tgindex
ҚР Коррупцияға қарсы гүресиў Аймақлық Қеңеси

ҚР Коррупцияға қарсы гүресиў Аймақлық Қеңеси

Статистика
@QRQKGAKВидеоузбекский

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Последний пост
14 авг.
Последнее чтение
15 авг.
Постов за неделю
2
Всего постов
25
Тип
открытый
Язык
узбекский
Категория
Видео (по похожим)
В каталоге с
14 авг.
Подписчики
4 274
−17 за 4 дн.
Сутки
−8
−0,19%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
1 521
25 постов
Вовлечённость
35,6%
к подписчикам
Постов в день
0,3
всего 25
Упоминаний
1
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
422
1/48двое суток
483
1/72трое суток
521

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • Таўламашылық жынаяты анықланды. Усы жылдың 20-июль куни пуқара Х.Т ҳуқықты қорғаў уйымына “өзин Нурлан деп таныстырған шахс Интернет социалық тармағындағы арнаўлы ботка“гөш дуканында саўда қылғанымнан соң, чек бермеди” деп жайластырған мақаласын алып таслаў ҳәм дуканына қайтып келмеслик ушын 1.5 млн сўм талап етпекте” деп арза менен мурәжаат етип шара көриўди сораған, усы арзаға тийкар оператив хызметкерлер тәрепинен 22.07.2026 жылы өткерилген илаж даўамында 2005 жылы туўылған У.Н таўламашылық жолы менен қорқытып, пуқара Т.Хдан 1.5 млн. сўм талап етип алған ўақытында иркилди. Бул жағдай бойынша 13.08.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 165-статьясы, 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.

  • Лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў жынаяты анықланды. Нөкис қаласы ҳәкиминиң 12.06.2015 жылдағы тийисли карары менен пуқара О.З ға Нөкис қаласы “Алланияз Қаҳарман” МПЖ аймағынан 600 м2 жер участка ажратылған, жер майданы пуқара О.З тәрепинен Өз.Рес Жер кодексиниң талапларына қайшы рәўиште қурылыс алып барғанлығы себепли суд тәрепинен пуқараға ажратылған жер участкасы, ҳәкимлик жер фондына қайтарыў ҳаққындағы суд қарары қабыл етилип қайтарып алынған,  бирақ пуқара О.З жер майданларды талан-тараж қылыў арқалы нызамсыз пайда көриўди нийет етип, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Нөкис филиалы қурылыс бөлими лаўазымлы шахслары жәрдеми менен өз кушин жоғалытқан қарар жәрдеминде 04.12.2023 жылда ҳәкимлик жер фондында турған 600 м2 жер участкаға қурылған 75 м2 болған қурылысы тамамланған имаратқа кадастр паспортын қәлбекилестирип 05.12.2023 жылда мәмлекетлик дизимнен өткизиўге ерискен. Бул жағдай бойынша 13.08.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 205-статьясы, 2-бөлими “а” бәнди менен жынаят иси қозғатылды.

  • 5 авг.1 1006из joqargikenes

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеси тәрепинен «Anticorr.uz» платформасы иске түсирилди! 📲 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесине сиз коррупция жағдайы бойынша жеке мүрәжатыңызды «Anticorr.uz» мобил қосымшасы арқалы жоллаў имканияты жаратылды. Платформа тест режиминде жумыс алып барып атыр. Елимизде коррупциялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў илажларының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жаратылған платформа арқалы сиз мүрәжатыңызды онлайн түрде тиккелей Аймақлық кеңеске жоллай аласыз. Сиз жоллаған мүрәжат толық сыр тутылады.   Мүрәжатыңызды Anticorr.uz сайты ямаса қол телефоныңызға мобиль қосымшаны жүклеп алып, дизимнен өткен ҳалда жолласаңыз болады. Қосымшаны жүклеп алыў ⬇️⬇️⬇️⬇️⬇️⬇️ Мобил косымша Android:  Жүклеп алың Мобил косымша iOS: Жүклеп алың  Буннан тысқары, арнаўлы телеграм бот та ашылған:   @anticorr_uz_bot Каналға ағза болыў: @joqargikenes 🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

  • 5 авг.1 183

    Пара бериў жынаяты анықланды. Ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен, пуқара Д.Ж, Д.Р ҳәм Б.С лердиң арзасына тийкар өткерилген оператив иләж даўамында, пуқара С.Р Дубай ҳәм Молдавия мәмлекетлерине жумысқа жиберемен деп, олардың исенимине кирип, Д.Жтан 1.700 АҚШ доллар ҳәм 4 млн. сўм, Д.Р ҳәм Б.С лардан ҳәр қайсыннан 150 АҚШ доллар пулларын алып өз мәпине ислетип жибергенлиги анықланды.  Бул жағдай бойынша 04.08.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 211-статьясы, 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.

