- Последний пост
- 5 дек. 2024 г.
- Последнее чтение
- 14 авг.
- Постов за неделю
- 0
- Всего постов
- 21
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Telegram
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- —
- 1/48двое суток
- —
- 1/72трое суток
- —
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
#muftiy_minbari 📹 ЭНГ ГЎЗАЛ САДАҚА 🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари 🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook
УЙҚЫ АЛДЫНДАҒЫ ДУЎАЛАР Айша разыяллаҳу анҳа айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр күни түнде өз орнына жатса, еки алақанын бир қосып, оған дем салатуғын еди. Оған «Қул ҳуўаллаҳу аҳад»ты, «Қул әъуўзу бироббил фалақ»ты, «Қул әъуўзу биробин-нас»ты оқып, еки алақанына дем салғаннан кейин, денесиниң қол жететуғын жериниң ҳәммесине сүртетуғын еди. Басынан, жүзинен ҳәм алдынғы тәрепинен баслайтуғын еди. Усындай тәризде үш мәрте ислейтуғын еди». 👉https://t.me/minberuz
#жума_марузасынан #әҳмийетли "КИМ АЛЛАҲТАН ЖҮЗ БУРСА, ОҒАН ТАР ӨМИР БЕРИЛЕДИ!". 🎤 Устаз Бахрамаддин Разов. @NASIYATUZ
#ўақыя АЛДАНЫП ҚАЛМА! Бир адам жолда дийқанға жолықты ҳәм былай деди: - Ассаламу алайкум! - Ўа алайкум ассалам! Жол болсын? - Сыйырыма жем алажақпан, жақын жерде бир сатыўшы бар екен, соның дүканына баратырман. - Солай ма... олай болса, абайла, алданып қалма! - Мени ҳеш ким алдай алмайды! - Айттым қойдым да... Ол адам сатыўшының дүканына келди. Сәлем әликтен кейин жемниң баҳасын сорады. Сатыўшы: - Пәлен сом, - деди. - Онда маған он килограмм бериң. Сатыўшы отырған жеринен қозғалмады. Қолы менен дүканның артқы тәрепин көрсетип: - Мына жаққа өтип, жемнен керегиңди өлшеп ал да, пулын таслап кете бер. Сол жерде тәрези де бар, - деди. Қарыйдар көрсетилген тәрепке өтип, жем қалтасын тәрезиниң үстине қойып, жем сала баслады, он кило болғаннан кейин қараса, қасында ҳеш ким жоқ екен, саўдагер де отырған жеринен қозғалмаған. Қарыйдар бул жағдайдан пайдаланып, жем қалтасына және бес килограмм қосып, сатыўшыға он килограмм алдым деп алдап, аз пул төлеп кетти. Қарыйдар артықша жем алғанынан қуўанып кетип баратырса, алдынан бағанағы дийқан шықты: - Жем алдың ба? – сорады дийқан. - Аўа, алдым. Сиз алданып қалма, деген едиңиз. Сатыўшы алдаўды билмейди екен, бир жерде отырыўдан басқасын билмейди. Қайта мен оны бапладым, бес килограмм артығы менен жем сатып алдым... Дийқан ол адамның бетине ашыўланып қарады ҳәм басын шайқап: -Мен саған айтқан едим ғой, алданып қалыўдан абайла, деп едим ғой... Негизинде сен алдандың! Арзымаған 5 килограммды деп үйиңдеги қут-берекетти жоқ еттиң, оның үстине сатыўшының гүналарын желкеңе жүкледиң, дозақтан өзиңе орын таярладың. Жуўмақ: Бүгин биреўдиң нәрсесин өзине билдирмей алған болсаң, бул сениң пайдаң ямаса утысың емес, ал бул сениң зыян көргениң. Усы исиң себепли үйиңе қут берекет келмей қалады. Аллаҳтың нәзеринен қаласаң. Ҳүжданыңды сатқан боласаң. Арзымаған бир еки нәрсени деп қыяметте қыйыншылыққа түсип қаласаң. Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉https://t.me/minberuz
#муфтий_минбари 📹 БОЙЛИКДА - ШУКР, КАМБАҒАЛЛИКДА - САБР 🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари YouTube | Instagram | Facebook |Ummalife 🔗 Улашинг: @diniysavollar
