tgindex
Каракалпак 24

Каракалпак 24

Статистика
@KARAKALPAK24Telegramузбекский

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama 📱Instagram: https://www.instagram.com/karakalpak24_

Последний пост
17:02
Последнее чтение
13:29
Постов за неделю
98
Всего постов
126
Тип
открытый
Язык
узбекский
Категория
Telegram
В каталоге с
12 авг.
Подписчики
110 244
−52 за 6 дн.
Сутки
−99
−0,09%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
27,5 тыс
40 постов
Вовлечённость
25,0%
к подписчикам
Постов в день
14,0
всего 126
Упоминаний
25
каналов
Охват размещения
по 11 постам
1/24сутки в ленте
27 475
1/48двое суток
31 486
1/72трое суток
33 958

Медиана по постам, которые мы застали свежими и померили через сутки.

Посты

  • 17:028 55717

    ❓Минимал 56.7 баллдан төмен нәтийже көрсеткен абитуриентлер супер-контракт тийкарында оқый ала ма? Усы жылы минимал өтиў баллынан төмен нәтийже көрсеткен абитуриентлерге супер-контракт тийкарында оқыў имканияты берилмейди, енди супер-контрактта оқыў ушын да 56.7 баллдан жоқары нәтийже талап етиледи. Жаңа тәртипке көре, кириў имтиханларында топлаған баллары Мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленген минимал баллдан кем болмаған, бирақ белгиленген қабыллаў параметрлери шеңберинде ҳәм қосымша қабыллаў тийкарында қабыл етилмеген ҳәм оқыў тилегин билдирген абитуриентлерге дифференцияластырылған төлемли-контракт (супер-контракт) тийкарында оқыўға кириў ҳуқықы бериледи. 👉 @Karakalpak24

  • 16:3310,8 тыс17

    ❓Бюджетке кирдим, басқа жөнелиске контрактқа өзгерте аламан ба? ❌ЖУЎАП: Яқ, өзгерте алмайсыз. Қулласы, енди ҳеш нәрсени өзгерте алмайсыз. Қайсы бағдарға грантқа кирген болсаңыз, соль жерде грантта, коньтрактқа кирген болсаңыз, соль жерде коньтрактта оқыйсыз. Бағдар таңлап атырғанда өзиңиздиң жеке таңлаўыңызды ислеп болғансыз, "енди буған өтсем бе, оған өтсем бе" деген сораўлардан пайда жоқ. ❓Балл сатып алыў мүмкин бе? ➖ Басқа бағдарға 1 балл жетпей атыр екен, енди балл сатып алса бола ма, деп те сорайды. Бундай әмелият жоқ. Ҳеш қандай балл сатып алыў мүмкин емес. ❓Оқыўға КИРГЕНЛЕР басқа жөнелиске супер-контрактты таңлай ала ма? ➖ Мәселен, биринши ҳәм екинши бағдарға балы жетпеди, бирақ үшинши бағдарға оқыўға кирди. Абитуриент үшинши бағдарда оқыўды қәлемей, биринши ямаса екинши бағдарда супер-коньтрактта оқыўы мүмкин бе? ✅ Бул мәселе ҳәзирше ашық турыпты, усы жылғы тәртип тастыйықланбаған. Өткен жылы абитуриент өзи таңлаған БИРИНШИ жөнелиске кире алмаған, бирақ 2, 3, 4 ямаса 5-жөнелислерден бирине оқыўға кирген болса, онда бурынғысынан басқаша тәризде тек ғана БИРИНШИ таңлаған жөнелисинде супер-контрактта оқыўына рухсат берилген еди. Бул айрықша жағдай 2, 3 ямаса 4-бағдарға тийисли емес. Яғный 3 ке кирген болса, 2-бағдарда супер-коньтрактта оқый алмас еди, тек БИРИНШИСИне рухсат берилген еди. Быйылғы тәртип изертленсе, қосымша хабар бериледи. 👉 @Karakalpak24

