Hákim ata meshiti
СтатистикаҚарақалпақстан мусылманлары қазыяты Мойнақ районы "Ҳәким ата" жәме мешити
- Последний пост
- 5 дек. 2024 г.
- Последнее чтение
- 13 авг.
- Постов за неделю
- 0
- Всего постов
- 22
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- —
- 1/48двое суток
- —
- 1/72трое суток
- —
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
🙄 Адамлардан периштеликти талап етпең! 👉 Себеби, буд дүньяда әззи бенделер жасайды, периштелер емес. Ҳәр биримиз адасамыз, қәте қыламыз, билип-билмей кимниңдур кеўлине азар беремиз. 👉 Бирақ, кеўлимизге азар берген сол жаманның да, қандай да бир жақсы қәсийети болады. Биз ушын ең кәмил болған инсанның да бир жаман әдети болады! 👉 Бизге азарларды еслеп жүрмеўимиз ушын Умытыў ҳәм Кешириў туйғылары берилген. Егер кеширмесек, демек, биз де жақсы адам емеспиз. 👉 Солай екен, жаман адамлар жоқ. Тек ғана жаман әдетлер бар. Жақынларыңыздан ҳәм достыңыздан кишкене жаман әдети ушын ўаз кешпең. Кешириң ҳәм умытың! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! https://t.me/Hakim_atа
Ассаламу алайкум! Бүгин ҳәптениң Пийшемби күни ☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘ Пийшемби күниңиз қайырлы болсын! 5-Декабрь 2024 4-Жумадус сәний 1446 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱 Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин! https://t.me/Hakim_atа
5—ДЕКАБРЬ 2024—ЖЫЛ МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 🕌 ТАҢ — 06:52 🕌 ҚУЯШ — 08:21 🕌 ПЕСИН — 12:54 🕌 НАМАЗЛЫГЕР — 15:45 🕌 ШАМ — 17:30 🕌 ҚУПТАН — 18:56 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• Каналға ағза болыў:👇 https://t.me/Hakim_atа
🌙 ЖҮЗ САЛАЎАТ АЙТҚАН АДАМНЫҢ ЖҮЗ МҮТӘЖЛИГИ РӘЎА БОЛАДЫ Ҳәзирети Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Қыямет күнинде ҳәр мәнзилде маған ең жақын болғаныңыз дүньяда маған көп салаўат айтқаныңыз болады. Ким жума күнинде ҳәм жума түнинде маған салаўат айтса, Аллаҳ таала оның жүз мүтәжлигин рәўа қылады: жетписи ақырет қәжетлеринен болып, отызы дүнья қәжетлеринен болады. Соң Аллаҳ таала бул иске бир периштени ўәкил қылады. Ол тап сизлерге саўғалар кирип келгениндей, мениң қәбириме кирип келеди ҳәм маған салаўат айтқан адамның хабарын айтады. Оның атын, насабын, қайсы қәўимнен екенине шекем мәлим етеди. Мен оны аппақ саҳифаға жазып қояман". 📖 Имам Байҳақийдиң "Шуъабул ийман"дағы рәўияты. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! https://t.me/Hakim_ata
#muftiy_minbari 📹 ТАРБИЯЛИ ФАРЗАНД ҲАМ САДАҚАИ ЖОРИЯДИР 🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари 🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook
Ислам билим журтында «Руўхыйлық кәрўаны» илимий-руўхыйлық жойбары тийкарында ис-илаж өткерилди Усы жылдың 3-декабрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында «Цивилизация, мәденият ҳәм руўхыйлық» атамасында «Руўхыйлық кәрўаны» илимий-руўхыйлық ҳәм мәдений үгит нәсиятлары ҳаққында ис-илаж өткерилди. Илажға билим журтының оқытыўшылары ҳәм талабалары қатнасты. Бүгинги илажды ислам билим журты директоры Ж.