#аят #әҳмийетли 🌙 Ырысқының гилтлери 1. Тақўа: «Ким Аллаҳға тақўа қылса, Ол оған (тәшўишлерден) шығыў жолын (пайда) қылады ҳәм оны өзи ойламаған тәрептен ырысқыландырады». Талақ сүреси, 2-3-аятлар. 2. Иҳсан ҳәм садақа: «Әлбетте, Рәббим бенделеринен Өзи қәлегенине ырысқыны кең қылады ҳәм (Өзи қәлегенине ырысқыны) тар қылады. Бир нәрсени (мүтәжлерге қалыс) садақа қылсаңыз, кейин (Аллаҳ) оның орнын толтырады. Ол – ырысқыны бериўшилердиң жақсысы» Саба сүреси, 39-аят. 3. Неке: «Араңыздағы тул (еркек ҳәм ҳаял)ларды ҳәм қулларыңыздан жақсысын некелеп қойың! Егер олар жарлы болса, Аллаҳ оларды Өзиниң кеңшилиги менен бай қылады. Аллаҳ – Кең, Билиўши» Нур сүреси, 32-аят. 🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁 Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉https://t.me/minberuz
ПАЙҒАМБАР ЖАСЫ 63 ЖАС-ПА? #Әлбетте_оқың! Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳижраттан 53-жыл алдын, белгили Фил ўақыясы болған жылы, бәҳәр мәўсиминде, робиъул әўўәл айының 8, 9,10 ямаса 12-сәнесинде, дүйшемби күни таң ўақтында туўылған. Миладий календар бойынша 571-жылы 19, 20, 21 ямаса 23-апрелге туўры келеди. Қайтыс болыўы ҳижрий 11-жыл, 12-робиъул әўўәл айында, сәске ўақтында болған. Миладий 632-жылы 6-июнь сәнесине туўры келеди. Сонда, туўылыўы ҳәм қайтыс болыўы аралығы ҳижрий календар есабы бойынша дерлик толық 63 жылға туўры келеди. Миладий календар есабы бойынша 61 жыл ҳәм 45, 47, 48 ямаса 49 күнге туўры келеди. Демек, ҳәзирги дәўирдеги үрпимизде сәнелерди есаплаў миладий календар бойынша болғаны ушын, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болған ўақыттағы жасы (яғный, "пайғамбар жасы") 61 жас екен. Дерек: Абдул Азыйм Зияўиддин "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм әҳли бәйт" китабы. 📱http://t.me/nasiyatuz
#жума_марузасынан #әҳмийетли 📹 Тема: "МӨМИННИҢ МӨМИНДЕГИ ҲАҚЫЛАРЫ". 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱 🎤 Устаз Бахрамаддин Разов. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳикмет Әмеллерге ўәде етилген саўаплар 🌱Ким Қураны кәриймнен бир ҳәрип оқыса, оған бир жақсылық жазылып, он есеге шекем көбейтип бериледи. 🌱Ким жетимге кепил болса, Жәннетте Нәбий алайҳиссалам менен жолдас болады. 🌱Ким "Субҳаналлаҳ"ты 100 мәрте айтса, оған 1000 дана жақсылық жазылады. 🌱Ким Каҳф сүресиниң алдынан 10 аят ядласа (базы рәўиятта ақырынан 10 аят ядласа) Дажжал фитнасынан аман болады. 🌱Ким Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бир салаўат айтса, Аллаҳ таала оған 10 салаўат айтады. 🌱Ким Аллаҳтың гөззал атларын (мәнилерин аңлап, айтып) санаса, Жәннетке киреди. 🌱Ким парыз намазынан кейин "Аятал курсий"ди оқыса, Жәннетке кириўинен өлим тосып турады. 🌱Ким әғайинлери менен қатнасықты тиклесе, ырысқысы кең ҳәм өмири узақ болады. 🌱Ким бирәдарына ғайыбана дуўа қылса, периштелер оған әмийн, өзиңе де сондай болсын, деп турады. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉https://t.me/minberuz
#ҳәдис ЖАҚСЫЛЫҚТЫ ҮЙРЕТИЎШИ Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деген: «Әлбетте, Аллаҳ, Оның периштелери, аспанлар ҳәм жердиң халқы, ҳәтте, уясындағы қумырысқа ҳәм балық та адамларға жақсылықты үйретиўшиге салаўат айтады». Түсиндирме: Салаўат айтыў Аллаҳ таала тәрепинен болғанда Оның бендеге көрсететуғын мийримин аңлатады. Ал, салаўат аспандағылар, яғный, периштелер тәрепинен болғанда болса, олардың бендеге истиғфар айтыўын аңлатады. Салаўат айтыў жер халқы, яғный, адамлар тәрепинен болғанда болса, олардың дуўа қылыўын аңлатады. Адамларға жақсылықты үйретиўшилер мусылман уламалар. Себеби Ислам көз қарасынан жақсылық Ислам шәрияти жақсы, деп айтқан нәрселер. Олар не екенин уламалар биледи ҳәм адамларға үйретеди. Уламалар өз сабақлары, ўаз-нәсиятлары, илимий сәўбетлери менен, жазған китаплары ҳәм ҳәзирги заманда газета ҳәм хабар арқалы тарқатқан мақалалары менен адамларға Аллаҳтың динин – анық жақсылықты үйретеди. Әне усы исти ықлас пенен, Аллаҳтың разылығы ушын ғана қылатуғын ҳақыйқый уламаларға: 1. Әўели, Аллаҳ таала салаўат айтады, яғный, оларға мийрим нәзери менен қарайды. 