tgindex
Atajanova Ulbosin

Atajanova Ulbosin

Статистика
@atajanovauузбекский

Gu'rrin' ha'm maqalalar

Последний пост
14 авг.
Последнее чтение
15 авг.
Постов за неделю
11
Всего постов
24
Тип
открытый
Язык
узбекский
В каталоге с
13 авг.
Подписчики
235
0 за 2 дн.
Сутки
0
0,00%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
147
24 постов
Вовлечённость
62,6%
к подписчикам
Постов в день
1,6
всего 24
Упоминаний
0
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
73
1/48двое суток
83
1/72трое суток
90

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • без подписи

  • без подписи

  • Ассалаўма әлейкум жақынларым. Саў саламат Жума таңын қарсы алдыңларма?. Аллаҳымды кеўилине алғанлардың шаңарақларына тәңиримниң нуры жаўсын. Мүбәрек күнинде айтқан тилеклериңиз қабыл болып, бириңиз  өзиңизге мың болып  еселеп қайтсын

  • без подписи

  • 12 авг.1 023665

    КЕМПИРЛЕР Таң азаннан турады, Гәзге чайник кояды, Дәстурханды жайады, Шаққан екен келиннен, Бул заманда кемпирлер. Ерте жатып келинлер, Турыўғада еринер, Түске жақын турады, Кесент берсе баласы, Енесине қуўады. Күни - түни емпеңлеп, Тыным таппай жүреди, Кемпир қайда жүрсең деп, Ғаррысыда сөгеди, Беккем екен кемпирлер. Хызмет болса тақ турып, Арасында келинниң, Кемшилигин жасырып, Қазан табақ жуўады, Тыным таппас кемпирлер. Жақсы көрип ақлығын, Көтереди шоқлығын, Келин төркинлеп кетсе, Билдирмеген жоқлығын, Қандай жақсы кемпирлер. Шыдам берип мудамы, Ыссыға ҳәм суўыққа, Бүгинги күн айланған, Гилит пенен қулыпқа, Беккем екен кемпирлер. Пенсиясын үнемлеп, Базар қылып шеберлеп, Арқаланып гүйбеңлеп, Хожалықты тербетер, Бул заманда кемпирлер. Той мереке атқарып, Жас жигиттей шабарман, Орақ услап азаннан, Алтын қолы қабарған, Тыным таппас кемпирлер. Шаршап турған гезинде, Хызмет қылған келинге, Гирбиңи жоқ кеўилде, Жас келинге мегзейди, Бул заманда кемпирлер. Келин киятыр десе, Атландырып қазанды, Дәстурханды жайады, Чайын демлеп қойады, Тыным таппас кемпирлер. Жүреклери дүрсилдеп, Улым күлип жүрсин деп, Хызмет қылып елпилдеп, Қумбыл болар келинге, Бул заманда кемпирлер. БАРЛЫҚБАЙ ТӨРЕЕВ 9-АВГУСТ 2026-ЖЫЛ. НӨКИС ҚАЛАСЫ.

  • 11 авг.852из Махсет Абдижамилов

    без подписи

  • 11 авг.855из Guli Makhsetbaevna

    Бабаниязов Қыдырнияз ҳәм Мухаммедали Кенжeев

  • 11 авг.754из Guli Makhsetbaevna

    Абдирейимов Рахат

  • 11 авг.742из Guli Makhsetbaevna

    без подписи

  • Мине кекселик дәўиринеде жетип келдим. Бирақ  балалықтағы қызығыўшылығым еле қалмастан , өзим менен бирге келмекте. Қайсы театр болсада, таза премьера болады, қызықлы кеше болады дегенди еситсем болды жаныма  бирге баратуғын адамды излеп, театрға асығаман.  Көрнекли театр ғайраткерлери менен бирге ҳәзирги күнде шебер жасларымыздың  жалт етип, жулдызлардай парлап шығыўы  кеўилимди таўдай көтереди. Олардың арасында кеўилиме жағатуғын, балларымдай әзийз болып қалғанларыда баршылық қудайға шүкир. Олардың  театрларға мирәт етиўлери, кирип барғанымда қуўанып қарсы алыўларыда өз алдына үлкен бахыт мен ушын. Театрға кирсем  балалығым, жаслығым көз алдыма елеслейди. Перделер жоқары көтерилгенинде халқымыздың уллы  сахна шеберлериниң келбетлери сәўлеленеди. Қарақалпақтың  өзгеше   өзге журтлардан ажыралып туратуғын, күшли шебер талантлары менен  миллийлигимизди,  мәдениятымызды дүньяға танылтып киятырған  ошағымыз  театрларымыз, сахна жулдызларымыз  халқымыз бахтына аман болсын. Уллы тулғалардың изин даўам еттириўши  жас  театр , сахна  шеберлеримиз бахтымызға аман болсын. Олардың дөреткен роллерин көрип  кеўилимиз тоқ  болады, көзимиз қуўанады.  Олар өткен дәўиримиздиде, ҳәзирги ўақыттыда, келешегимиздиде  бизлеге  жеткерип бере алады. Өмиримиз  гөззал екенин еслетип турады.... УЛБОСЫН     АТАЖАНОВА