Абдиразаков басқарып барды ҳәм келген мийманларды қатнасыўшыларға таныстырды. Атап айтқанда Өзбекстан Республикасы дин ислери бойынша комитетиниң бөлим баслығы Ж.Мелиқозиев, Имам Бухарий халықара илим-изертлеў орайы бөлим баслығы Ж.Жумаев, Имам Матурудий халықара илим-изертлеў орайы бөлим баслығы О.Сотволдиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социал ҳәм диний шөлкемлер бойынша орынбасары Р.Нуразизов, ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазияты қазысы Б.Разовлар бүгинги илаж мийманлары болды. Илажға мийманлар өз баянатлары менен қатнасты, бунда тийкарынан баянатшылардың баянатлары бүгинги күнде мəмлекетимиз басшысының басламасы менен барлық тараўларда əсиресе диний тараўда əмелге асырылып атырған реформаларға тоқталыб өтти. Диний-билимлендириў тараўында əмелге асырылған усы реформалар бүгинги күнде бай илимий-тарийхый мийрасларымызды үйрениў ҳəм үгит нәсият жумысларын жүргизиўге хизмет етиў менен бирге өткен əсирлерден берли ислам динине ҳүрмет етип киятырған халқымыздың диний билимин жəне де көтериўде үлкен əҳмийетке ийе. “Наданлыққа қарсы билим” деген жоқары идея тийкарында динниң түп адамгершилик мəнисин, жақсылығы, тынышлық ҳəм инсаныйлық сыяқлы пазыйлетлери миллий ҳəм диний қəдириятларымыздың аңлатпасы екенлигин кең түсиндириў ҳəм де бул тараўдағы илим-изертлеў искерликти жедел шөлкемлестириўде, жəмийетте кеңпейиллик, өз-ара ҳүрмет, меҳир-ақыбет, тынышлық ҳəм татыўлықты, социал-руўхый орталық турақлылыкты тəмийинлеўде диний билимлендириў тараўдың ўәкиллериниң оған қатнаслық сезиминде қатнасыўын жəне де асырыўда диний ҳəм дүньялық билимлер муўапықлығын раўажландырыў тийкарында сапалы билим бериў тийкарында диний-билимлендириў тараўда маман кадрларды таярлаў бүгинги күнде бул тараўда алып барылып атырған реформалардан бири болып табылады. Ҳəзирги күнде де ҳәр қыйлы бузғыншы ағымлар тəрепинен жалған алдаўларына билимсизлик қылып исенип қалмай түрли социал тармақлардағы мағлыўматлар менен байланып қалмаўлары керек екенлигин атап өтти, Бундай тийкарсыз талаплары менен олар диний бирлик ҳəм исенимлик аўызбиршиликке де қәўип салып атырғанлығын айтып өтти ҳəм усының менен бирге талабаларға ҳәр тәреплеме қәлиплескен мәдениятлы өз кəсибиниң жетик қəнигеси болып, оларға қарсы бийкарлаў хабарын бериў көнликпелерин қəлиплестириў кереклигини айрықша айтып өтти. Илаж соңында талабалар өзлериниң қызықтырған сораўлары менен қатнасып керекли жуўапларын алды. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram Каналға ағза болыўды умытпаң !!! ✅@alberuniyuz
без подписи
без подписи
без подписи
без подписи
без подписи
"СОЦИАЛ ТАРМАҚТА ҲӘР КИМНИҢ ӨЗ ДҮНЬЯСЫ БАР..." Әлбетте, ҳәр кимниң социал тармақта өз дүньясы бар. Өмириң басқалардики сыяқлы қарапайым ҳәм тыныш болыўы мүмкин. Ал, социал тармақта күнде «той», күнде «гүл сыйлаған өмир...» Ең қызығы, социал тармақта ҳеш ким өзиниң қайғырып отырған сүўретин салмайды. Тармақта "ең, ең, ең" деген, жақсылап тәртиплестирилген, қайта исленген, артық жери қырқылып, кемис жери дүзетилген видеолар менен сүўретлер жүреди. Ең жаманы сол, тап усы нәрсе көп адамның өз өмирине деген қанаатсызлығын пайда етеди. «Әне, қараң, аналар