KarPressa
Статистика📍 KarPressa — бул тек ғана сиясый жаңалықларды тезлик пенен жеткерип бериўши каналы болып есапланады. 🇺🇿 Өзбек тилиндеги каналымыз: @KarPressa_Uz Реклама ҳәм ушын: @KarPressa_admin
- Последний пост
- 11:33
- Последнее чтение
- 13 авг.
- Постов за неделю
- 143
- Всего постов
- 146
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- В каталоге с
- 12 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 1 861
- 1/48двое суток
- 2 132
- 1/72трое суток
- 2 300
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
❓Жатақхана төлеми ушын кимлерге жеңиллик берилиўи мүмкин? Жатақхана төлеми бойынша жеңилликти ЖОО Кеңеси белгилейди ҳәм бул жеңиллик төмендеги тәртипте берилиўи мүмкин: ▪️жатақхана төлемлеринен толық азат етиледи – көз кеселликлери бойынша 1- ҳәм 2-топар майыплығы барлар; – шын жетимлер (ата-анасының екеўи де қайтыс болғанлар) ҳәм жетимлер (ата-анасының бири қайтыс болғанлар); – Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары; – сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж студентлер. ▫️улыўма төлемнен 50 пайыз шегирме бериледи – улыўма кеселликлер бойынша 2-топар майыплығы барларға; – ўазыйпасын үлгили атқарып атырған Студентлер кеңеси баслығы, қабат сардары ҳәм де жатақхана китапханасы ушын жуўапкер студентлерге. 📍Информация бағдары @KarPressa
Өзбекстанлы мигрантлардың шама менен 60 пайызы Россияда жумыс ислемекте Бүгинги күнде шама менен 1,4 миллион Өзбекстан пуқарасы 40 қа жақын мәмлекетте ислемекте. Бул ҳаққында Орайлық банктиң шолыўында келтирилген Миграция агентлиги мағлыўматларында айтылады. Ең көп мигрантлар төмендеги мәмлекетлер есабына туўра келеди: 🇷🇺 Россияда — 834,2 мың адам; 🇰🇿Қазақстанда — 84,4 мың; 🇹🇷Түркияда — 72,1 мың; 🇰🇷Қубла Кореяда — 46,4 мың; 🇪🇺Европа регионы мәмлекетлеринде — 258 мың; басқа мәмлекетлерде — 97,7 мың адам. 📍Информация бағдары @KarPressa
Бөлип төлеўде енди шәртнама 12 айдан аспайды 2027-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстанда бөлип төлеў хызметлерин көрсетиў шәртнамалары ушын жаңа талаплар күшке киреди. Оған көре, шәртнама дүзиўде тутыныўшы мәплерин қорғаўға қаратылған бир қатар шеклеўлер белгиленген. Бөлип төлеў муғдары шекленеди Жаңа тәртипке көре, бөлип төлеў хызмети объектиниң баҳасы БЕМниң 250 есесинен аспаўы керек. Шәртнамада оператор тәрепинен алынатуғын комиссия ҳәм үстеме төлемлер, сондай-ақ товар, жумыс ямаса хызметтиң жуўмақлаўшы баҳасына киргизилетуғын басқа төлемлер өз алдына көрсетилиўи шәрт. 📍Информация бағдары @KarPressa
Обновили ассортимент кейсов CS2 Нет смысла прыгать по сайтам в поисках. Всё топовое в одном месте. Узнать больше #реклама 16+ ggdrop.info
Қазақстан жаўын шақырыў ушын бултларға дуз сеўмекте Жойбар пахта жетистириўде жетекши Түркстан ўәлаятында әмелге асырылмақта. Бул Орайлық Азия бойынша биринши усындай тәжирийбе есапланады. Қырғызстан «бултлардың урланыўы» итималынан қәўетер билдирди. 📍Информация бағдары @KarPressa
