tgindex
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ

ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ

Статистика
@Shawdirbay_Seyitovузбекский

ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ – Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мǝмлекетлик сыйлық лауреаты, талантлы шайыр, аўдармашы. Байланыс ушын: @Orekeev_Azamat Тағы да каналлар @Tolepbergen_Matmuratov @Kengesbay_Raxmanov @Tengelbay_Sarsenbaev

Последний пост
9 авг.
Последнее чтение
13 авг.
Постов за неделю
0
Всего постов
21
Тип
открытый
Язык
узбекский
В каталоге с
13 авг.
Подписчики
562
0 за 1 дн.
Сутки
0
0,00%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
323
21 постов
Вовлечённость
57,5%
к подписчикам
Постов в день
0,0
всего 21
Упоминаний
3
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
150
1/48двое суток
171
1/72трое суток
185

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • Әне саған әдебиятты кең таратыў. Қазақ әдебиятынан бир шығарма излесем, телеграм, ютуб, гуглдың әйтеўир биреўинен табылады-әй. Сан жағынан салыстырғанда қарақалпақ әдебиятында шығармалар қазақ әдебиятынан азырақты қурайды. Биз соны да технология өршиген, жасалма интелект пайда болған заманда да электронлаўдың өзин де бир жөнли ете алмай атырмыз. 😏😏😏

  • 28 июл.1986из katharsis_nukus

    Сағынбай ИБРАГИМОВ Нөкис полиграфкомбинатының цехлары... Бул имараттың ишинде мен Шарапатдинниң туңғыш китабын редакторладым, екеўимиз бул топламның биринши нусқаларын алып, кеўиллеримиз қуўаныштан тасып турды. Шарапатдин мениң китабымды редакторлады, верстальщиктиң қасында турып қәтелерин салдырды... Мен китапларын редакторлаған авторлар – Ибрайым Юсупов ҳәм Дәўлен Айтмуратовтың рус тилиндеги китаплары, Оразақ Бекбаўлов, Салый Садықов, Гүлайым Турсынова, Дәўлетбийке Шерниязова... басқа да көп қәлем ийелериниң китаплары. Жигирма томлық «Қарақалпақ фольклоры»ның соңғы томлары... Ҳәр китаптың тусында неше мәрте полиграфқа түсемиз, типография бояўының ийиси бизди елитип салады. Нөкис полиграфкомбинатының цехлары – Шаўдырбай-аға менен Узақбай-ағалардың шалқып жүрген жерлери... Бахтыярдың студент дәўиринде жумыс баслаған жери. Ҳәзир де бул имаратқа кирсем, әзийз ағаларым Генжемурат Изимбетов пенен Қәллибек Бекжановты көрип қалатуғындайман. Бирақ Нөкис полиграфкомбинаты жабылды. Ҳәр жылы Баспасөз күнинде усы Нөкис полиграфкомбинатын жапқан теперишлер залда биринши қатарда отырады. Орысларда «преступник возвращается на место преступления» деген гәп бар. Мен 1985-1991-жыллары Жазыўшылар аўқамында Т. Қайыпбергенов пенен, 1994-2000-жыллары Руўҳыйлық орайында И. Юсупов пенен бирге ислестим. Усы ақсақаллардың да ийттиң етинен бетер жек көретуғын адамлары усы бенделер еди. Өзлеринше өйткенлер ҳәм бүйткенлер, Баспасөз үйиниң басын үйткенлер, Сүйретилип шығар қуяшламаға, Көзлери шүңирейген буралқы ийтлер. 2019, июнь t.me/katharsis_nukus

  • 9 июл.31971из Tengelbay_Sarsenbaev

    Seniń jańa túsken kúnleriń edi... ✍ Sózi: Teńelbay Sársenbaev (@Tengelbay_Sarsenbaev) 🎼 Naması: Bahadır Sársenbaev 🎤 Atqarıwında: Sársenbay Uzaqbaev Seniń jańa túsken kúnlerin edi, Tańnıń da asıǵıp atıp júrgeni. Kúnniń de keshigip batıp júrgeni, Seniń jańa túsken kúnleriń edi. Dunyada barlıǵın bildirip baxıt, "Baxıtlı jigit" dep belgi gúl taǵıp, Úyge intizarlıq qamalǵan waqıt, Seniń jańa túsken kúnleriń edi. Elim elp-elp etip qanatın jayıp, Qutlı qonaǵına kókiregi bayıp, Mende saǵan degen ıqlas ulǵayıp, Seniń jańa túsken kúnleriń edi. Kólbep quwanıshtan atam hám anam, Úy tolı qonaqta shayǵa qulaǵan, Jurt sınaǵan sayın maǵan unaǵan, Seniń jańa túsken kúnleriń edi. Teńelbay Sársenbaev «Debdiw» toplamınan (1977) Kanalǵa aǵza bolıwdı umıtpań:👇 @Tengelbay_Sarsenbaev @Tengelbay_Sarsenbaev_topari

