Өмир сабақлары.☘
СтатистикаЖеке канал Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған. Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды. @Румий 🔴Мотивациялық пикирлер 🔴Психологик тестлер 26.12.2020жыл
- Последний пост
- 14 авг.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 6
- Всего постов
- 31
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Психология
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 2 543
- 1/48двое суток
- 2 914
- 1/72трое суток
- 3 143
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
без подписи
"Достым, ҳешқашан артыңа қарама. Ақыры не болады, деп ишиңди кемирместен, өзиңди тынымсыз айыплай бермей, ҳеш тоқтамай алдыға жүр. Сен ойласаңда, ойламасаңда, жасаған өмириң сол жерде тоқтайды. Ҳәм сол жерден жаңасы басланады. Артта қалған өмириңнин бир секундын өзгерте аласаң ба?! Яқ. Бирақ ендиги қалғанын гөззалластырыўың мүмкин." ©Нил Доналд Уолш @omir_sabaqlari
без подписи
без подписи
@omir_sabaqlari Инсан гейде дус келетуғын ҳәрбир әўметсизлигин бахытсызлық деп есапламаўы лазым. Ким биледи дейсиз, бәлким ҳақыйқый бахыт киши әўметсизликтен басланар?! Шыңғыс Айтматов
без подписи
@omir_sabaqlari ӘМЕЛ "Дүньяда ең аңсат ис биреўдиң жақсы әмелин сынға алыў ҳәм ең қыйын ис өзиниң жаман әмелин дүзетиў".
без подписи
@omir_sabaqlari Егер өмирден шаршасаңыз, онда соқырға көзиңизди, сақаўға тилиңизди, гереңге қулағыңызды бериң. Сиз қәдирлемейтуғын ден-саўлықты олар әрманлайды.
Алла Таалам бүгинги күнде ҳәрбир қәдемимизди сәтли етип, нийетимизди қабыл етсин. Бәршемизге қуўаныш пенен табыс несийп болсын. 🤲 @omir_sabaqlari
Жалатайдан сақ бол, мәрт болсаң егер, Ақмаққа жантассаң абройды төгер, Жаманға жақсылық - басыңа бәле, Ешеклер семирсе, ийесин тебер... ✍Тилеўберген Жумамуратов. @omir_sabaqlari
Оянғаннан кейин еки саат ишинде азанғы аўқат жеў пайдалы екенлиги анықланды. Кеш аўқатланыў денсаўлықтың жаманласыўы ҳәм өмир сүриў даўамлылығының қысқарыўы менен байланыслы. Жақында илимпазлар тап усындай жуўмаққа келди. @omir_sabaqlari
Ер адам бес нәрсе менен бул дуньяда бахытлы болады: 1. Пикирлес ҳаялы. 2. Если перзентлери. 3. Садық бирадарлар. 4. Жақсы қоңсылар. 5. Ырысқысын өз елинде табыўы. @omir_sabaqlari
#Ҳикметлер ғәзийнеси Сабыр – мойын ийиў емес, гүресиў дегени. Өмирде ҳәр не болыўы мүмкин, әҳмийетлиси, инсан бола алыў. Еки түрли инсанлар бар: Бири ўақыт өтип қәтелери менен жүзлескен, бири жүзсизленген. Адам баласының әдептен несийбеси болмаса, инсан есапланбайды. Инсан менен ҳайўан арасын ажырататуғын бул - әдеп. @omir_sabaqlari
без подписи
#Нәсият Абайдың қара сөзинен. Нақыл-мақаллардың иске жарамайтуғыны да, инсаныйлыққа туура келмейтуғыны да бар. ... "Алтын көрсе периште жолдан шығады"- дейди. Периштениң садағасы кетсин-ау! Периште алтынды не қылсын, өзиниң көрсе қызар сумлығын мақуллап айтқаны. " Ата-анадан мал татлы, алтынлы үйден жан татлы" дейди. Ата-анасынан мал татлы көринетуғын антурғанның жанынан да малы қымбат екен. Ата-анасын малға сатыу- ең арсыздың иси емес пе? Ата-ана шамасы келсе мийнет ислеп, дүнья-мал жыйнаса, артымда балаларыма қалсын дейди. Ал сол баласы ата-анасын малға сатса ол қудайға әси ис емес пе? Адамлардың усындай билмеслик етип айтқан сөзлеринен жүдама сақ болыу керек. Жигирма тоғызыншы сөз.