  • 5 авг.1 1531

    Пара бериў жынаяты анықланды. Ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен, пуқара Р.К ниң арзасына тийкар өткерилген оператив иләж даўамында, пуқара А.У ҳәм С.А пуқара Р.Книң исенимине кирип, уй-жай қурыў ушын таныслары арқалы 1000 м2 жер алып бериўди ўәде етип 700 АҚШ доллар пулларын алып өз мәплери ушын ислетип жибергенлиги анықланды. Бул жағдай бойынша 04.08.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 211-статьясы, 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.

  • 5 авг.1 1802

    Таўламашылық жынаяты анықланды. Усы жылдың 31 июль куни ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен, пуқара Я.Д арзасына тийкар өткерилген оператив иләж даўамында, Тақыятас районында жасаўшы 2008-жылы туўылған А.А арза ийеси Д.Яның фото суўретлерин тарқатыў жолы менен қорқытып, тарқатпаў есесине 10 млн. сўм талап етип, усы талап етилген 10 млн. сўм пулларын алған ўақтында иркилген. Бул жағдай бойынша 04.08.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 165-статьясы, 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.

  • 5 авг.1 15411

    Талан-тараж етиў жынаяты анықланды. Пуқара М.А, М.К ҳәм өмирлик жолдасы И.А АКБ Ҳалк банк Ақманғыт филиалы баслығы лаўазыманда ислеген Д.Қлар өз-ара тил бириктирип, уй-жай сатып алыў ушын ажыратылған 399 млн. сўм кредит қаржыларын нақластырып талан-тараж еткенлиги анықланды. Бул жағдай бойынша 04.08.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 167-статьясы, 3-бөлими “а” бәнти менен жынаят иси қозғатылды.

  • 1 авг.1 8241из QRSUDLARI

    KORRUPCIYAǴA QARSÍ GÚRES: JAZA EMES, ÁDILLIK ÚSTINLIGI Korrupciya – jámiyettiń rawajlanıwına tosqınlıq etetuǵın, mámleketlik basqarıwdıń nátiyjeliligine hám puqaralardıń nızamǵa bolǵan isenimine keri tásir kórsetetuǵın qáwipli illet. Sonıń ushın korrupciyaǵa qarsı gúresiw búgin tek ǵana huqıq qorǵaw uyımlarınıń wazıypası emes. Bul – mámleketlik uyımlar, puqaralıq jámiyeti hám hár bir puqaranıń ulıwma juwapkershiligi bolıp esaplanadı. Sudya sıpatında iskerligim dawamında usı haqıyqatqa isendim, korrupciyaǵa qarsı gúresiwde tek ǵana jazanı kúsheytiwdiń ózi jeterli emes. Eń áhmiyetlisi – nızam buzılıwına alıp keletuǵın sharayatlardı erte anıqlaw, olardı saplastırıw hám jámiyette korrupciyaǵa mawasasız múnásibetti qáliplestiriw bolıp esaplanadı. Korrupciyaǵa qarsı gúresiw nátiyjeliligin arttırıw, korrupciyaǵa baylanıslı jınayatlar ushın juwapkershiliktiń sózsiz ekenligin támiyinlew hám profilaktikalıq mexanizmlerdi kúsheytiw maqsetinde 2026-jıl 22-iyunda Ózbekstan Respublikasınıń «Ózbekstan Respublikasınıń ayırım nızam hújjetlerine korrupciyaǵa qarsı gúresiw nátiyjeliligin arttırıwǵa, korrupciyaǵa baylanıslı jınayatlar ushın juwapkershiliktiń sózsiz ekenligin támiyinlewge qaratılǵan qosımshalar hám ózgerisler kirgiziw haqqında»ǵı Nızamı qabıl etildi. Tolıq oqıw ushın👈 ______________ KORRUPSIYAGA QARSHI KURASH: JAZO EMAS, ADOLAT USTUVORLIGI   Korrupsiya — jamiyat taraqqiyotiga toʻsqinlik qiladigan, davlat boshqaruvi samaradorligi va fuqarolarning qonunga boʻlgan ishonchiga salbiy taʼsir koʻrsatadigan xavfli illatdir.   Shu bois korrupsiyaga qarshi kurashish bugun faqat huquqni muhofaza qiluvchi organlarning vazifasi emas. Bu — davlat organlari, fuqarolik jamiyati va har bir fuqaroning umumiy masʼuliyatidir.   Sudya sifatidagi faoliyatim davomida shu haqiqatga amin boʻldimki, korrupsiyaga qarshi kurashishda faqat jazoni kuchaytirishning oʻzi yetarli emas. Eng muhimi — qonunbuzarlikka olib keladigan shart-sharoitlarni barvaqt aniqlash, ularni bartaraf etish va jamiyatda korrupsiyaga nisbatan murosasiz munosabatni shakllantirishdir.     Korrupsiyaga qarshi kurashish samaradorligini oshirish, korrupsiyaga oid jinoyatlar uchun javobgarlik muqarrarligini taʼminlash va profilaktik mexanizmlarni kuchaytirish maqsadida 2026-yil 22-iyunda Oʻzbekiston Respublikasining “Oʻzbekiston Respublikasining ayrim qonun hujjatlariga korrupsiyaga qarshi kurashish samaradorligini oshirishga, korrupsiyaga oid jinoyatlar uchun javobgarlik muqarrarligini taʼminlashga qaratilgan qoʻshimcha va oʻzgartirishlar kiritish toʻgʻrisida”gi Qonuni qabul qilindi. Batafsil👈 Sayt |Telegram | Facebook