  • 9 июл.22545из Tengelbay_Sarsenbaev

    Сениң жаңа түскен күнлериң еди... ✍ Сөзи: Теңелбай Сәрсенбаев (@Tengelbay_Sarsenbaev) 🎼 Намасы: Баҳадыр Сәрсенбаев 🎤 Атқарыўында: Сәрсенбай Узақбаев Сениң жаңа түскен күнлерин еди, Таңның да асығып атып жүргени. Күнниң де кешигип батып жүргени, Сениң жаңа түскен күнлериң еди. Дунйада барлығын билдирип бахыт, "Бахытлы жигит" деп белги гүл тағып, Үйге интизарлық қамалған ўақыт, Сениң жаңа түскен күнлериң еди. Елим елп-елп етип қанатын жайып, Қутлы қонағына көкиреги байып, Менде саған деген ықлас улғайып, Сениң жаңа түскен күнлериң еди. Көлбеп қуўаныштан атам ҳәм анам, Үй толы қонақта шайға қулаған, Журт сынаған сайын маған унаған, Сениң жаңа түскен күнлериң еди. Теңелбай Сәрсенбаев «Дебдиў» топламынан (1977) Каналға ағза болыўды умытпаң:👇 @Tengelbay_Sarsenbaev @Tengelbay_Sarsenbaev_topari

  • 9 июл.1765из Tengelbay_Sarsenbaev

    ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ (09. 07. 1940 – 29. 10. 2005) ӨМИРБАЯНЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТЛАР: >> 1940-жылы 9-июль Кегейли районында бурынғы (Ворошилов колхозында) ҳәзирги Қанияз Ҳабибуллаев АПЖ аймағында дүньяға келди. >> Ҳәзирги С.Нурымбетов (бурынғы Киров) мектебинде тәлим алып, соң >> Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген. >> Үш жыллық әскерлик ўазыйпасын өтеп, өз мийнет жолын >> 1969-жылдан "Еркин Каракалпақстан" газетасынан баслайды. >> 1970-жылдан 1974-жылға шекем ДОСААФ комитетиниң баслығы лаўазымында иследи. >> 1974-1987-жыллар аралығында Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радио еситтириўлери комитетинде редактор, бас редактор лаўазымларында, >> 1987-жылдан "Әмиўдәрья" журналында хызмет етти. ПОЭЗИЯЛЫҚ ТОПЛАМЛАРЫ: 1974-жыл ,,Жаршы", 1977-жыл ,,Дебдиў", 1980-жыл ,,Қубылыў", 1984-жыл ,,Қайнаўыт", 1989-жыл ,,Шабыўыл", 1990-жыл ,,Дүнья менен дәртлесиў", 1995-жыл ,,Таңырқант" китаплары баспадан шықты. АЎДАРМАЛАРЫ: >> Қырғызстан халық шайыры Нурпейис Жарқынбаевтың "Алатаў бояўлары" қосықлар топламын қарақалпақ тилине аўдарған. Шайырдың бирқанша шығармалары өзбек, орыс тиллеринде жәрияланды. Теңелбай СӘРСЕНБАЕВ Канал: @Tengelbay_Sarsenbaev

  • 9 июл.1234из Tengelbay_Sarsenbaev

    Бүгин 9-ҳәсет (июл) шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың туўған күни. Шайыр арамызда болғанда 86 жасын қарсы алып атырған болар еди. Қалай да Қудай оларға екинши өмир берген. Теңелбай Сәрсенбаев (09. 07. 1940 - 29. 10. 2005) @Tengelbay_Sarsenbaev

  • без подписи

  • 6 июл.2395из Kengesbay_Raxmanov

    #Китап жаңалығы!    Ассалаўма әлейкум, қәдирли каналымыз ағзалары!    Халқымыздың сүйикли перзенти Кеңесбай Рахмановтың қызы, радиожурналист Дилбар Рахманованың гезектеги екинши новеллалар топламы «Муҳаббат жоқ жерде» китабы «Жети ықлым» баспасынан жарық көрди. Китапта: «Өзекти өртеген өкиниш» «Жаңа жыл тилеги» «Сықмар ғарры» «Қыя басылған қәдем» «Жигит көзи менен қыз таңлама» «Бузылған уя» «Әрман» «Квартирант» «Еки кемениң басын услаған жигит» «Меҳир берсең - меҳир аларсаң» «Екинши ҳаял» «Муҳаббат жоқ жерде...» «Қәйинбийке» «Күйик» сыяқлы түрли атамадағы, бири-биринен қызық новеллалар орын алған.    Буған шекем де автордың «Бийгүна қыздың көз жасы» деп аталған прозалық шығармалар топламы басылып шыққан еди.    Китапты алып оқыўды қәлеўшилер болса, китап «Жипек жолы» көшесиндеги И. В. Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейиниң қарама-қарсысында жайласқан «Китап дүнйасы» дүкәнында сатыўға шығарылғанын мәлим етип билдиремиз. Баҳасы 60 мың сом Кеңесбай Рахманов каналы: @Kengesbay_Raxmanov