Еки жүзлилер ҳаққында Адамларды шаршататуғын нәрсе өмир емес, тағып алған нықаплары. ©Уилям Шекспир @omir_sabaqlari
Әззи ҳаяллар 6-бөлим Гулирананың гүрриңи - Қарыздан қутылдың ба енди? Қәйин атам нешше айдан бери биринши мәртебе баласының жүзине қарады. Бирақ көз қарасында ашыў, даўысында жек көриўшилик сезилип турды. Қәйиненем тынышсызлана баслады. - Кутылды, ағасы, кутылды... - Өшир үниңди! Сен оңбағанның қылғаны бәри, баланы жуўапкершиликсиз етип. Тәрбиялайман деп нәсиятлайман десем, аўзымды аштырмай аўзыма урдың. Қәйиненем де жанынан тойған сыяқлы, биринши мәртебе қәйинатама сөз қайтарды. - Сиз нәсият етермедиңиз? Сиз тек сөгетуғын едиңиз! Бақырдыңыз. Кемситип, жерге урдыңыз. Усы бала бир сом тапса, қолыңа әкелип берди, сонда да жерге урдыңыз баламды. Журт пенен салыстырып, зәҳәриңди шаштыңыз. Қумарға кириўине де, тийкарында сиз себепкерсиз. Әкеме көбирек ақша беремен деп кирди усы жолға. Ҳадалды, ҳарамды үйретпедиңиз! Қәйиненем усы гәплерди айтып атырып қалтырап кетти. Қәйин атам ғәзепленип, аўзына келген сөгисти қайтармас, қәдимгидей айтатуғын сөзи таяр еди. - Сен не қылдың сол ўақытта бир баланы еплей алмай! Қәйиненем пәсине қайтпаса болмайтуғынын түсинди ме, орнынан турып, шығып кетти. Ғәрипхана еди бул үй! Қашып кетким келди. Жатақ жайыма кирип, айнаны аштым. Бир айдан бери күнниң көзи көринбейди, бир тегис қаралтым булт басқан аспаннан бир зәрре жерге түспеди, бул ҳаўа райы еле ашылмайтуғыны анық еди. Балалар, бәри бир балада. Бақшаға төлеўге пул болмаған соң тар үйде не қыларын билмеген балалар өз-ара тынымсыз урысып, бир бузық ойыншықты таласып, бир-бирин сабап кететуғын, үлкени төрт, кишкенеси үш жасқа кирген нәрестелер қәйин атам тәрепинен "Тәрбиясыз" деп аталған, гейде, "Әкесинен не көрдим, мынаў не қылып береди!" деген кейис пенен сыйлайтуғын еди. Сабырым таўсылып баратыр еди. Әке үйим жүдә алыста қалып кеткен, автобусларға асылып еки, еки ярым саатта зорға жетип баратуғын алыс аралыққа айланған еди. Анам телефон етсе, жүрегим бир шоршып кетеди. - Отырсаң ба сол кетекте?! Мине усы сөз бенен басланатуғын узын-шубай даўлар жанымды тойдырып жиберетуғын еди, күйеўимди жаманлаған анамның өзин жек көрип кететуғын едим. Ақыры, ол киси жаман болса да мениң зайыбым еди. Күйеўимди жақсы көретуғын едим. Балаларымның әкеси ғой! Үйге болса тек әкемди көриўге бараман. Сөзлери әлпайым, кеўлиме қарап сөйлейтуғын әкемди ғана сағынар едим. Жаңа үйге көшкенимизди еситкен әкем анамнан бурын балаларымды үйге алып кетти. Сонда көгерип кеткен кетектей үйимизди көрип те мени жубатып қояды. - Қызым, ҳәмме жерди инсан абат қылады. Шөллерди гүлистанға айландырған да инсан. Суў әкелген, шыра әкелген, гүл егип тәрбиялайтуғын да инсан. Азғана ғайрат салсаң, тап-таза болады. Әҳмийетлиси - басыңда Ўатаның бар, балам! Жигит кисиниң