2. Соң аспанлардың әҳли, яғный, периштелер ҳәм және аспанда болыўы мүмкин жанзатлар салаўат-истиғфар айтады. 3. Жердиң халқы, яғный, адамлар ҳәм жинлер де сол уламаларға адамларға жақсылықты үйреткени ушын дуўа қылып турады. 4. Жердеги басқа жанзатлар да, ҳәтте, уясындағы қумырысқа ҳәм суўдағы балықлар да адамларға жақсылықты үйретиўшилерге салаўат айтып турады. Булар ҳақыйқый қалыс уламалар Исламда қандай қәдирлениўин және бир мәрте көрсетип тур. Ўақты келгенде еслетип өтиў тийис болған және бир нәрсе бар. Ҳәмме нәрседе болғанындай, уламалық дәрежеси де базы адамлар тәрепинен хожакөрсинликке қылынады. Базы адамлар мусылманлар тәрепинен уламаларға көрсетилетуғын ҳүрметти гөзлеп, өзлерин улама қылып көрсетип жүреди. Негизинде болса, олар ҳақыйқый улама болмайды, базылары билгенине де әмел қылмайды. Әлбетте, бундай адамлар усы мақтаў ҳәм ўәделерден аўлақ. Дүнья ушын, рия ушын, шуҳрат ушын өзин алым көрсеткен, илимине әмел қылмаған адамлардың ҳалы қандай болыўы басқа ҳәдислерде баян қылынған. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың. 👉https://t.me/minberuz
#қутлықлаў 1-ДЕКАБРЬ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНЕ МӘМЛЕКЕТЛИК ТИЛ БИЙЛИГИ БЕРИЛГЕНИНИҢ ОТЫЗ БЕС ЖЫЛЛЫҒЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти, республикамыздағы бәрше мешит имам-хатиблери гүллән халқымызды бүгинги ана тили байрамы менен шын жүректен қутлықлайды! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
ФАТИҲА СҮРЕСИ ПАЗЫЙЛЕТИ Фатиҳа Қураны кәриймниң биринши сүреси. Соның ушын «Фатиҳа» (яғный, «ашыўшы»), делинеди. Бул сүре «Үммүл Китаб» (Китаптың анасы) деп те аталады. Себеби Фатиҳа Қуранның мазмунын, Ислам дини тийкарларын өзинде жәмлеген. Фатиҳа сүресиниң пазыйлети ҳаққында оғада көп рәўиятлар бар. Тийкарынан, Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылыныўынша, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сапарға шығып, бир жерде тоқтады. Бир адам оған жақын жерге жайласты. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған қарап: «Саған Қурандағы ең уллы сүре қайсы екенин айтайынба?» деди. Ол: «Аўа», деди. Сонда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Фатиҳа сүресин тилаўат қылды. (Ибн Ҳиббән, Ҳәким рәўияты). Рәўият қылыныўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Әбиў Зайд деген саҳаба менен түнде Мадина көшелери бойлап кетип баратырғанында бир адам тәҳәжжүд намазында Фатиҳа сүресин оқып атырғанын еситти. Қирәәтти ақырына шекем тыңлады. Кейин: «Қуранда буған уқсаған бирде-бир сүре жоқ», деди. (Имам Табараний рәўияты). Және бир ҳәдиси шәрийфте мынандай делинген: «Аллаҳ Таўратта да, Инжилде де Фатиҳаға уқсаған сүрени нәзил қылмаған. Ол жети тәкирарланыўшы (аятлардан ибарат). (Аллаҳ:) «Ол Мениң менен бендем арамызда екиге бөлистирилген. Бендем ушын сорағаны (бериледи)», (деп айтқан)». (Имам Термизий, Насаий, Аҳмад, Ибн Ҳиббән рәўияты). Аллаҳ таала Таўратта да, Инжилде де Фатиҳаға уқсаған пазыйлетли сүрени нәзил қылмаған. Бундай уллы сүре тек Қуранда бар. Рәўияттың екинши бөлегинде Аллаҳ таала: ««Ол Мениң менен бендем арамызда екиге бөлистирилген. Бендем ушын сорағаны (бериледи)» деп атыр. Буннан билинеди, Фатиҳа сүресин оқығаннан кейин ықлас пенен дуўа қылынса, тилеклер әмелге асады. Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Жабрайыл алайҳиссәләм менен бирге еди. Сол гезде жоқарыдан бир даўысты еситти. Жабрайыл аспанға қарап: «Бул – аспаннан ашылған есик. Ол улыўма ашылмаған еди», деди. Кейин Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына бир периште түсип: «Сиз еки нур менен қуўаның. Бул екеўи Сизден алдынғы ҳеш бир пайғамбарға берилмеген. Олар Фатиҳа сүреси менен Бақараның ақырғы еки аяты. Олардан бир (қәлеген бир) ҳарип(ти) оқысаңыз, сизге бериледи», деди». (Имам Мүслим, Насаий, Ҳәким рәўияты). Бул рәўияттан төмендеги жуўмаққа келинеди: 1. Жабрайыл периште Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүзиринде турғанында аспаннан бир периште түсип, Фатиҳа ҳәм Бақараның ақырғы аятларының пазыйлети ҳаққында хабар берген; 2. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүзирине Жабрайылдан басқа периштелер де түскен; 3. Аспанның есиклери көп. Олар мәлим себеплерге көре ашылады; 4. Фатиҳа сүресин ҳәм Бақараның ақырғы аятларын оқыған адам оғада көп саўап алады, дуўасы қабыл болады. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉https://t.me/minberuz
#мағлыўмат Кубланы табыўды ким үйреткен? «Жасалма жолдас навигация системалары бүгинги күни өмиримиздиң ажыралмас бөлегине айланды. Олар қурғақлық, суў ҳәм ҳаўа объектлериниң жайласыўын (географиялық координаталарын) анықлаў ушын ислеп шығылған. Усы системалардың жаратылыўына көп тәрептен тригонометриялық теңлемелер жәрдем берди». Мусылман алымы Әбиў Абдуллаҳ Муҳаммад ибн Жабир ибн Синан Баттаний тригонометрия илиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосқанын, имаратлардың анық жайласыў усылын ислеп шыққан алым екенин ҳәмме де биле бермесе керек. Баттаний орта әсирлер Европасында Албатегниус аты менен танылған атақлы араб математиги ҳәм астрономы. Оның астрономия ҳәм тригонометрия тараўындағы илимий ашылыўлары орта әсирлерде илим-пән раўажланыўына сезилерли тәсир өткерди. Алым 858-жылы Арқа Месопотамияның әййемги қаласы Харронда (бүгинги Түркия) дүньяға келген. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ 👉https://t.me/minberuz
#muftiy_minbari 📹 АЖРИ ТЎХТАМАЙДИГАН АМАЛЛАР 🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари 🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook
#жума ЖУМА НАМАЗЫНА ПИЯДА БАРЫЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ❗️❗️❗️ Имран ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким жума күни ғусыл қылса, оның гүна ҳәм қәтелери кешириледи. Намазға жүре басласа, ҳәр бир адымына жигирма (20) жақсылық, саўап бериледи. Намазды оқып киятырған ўақтында еки жүз (200) жыллық әмеллер саўабы менен сыйлықланады», – деди». Табараний рәўияты. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉https://t.me/minberuz