  • Atajanova Ulbosin: Ө М И Р     Г Ө З З А Л Адамзатқа өмир бир мәрте бериледи. Аллаҳтааланың жаратқан бул  қубылысынан   ҳәр бир адам  шырайлы пайдалана билиўи  ҳәм өмиринен ләззетленип жасаўы керек. Бизиң мусылман халқымызда, әсиресе ҳаял қызларымызда  ҳеш жумыс таўысылмайды : мәмлекетлик жумыс ямаса күн көрис ушын жумыс, үй ислери , бала шаға, барды, келди, той шақырық,  санап соңына жете алмайсаң. Бала шаға енди  ел қатарына қосылғанында, оларды үйлендирип, турмысқа  шығарып, ақлық, шаўлықлар  етегиңди толтырып, былай қарасаң бул үлкен бахыт, ҳәммени  усындай бахытлы дәўирге жеткерсин, бирақ сол жуўырып жортыў артса артадыда,  ҳеш  кемеймейди. Ҳүрметли дем алысқа шығасаң. Мусылманшылық перзентлерим ишсин, жесин, кийинсин, оқысын, жумысқа кирсин, ҳеш кимнен кем болмасын, ҳақыйқый инсан болып ер жетсин, өсип, өнсин деп , бирде жетсе, бирде жетпей , олардың кемшилигин толтырыў менен бирге жасыңда биразға барып қалғанын өзиң  сезбейде қалар екенсең. Сонлықтан ҳәр бир адам өзин өзи қәдирлей билиўи, өзине ўақыт ажыратыўы ҳәм бала шағасына жағдайын ашық айдын жеткере билиўи керек, деп ойлайман. Бул ушын ата ана ең дәслеп перзентлерине үлги болыўлары керек. Олар өз  перзентлери менен бирге дем алыў орынларына барып, мәдений дем алып турыўлары, театр, концерт бағдарламаларына жыйы, жыйы барып турыўлары керек. Туўысқанлары, дос яранлары, қоңсы қобалары менен қарым қатнасын күшейтиўлери керек. Биреўди көрип шүкир қыл, биреўди көрип пикир қыл, дегенлериндей,  усылар нәтийжесинен перзентлерде  көп  турмыс сабақларын алып,  жақсы жуўмақ шығарып, мийримли, тәрбиялы болып  жетиседи ҳәм өз гезегинде  оларда өз   бала шағасынан  мийрим шәпаат күткен ҳалда, ата анасына мийрими арта береди. Шынындада бул қайтар дүнья, ҳә демей өзлериде ата аналары жасларына жетеди. Сонлықтан  ўақтында мийнет етип, ўақтында дем алып, өмирден заўықланып жасасақ, өтмиштеги ең есте қаларлық әжайып мәўритлерди  еске түсирип,  келешектеги ең жақсы  пәзийлетлерди  тилеп, нийет  етип, үмитленсек  өмирдиң шын мәнисин түсинип, жаратқанның берген жасын мазмунлы жасаған болар едик, деп ойлайман Бул мениң   өзим ушын дүзген өмир формулам.  Балалығымнан ҳәзирги күниме шекем   жаратқанның қоллап қуўатлаўында  өз ураныма садық болып киятырман . Мектеплик дәўиримизде  халқымыздың көрнекли  сахна шеберлери жазғы сахналарда, аўыл  клубларында, мектеп  залларында  пьессалар, күлки кешелерин , концерт бағдарламаларын берип, халық алғысларына  бөленетуғын еди.  "Аналар,"  "Келин," "Сүймегенге сүйкенбе," "Жаралы жүреклер,"  "Бес күнлик дүнья..." даўам етеберсең таўсылмас сирә. Ҳәр бир сахна шеберлериниң берилип  ойнаўы , олар арасында класслас  жақын достым Тимурдың ата анасы Кеңес Исаев, Маржан апа Халмуратовалардың барлығы  менен қатты мақтанып жүретуғын едим. Мектепти питкергенимнен соңда театрларға барыў  қызығыўшылығым даўам ете берди.  Ҳәттеки студентлик дәўиримде басқа ўәлаятлардан келген  өзбек, қазақ досларымды театрға алып барғанымда , соншалар дәрежеде берилип тамаша етти, шырақлар жанғанында қызарған көзлерин жасырып, төмен қарап "буншалар тәсирли болмаса, актёрларыңыз  қатты шебер , күшли  ойнамаса я?," деп үйимизге барғанша сол тәсирден шығып кете алмаған ўақытлар болды. Әне , буннан артық бахыт барма? Өзим мақтаншақ қыз болсам, бийкарға   халқымыздың миллийлиги, мийраслары, шеберлиги менен  мақтана бермегенлигиме досларым гүўа болды. Институтты питкерип, мектепте  муғәллимшилик исимди басладым. Маяковский атындағы мектеп киши районда жайласып, театрға узақлаў болсада , достым Шонаева Мира (Мерўерт) менен бирге класымыз оқыўшыларын изимизге ертип  ,  Шәрияр,  Ғәрип ашық,  Жас тамашагөй театрының Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек, Жалаңаш король ҳәм басқада көплеген  спектакльлерин тамашалаўға баратуғын едик. Оқыўшыларыма  сахна мәденияты, актёр актрисалардың ислерин  қәдирлеўди, сахна безеклерине сүйсинип қарап, олардан заўықланыўды, соңында болса  перде түсирилмегенше орнынан түргелип турып, алғыслаўды, бәрин, бәрин еринбей  түсиндиретуғын едим.

