НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
Статистика️🌍 Қарақалпақстан ҳәм дүнья жаңалықлары ✅ Анық, исенимли ҳәм оператив хабарлар 💬 Мүрәжат ушын: @baylanis24_bot ️📢 Реклама ушын: @baylanis24_admin
- Последний пост
- 14:46
- Последнее чтение
- 17 авг.
- Постов за неделю
- 197
- Всего постов
- 247
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- В каталоге с
- 12 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 20 797
- 1/48двое суток
- 23 833
- 1/72трое суток
- 25 704
Медиана по постам, которые мы застали свежими и померили через сутки.
Посты
Ҳәр 3 абитуриенттиң бири 56,7 баллды да топлай алмады Быйылғы қабыллаў процесслеринде жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң 37,5 проценти тест сынақларында белгиленген ең кем баллды да топлай алмаған. Тест сынақларында төмен нәтийже көрсетип атырған абитуриентлердиң үлеси соңғы жылларда избе-из азайып баратырғаны атап өтилмекте. Ҳәзирги имтиханларда 233 935 абитуриент 56,7 баллдан төмен нәтийже көрсеткен. Бул көрсеткиш 2025-жылы 41 процент, 2024-жылы 43 процент, 2023-жылы болса 46 процент болған. Усы тәризде, соңғы жылларда ең кем балл топлай алмаған абитуриентлердиң үлеси азайып бармақта. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Абитуриентлерге алтыншы билимлендириў бағдарын таңлаў имканияты бериледи Тийкарғы кириў имтиханларында студентликке усыныс етилмеген абитуриентлерге бос қалған орынлар ушын қосымша имканият бериледи. Бул ҳаққында 2026/2027-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў нәтийжелерине бағышланған баспасөз конференциясында мәлим етилди. Бунда абитуриентлер өзлери топлаған балл ҳәм тийисли пәнлер топламынан келип шығып, қосымша билимлендириў бағдарын таңлаўы мүмкин. Бул имканият балы жетпеген ҳәм бағдар таңламаған абитуриентлерге тийисли. Бул имканияттан пайдаланыў процеси кейинги ҳәптелерден басланыўы айтылған. Бирақ оның анық басланыў сәнеси ҳәзирше жәрияланбады. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Тексериўлерге 3 жыл мораторий Киши бизнесте инсан денсаўлығы ҳәм басқа исбилерменлердиң мәпине зыян жеткериў менен байланыслы болмаған ҳәр қандай тексериўге 3 жыл мүддетке мораторий жәрияланады. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
⚡️Исбилерменлер ушын жәриймалар орташа 2 есеге кемейтиледи Келеси жылдан исбилерменниң айыбы судта дәлилленбегенше оған жәрийма қолланылмайды. Биринши мәрте қағыйданы бузған исбилерменге кемшиликти дурыслаў ушын 10 күн мүддет бериледи. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Мәмлекетлик уйым исбилермен арзасына ўақтында жуўап бермесе ─ мәселе исбилермен пайдасына шешиледи Жаңа тәртипке бола, исбилерменликке байланыслы мәмлекетлик хызметлердиң 50 проценти «үндемеў ─ келисим» принципине өткериледи. Яғный, мәмлекетлик уйым исбилерменниң арзасын белгиленген мүддетте көрип шықпаса, мүрәжат автоматик түрде исбилерменниң пайдасына шешилген болып есапланады. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Mikroqarz — 30 kungacha 0%, ilovani yuklab oling Istalgan maqsadlar uchun 100 mlngacha. 30 kungacha 0%, AVO bank ilovasida oling Oʻrnatish #reklama 16+ avo.uz
🇺🇸🇨🇳 Politico басылымының хабар бериўинше, Қытай баслығы Си Цзиньпин 23-сентябрь күни Қурама Штатларға келеди, 24-сентябрь күни Ақ үйде Дональд Трамп пенен ушырасады ҳәм 25-сентябрь күни қайтып кетеди Ушырасыўлар саўда, Тайван, жасалма интеллект, Иран ҳәм Ҳормуз буғазындағы жағдайға бағышланады. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🇨🇳 Пекинде толық робот басқаратуғын 24 саатлық кафе ашылды Кафеде кофе таярлаўға орташа 30 секундтан аз ўақыт кетеди. Жумыстың биринши күни робот бир саат ишинде 202 кофе таярлап, роботластырылған кафелер арасында Гиннестиң жәҳән рекордын орнатты. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
1-курс студентлери ушын жатақханаға арза қабыллаў басланды 18-августтан баслап 2026/2027-оқыў жылында 1-курсқа усыныс етилген абитуриентлер жатақханаға жайласыў ушын арза тапсырыўы мүмкин. Арзаларды Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса my.gov.uz арқалы бериў мүмкин. Жатақханаға жайластырыўда дәслеп жеңилликке ийе студентлер қабыл етиледи, қалған орынлар болса гезек тийкарында бөлистириледи. Арза бериў ушын силтеме⬇️ https://my.gov.uz/uz/service/870 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
без подписи
без подписи
без подписи
без подписи
без подписи
🔻 O’quv yiliga tayyorgarlikni MEDIAPARK’da bitta joyda hal qiling! 😉 8-28 avgust “BACK TO SCHOOL” aksiyasi🎒 ✅ Noutbuk, planshet va smartfonlar — chegirmali narxlarda ✅ Noutbuk olsangiz — portfel sovg’a 🎁 ✅ Chegirmada noutbuk, smartfon yoki planshet xarid qilganlar uchun aksessuarlarga qo'shimcha chegirma 🤩 Istasangiz naqdga, istasangiz boshlang'ich to'lovsiz va penyalarsiz muddatli to'lovga rasmiylashtiring 👉 Do'konlarimiz Savollaringiz uchun 👉 @MEDIAPARK_SUPPORT 📱 Telegram | 📱 Instagram | 📱 Site
Автобусларда жол ҳақы төлемеў жағдайы ушын жәрийма арттырылыўы режелестирилмекте Нызамшылық палатасына киргизилген усынысқа бола, 1-сентябрьден баслап биринши мәрте жол ҳақысын төлемеген жағдай ушын БЕМниң ярым есеси (206 мың сум), қайтадан исленсе бир есеси (412 мың сум) жәрийма белгилеў нәзерде тутылмақта. Әмелдеги тәртипте бул жәрийма БЕМниң оннан бир бөлегин (41 200 сум) қурайды. 1-сентябрьден баслап автобусқа шығыўдан жол ҳақысын төлеў шәрт болады. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Контракттен 12 процент дәрамат салығын онлайн қайтарып алыў бойынша видеомағлыўмат 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
без подписи
без подписи
без подписи