ЖУМА НАМАЗЫ «Жума» сөзи «жәм болыў, топланыў» деген мәнини аңлатады. Аллаҳ таала мөминлерге жума намазын парыз қылып, буйырған: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Жума күнинде, намазға (азан) шақырылса, Аллаҳтың зикрине (имамның хутбасын тыңлаў ушын) асығың ҳәм саўданы қойың!» («Жума» сүреси, 9-аят). Ал, усы күни жәмәәт болып орынланатуғын намаз «жума намазы» делинеди. Аллаҳ таала аспанлар ҳәм жерди жума күни жаратқан, Адам Атаны усы күни жаратқан, оны усы күнде жәннетке киргизип, ол жерден шығарған. Қыяметте жума күни келеди. Бул күнде дуўалар қабыл болатуғын айрықша саат бар, мөминниң Аллаҳ тааладан жақсылықты сорап кылатуғын тилеги сол ўақытқа туўры келип қалса, Аллаҳ оны әлбетте қабыл етеди. Жума намазы мискин-пақырлардың ҳажына теңлестириледи. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉https://t.me/minberuz
#жума #салаўат САЛАЎАТ АЙТЫҢ! ✨ Пийшемби күниниң шам ўақтынан баслап жума күниниң шам ўақтына шекем болған ўақыттың ҳәр бир секунды сол дәрежеде көп жақсылықлар ғәзийнесине толтырылған, олардың қанша екенин тек ғана Аллаҳтың өзи биледи. Әне сол имканияттан үнемли пайдаланып Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көп – көп салаўат айтайық! Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген. Байҳақий рәўияты. 🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн! 🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад! ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉https://t.me/minberuz
#тәрбия Телефон ҳәм гаджетлер перзентлеримизди бизлерден, бизлерди болса перзентлеримизден узақластырмақта... Абайлы болың! Перзентлериңиз жылағанда телефон менен жубатаман деп телефонсыз тура алмайтуғын дәрежеге әкелип қоймаң! ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉https://t.me/minberuz
САЛИҲАЛЫ ҲАЯЛ ЕРИНИҢ ИЙМАНЫН КӘМИЛ ҚЫЛАДЫ! #Әлбетте_оқың! Белгили алым Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ айтады: "Бир күни Мәккә қаласында жүргенимде таўар сататуғын бир саўдагерге келдим. Ол таўарларының оғада сапалы, шырайлы екенин айтып ант ише баслады. Ишимнен өзиме "бундай адамнан бир нәрсе алыўдың кереги жоқ" дедим де, кетип қалдым ҳәм керекли нәрселеримди басқа биреўден алдым. Арадан еки жыл өтип Аллаҳ таала маған және ҳажылық қылыўды несип етти. Усы барғанымда да баяғы саўдагерди жолықтырдым. Бирақ алдынғыдай ант ишип, уў-шуўлап турғаны жоқ, күтә сабырлы еди. Мен оған жақынлап, еки жыл бурын усы жерге келгенимди ҳәм неге оның алдынғыдай емес, өзгерип кеткенине таңланып турғанымды айттым. Сонда ол мынандай деди: - Билесиз бе, ол гезде ҳаялым мен кеште аз ақша менен қайтсам, үнеми кеўили толмай, ренжип күтип алатуғын еди. Қанша тырысып, ақшаны көп тапсам да, бул оған аз көринетуғын еди. Кейин ол қайтыс болды. Арадан бираз уақыт өткенде мен басқа бир ҳаялға үйлендим. Ҳәр күни азанда мен үйден жумысқа шығыўымнан алдын ол мениң кийимимнен тартып: - Хожам, Аллаҳдан қорқың, бизлерди ҳарам жол арқалы тапқан ырысқы менен тағамландырып қойыўдан сақланың. Кеште не алып келсеңиз де бизлер қанаат етемиз. Егер ҳеш нәрсе алып келе алмасаңыз да, зыяны жоқ, биз сизди қоллаймыз, сизге көмеклесемиз, - дейди. Мине, мениң өзгериўимниң себебі усы, - дейди. Демек, ерли зайыплылар бир-бириниң ийманын пүтинлеўши, толықтырыўшы екен. Еркектиң тақўалы болыўына ҳаялдың да тәсири көп болады. Соның ушын да Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Дүньядағы өткинши нәрселердиң ең жақсысы - салиҳа ҳаял", деген (Имам Мүслим рәўияты). "Қанаатшыл жүрек, Аллаҳты зикир ететуғын тил ҳәм салиҳа ҳаял - адамлар жыйнайтуғын ең жақсы нәрсе. Булар бул дүньяңа да, диниңе де жәрдем береди", - деген. Имам Байҳақий. 📱http://t.me/nasiyatuz
#muftiy_minbari 📹 СЕВИМЛИ БАНДАЛАРНИНГ ИККИ СИФАТИ 🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари 🎞 YouTube |📝 Telegram |💻Instagram |📝 Facebook