  • 31 июл.1 8602

    Пара бериў жынаяты анықланды. Усы жылдың 27 июль куни ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен, пуқара Э.М ниң арзасына тийкар өткерилген оператив иләж даўамында, Хожели районында жасаўшы 1995-жылы туўылған пуқара А.Р жоқары лаўазымда ислеўши таныслары арқалы мәмлекет ийелигинде болған Шоманай районы Тумарис көшеси. натурақ имәратын аукцион саўдаларысыз алып бериўи есесине 50 млн сўм пулларын талап қылып, Кегейли районы “Жузимбағ” АПЖ аймағында талап етилген 50 млн сўм пулларын алған ўақтында иркилген. Бул жағдай бойынша 30.07.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 211-статьясы, 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.

  • 31 июл.1 9006

    Пара бериў жынаяты анықланды. Усы жылдың 28 июль куни ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен, пуқара Р.Т ниң арзасына тийкар өткерилген оператив иләж даўамында, Нөкис қаласында жасаўшы 1991-жылы туўылған пуқара М.А арза ийеси Р.Т ниң исенимине кирип, жоқары лаўазымда ислеўши таныслары арқалы Нөкис қаласы банк филиалларынан 100 млн.сўмлық “мақсетли кредит”ти рәсмийлестирип ҳәм усы пулларды нақластырып бериўин айтып, есесине банк хызметкерлерине деп 2.5 млн сўм, өзине 1 млн. сўм жәми 3,5 млн. сўм пулларын талап қылып, Нөкис қаласы қубла автовокзалы жанында талап етилген 3.5 млн. сўм пулларын алған ўақтында иркилген.  Бул жағдай бойынша 30.07.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 211-статьясы, 1-бөлими ҳәм 168-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.

  • 30 июл.1 970106

    Талан-тараж етиў жынаяты анықланды. Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы лаўазымлы шахслары ҳәм “Нургул сервис” ЖШЖ лаўазымлы шахслары шахслары менен өз ара тил бириктирип 168 млн. сўм бюджет қаржыларын талан-тараж еткен жағдайы анықланды.  Бул жағдай бойынша 29.07.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 167-статьясы, 2-бөлими “а, в” бәнтлери менен жынаят иси қозғатылды.

  • 30 июл.1 75021

    Талан-тараж етиў жынаяты анықланды. Беруний районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 32-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми лаўазымлы шахслары 2021-2026-жыллар даўамында 685 млн. сўм бюджет қаржыларын өзлестириў ҳәм растрата кылыў жолы менен талан-тараж еткен жағдайы анықланды.  Бул жағдай бойынша 29.07.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 167-статьясы, 2-бөлими “а, в” бәнтлери менен жынаят иси қозғатылды.

  • 30 июл.1 61028

    Талан-тараж етиў жынаяты анықланды. Республикалык қәнийгелестирилген онкология ҳәм радиология илмий-әмелий медицина орайының ҚР филиалы менен “Жаңа кафолат Табыс” ЖШЖ лаўазымлы шахслары тәрепинен 120,7 млн. сўм бюджет қаржыларын талан-тараж еткенлиги анықланды. Бул жағдай бойынша 29.07.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 167-статьясы, 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.

  • 29 июл.1 8222из KRAdillikMinistrligi

    🎙Qaraqalpaqstan Respublikası Ádillik ministrliginde Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesiniń Sud-huqıq máseleleri hám korrupciyaǵa qarsı gúresiw komiteti baslıǵı A.Atajanov hám ministrdiń birinshi orınbasarı A.Prenov basshılıǵında mámleketlik uyımlar hám shólkemlerdiń yuridikalıq xızmet xızmetkerleriniń qatnasıwında májilis bolıp ótti. ✨Bul haqqında Qaraqalpaqstan Respublikası Ádillik ministrliginiń bas másláhátshisi N.Berdiniyazova maǵlıwmat berdi. ◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️ 🎙Qoraqalpog‘iston Respublikasi Adliya vazirligida Qoraqalpog‘iston Respublikasi Jo‘qorg‘i Kengesining Sud-huquq masalalari va korrupsiyaga qarshi kurashish qo‘mitasi raisi A.Atajanov va vazirning birinchi o‘rinbosari A.Prenov rahbarligida davlat organlari va tashkilotlarining yuridik xizmat xodimlari ishtirokida yig‘ilish bo‘lib o‘tti. ✨ Bu haqida Qoraqalpog‘iston Respublikasi Adliya vazirligining bosh maslahatchisi N.Berdiniyazova ma’lumot berdi. 📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T

  • 28 июл.1 8582

    без подписи

  • 28 июл.2 2132

    без подписи

  • 28 июл.2 0732

    без подписи

  • 28 июл.1 8332

    без подписи

  • 28 июл.1 5822

    без подписи

  • 28 июл.1 4002

    без подписи