Электр энергиясынан нызамсыз пайдаланыў жағдайы анықланды Департаменттиң Хожели районы бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде, "П.М." ЖШЖ жуўапкер шахслары гербиш ислеп шығарыў заводында электр тармағына коммерциялық мақсетлерде өзбасымшалық пенен тиккелей жалғанып, 103,6 млн сум муғдарындағы электр энергиясынан нызамсыз пайдаланғаны анықланған. Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 169-статьясы (урлық) менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте. 📍Информация бағдары @KarPressa
Өлшеўлердиң бирлигин тәмийинлеў бойынша 3 жаңа миллий стандарт тастыйықланды Нефт-газ ҳәм коммунал хожалық тараўлары ушын халықаралық талапларға масластырылған 3 жаңа миллий стандарт ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды. Олар жанармай-энергия есабын жүргизиў ҳәм басымды өлшеў системаларын қамтыйды. Мағлыўмат ушын, ӨзМСт 935-2026, 936-2026 ҳәм 942-2026 санлы усы стандартлар усы жылдың 2-сентябринен баслап рәсмий түрде күшке киреди. 📍Информация бағдары @KarPressa
GGDROP ждет с подарками GGDROP - золотой поставщик кейсов. Бонусы и колесо ждут. Узнать больше #реклама 16+ ggdrop.info
🗓 17-август жағдайына сырт ел валюталары курслары 1 АҚШ доллары – 11 891.18 сум (−46.71) 1 Евро – 13 753.34 сум (−15.82) 1 Фунт стерлинг – 16 095.90 сум (−11.89) 1 Россия рубльи – 141.83 сум (+0.07) 1 юань – 1 763.93 сум (−6.46) 1 Қазақстан теңгеси – 25.64 сум (−0.04) 📍Информация бағдары @KarPressa
Украина Россияға жүзлеген дронлар менен ҳүжим етти Украина 16-август күни Россияға жүзлеген дронлар менен ҳүжим шөлкемлестирди. Россия Қорғаныў министрлиги бир түнниң ишинде 822 дрон жоқ етилгенин мәлим етти. Москва тәрепке дерлик 600 дрон ушырылғаны айтылмақта. Ҳүжим ақыбетинде Москва ўәлаятында 83 жастағы бир еркек, Ростов ўәлаятында болса 5 адам қайтыс болды. 📍Информация бағдары @KarPressa
Өзбекстанда С гепатитине қарсы дәрилер ислеп шығарылыўы мүмкин Египет компаниясы менен бундай дәри қуралларын ислеп шығарыўды жергиликлилестириў жойбарлары додаланды. 📍Информация бағдары @KarPressa
Успей за топовыми кейсами CS2 Вы можете долго искать, а с нами искать не надо. Зашли, открыли, победили. Узнать больше #реклама 16+ caser.gold
Қарақалпақстанда ҳаўа температурасы сезилерли дәрежеде пәсейди Қарақалпақстан Республикасының көпшилик районларында ҳаўа температурасының сезилерли пәсейиўи бақланбақта. Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласында ҳаўа температурасы +28 градус әтирапында болмақта. 📍Информация бағдары @KarPressa