  • 16:1411 тыс14

    ❗️Тест нәтийжесинен наразы абитуриентлер апелляция бериўи мүмкин Тест нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер 15-24-август күнлери my.uzbmb.uz сайтындағы жеке кабинети арқалы онлайн апелляция арзасын бериўи мүмкин. ✅ Апелляцияларды көрип шығыў 19-августтан басланады. ➖ Арза берген абитуриентке апелляция көрип шығылатуғын сәне ҳәм ўақыт ҳаққында хабарнама жибериледи. Белгиленген ўақытта шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм хабарнама менен келиўи керек. 👉 @Karakalpak24

  • 16:0211,6 тыс9

    📜 XUSUSIY VA DAVLAT UNIVERSITETI DIPLOMI QANAQA BO‘LADI? Xususiy va davlat universitetining diplomi bir xil bo‘ladimi yoki ular o‘rtasida farq bormi? Keling, buni solishtirib ko‘ramiz! Tashqi ko‘rinishi va mazmuni: Davlat universiteti va xususiy universitet diplomlarining tashqi ko‘rinishi ham, ichki mazmuni ham bir xil bo‘lib, ikkalasida ham maxsus QR kod mavjud. Qonuniy asos: "Ta’lim to‘g‘risida"gi qonunning 31-moddasiga asosan, agar xususiy universitet davlat litsenziyasiga ega bo‘ladigan bo‘lsa, uning diplomi davlat tomonidan tan olinadi. Buxoro Innovatsiyalar Universiteti: Universitet davlat litsenziyasiga ega bo‘lib, bitiruvchilarga belgilangan namunadagi davlat diplomini taqdim etadi. 💡 Orzuingizni Buxoro Innovatsiyalar Universiteti bilan amalga oshiring! 📌 BATAFSIL MA’LUMOT VA QABUL: 🤖 Bot: @bui_qabul24_bot 📞 Call-center: +998(55)307-50-00 🌐 Sayt: qabul.bui.uz Telegram • Instagram • Facebook • LinkedIn • X • YouTube • Vebsayt #реклама

  • 14:5015,1 тыс36

    ❗️️2026-жыл 1-сентябрьден бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар муғдары 7 процентке асырылады.. 👉 @Karakalpak24

  • 14:3416,5 тыс207

    Абитуриентлерге алтыншы билимлендириў бағдарын таңлаў имканияты бериледи Тийкарғы кириў имтиханларында студентликке усыныс етилмеген абитуриентлерге бос қалған орынлар ушын қосымша имканият бериледи. Бул ҳаққында 2026/2027-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў нәтийжелерине бағышланған баспасөз конференциясында мәлим етилди. Бунда абитуриентлер өзлери топлаған балл ҳәм тийисли пәнлер топламынан келип шығып, қосымша билимлендириў бағдарын таңлаўы мүмкин. Бул имканият балы жетпеген ҳәм бағдар таңламаған абитуриентлерге тийисли. Бул имканияттан пайдаланыў процеси кейинги ҳәптелерден басланыўы айтылған. Бирақ оның анық басланыў сәнеси ҳәзирше жәрияланбады. 👉 @Karakalpak24

  • 14:1416,4 тыс30

    ❓Бес жөнелистен қәлеген биреўин таңлаў мүмкин бе? ❌ Жуўабы: Яқ, таңлап болмайды. Көпшилик бес бағдарға да балым жеткен болса, қәлеген биреўин таңлап оқыйман, деп ойламақта. Бул надурыс пикир. Абитуриентлер тесттен кейин бағдар таңлап атырғанда бес бағдарды избе-из таңлаған. Сондай-ақ, мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-коньтракт бойынша да үстинликти әлле қашан белгилеп болған. Енди бүгин жуўмақлаўшы жуўаплар шыққаннан кейин абитуриентлер оқыўға кирген бағдарларын өзгерте алмайды. Үстинлик бойынша қайсы бағдарға киргенин компьютердиң өзи белгилеп береди. Тийкарғылықты мәмлекетлик грант деп таңлаған ба, бағдар бойынша таңлаған ба, парқы жоқ. mandat.uzbmb.uz сайтында қайсы жөнелистиң үсти жасыл (грант) ямаса көк (жеңиллик) ямаса сары (контракт) реңге боялып турған болса, сол жөнелиске кирген болады. Мысалы, жоқарыда келтирилген сүўретте көринип турғанындай, 160,7 балл топлаған абитуриент өзи таңлаған бес бағдардың үшиншисине студентликке қабыл етилген. Демек, енди ол үшинши бағдарда оқыўы керек болады, басқасына алмастыра алмайды. Жөнелислер избе-излигинде жоқарыға шығыў да, төменге түсиў де мүмкин емес. 👉 @Karakalpak24