өмиринде ҳәр қыйлы күнлер болады. Еле ҳәммеси артта қалып, бул күнлерди еслеп жүресең, балам... Оған дейин өзиңди абайла, қызым. Рәсмий түрде бәҳәр келген болса да, күнлер ысып кетпеди. Үйге бармағаныма еки ай болды. Анам да жанының тынышлығын ойлап, "Қыс шықса келерсең, узақ жол," деген, тек әкем бийшара телефондағы жүзиме қарап, "Азып кетипсең, балам, барып алып келейин, еки күнге келип кет, кеўлиң жазылар," дер еди, жүрегим елжиреп, көз жасларым жүзиме сорғалап ағып тур еди. Рухсат берилгеннен кейин, үйлерди жыйнастырып, қазанға түслик салып, балаларымды кийиндирип болған едим, әкем қоңыраў етти. - Таярмысаң, қызым?! Төменде күтип атырман. Қәйин атаң менен көрисип кетейин, уят болар, тоқтап тур! Әкем кешикти. Әллен ўақытта алты нан, қант-қурт базарлық етип есиктен кирип келди. - Ассалаума әлейкум, Маннап аға, тәўирсиз бе? Қәйин атам әкемди жақсы көреди, бәлким ҳүрмет етеди. Негизинде әкем өзи кишипейил, шийрин сөзли адам. - Апа, сиз тәўирсиз бе? Ағам үйимдегилердиң кеўлин алып, соңынан руқсат сораған болды. - Рухсат берсеңиз, қызыңызды бир-еки күнге үйге алып кетсем, анасы сағыныпты. Мудамы қабағы үйилген қайнатам әкемге қараса, жүзи жадырап кетеди. - Әлбетте, әлбетте... Ағамның машинасы жыллылаў. Отырмасымыздан ақлықларына банан услатады. - Әне, тай! Мынаў-саған! Кейин маған да узатады. - Ал, Гүлирана. Соң жолға түсемиз... Әкемниң қасында бахыт бар, қәтержамлық бар. Кеўлим жадырап кетеди. Даўамы бар
Әззи ҳаяллар 5-бөлим. Гүлрананың гүрриңи Үй сатыўға қойылды. Қәйин атам күйеўимди ғарғап, қәйин енем үндемей келисим берди. Бийшаралардың өмиринше салған жайы жоқ болыў алдында еди. Айтыўларына қарағанда күйеўим жигит болып, бул ҳәўлиге бир гербиш қуймаған екен. Ишкамлар исленген, түрли тереклерге толы, Ташкенттиң қапталында жайласқан ҳәўлимиз пайызлы еди. Қәйиненем тынымсыз жылады, кеўил үзе алмады, бирақ баласы оларды да "Өзимди өлтирейин, онда!" деп қорқытып қойған еди. Ата-ана ушын баласының ҳәлсизлигин көриўден азаплы нәрсе жоқ. Қыйланып болса да көнди бийшаралар. - Жер сатыў жаман болады. Ол - Ўатан. Бир бөлегин сатқан адам өле-өлгенше әрман етип өтеди, балаң ақмақ бала болды - дейди қәйин атам өкиниш пенен бас шайқап. - Қойың, өзи аман болсын. Өлсек бир қарыс жерге барамыз ҳәммемиз. Арқамызда қалсын, өзи теўип-теўип көмип келсин! Дағын көрмейик. Қарызынан қутылып, еки бөлмели жай алып берсе, болады бизге. Шараяты болса, болғаны. - Адамлардың баласы ата-анасын Умраға жиберип атыр, қартайғанда жумсамай, тәмийинлеп, жақсы ишкизип-жегизип отырса, бизики пенсиямыздан да айырды. Я шайханаға шыға алмасам, я бир көшеден жақсы аўқат жей алмасам. Я шыпакерге бара алмасам, я дәри-дәрмаққа пул таппайман. Жақсы ул қант, жаман ул пәнт жегизер! Қәйин атам ҳасасына сүйенип жерге қарап әстен, бирақ жек көриўшилик пенен сөйлеп, ҳәр