tgindex
Н

Не ЖАНАЛЫК

Статистика
@janaliq_N1русский

En songi janaliq tek " Не ЖАНАЛЫК " kanalinda bizlerden uzaqlaspan! Kanal reklamasi ushin: @Hello_were

Последний пост
9 июн. 2022 г.
Последнее чтение
ещё не заходили
Постов за неделю
0
Всего постов
18
Тип
открытый
Язык
русский
В каталоге с
15 авг.
Подписчики
7 330
−11 за 3 дн.
Сутки
−8
−0,11%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
108 тыс
18 постов
Вовлечённость
1477,8%
к подписчикам
Постов в день
0,0
всего 18
Упоминаний
0
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
1/48двое суток
1/72трое суток

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • 9 июн. 2022 г.259 тыс1 666186

    ⚡️Биржадан тысқары саўдаларда ун баҳасы төменлемекте Бул ҳаққында МҒКАда өткерилген брифингде Республика тавар шийки өним биржасы мәлимлеме хызмети басшысы Ҳикметулла Тиллабоев хабарлады. 📈 Өткен дәўирде “Ўздонмаҳсулот” АЖ қурамындағы 44 кәрханалар тәрепинен биржа саўдаларына 45,0 мың тонна 1-сортлы ун қойылды ҳәм олардан 43,8 мың тоннасы, яғный 97 проценти сатылды. 💰Өткерилген саўда нәтийжелерине көре 1-сортлы унның орташа баҳасы өнимниң бир тоннасы ушын 4 549,3 мың сумды қурады. ❗️Унның ашық биржа саўдаларына өткерилиўи және оның базардағы усыныс дәрежесиниң асыўы нәтийжесинде биржадан тысқары базарларда бир қалта унның баҳасы май айына салыстырғанда орташа 270-290 мың сумнан 240-260 мың сумға шекем төменлеген. ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.234 тыс331100

    Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1 207 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды e-auksion.uz 🔷Нөкис қаласы 11 (көриў) 🔷Әмидәрья районы 15 (көриў) 🔷Беруний районы45 (көриў) 🔷Бозатаў районы 64 (көриў) 🔷Қараөзек районы 77 (көриў) 🔷Кегейли районы 105 (көриў) 🔷Қоңырат районы 240 (көриў) 🔷Қанлыкөл районы 41 (көриў) 🔷Мойнақ районы 79 (көриў) 🔷Нөкис районы 103 (көриў) 🔷Тақыятас районы 62 (көриў) 🔷Тахтакөпир районы 32 (көриў) 🔷Төрткүл районы 88 (көриў) 🔷Хожели районы 144 (көриў) 🔷Шымбай районы 58 (көриў) 🔷Шоманай районы 21 (көриў) 🔷Еллиқала районы 22 (көриў) Қарақалпақстан кадастр ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.168 тыс33151

    Нөкис районында нызамға қарсы түрде валюта алмастырыў искерлиги менен шуғылланып келген пуқара усланды Бас прокуратура қасындағы, Департамент ҳәм де ИИБниң Нөкис районы бөлимлери тәрепинен өткерилген оператив илажда, пуқара А.С. 2,8 мың АҚШ долларын 31,2 млн сумға пуқара С.ға сатқан ўақтында усланып, илаж даўамында оның қасындағы жәми 3 мың АҚШ доллары, 34,8 мың Россия рубли, 10 евро, 100 БАӘ динари, 5 түрк лирасы ҳәм 1,2 млн сум дәлил болатуғын буйым ретинде алынған. Сондай-ақ, жоқарыдағы пуқаралардың ҳәрекетлери бойынша алып барылған оператив гүзетиўлерде олар турақлы түрде валюта қымбатлықларын нызамға қайшы түрде алмастырыў искерлиги менен шуғылланып келгенликлери мәлим болған. Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 177˗статьясы (валюта қымбатлықларын нызамға қайшы түрде алыў ямаса өткериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте. ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.141 тыс1208

    🥳Tayyormisilar? Unday bo’lsa MEDIAPARKdan eng shov shuvli loyihani qarshi oling! 🔥MEDIAPARK BATTLE!🔥 🏆O’zbekistondagi eng kuchli 10 bloger orasidan faqatgina bir donasi loyiha g’olibiga aylanadi Ushbu loyiha Mediaparkning Instagram sahifasida o’tkaziladi. Instagram: @mediapark_uzb Start: 12.06.22 Mediaparkning instagram tarmog’ini kuzatib boring va o’z blogeringizga ovoz bering! @mediapark_support (Тг) ☎️ 71 203 3333 🌐 mediapark.uz