  • 11:0020,9 тыс22

    Chery'дан Мустақиллик байрамига махсус таклиф! Мустақиллигимизнинг 35 йиллиги муносабати билан орзуингиздаги Tiggo 7 Pro ва Arrizo 6 Pro автомобилларини янада қулай шартларда харид қилинг: 🔹 Муддатли тўлов: • Бошланғич тўлов: 35% • Тўлов муддати: 35 ой 🔹 Тўғридан-тўғри харид: — 35,000,000 сўм фойда! Акция 2026 йил 17 августдан 1 сентябргача амал қилади. Тўлов миқдори ва муддатига қараб шартлар фарқ қилиши мумкин. Автомобилни суғурталаш — мажбурий шарт. Батафсил маълумот учун: 📞 +998-55-500-06-55 🌐 cheryauto.uz #реклама

  • 10:1521,8 тыс19

    ❗️1 млн 300 мың сумға шекемги рассрочка кредит есапланбайды 2027-жылдан баслап баҳасы БЕМның 3 есесине шекемги (1,32 млн сумға шекем) товарлар бойынша мүддетли төлем шәртнамалары ҳаққындағы мағлыўматлар кредит бюроларына жиберилмейди. 👉 @Karakalpak24

  • 10:0022,8 тыс33

    Арал теңизи ҳаўаға жүз миллионлаған тонна карбонат ангидрид зәҳәрли газын шығармақта Қурғақлықтағы шөгиндилер ҳаўа менен байланысқа кирисе баслады, олардағы углерод болса әсте-ақырын атмосфераға қайтпақта. Изертлеўшилердиң есаплаўынша, 1960-жыллардан берли қурыған теңиз түбинен атмосфераға шама менен 748 миллион тонна карбонат ангидрид шыққан болыўы мүмкин, деп жазды NG24. Атап өтилиўинше, Арал теңизи көп жыллар даўамында углеродтың тәбийғый қоймаханасы болып келген. Өсимликлер ҳәм организмлер өлгеннен кейин, суў бассейнинде пайда болган органикалық затлар түбине шөгип, шөгиндилерде топланган. 👉 @Karakalpak24

  • 09:1223,7 тыс240

    ❗️Рәсмий: 1-курс студентлери ушын да жатақханаға арза қабыллаў басланды 18-августтан 2026/2027-оқыў жылында 1-курсқа усыныс етилген абитуриентлер жатақханаға жайласыў ушын арза тапсырыўы мүмкин. Арзаларды Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса my.gov.uz арқалы бериў мүмкин. Жатақханаға жайластырыўда дәслеп жеңилликке ийе студентлер қабыл етиледи, қалған орынлар болса гезек тийкарында бөлистириледи. 👉 @Karakalpak24

  • 07:2524,2 тыс125

    ❗️Өзбекстанда "рассрочка" (бөлип-бөлип төлеў)ге үй сатыў қадаған етилди 2027-жыл 1-январьдан турақ жайды узақ мүддетли "рассрочка"ға сатыў қадаған етиледи. Кредит саўдасы: – көби менен 12 айға; ➖ баҳасы 110 млн сумға шекемги товарлар ушын әмел етеди. 👉 @Karakalpak24