  • 5 июл.329113

    Шаўдырбай Сейитов каналы: @SHawdirbay_Seyitov Видео @salon_gulbaxar инстаграм аккаунтынан алынды. Қосықты толық оқыў ушын силтеме

  • без подписи

  • Техникалық себеплерге байланыслы канал жақын арада өширилиўи мүмкин, бәршеңизди жаңа канал(лар)да күтип қаламыз.

  • Халық ушын өлсең де халық қәдириңди биледи. Қунназар ақсақал Шаўдырбай Сейитов ,,Халқабад" тетралогиясы, 1-китап ,,Шар бузыў" романы (1977) Канал: 👉 @SHawdirbay_Seyitov @SHawdirbay_Seyitov_topari

  • *     *     * Túslerińe kúndizgidey tap, Aqshamları enermen, bálkim. Bazda baǵda júrsem qoltıqlap, Bazda gúl de berermen, bálkim. Eziw tartıp sonda lábleriń Jas ǵumshaday ashılar, hátte Kewliń jayıp ıshqı dápterin, Uyqılı-oyaw jatarsań kátte. Hám bólenip shiyrin lázzetke: Íras pa! – dep uyqıńdı asharsań. – Ádira qalǵır, tuspediń, – dep te, Júregińe qayǵı basarsań. Soń súwretke telmirip baǵıp, Jas shaqırar jup qara kózler. Qıyallarıń qaylarǵa ılaǵıp, Bir paqırıń kóp dártke tózgen. Yadqa túsip oy-oydı quwıp, Jalbarınıwlar janıńdı qıynar, Kesadaǵı kók shayıń suwıp, Barmaqlarıń dasturxan jıynar. Soń kitaptı qoltıqqa qısıp, Jol tartarsań mektebiń betke, Kók skamya kózińe túsip, Taǵı yadqa salar, álbette! Tap usınday bolar-aw, shın ba? Ne bar hijran otınan jaman. Óziń izlep kelerseń mında, Tek saǵınısh bolǵay dá aman! Shawdırbay Seyitov «Soqpaǵım, meniń qaydasań» kitabınan (1966) Kanalǵa aǵza bolıwdı umıtpań:👇 @Shawdirbay_Seyitov

  • Жаңбыр Жылдырымлар атласты, Булыт – астан-кестен. Көк пенен Жер қатынасты, Сызық үзбестен. Шалшықларға шаншылды, Биздей тамшылар. Собалақлап шашыңды, Тамшы қамшылар; Ҳәм сазақты шөллеген, Шайды мәс етип. Жазийралар көлбеген, Жутты ҳәз етип. Жедел питип…

  • Халық ушын өлсең де халық қәдириңди биледи. Қунназар ақсақал Шаўдырбай Сейитов ,,Халқабад" тетралогиясы, 1-китап ,,Шар бузыў" романы (1977) Канал: 👉 @SHawdirbay_Seyitov @SHawdirbay_Seyitov_topari

  • Оның үгити – ҳүкүўметтиң саясаты, саясат дегениң – бул ҳүкүўметтиң тутқан жолы. Қунназар ақсақал Шаўдырбай Сейитов ,,Халқабад" тетралогиясы, 1-китап ,,Шар бузыў" романы (1977) Канал: 👉 @SHawdirbay_Seyitov @SHawdirbay_Seyitov_topari

  • Мың айтсақ та сизиң менен биз енди кери кетсек кетемиздағы, алға басыўымыз гүман, булар болса аты шыға шапқан адамлар, буларға қарсы турсаң, қартайғанда сыйланбай қаласаң. Қартайған адамға сыйланбаўдан жаман өлим жоқ. Қунназар ақсақал Шаўдырбай Сейитов …

  • без подписи

  • Ázerbayjan shayırı Xayrulla Abdullaevqa Áziyz dostım, kórseń edi men jaylaǵan mákandı, Bunda móldir monshaq qaqshır qara kózli bulaqlar. Bota kózli kóllerim bar birqazanlı, qutanlı, Qırlarımda juwsan juwsap erke kiyik ılaqlar. Taqırında shiyrin gewrek kúlgen…

  • без подписи