Бахытсыз Мәкан
Статистика- Последний пост
- 26 июл.
- Последнее чтение
- 06:58
- Постов за неделю
- 0
- Всего постов
- 19
- Тип
- открытый
- Язык
- русский
- В каталоге с
- 17 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 62
- 1/48двое суток
- 71
- 1/72трое суток
- 76
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
ЖҮРЕГИМДИ БИР ҚУС ТЫНБАЙ ШОҚЫЙДЫ… (Дүркин) *** – Қайдасаң, қараўсыз қар басқан қәлбим, Қышқырсам, қайрылмай кеткениң қалай? Қараңғы қапласа – қыраўлы қәлпиң... Қәдемиң – «Жалғызлық қорғаны» қарай... – Жалғызлық, жеккелик – жан сарайымды, Қуўраған «қорған»да күтер жатсынбай. Сол сарайдан таўып, жойтқан затымды – Ҳүжданды аламан дизгинлеп аттай. – Қәлбим, неге бунша қайғы қурсанып, «Жалғызлық қорғанын» паналап едиң?! Көз жас пенен ҳүжданымды пәк әйлеп, Тойып-тойып жылап алайын дедим... ФЕНИКС https://t.me/Represo
📻"Qaraqalpaqstan radiokanalı" 107.8 tolqınında "Dóretiwshilik sáwbet" esittiriwiniń miymanı - Modernist Musa Jurnalist - Gúlnaz Nurbekova. (09.07.2026) https://t.me/Represo
Мен мына нәрсени түсиндим: кеўил дүнйасында интеллектуаллық ҳәм эмоционаллық гармонияға жетискен адамлар ғана өзлериниң жекке ҳәм жәмийетлик турмысын ақылға муўапық шөлкемлестиреди. Мен өз шығармаларым арқалы оқыўшыларымды усы бағдарға жоллағым келеди... ✍Сағынбай ИБРАГИМОВ t.me/gulnara_ibragimova_daniyarova
"ТАСҚА КӨГЕРГЕН ГҮЛ" қосығы шайырдың өз даўысы менен https://t.me/Represo
5-май – Ибрайым Юсуповтың туўылған күни. "ТАСҚА КӨГЕРГЕН ГҮЛ" қосығы шайырдың өз даўысы менен https://t.me/Represo
ЖҮРЕГИМДИ БИР ҚУС ТЫНБАЙ ШОҚЫЙДЫ… (Дүркин) *** Маған аян емес, қашан қуяшым, қай тәрептен шығып нурын шашады… Маған аян тек те – умыта алмасым, Қайрады қәлбимди қайғы қашаўы. Сен мени сүйдирдиң, соң кеттиң алыс – узақ айралықтың таңлап сапарын. Сенсиз даўам еттим… Жоллар дым шалыс, билмеймен қайсы жол туўры барарын. Қарап турғандайсаң шығып алдымнан – усы сағым мени талай алдады. Қәлбим толып қалды муҳаббатыңнан, басқа ҳеш нәрсеге орын қалмады. ФЕНИКС https://t.me/Represo
ЖҮРЕГИМДИ БИР ҚУС ТЫНБАЙ ШОҚЫЙДЫ (Дүркин) ҲИЖРАН ҚУСЫ Жүрегимди бир қус тынбай шоқыйды, исмиңди жазбақ ушын мениң қәлбиме. Самаллар руўхымда Қуран оқыйды – қазан урған муҳаббаттың қәбирине… Жүрегимнен тамшылар қаным… ҳәм қып-қызыл қызғалдақ өсип шығады. Сағыныш реңине айланар. Кейин – үнсиз аҳ шегеди. Сарғышланады! Сап-сары қызғалдақ – саҳрайы дене жанады ҳижраннан қутылыў ушын. Қап-қара күйикке айланар, және, Аҳ шегеди қайта тирилиў ушын!.. Жүрегимди бир қус тынбай шоқыйды, Исмиңди бәнтлемек ушын қәлбиме... Феникс https://t.me/Represo