❗️1-сентябрьден баслап жәриймалар қымбатлайды Президент қарары менен 1-сентябрьден баслап базалық есаплаў муғдары 412 мың сумнан 440 мың сумға арттырылады. Усы мүнәсибет пенен салық төлемлери, жыйымлар, жәриймалар, мәмлекетлик бажы, мәмлекетлик хызметлер ҳәм лицензиялар бериў ушын төлемлердиң суммасы жаңаланған БЕМге қарап белгиленеди. 🔘 Жол қағыйдаларын бузыў жағдайлары ушын жәриймалар төмендегише: 🔴 Қәўипсизлик ременин тақпаў (0,5 БЕМ) - 220 000 сум; 🔴 Техник көрик, аптечка (0,5 БЕМ) - 220 000 сум 🔴 Ҳүжжетлерсиз басқарыў (1 БЕМ) - 440 000 сум 🔴 Қамсызландырыў ҳүжжетисиз басқарыў (1 БЕМ) - 440 000 сум; 🔴 Қызыл шыраққа өтиў (3 БЕМ) - 1 320 000 сум; 🔴 Қолайлы болмаған жерде тоқтаў (2 БЕМ) - 880 000 сум; 🔴 Рулде турып телефонда сөйлесиў (3 БЕМ) - 1 320 000 сум; 🔴 Номерсиз айдаў (5 БЕМ) - 2 200 000 сум; 🔴 20 км/саатқа шекем тезликти асырыў (1 БЕМ) - 440 000 сум; 🔴 20-40 км/саат аралығында тезликти асырыў (5 БЕМ) - 2 200 000 сум; 🔴 40-60 км/саат аралығында тезликти асырыў (9 БЕМ) - 3 960 000 сум; 🔴 60 км/сааттан артық тезликти асырыў (15 БЕМ) - 6 600 000 сум; 🔴 Қарама-қарсы жолға шығыў (10 БЕМ) - 4 400 000 сум; 🔴 Мәс ҳалда автомобиль басқарыў (40 БЕМ) - 17 600 000 сум; 🔴 Рухсатыз тонировка (25 БЕМ) - 11 000 000 сум Дерек 📍Информация бағдары @KarPressa
Топовая коллекция кейсов уже на прилавке Если вы один раз зайдете, то останетесь с нами надолго. Узнать больше #реклама 16+ caser.gold
Белгияда келип шыққан өрт 2700 гектардан аслам аймақты қамтып алды Өрт 14-август күни басланған, тез пәт пенен тарқалып бармақта ҳәм жеткерилген зыян дәрежеси бойынша мәмлекет ушын рекордқа айланды. 📍Информация бағдары @KarPressa
"TikTok" ҳәм "Reels"ти көп тамаша етиў дыққатты төменлетиўи мүмкин — Pubity✅ 📍Информация бағдары @KarPressa
Жатақханаға жайласыў ҳәм ўақтыншалық дизимнен өтиў бир хызметке бирлестирилди 1-августтан баслап студентлер турар жайына жайласыў ҳәм турған жери бойынша ўақтыншалық дизимнен өтиў процеси бир хызмет арқалы әмелге асырылады. Енди студент жатақханаға жайласқаннан соң, ўақтыншалық дизимнен өтиў ушын айырықша ҳүжжетлер жыйнап, басқа мәкемелерге мүрәжат етиўи шәрт емес. Буның ушын my.gov.uz порталындағы "Студентлер турар жайына жайласыў ушын арза жибериў" хызмети арқалы арза тапсырылады. 📍Информация бағдары @KarPressa
Промокод на 50000 тенге на запуск первой рекламы Яндекс Директ – эффективный способ найти клиентов в интернете. Попробуйте! Узнать больше #реклама yandex.kz
⁉️ Оқыўға кире алмадыңыз ба? Студент болыў ушын және 1 жыл күтиўиңиз шәрт емес! Егер оқыўдан жығылған болсаңыз ямаса басқа ўәлаяттағы ЖООға оқыўға кирип, үйден узақта оқыўды қәлемесеңиз, Нөкисте абырайы ҳәм исенимлилиги менен ажыралып туратуғын РАНЧ университетинде сиз ушын имканият бар. Университетте 31 бакалавриат тәлим бағдары бойынша қабыллаў даўам етпекте. Ең әҳмийетлиси, бул бағдарларға имтихансыз, тек ғана сәўбет тийкарында студент болыў имканияты бар. Буннан тысқары, магистратурада оқыўды қәлеўшилер ушын 9 қәнигелик бойынша қабыллаў жолға қойылған. Егер сиз ислеп атырған болсаңыз да оқыўыңыз мүмкин: күндизги тәлим менен бир қатарда кешки тәлим формасы да бар. 💻 Ҳүжжетлерди онлайн тапсырың: https://qabul.ranch.university/ ☎️ Толық мағлыўмат ушын: 91-868-00-11, 62-227-77-71