  • без подписи

  • без подписи

  • без подписи

  • без подписи

  • без подписи

  • без подписи

  • Таңда болса шырайыңыз қашып, сыпада отырғаныңызды көрген кеиниңиз, ата бир жериңиз аўырып турма, деп желкеңизден услап , жаўырыныңызды енди сыйпалап атырғанында , бир сөзде айтпастан қолына сүйенип жан тапсырыпсыз. Бул қандай қүдирет, ҳәттеки аўырып турман деген бир сөзде аўызыңыздан шығып көрмеди жәннетим Дайым. Жасы үлкенлердиң есиктен төрге, төрден есикке қаратып жатқызбағайсаң, жанымды аңсат алғайсаң , ҳеш кимге аўырлығымды салдырмағайсаң, деп айтқанларын енди түсинип жеттим. Жаназаға жыйналғанлардың барлығы "атамыз жәннетий адам еди, бизлердиде усындай жасларға, пәкизеликке, сабырлылыққа, жасуллылыққа жеткерсин," деп айтқанларын , келинлериниң болса "атамыз емес әкетайымыз едиң," деп айтысып жылағанларын көрип, иш ишимнен қатты қуўандым гәптиң шынын айтқанда. Аллаҳымның сүйген мүбәрек күни , күнлердиң султаны Жума таңында аманатыңызды тапсырған жәннетим Дайым ийманыңыз жолдасыңыз болсын. Бәршемизден разы болың, ата бабаларымызға, әке анамыз, апаларымызға бизлердиң разышылығымызды жеткериң. Жайыңыз жәннет төринен болсын Жәннетим Дайым. Жаназаға қатнасқан бәрше қәдирданларға, мерекени пәкизелик пенен тарқатып, жыйналғанларға. өз пикирлерин билдирип, барлығын әлпайымлық пенен жайластырып, тарқатқан аўыл молласына Тәңиримниң нуры жаўсын. Усы постты оқыған бәрше ықласбентлериме. 90--100 жастан асыўларын, мазмунлы өмир суриўин Аллаҳым қолласын УЛБОСЫН АТАЖАНОВА 08. 08. 26.