https://youtu.be/bCAANZlci2M?si=w5z8urzADWwMOxO7
ЖҮРЕГИМДИ БИР ҚУС ТЫНБАЙ ШОҚЫЙДЫ (Дүркин) *** Мәжнүн талдай малындым сағыныш суўына, Қапа болсам ойлағаным бәрҳә – Сен! Қыл да сыймас жүрегиме базы да, Кеўилимди бийлеп алған муң да – Сен! Бирге жүрген жолларда енди сен жоқсаң, Мен жалғыз қайтаман далалықлардан. Үмит гүллеринен таж шеңбер соқсам, Шашылып кетеди айралықлардан. *** Сени еслеп және үнсиз егилдим. Сен – жерде мийирман, көкте – әжеп нур: Шуғлаңа алданып, талпынар кеўлим, Мен – сени шарлаўшы, алыстағы гүл. Сен – мениң ертегим, сен – мениң сырым, Мен сени изледим. Изледим сарсаң! Сен – мениң таңларым, татлы әрманым, Мен сени аңсадым. Қәлбимде барсаң! Феникс https://t.me/Represo
Сәўбет -Репресо: Ай мудам үнсизлик, ай мудам жылар — Ашықлық тилинде сөйлер Жулдызлар! -Шегинис: Жулдызлар көпғой мың сан, Жүрек жалғыз, сүйги тәнха, Ай ҳәм -Репресо: Бул дүняда мәжнүнлериң көп, мәгәр, Жулдыз айдан, ай жулдыздан қызғанар. -Шегинис: Лайли болмақ қайғы-дәртке шалыныў. Бахыт оған Мәжгүн табытына бағыныў. ... Табыт еди денесинде жүреги. Бахыт енди сол өтмиши-кереги. -Репресо: Бирақ Ләйли-Мәжнүн ышқысы жасар — Шөллерден-көллерге ҳәм кеўиллерге... -Шегинис: Ажыралмасын ашық жүрек мәңгиге, Ажыратпасын айралыққа, Сумлы әжел-тәғдир де! -Репресо Бирақ, айралықтың әжел соқпағы Тирек болар, бәлким, кейингилерге? -Шегинис: Бәлким... @Represo @sheginisten
Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ Өзбекстан халық шайыры ШАЛА САЎАТ ТУЎРАЛЫ "Гөрсаўаттан шала саўат ямандур", Оған исиң түссе ҳалың тамамдур. "Ол ҳалыңа маймылларды жылатар", - Бул дана сөз бабамлардан қағандур. Ҳәмел гүрсисине отырса олар, Озбыр билимсиздиң жолы раўандур. Егер дәдеклерге ол аға болса, Ел тонаған уры жолы раўандур. Жоқарыдан "нияз"келсе пысқырып, Қылымсырар - мисли "назлы жаўандур..." Билими терең адам - қырманға мегзер, Шала саўат - дәнсиз өскен сабандур. Демине нан пискен "мүшрип" алдында, Қаңғалаған қаңбақ, мәңгүр аўандур... Өз нәпсиси ушын "қуйрық былғайды", Сүйип, жалағаны иплас табандур... Ол я еркек емес, я қатын емес, "Голубой" дегенниң нәсли содандур... ✨✨✨✨✨🥂🥂🥂🥂🥂✨✨✨✨✨ 2026-жыл 16-февраль @b_genjemuratov
«Миллет руўхының жаңа пәрўазы» ямаса «Қарақалпақ поэзиясы антологиясы» ҳаққында ойлар Әдебият – бул пикир ҳәм сезим болса, китап – сол пикирлердиң мәңгиликке мөрленген мәканы. Қағазға түскен ҳәр бир сөз ўақыт сынағына шыдам береди, олар арқалы бизден алдын жасаған ата-бабаларымыздың жүрек тербенислерин сеземиз. Әдебияттың китапларда сәўлелениўи тек ғана текст жыйнағы емес, ал миллеттиң интеллектуаллық потенциалының көрсеткиши болып табылады. 