теңизде жүр екен», «аналар шаңарағы менен шет елде демалып қайтыпты», «мына баланың кийими жарасып тап-таза, бир мини жоқ», «ананың өмири рәҳәәәт, мудамы саўда орайларында жүреди», «усы адам күнде доставка менен аўқат сатып алады...» Усы сыяқлы ойлар бара-бара адамның өз тәғдирине деген наразылығын пайда етип, оның өз шаңарағына, жақынларына, әтирапына деген сүйиспеншилигин кемситиўи мүмкин. Биреўдиң тармақ ишиндеги өмирине қызықпаң. Оның да буннан бөлек мыңлаған машқаласы, бир басына жетип артатуғын қайғысы бар. Бүгин бар нәрсе ертең жоқ болыўы мүмкин. Сонлықтан, қолда бар ғәзийнемизди өз ўақтында қәдирлеп билейик. https://t.me/Hakim_ata
#жума_марузасынан #әҳмийетли "ПАЙҒАМБАРЫМЫЗҒА САЛАЎАТ АЙТЫЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ" 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱 Нөкис қаласы бас имам-хатиби, Устаз Аминжан НАБАТОВ ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Ассаламу алайкум! Бүгин ҳәптениң Сәршемби күни ☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘ Сәршемби күниңиз қайырлы болсын! 4-Декабрь 2024 3-Жумадус сәний 1446 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱 Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин! https://t.me/Hakim_atа
4—ДЕКАБРЬ 2024—ЖЫЛ МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 🕌 ТАҢ — 06:51 🕌 ҚУЯШ — 08:20 🕌 ПЕСИН — 12:54 🕌 НАМАЗЛЫГЕР — 15:45 🕌 ШАМ — 17:30 🕌 ҚУПТАН — 18:56 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• Каналға ағза болыў:👇 https://t.me/Hakim_atа
#muftiy_minbari 📹 ИЛМ-МАЪРИФАТ ҚОЛДИРАЙЛИК 🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари 🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook
АЛЛАҲ МЕНИҢ АТЫМДЫ АЙТТЫМА?! Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бир күни түнниң ярымында Убай ибн Кәъб разыяллаҳу анҳуға айтты: «Аллаҳ саған Фатиҳа сүресин оқып бериўимди буйырды», деди. Убай разыяллаҳу анҳу кеўли толқып «Аллаҳ мениң атымды айттыма?!» деди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам «Аўа», деди. Убай разыяллаҳу анҳу жылап жиберди. Имам Бухарий рәўияты. Әйтеўир бир фирманың ямаса кишигирим бир орынның баслығы бизлердиң атымызды айтса, соны көпшиликтиң арасында мақтаныш пенен әңгиме қылып отырамыз. Ал енди ойлап көриң, Аллаҳ таала атымызды айтса қандай аўҳалға түсемиз. Ылайық болайық… https://t.me/Hakim_atа
ҚИЁМАТДА ОМОНЛИК ЎЗБЕКИСТОН МУСУЛМОНЛАРИ ИДОРАСИ РАИСИ ЎРИНБОСАРИ УСТОЗ ЗАЙНИДДИН ДОМЛА СУҲБАТНИ ТЎЛИҚ КЎРИШ УЧУН ЛИНКНИ БОСИНГ👇👇 https://youtu.be/1YgkZv0Pli0?feature=shared
Ассаламу алайкум! Бүгин ҳәптениң Сийшемби күни ☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘ Сийшемби күниңиз қайырлы болсын! 3-Декабрь 2024 2-Жумадус сәний 1446 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱 Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин! https://t.me/Hakim_atа
3—ДЕКАБРЬ 2024—ЖЫЛ МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 🕌 ТАҢ — 06:51 🕌 ҚУЯШ — 08:19 🕌 ПЕСИН — 12:53 🕌 НАМАЗЛЫГЕР — 15:45 🕌 ШАМ — 17:30 🕌 ҚУПТАН — 18:56 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• Каналға ағза болыў:👇 https://t.me/Hakim_atа