ядыңдама сол бир қанлы саратан, Умытпадыңба.... Үш жыл болыпты. Умытылмаў керек... Ядыңда қалып, Умытылмаў керек... Олда бир тарих, Ҳәр жылда турайық бир еске алып, Умытпадыңба... Үш жыл болыпты. Автор:Базарбаев Ыразбек

  • Аўылым Қостамғалы Қызарып шуғла шашады таңлары, Булытларға өшегисер таллары, Жасыл жыңғыл хош ийсине тоймайсаң Жайнар мениң аўылым қостамғалы. Бирлигине мысал болар тойлары, Мийманына сойылады қойлары, Қолы ашық бир бирине көмекшил, Жаман иллет дық сақламас ойлары. Айтсам достым аўылымда қызық көп Ҳәзил дәлкегине шеги сызық жоқ. Бири бирин әкесиндей сыйлаған, Артта қалған яки озған озық жоқ. Жемис жийдек алма толы бағлары, Ақ терекли қара таллы салмалы, Тыным билмес қарапайым адамлар, Жаса мениң аўылым қостамғалы. Мениң аўылым қостамғалы, Ашық нурлы аспанлары, Ҳәўес етип қарар бизге, Гөззаллықтың бостанлары. Автор:Базарбаев Ыразбек 12:07:2026 Бир мақтағым келди дә

  • Тууысканларым https://t.me/Soz_marjani

  • Түн... ай~жулдыз, және қуяш таңларда, Шексиз әлем, ашық кең аспанларда, Мен жүрип баратырған гүзар жолларда, Сенсиз көринеди бәри жалғандай.

  • Балаларға бериң дүньяны, Балаларға бериң дүньяны, Телефонды алың қолынан. Ынтығысып алға пинҳамы, Жүрсин тарбьяның жолынан. Олар күлсин олар шад жүрсин, Енсеси қалмасын езилип. Бул дүньяның тынышлығыда, Турар күлкисинен сезилип. Балалы үй базар дегени, Ғаўыр~ғуўыр саўдаласқандай. Баласыз үй мазар дегени, Жын шайтаны гүм~гүм басқандай. Бала болса шох бала болсын, Татлы қылық ерке күлкили. Ақылына тоқ бала болсын, Қатарынан үстем, үлгили. Балаларға бериң дүньяны, Толып тассын кеўил ханасы. Балаларға бериң дүньяны, Көрип өссин ақыл санасы. Автор:Базарбаев Ыразбек. Қарақалпақстан Республикасы, Қараөзек районы. Тел: +998945993699. +998330493699.

  • ​​​​🔊 Барлыгыннан хабар бер. Базарбаев Ыразбек сози. Каракалпакша косыклар Пердебай Әўезов Студия

  • Барлығыңнан хабар бер Сөзи:Базарбаев Ыразбек. Намаға салған: Пердебай Әўезов

  • Мехрибан Көзи нүрға толы Жүрегинде ийман Ҳақ көксинде қолы Күлип жүрер быйғам Гөззаллықта қалай Бул әлемге сыйған Қарақалпағымның Барно қызы Мехрийбан Қуяш шуғласындай Көктен нурын қуйған Бәҳәр жылўасындай Гөззаллықты жыйған Парнастың басында Пегас қанат жайған Жулдызлар аралап Көринесең сен айдан Қуралайдай көзли Шөлдеги ақ жейран Гүллерденде өзи Одаға Мехрибан Қолында дуўтары Жүрегинде сазы Жаңлайды ҳаўазы Бүлбүлгөя Меҳрибан Автор:Базарбаев Ыразбек 08/07/2024

  • Рәўшан Бир гүл көрдим ықласым тартқан, Көркем болып өседи таўдан. Мәргиясы бар-аў қумартқан, Аты оның қызыл Рәўшан. Ақылың алар бота көзлери, Әжеп емес есимнен аўсам. Бала киби шүлдир сөзлери, Тили шийрин, Өзи Рәўшан. Кийик киби қәдди қәўмети, Қәне сүйген яры боп қалсам. Қәй жигиттиң келген әўмети, Ким екен бахытың Рәўшан Қолларыма қәлемди алсам, Атын оның қағазға салсам, Жүзлеринен сүйип туратын, Пал ҳәрреси мен болып қалсам. Сай бойында күннен паналап, Терек киби саямды жаўсам. Қәдемиңди әсте аялап, Отырарма едиң Рәўшан. Автор:Базарбаев Ыразбек 05/07/2024

  • Жыйналайық класласларым Қурып кетсин дүньяның иси, Теўсилмейди бәрибир тәшўиши, Умытылсын бүгин ҳәммеси, Жыйналайық класласларым. Жыйған тергениңниң жоқ күши, Шайып кетер суўдың ағысы, Қурып кетсинш бүгин бәриси, Жыйналайық класласларым. Жыллар ағымларынан пәслеп, Ең биринши кластан дәслеп, Шийрин демлердиң бәрин еслеп, Жыйналайық класласларым. Есте қалған қызық күнлерди, Кластағы қайтпас демлерди, Ашылысып жазып диллерди, Жыйналайық класласларым. Жүриң қәне алға жол баслап, Жорашылық кетсин раслап, Жоқ дегенде он мыңнан таслап, Жыйналайық класласларым. Мейли пулым жоқ деп айтсақта, Қуры қарта ойнап қайтсақта, Қуры өсекти молайтсақта, Жыйналайық класласларым. Дүнья қуўсаң жеткермес қоян, Көзиңди аш жоражан оян, Ертеңимиз аллаҳқа аян, Бүгин жыйналайық досларым. Зил болады айрылық жүги, Өмир умман емес жоқ түби, Қыяметлик жоралар киби Жыйналайық класласларым. Қурып кетсин дүңьяның иси, Турғанында дослықтың күши, Жоғалмасын ақибетимиз, Жыйналайық класласларым. Дәрт шекпегил қайғы көтерип, Ҳәўиж алсын кеўил хошларың, Машқалаңды тасла ийтерип, Жыйналайық класласларым, Өмир исине нетер едиң, Яки арқалап кетермедиң, Қурысын, кеўил көтер дедим, Жыйналайық класласларым. Деп болмайды мәңги пәний деп, Түрлеримиз ертең ғәниймет Бүгин көрисиўим миннет, Жыйналайық класласларым. Автор:Базарбаев Ыразбек. 07/12/2024