tgindex
Алланазар Абдиев творчествосы

Алланазар Абдиев творчествосы

Статистика
@allanazar07узбекский

Қарақалпақстан Республикасы халық жазыушысы, "Дослық" ордени ийеси, филология илимлериниң кандидаты, "Антик дүнья" халықаралық академия академиги, "Алтын қәлем" сыйлығы ийеси.

Последний пост
15 авг.
Последнее чтение
15 авг.
Постов за неделю
66
Всего постов
76
Тип
открытый
Язык
узбекский
В каталоге с
13 авг.
Подписчики
350
+8 за 2 дн.
Сутки
0
0,00%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
35
40 постов
Вовлечённость
10,0%
к подписчикам
Постов в день
9,4
всего 76
Упоминаний
3
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
42
1/48двое суток
48
1/72трое суток
51

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • 🧭 Қубла Корея

  • видео или голосовое, без подписи

  • Ассалаума әлейкум, әдиули дослар! Күнимиз кеуилли, пайызлы өте берсин!

  • видео или голосовое, без подписи

  • видео или голосовое, без подписи

  • видео или голосовое, без подписи

  • видео или голосовое, без подписи

  • видео или голосовое, без подписи

  • видео или голосовое, без подписи

  • Дослық каналы бойындағы гала концертке келдик

  • видео или голосовое, без подписи

  • видео или голосовое, без подписи

  • видео или голосовое, без подписи

  • Тажлывирус дәуиринен естеликлер

  • 14 авг.461из QResMinistrlerKenesi

    видео или голосовое, без подписи

  • видео или голосовое, без подписи

  • Жамғырға шошқа менен ийт еки тәрептен — бири туўры алдынан, екиншиси — қапталдан жуўырып киятыр: бири — өлим, бири — өмир. Оның тәғдири қайсысының тез жетиўине байланыслы. Өзинде болса шошқаға қарсылық етерликтей күш жоқ, ҳәтте, жығылған жеринен турыўы мүшкил. Себеби, шошқа жаңа аяғынан дүгип-қағып өткенде таслы жерге қатты қулаған екен, зақым жеди ме, аяқлары өзине бойсынбайды. Екеўи еки тәрептен желдей ушып киятыр: бири — әжел, бири — тиришилик. Ийтте ийесин қутқарыўға деген интә-умтылыс күшли еди. Бул сезим болса оған қосымша пәт, қуўат бере берди... Шошқа Жамғырға зақым жеткерместей — еки адымдай қалғанда қапталдан жеткен Бөрибасар үйренген әдетине бола шошқаның алқымына аўыз салып, пәт пенен урылды. Оның қатты урылыўы ҳәм алқымға кирген тислер зарпынан шошқа қапталға қулады. Бул қас-қағымлық қорқынышлы ўақыяны басынан өткерген аңшы аўнап, ысырылып болса да Ийтке жәрдемге келди. Дорбасынан өткир, ушлы қанжарын алып, доңыздың қарнына урып, тартқылап, жара-кесе баслады. Дүздиң қарыўлы аңы емес пе, ийттиң пәтинен дәслепкиде қулағаны менен ол қарнының жарылғанына қарамай, өзин оңлап алып, түргелип, ийтти де сүйрелеклей қаша жөнелди. Еле тамақтан аўзын жаздырмағаны менен шошқаның қалың, беккем, қатты терисин алқым-өңеши менен қосып суўырып алыўға бурыннан болдырып киятырған Бөрибасардың димар-күши жетпеди. Олар бираз жерге жетип қалғанда Жамғыр доңыздың ийтине пай бермеслигин сезди. Қайта тасқа-таўға езгилеп, достымды өлтирип алар, деп қорықты. Ийт өлсе, өзи де өлди деген сөз. Қәнекей, Бөрибасардың бурынғыдай қарыўлы ўақты болып, оны баўызлап өлтиргенде, аўылға бараман дегенше мол-молақай екеўине де азық болар еди. «Бөрибасар, жибер, қой!» деп бақырды. «Күшко!» Бөрибасар бираздан соң аяғын сылтып басып зорға жетти. Алланазар ӘБДИЕВ Тоғайдағы түн Олар шошқаның үңгирине кирди. Иш бираз кең, жайлы екен. Қурғақ шөп төселген. Сынып, унталып, жатқанда батпайтуғын пәрдей бос болып қалған, ямаса шаршаған оларға солай сезилди ме? Екеўи қушақласқан есабында жатып алды. Бой созыўдан алдын Жамғыр «Сақлықта қорлық жоқ» деген, үңгирге жақын жердеги тасларды жақынлатып, ишке киргеннен соң аўызға қалап, бекитти. Енди арқайын дем алса болады. Екеўи де терең уйқыға кетти. Қатып уйықлады. Тоғай, далаңлықтың түни күндизден тынышсыз болады екен. Бузаўбаслар шырылдап, жәнлик-қоңызлар дызылдап, шыбын-ширкей ызылдап, түнги үки, байыўлы қусаған жабайы қуслар қуйқаны жуўлатарлық әбеший, жаман даўыста қыйқырып, қышқырысады. Қасқыр, сағаллар улыйды, шошқалар қорылдайды, порсықлар пысқырады дегендей, түнемесине қайта көпшилик ҳайўанлар жемтик-олжа излеп, ызғыйды екен. Қатты бир шыңғырықтан Жамғыр оянып кетти. Ким, не бақырғанын биле алмады. Не болса да ири ҳайўанның жанайбаттағы шыңғырығы-өкиригине усайды. Душпаны ҳүжимине бәрдаш бере алмай жанушыра бақырған бағанағы жаралы доңыз ба? Не болса да оның бүгинги түннен аман шығыўы неғайбыл да еди, өйткени қарны кесилип, ишеклери ағытылып, шыға баслаған. Алқымдағы жарақат та жеңил емес, бара-бара қан кетип, доңызды ҳәлсирететуғыны анық. Жамғыр өзине топылған оған ашынбады, өлсе өлсин, қасқыр, жолбарысларға жемтик болсын, деп қайта ғарғады. ДБ

  • #алтын_қағыйдалар #стоп_кибержынаят 😀😀😀😀 😀😀😀😀 🛡Кибержынаятлардан қорғаныў ушын ҳәмме билиўи керек болған 5 алтын қағыйда!👇👇👇 ⛔Гуманлы қоңыраўларға жуўап бермең! ⛔Ҳәр қыйлы бийтаныс силтемелерди баспаң! ⛔Телеграмнан келген бийтаныс файлды ашпаң! ⛔Соны умытпаң, ҳеш ким сизге өз-өзинен саўға бермейди ҳәм пулларыңызды көбейтип бермейди! ⛔Онлайн саўдада товарды қолыңызға алмағанша ҳеш қашан алдыннан пул өткермең! 🦾Қарақалпақстан Республикасы ИИМ КҚГБ 🔐Кибержынаятларға қарсы биргеликте гүресемиз! Бизге қосылың! 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!

  • видео или голосовое, без подписи

  • 💵ПУЛЛАРЫҢЫЗДЫ КӨБЕЙТИП БЕРЕМИЗ! БИЗ БЕНЕН БАРЛЫҚ ҚАРЫЗЛАРДАН ҚУТЫЛЫҢ! 😀😀😀😀АБАЙЛЫ БОЛЫҢ! ‼️Әзиз ўатанласлар! 🔐Социаллық тармақларда тарқалып атырған бундай дағазаларға ҳасла исенбең! Алдаўшылар сизди асықтырыўға урынады ҳәм пулларыңызды өзлестириўге умтылады. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!

Алланазар Абдиев творчествосы — tgindex