  • 07:1723,3 тыс134

    Ерли-зайып жәнжеллери перзентлердиң руўхый ҳәм физикалық саламатлығына айрықша тәсир көрсетеди ▪️Руўхый кеселликлер: қәўетер, депрессия, қорқыў, уйқының бузылыўы. ▪️Минез-қулық машқалалары: агрессивлик, инжықлык, бойсынбаўшылық, мектепте қыйыншылықлар. ▪️Психосоматик кеселликлер: бас аўырыўы, қарын аўырыўы, жүрек урыўы тезлесиўи, аллергия ҳәм астма күшейиўи. ▪️Оқыўдағы қыйыншылықлар: дыққатты топлай алмаў, төмен баҳалар. ▪️Социаллық машқалалар: өзине исенбеўшилик, досласыўда қыйыншылық. 👉 @Karakalpak24

  • 07:0724,3 тыс24

    📚 Nókis qalasında 2026-jıl sentyabr ayınan baslap jańa ZEYIN jeke menshik mektebi ashıladı! Biz balalardı zamanagóy bilim menen támiyinlep, hár bir oqıwshınıń qábiletin júzege shıǵarıw hám shaxs sıpatında rawajlanıwına ayrıqsha itibar qaratamız. ZEYIN MEKTEBINDE: ✅ Tájiriybeli muǵallimler ✅ Individual birge islesiw ✅ Zamanagóy bilim beriw metodları ✅ Qáwipsiz hám qolaylı oqıw ortalığı ✅ Sport, dóretiwshilik hám qosımsha dógerekler ✅ Ata-analar menen turaqlı baylanıs 📚 Qabıllaw dawam etpekte! 📍 1–2–3–4-klass oqıwshıları qabıllanadı. 📍 Mánzil: Nókis qalası, Doslıq kanalı, 18-jay 📞 +998 95 365 00 66 📞 +998 99 386 00 33 ⚠️ Asıǵıń! Orınlar sanı sheklengen. 📲 Telegram | Instagram: @zeyin_mektebi_ 💙 ZEYIN MEKTEBI — bilim menen birge keleshekti quramız! #реклама

  • 17 авг.29,3 тыс72

    Доллар курсы 2023-жылдағы курсдан да төменледи, 11857 сум. Соңғы мәрте 2023-жылы усындай болған екен. 18-август ушын доллардың рәсмий курсы 11 857,35 сумнан (-33,83 сум) есапланады. 👉 @Karakalpak24

  • 17 авг.28,8 тыс23

    Президент мектеплериниң тийкарғы имтихан нәтийжелери жәрияланды 17-июль күни өткерилген Президент мектеплерине кириў имтиханларының тийкарғы нәтийжелерин төмендеги силтемелер арқалы билиў мүмкин: ✅ Cambridge Assessment International Education шөлкеминиң рәсмий веб-сайты: https://www.cambridgeinternational.org/presidential-schools-results-J26/ ✅ Қәнигелестирилген тәлим мәкемелери агентлиги порталы: https://ariza.piima.uz/ 👉 @Karakalpak24

  • 17 авг.27,9 тыс71

    ❗️Талан-тараж етиў жынаяты анықланды «Инфратузилмани раўажландырыў инжиниринг компанияси» мәмлекетлик мекемеси ҳәм “Модерн Мега Строй” ЖШЖ лаўазымлы шахслары тәрепинен 2025-жыл 19-декабрьдеги есабатларға жалған мағлыўматлар киритилип, Қараозек районы “С.Камалов” АПЖдағы 17-санлы мектепти реконструкция қылыў объектинде жәми 190 млн. сўмлық жумыс турлери әмелде орынланбастан, бюджет қаржыларын өзлестириў жолы менен талан-тараж еткенлиги анықланған. Бул жағдай бойынша 15.08.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 167-статьясы, 2-бөлими “а” ҳәм “в” бәнтлери менен жынаят иси қозғатылды. 👉 @Karakalpak24