👉 Толық оқыў: https://kknews.uz/kk/272255.html «Миллат руҳининг янги парвози» ёки «Қорақалпоқ поэзияси антологияси» ҳақида ўйлар Адабиёт – бу фикр ва туйғу бўлса, китоб – ўша фикрларнинг абадиятга муҳрланган маконидир. Қоғозга тушган ҳар бир сўз вақт синовига бардош беради, улар орқали биз юз йил олдин яшаган ота-боболаримизнинг юрак тўлқинларини ҳис этамиз. Адабиётнинг китобларда акс этиши нафақат матн тўплами, балки миллатнинг интеллектуал салоҳияти кўрсаткичи ҳисобланади. 👉 Батафсил: https://kknews.uz/uz/272255.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
*Японияда жақында шыққан япон психологы Хидеки Ваданың «Сексен тосқынлықты жеңиў» деп аталған китабы үлкен ажиотаж (шаў-шуў )жүзеге келтирди. Китап дүканларында көриниўден-ақ, 500 000нан аслам нусқасын адамлар сатып алды ҳәм және сорап атыр. Болжаўларға қарағанда, ол ҳақыйқый бестселлерге айналады , себеби, миллионлап шықса да сатылыўы мүмкин.* *Доктор Вада, ҳәзир 61 жыл болды, кексе адамлардың денсаўлығын күшейтиў бойынша шын мәнисиндеги тәжирийбели эксперт инсан сыпатында белгили.* Ол жасы 60тан өткен адамлар ушын бай тәжирийбеге ийе 44 қағыйданы жәриялады. Бул әпиўайы болып көринсе де, бул қағыйдаларда өмирди узайтыўдың терең сырлары бар. Бул қағыйдалар төмендегилер:* • Ҳәр күни сейилге шығың, қыдырың.* • Ашыўлансаңыз, терең дем алың .* • Денеңиз ийилмесин, қәддиңизди тик тутып ҳәрекет қылың.* • Жаз ыссысында саяда, яки кондиционер ислетилген жерде суў ишиң.* • Аўқатты жақсы шайнап жутың… ақыл аўыздың ҳәрекети менен раўажланады.* • Адамның еслеў уқыбы жас үлкейиў себебинен емес, ҳәрекетсизликтен жоқ болады.* • Медициналық дәрилерди көп қабылламаң.* • Қан басымыңызды ҳәм қаныңыздағы қант муғдарын керексиз дәрежеде түсириўге урынбаңыз.* • Адамлардан бөлинип қалыў емес, ал жалғызлық сизге арқайынлық (тынышлық ) бағышлаўы мүмкин.* • Ериншеклик — бул айып емес.* • Қартайғаныңызда сизге шофёрлық гүўалық керек емес.* • Нени унатсаңыз: соны ислең, нени унатпасаңыз: соны таслаңыз.* • Өзиңди үйде шеклеп, "қамап" таслама, далаға шық.* • Кейпиятыңды қайсы нәрсе жақсы қылса, соны ишип-же…* *ҳәм азмаз салмақ қосылғанның ҳеш зыяны жоқ.* • Саған унамайтуғын адамлар менен ўақтыңды бирге өткерме.* • Телевизорды көп тамашалаўдан қаш.* • Кеселлик пенен бәрқулла гүресиўдиң орынына, оның менен жасаўға үйрен.* • Оптимизм (жақсы ой) — ең пайдалы шыпа.* • Мийўалар, қуяш нуры,* *таза ҳаўа… - булардың ҳәммеси бахыттың сағалары.* • Сизиң кеўлиңизде нелер болса, айт.* • Егер зәрүрлик болса, өз көзқарасыңды өзгерт; бул қыйын емес.* • Үйрениўди, билим алыўды тоқтатыў, бул — қартайыўдың басланыўы.