  • 9 июн. 2022 г.128 тыс19942

    Шоманайда жаӊа шыпакерлик пункти ашылды Шоманай районындағы  “Мамый” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан аўыллық шыпакерлик пункти қолы гүл қурылысшылар тәрепинен қайта оӊлаўдан шығарылып, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Бул медицина имаратының ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, район ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм сектор басшылары қатнасып, олардыӊ ишки имканиятлары менен жақыннан танысты. Енди бул пунктте аўыл турғынлары ушын 2 шыпакер, 9 мийирбийке, 4 киши буўын медицина хызметкерлери хызмет көрсетеди. Адилбай Оразов, Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.110 тыс16251

    Қырғыз-өзбек шегарасында еки мәмлекетти байлаўшы тағы бир жасырын туннел анықланды Ҳәзирги ўақытта усы туннелди ким ҳәм не ушын қазығаны анықланбақта ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.115 тыс203459

    Айрым музқаймақлардан қурт шығып атырғаны айтылмақта Социаллық тармақларда тарқалған видеода айтылыўынша музқаймақтан қурт шыққан. Ўақыя қашан ҳәм қай жерде болғаны мәлим емес ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.97,7 тыс10446

    БЫТОВАЯ ТЕХНИКА, НОУТБУК, КОМПЬЮТЕР ҳәм ПРИНТЕРЛЕР бизден табылады. Буларды басланғыш төлемсиз 24 ай мүддетке жыллық 20%лик банк кредити арқалы сатып алсаңыз болады. Керек ҳүжжетлер: Паспорт. Дәраматыңыз ҳаққында мағлыўматнама. * 70 жастан аспаган пенсионерлерге де бериледи* Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Темур көшеси, 75-жай. Бағдар: Республикалық балалар емлеўханасы Телефонлар: (97) 5053725, (97) 5063725, (97) 5073725 Телеграмм: https://t.me/texnocitynukus

  • 9 июн. 2022 г.86,7 тыс12819

    Қазақстан шегарадан өтиўде ПЦР тест ҳәм вакцинация ҳүжжети бойынша талапты бийкар етти Қазақстан аймағында коронавирус тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша Кеңселер аралық комиссия қарары менен 8-июннан баслап мәмлекет шегарасын кесип өтиўде ПЦР тест ямаса COVID-19’ға қарсы емленгенлик ҳүжжетине ийе болыў бойынша талап бийкар етилмекте. Қарар Қазақстан пуқаралары ҳәм шет ел пуқараларына да бирдей тийисли. Буннан тысқары, комиссия қарары менен Қазақстан шегарасының айырым участкаларында мәмлекеттиң 7 ўәлаятындағы 12 ўақытша жабылған автомобиль өткериў пунктлериниң жумысы тикленеди. Алдынырақ, тап сондай қарар Туркия тәрепинен де қабыл етилген еди. 1-июннан баслап мәмлекетке кириўде терис нәтийжели ПЦР тест ямаса емленгенлиги ҳаққындағы ҳүжжетти көрсетиў бийкар етилди. Makan.uz ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.77,4 тыс6957

    Интеллектуал мүлк агентлиги контрафакт шампун өнимлери ҳаққында ескертти ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.74 тыс9568

    ⚡️Енди оқыўды көшириўге тек 2 категориядағы студентлерге рухсат бериледи, диплом бир орыннан алыныўы керек — жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў Министири Абдуқодир Тошқулов студентлердиң жақсылаў жөнелиске оқыўын көширип алыўы жағдайлары көбейгенин, бул процессте коррупциялық элементлер сақланып атырғанын билдирип, быйылғы жылдан тек ғана 2 категория студентлерине министр хаты менен оқыўын көшириўге рухсат берилиўин хабарлады. Булар: ➖Турмыс қурса; ➖Мәмлекет хизметкериниң жумысы басқа орынға өтсе ғана оқыўын көшира алады. ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.68,7 тыс7035

    Брокер, трейдер, биржа, форекс, криптовалюта, бинанс, токен сөзлери күнделикли турмысымызға кирип келмекте. Трейдерлик кәсиби маманы болып заманагɵй түрде пул ислеўди қәлейсизбе? Бул имканият енди Нɵкис қаласында. Заманагɵй түрде халықаралық базарларда саўда ислеў мүмкиншилигине FOREXClub Partner компаниясының оқыў курслары арқалы ийе болың. Ең табыслы тараўлардан бирин өзлестириң ҳәм биз бенен бирге финанслық еркинликке шығың. Мәнзил: Татыбаев көшеси. Бағдар: "Сладкий Мир" ☎️+99890-706-57-75 @ForexClub_xat_bot https://t.me/ForexClub_Nukus_Chat https://t.me/ForexClub_Nukus https://www.instagram.com/forexclub_nukus/