бир ырғағы жүрегиме тийип кететуғын еди. Усы үйден, усы ғалма-ғаллардан қашып кетким келди. Үйди өзимиз сата алмадық. Маклер жаллаған өмирлик жолдасым ҳәмме тәрептен утылды. Ҳәўли-жайлар биз күткенимизден арзан баҳаланды, себеби адамлар кредитке үй сатып алыўға өтип кеткен, бизге болса нақ пул керек еди. Қыстың қақаманында, әйне қара суўық күнлери үйимиз сатылды. Атақлы ағам үй ийесинен жасап турыўымыз ушын бир ай мүддет сорады, олар он күнге разы болды. Он күнде қолымызда қалған ақшаға жететуғын жай табыўымыз керек еди. Биз Ташкент ўәлаятынан да шығып кеттик. Излеп-излеп, шетки бир аўылда еки бөлмели, ыссылық трубалары да, ыссы суўы да жоқ, суўық суў кранларынан сылдырлап ағып туратуғын, дийўаллары көгерип кеткен, жергиликли халық торцевой деп атайтуғын үй таптық. Күйеўим мени үйге алып кирди де, өзи кетип қалды. Нашарлық қурсын. Төртинши қабатта жайласқан жай ескилигинен балконына суў өтип турар, ызғар, пайызсыз еди. Балконнан әтирапты тамаша еттим. Жаңа қурылыслар бул жерлерге де жетип келген болса керек, алыс-алыслардан қурылыс кранлары көзге тасланар, әтираптан бир қәлиптеги тарылдаған сес келер, аспан бултлы, күн суўық, үй оннан да суўық еди. - Бул жайды тазалаўға он күн керек, - дедим кир басқан рамалары, балконға көширилген асхананың май, аўқат төгилип қараўытып кеткен гөне линолеумына қарап. - Ҳә, әсте-ақырын тазалай бересең енди... - Сиз ше? Қараспайсыз ба дей алмадым. Бәрибир, жәрдем бермейтуғынын билемен ғой! Өзим еплеймен. Мениң ең үлкен қәтеликлеримниң бири мине усы - "өзим еплеймен! деген ақмақлық сөзим еди. Күткенимдей, күйеўим қолын суўық суўға урмады. Үйди он күнде емес, бир ҳәптеде епке келтирдим. Биринши жумысты балаларымды анама берип жибериўден басладым. Гүл қағазларға шекем жуўып, пәтиклердеги ийислерди алып, полларын қырып тазаладым. Ванна, ҳәжетханаға адам баласы кирип болмайтуғын еди, күйеўиме жалынып-жалбарынып ең жақсы тазалайтуғын қураллардан алдырдым. Есик-терезелерди еринбей, қайта-қайта жуўдым. Үйден өзимиздиң байлығымызды шкаф, гилемлеримизди жайғанымызда бул ғәрип ылашыққа да берекет киргендей еди. Мениң бахтыма асханадағы газ жүдә таза ҳәм үлкен еди. Оны да жылтыратып тазаладым. Асхананың орнын басатуғын балкон да газ жағылып ысыған, ҳәўлидеги бирден-бир кондиционер қәйин енем ҳәм қәйин атам ушын мөлшерленген өз алдына бөлмеге орнатылды. Бизлер дәслеп асхана хызметин атқарған кишкене ғана бөлмеге орналастық. Балалар иргелес бөлмедеги мийманханаға. Даўамы бар
Шайтан айтады екен Егер үйге келген қонақларды Менсинбесе ол мениң анам. Ашық шашық кийинген нашар мениң ҳаялым Егер кимде-ким аўқатланыўдан алдын Бисмиллаҳ айтпаса ол мениң келешегим Дүньяға берилип ақыретти ойламаған ол мениң балаларым Соны оқып биреўге жеткерген адам мениң душпаным Оқып турып сыр сақлаған. мениң Ҳақыйқый Достым