* • Әпиўайы шүкиршилик кеўилди бай қылады…* *ҳәм күлки берекет алып келеди.* • Ал ғаррылық-ше? Бул жүк емес… ал Тәңриниң саўғасы.* *Бул даналық сөзлери арқалы доктор Вада бизлерге алпыс жастан соңғы өмир — жолдың тамамланғанын емес, ал әпиўпайылық ҳәм тынышлық этапларының басланғанын есимизге салады…* *бул этапта бизлер өмирге және де анығырақ қараймыз ҳәм өзимизге өзимиз үлкен әдалатлық пенен жақынласамыз.* *Қысқаша:* *Әпиўайы жасаң, ҳәр күни жийи-жийи ҳәрекет қылың ҳәм өмир ҳәдийселерине күлип қараң.* *Өз денеңизди ҳәм жасыңызды муҳаббат пенен қабыл қылың, сонда бахыт дегениңиз, сизиң ойлағаныңыздан жақын екенин аңлайсыз.* *Өзиң кимлерди унатсаң, солар менен усы билгенлериңди бөлис… себеби даналық жас таңламайды.* Жаслардан қызғанбаң: бизлердиң ҳәммемиз жас болғанбыз, ал дүньяның бәршесин билетуғын қартайыўды ҳәўес қылың. Таңда меннен озып кеткен ғаррыларға ҳәўеслениң. Балық аўлаған, дийқаншылық қылған, ақлығын баққан ғаррыларға — планетада қыбырлап умтылған кекселерге ҳәўес қылың. Аўа! Әпиўайы ҳәм элегант кийинген, баяғы пайытларындағыдай өзине, шашларына, аяқ кийимлерине пәрдоз берип жүрген ғаррылыққа қызғанып қараңлар. Перзентлери ҳәм ақлықларында қайталанып атырған жасаў гәштин жоғалтпаған кекселикке таңланып қараңлар! Бахтыяр Генжемуратов @b_genjemuratov
https://telegra.ph/-02-09-720
📚30 күнлик китап оқыўға әдетлениў марафоны 📌 Шәртлери: • күнде 30 бет оқыў (қәлеген китап) • күнде есабат + үзинди • 30.000 сом төлеў (еки бөлип төлеў мүмкин) 🎁 Саўға: • ҳәр 30 бет оқыған күниңиз ушын 1000 сом Қанша күн 30+ бет оқысаңыз сонша көбирек пул утып алсаңыз болады. 1 күн ушын 1000 сом Жарыс ақырында өткизип бериледи пуллар • Китап оқыў бойынша 30 пост • Китаплар туўралы 30 видео • 10~ адамлық киши орталық (еркеклер ҳәм ҳаяллар бөлек) * Бәршеси жабық топарда болып өтеди. 🛡 Исеним: • Бундай жарыслар өткериў бойынша 📊 1 жыллық тәжирийбе нәтийжелери ❗️ҚАБЫЛЛАЎ 15-ЯНВАРЬ ЖАБЫЛАДЫ ҚОСЫЛЫЎ УШЫН @KitaapClubBot қа 30 санын жазың. *Қарызға қосылыў мүмкин қарыз қатнасықты бузбайды, беккемлейди
Хат сегиз бүкленбейди Хат жети мәрте бүкленеди – сегизиншиси имкансыз. Бирақ оныӊ ҳәрбир бүклениўинде мағана бар: ол бир я еки мәрте бүкленсе; ондағы сөзлер онша әҳмийетке ийе емес, ал үш ямаса төрт мәрте бүкленсе; онда әҳмийетлирек ҳәм хат тасыўшыдан жуўапкершиликти талап етеди, егер бес йәки алты мәрте бүкленсе; күтә зәрүр ҳәм қупыя сөзлер жазылған. Хаттыӊ жетинши мәрте бүклениўи – сырды хат ийеси менен қабыллаўшыдан басқа хешким билмеўи тийис екенлигин аӊлатады. Хат болса сегизинши мәрте бүкленбейди, демек, ҳәммеден пинҳәмы сақлайтуғын сырдыӊ өзи жоқ… Томас Штраухен Гринденбург Вирте https://t.me/Represo