  • 9 июн. 2022 г.115 тыс8918

    Кегейлиде 31 пуқараның 142 миллион сумлық мийнет ҳақысы ҳәм үстемелери өндирип берилди Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының 26-ноябрь, 2021-жылдағы орынлаў ҳүжжетине тийкар, қарыздар район аймағында жайласқан шөлкемнен, 31 пуқара пайдасына жәми 142 миллион сумлық мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген дәраматларды өндириў белгиленген. Усы орынлаў ҳүжжети Бюроның Кегейли районлық бөлими жумыс жүргизиўине келип түскен болып, сол күнниң өзинде орынлаў жумысы жүргизиўи ашылған ҳәм тәреплерге таныстырылған. Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздардың барлық есап номерлерине тыйым салынып, келип түскен пуллар есабынан қарыздардың есап номерлеринен 142 миллион сумлық пул қаржылары толық өндирип берилген. Сол себепли, орынлаў ҳүжжети Өзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамның 41-статьясы 1-бәнтине тийкар орынланыўы әмелде жуўмақланды. Makan.uz ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.76,5 тыс606

    Быраздан соң Олий Мажлис Нызамшылық палатасының нәўбеттеги жалпы жыйналысы болып өтеди. Онда жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў Министири Абдуқодир Тошқуловтың «Жоқары тәлим мәкемелеринде оқып атырған студентлерди турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўрысында»ғы информациясы еситиледи. Жыйналыс Нызамшылық палатасының YouTube ҳәмде министрликтиң Facebook дағы рәсмий бетлери арқалы туўрыдан-туўры эфирге узатылады. ➡️ @NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.54 тыс485

    Австрия ҳәм Дания ортасындағы ойын электр тәмийнатындағы машқала себеп 1,5 саат кеш басланды Миллетлер Лигасы шеңбериндеги ойында Венадағы «Ernst Ҳаппел» стадионында Ташкент ўақыты менен 23:45 те басланыўы керек еди. Айтылыўына қарағанда, стадион жайласқан Вена аймағының үлкен бөлеги электр тәмийнатысыз қалған. Электр үзилиси себеплери ашықланбаған. Нәтийжеде Австрия ҳәм Дания ортасындағы ушырасыў бир ярым саат кешигиў менен — 01:15 те басланды. Ушырасыўда Дания Ҳёйбьерг ҳәм Ларсенниң голлары менен жеңиске еристи. Австрия футболшысы Шлагер өз есабына гол жаздырып қойды. ➡️ @NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.50,1 тыс515

    Ҳәзирги азық-аўқат дағдарысына Россия айыплы. Тек Россия. Кремлдың барлық өтириклери ҳәм дезинформацияға қарамай – Европа кеңеси Президенти Шарл Мишел. ➡️ @NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.49,1 тыс4424

    Енди тутыныўшылар арнаўлы сайт жәрдеминде пайдаланылған электр ҳәм газ ушын төлемди ҳәзирги тариф ҳәм усыныс етилип атырған жаңа тариф (1-июльдан) пенен салыстырыўы ҳәм есап-китапларды әмелге асырыўы мүмкин болады 👉 «Электр энергиясы төлеми калькуляторы» 👉 «Газ төлеми калькуляторы» ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!

  • 9 июн. 2022 г.46,2 тыс6811

    7-июнь күни Қарақалпақстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында "Қуўнақлар ҳәм зийреклер" таңлаўы болып өтеди 🎭 "Бес баслама олимпиадасы"шеңберинде өткерилип атырған "Қуўнақлар ҳәм зийреклер" таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы усы жылдың 7-июнь күни саат 14:00 де Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында (ТЮЗ) өткериледи. Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында аймақлық басқышларда жеңимпаз болған Нөкис қаласы, Кегейли, Елликқала, Шоманай, Шымбай ҳәм Төрткүл районларының топарлары өз-ара беллеседи. Ҳәммени таңлаўды көриўге мирәт етемиз! Мағлыўмат ушын "Қуўнақлар ҳәм зийреклер" таңлаўын көриў БИЙПУЛ! Жаслар ислери агентлиги ➡️ @NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!