  • Atajanova Ulbosin: ЖӘННЕТИМ. ДАЙЫМ Биреў Нөкис районы десе "сол жерде Дайым жасайды", деп, "Уйғур" деген руўды еситсек, Дайымның руўығо деп, барқулла ғаўырласар едик. Бизлер ушын Нөкис районы деген сөз жалғыз дайымыздың символы болып қалған... Бес қызға пәрмана болған, Салия әжапамның кишкене ўақтында қорасындағы. қулағын тислеген бузаўын "енши"ге деп асырап абайлап, сақлап, бағып, ата анамыз қайтыс болып, ер жеткенимизше бузаўды қашар етип, баспақлатып, сатып, пуллап, қолларымызға услатып, бизлерге ғамхорлық еткен, қыста қызларым қыйналып қалмасын деп тележканы толтырып отынлар тасыған, гүзде қырманында пискен палыз егинлерин тракторға тийеп жеткерип берген, 3 литрлик дүңгирлерди қатық сүтке толтырып арқалатып жиберетуғын , барсақ болды тандыр толтырып нан жап, қызларым алып кетсин деп кишеме буйырған Дайымыз, Қалли улы Ҳамдулла 90 жасын толтырып 91 жасына қәдем таслағаннан соң аманатын тапсырып , бүгин Тәңирим алдына жол алды. Дайым ҳаққында интернетке көплеп постлар таслап, мақтанып, көпшиликтиң. ҳәўесинде келтирдим, алғысларына мияссарда болдық. Ҳақыйқаттандада оның жақсылық тәреплерин айта берсек таўысылмастай дәстан дәрежедеги жәннетий инсан еди мениң Дайым. Бегзада кишем қайтыс болғаннан соң. 13 жыл. ул қызына меҳрийбан ҳәм ардақлы әке болып, олардан ақлық, шаўлықлар суйип отырды. Төрт баласын дөгерегине жыйнап, биргеликте гезек пенен ҳәр бирине бөлек бөлек жайлар салды, төрт келини болса дайымды өз әкесиндей көрип, жанында пәрмана болып жургени көрген көзди қуўандырып келди. Дайымнан хабар алыў ушын туўысқанлар жыйылысып жылдың төрт паслындада аўылға барамыз, қуўанысып суўретлерге тусемиз. Мине енди ҳәммеси ертеклердегидей естелик болып қалды. 90 жасқа шыққанша төсек тартып, жатып көрмеген, баласының машыны болсада, шаққан, шаққан журип, ешекке мингенди жақсы көретуғын дайым, баламның тойынан 2 кун алдын аўырып қалды. Атын қуда шақырықтың басына жазып. қойған бул хабар мени қатты кутилмеген жағдайда албыратып таслады.. Тойда орны бөлек болған Дайыма көриктен өткериў ушын Нөкиске. жоллама берилди. Той өткен кунниң ертеңине "Улбосжан, аман есен тойыңды атқардыңба, қарызланып қалмадыңба, тойыңды жабалдыңба", деп қайта қайта сорады. Мен Дайымнан аҳўал сораў менен бәнт болсам, ол болса "қарызланбадыңба" деўи менен бәнт болды.Ҳәммеге бирдей баўырман болған. жәннетим Дайым. Сизди бәлким туўысқан әжапаларыңның руҳлары Нөкистиң емлеўханасына барсын деп Тәңириме айтып, қоллап қуўатлатқан шығар. Бурын емлеўханаға жатып көрмегениңиз ушын усы жақтағы жийенлериңиз, күйеў балларыңыз, олардың бала шағалары үзиликсиз жаныңызға барып, ҳәмме менен дийдарласып қалдыңыз. Егер емлеўханаға түспегениңизде ҳәр жылғыдай ғәрезсизлик күни барамыз деп, арқайын болып қаларма едик. Арқайын таза ҳаўа, кең жерде жүрип үйренгенлигиңиз ушын, "Ҳеш жерим аўырып атырғаны жоқ, неге мени емлеўханаға алып келди?", деп тынбай сорадыңыз. Мине нәтийжеси, бул соңғы мәрте жақынларыңыз бенен дийдарласыўыңыз ушын Тәңиримниң сизге буйырғаны екен Кеште барсам, неге кеште келдиң, қараңғыға қалдың, тез қайт, деп бақыратуғын едиңиз. Азалы кеши той мерекеден қолым тиймей, бир күни үйге дым кеш қайттым. Писип турған сорпаны көрип кеш болып кеттиаў, барсам Дайым урысатуғын шығар, сондада бара берейин деп жолға шықтым. Палатадан сығалап қарап "Дайы урыссаңызда кеште келдим ," дедим әсте ғана. Яқ яқ урыспайман сорпа ишким келгенин билгенсеңғо келебер деп ўаҳаҳалап күлдиңиз. Бул соңғы дийдарласыўымыз екен, ертеңине докторлар рухсат берип үйиңизге қайттыңыз. Қоңыраў етип аҳўалыңызды сорасам Амангүл келиниңиз қуўанып, атам деген бурынғыдан шаққан болып кетти, үйге кирместен атыз аралап жүрипти , дегенди еситип қатты қуўандым. Балам, келиним менен бирге түскен сүўретимди көрип , келинниң қолынан шай ишиўге усы базар күни барамыз дегенди еситкен келинлериңиз қуўанысып қоңыраў етти. Пийшемби күни кешке шекем барлық балларыңызды шақып, атыздағы жүўерини ордырып, басында бала шағаңызға бас болып қарап отырыпсыз.

  • без подписи