  • 17 авг.25,8 тыс45

    ❓Супер-контракт бойынша таңлаў қалай әмелге асырылады? ✅ Оқыўға қабыл етилгенлер ушын: Егер сиз таңлаған 5 бағдардан бирине оқыўға қабыл етилген болсаңыз, өз қәлеўиңизге бола тек ғана 1-бағдарда супер-коньтракт тийкарында оқыўыңыз мүмкин. Бунда ҳәзирги ўақытта оқыўға усыныс етилген грант яки коньтрактыңыз күеди ҳәм тек ғана 1-бағдарда супер-коньтракт тийкарында оқыўыңыз мүмкин. Әҳмийетли тәрепи сонда, 1-бағдарда супер коньтракт тийкарында оқыўыңыз ушын ол бағдарға балыңыз жетпеген болыўы керек. ✅ Оқыўға кире алмағанлар ушын: Егер сизде 5 бағдардан биреўине де оқыўға кире алмаған болсаңыз, онда усы 5 бағдардан қәлегенине супер-коньтракт тийкарында оқыўға кириў имканиятыңыз бар. ✅ Оқыўға кирген, бирақ басқа жөнелисти таңламақшылар ушын: Сиз мәселен 3-бағдарға оқыўға кирдиңиз, бирақ балыңыз 4 ҳәм 5-бағдарға да жетеди екен. Бунда сиз балыныз жеткен қалган жөнелисти таңлай алмайсыз. Усыныс етилген үшинши бағдарда оқыўға мәжбүрсиз, я 1, 2 бағдарлар, я 4,5 бағдарларда оқый алмайсыз. Жалғыз имканиятыңыз грант ямаса коньтрактқа кирген болсаңыз тек ғана 1-бағдарда супер-контракт тийкарында оқыў мүмкин. Өткен жылғы тәртипке бола, 2, 3, 4, 5-бағдарларда супер-контракт тийкарында оқыўға рухсат берилмейди. Быйылғы тәртип өзгерсе бул ҳаққында хабар беремиз. ❗️Супер-контракт бойынша арзалар қабыллаў 1 ҳәптеден кейин kontrakt.edu.uz сайты арқалы онлайн басланады. Университетлерге барып алмаң, барлық процесслер онлайн әмелге асырылады. 👉 @Karakalpak24

  • 17 авг.24 тыс85

    🤔"Kontrakt tólemin ne qılamız?" Onı qalay tólewdi oylap bas qatırıp atırǵan bolsańız, BRB Tálim krediti menen hámmesi ańsat. Kontrakt pulın bank tóleydi, al siz oqıwdı tamamlaǵannan soń 6 ay jeńillikli dáwirden soń +7 jıl dawamında bólip-bólip qaytarasız. 👩🏻‍🎓 hayal-qızlar ushın - 0%; 👨🏻‍🎓 jigitler ushın - 14% (Oraylıq bank procent stavkasında) ✅Kredit múddeti: Student oqiwdi tamamlagannan soń +6 ay (jeńillikli dáwir) +7 jil. Kredit 1 jıllıq kontrakt summası muǵdarında ajıratıladı. 🎁 BRBdan tálim kreditin alsańız 5 mln swm utıp alıw imkaniyatına iye bolasız! Tiykarǵı qarız oqıwdı tamamlaǵannan keyin 7 jıl dawamında tólenedi +6 ay jeńilletilgen dáwir * Kredit joqarı hám professional bilimlendiriw shólkemlerinde bilim alıw ushın kúndizgi tálim formasında oqıp atırǵan studentlerge ajıratıladı. Kredit rásmiylestiriw ushın ózińizge jaqın BRB filiallarına múrájat etiń. 👩‍🎓 Altın dáwirińizdi kontrakt sebepli artqa qaldırmań! 🌐 brb.uz 📞 1254 #реклама

  • 17 авг.25,5 тыс42

    🚌 Автобуста жол ҳақысын төлемей жүргенлерге жәрийма 10 есеге арттырылыўы мүмкин Транспорт министрлигиниң мәлим етиўинше, билетсиз жүргенлер ушын жәрийманы арттырыў бойынша усыныслар Нызамшылық палатасына киргизилген. Усыныс бойынша: ▪️биринши мәрте жол ҳақысын төлемегенлерге — 220 мың сум; ▪️қайта қағыйдабузарлық ислегенлерге — 440 мың сумға шекем жәрийма белгилениўи мүмкин. Ҳәзирги ўақытта бундай қағыйдабузарлық ушын жәрийма муғдары 41 200 сумды қурайды. 👉 @Karakalpak24