https://telegra.ph/-12-22-619
ДОН ЖУАН КИМ ЯМАСА ЖИГИТ ОБРАЗЫНЫҢ КЕЛИП ШЫҒЫЎ ТАРИЙХЫ Биз билген ҳәм бүгинги коммуникацияда "қызлар аӊшысы" метафорасында қолланылатуғын бул атама Англиялы жазыўшы Ж.Г. Байронныӊ «Дон Жуан» поэмасы арқалы бүгинги мағанасында кеӊ тарқалды. Байрон бул поэмасы менен Европаныӊ жаӊа цивилизациясын сынға алған еди. Поэманыӊ қысқаша мазмуны төмендегише: Байронныӊ «Дон Жуан» поэмасы Испаниялы жигит, Донныӊ (Испаниядағы жоқарғы атақ) баласы Хуан ҳаққында болып, ўақыялар жигиттиӊ балалық жылларынан басланады. Хуан ер жете келип шаӊарақлы ҳаял менен ышқый мүнәсибетте болады. Олардыӊ мүнәсибетлери әшкар болғаннан соӊ Хуан теӊиз флотилиясына, ал ҳаял болса монастрлыққа жибериледи. Хуан хызмет еткен корабль бахытсыз ҳәдийсеге ушырап, Хуанды қарақшыныӊ қызы таўып алады ҳәм Хуан оны сүйиклисине айналдырады. Кейин ала ол қул қылып сатып жибериледи, түрк султанлары сарайында хызмет етип жүрип, түрк қызын өлимнен қутқарады. Соӊ түрк қорғанына топылыс жасаған рус әскерлерине қосылып кетеди ҳәм Екатерина II сарайына келеди. Сарайда жүрип император ҳаялға унап қалады ҳәм оныӊ менен де жақын ышқый мүнәсибетте болады. Император жигитти дипломатиялық ислер менен Лондонға жибереди, Хуан Англия аристократлар орталығында болып, ўақтын ҳаяллар менен шағал-мәсликте өткереди. Поэма соӊында герцогиня монастрлық кийиминде Хуанныӊ бөлмесине кирип келиўи менен шығарма жуўмақланады. Әдебиятшылар Байрон поэмасында Испанияныӊ Севилья қаласында жасаған белгили аристократ дон Жуан прототипи сәўлелендирилген деген пикирди алға сүреди. Севильяда елеге дейин дон Жуанныӊ басынан кеширген ышқый ҳәм жаўынгерлик «ерликлери» ҳаққында әпсаналар бар, ҳәтте оған арнап Тенорио, Севильяда ескерткиш орнатылған. https://t.me/Represo
ОБРАЗ ТҮСИНИГИНИӉ ТУЎЫЛЫЎЫ Бизиӊ эрамызға шекемги IV әсирде жасаған Платон предметте оныӊ өзинен тысқары көринис яки идея бар деген шешимге келип, столда столлық (стольность) пенен кесaдa кесaлық (чашность) сыпат бар деген мысаллары арқалы өз концепциясын алға сүрди. Ал, оныӊ пикирине қарсы шыққан Диоген: – Платон, мине, мен стол ҳәм кесаны көрип турман, ал столлық ҳәм кесалық сыпатты көрмей турман – деп бийкарлаўға ҳәрекет етти. Платон оған жуўап ретинде былай деди: – Сенде стол ҳәм кесaны көретуғын көзлер бар, ал столлық (стольность) ҳәм кесалық (чашность) сыпатты көретуғын ақыл жоқ. Платонның бул концепциясы биз билген образ, образлық түсиниклериниң қәлиплесиўине тийкар болды. https://t.me/Represo