tgindex
КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

Статистика
@Kengesbay_Raxmanovузбекский

КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ – драматург, Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, жазыўшы. Бул каналларға ағза болыўды да умытпаң! 👇👇👇 @SHawdirbay_Seyitov @Tolepbergen_Matmuratov @Tengelbay_Sarsenbaev

Последний пост
13 авг.
Последнее чтение
13 авг.
Постов за неделю
2
Всего постов
24
Тип
открытый
Язык
узбекский
В каталоге с
13 авг.
Подписчики
916
+2 за 2 дн.
Сутки
0
0,00%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
221
24 постов
Вовлечённость
24,1%
к подписчикам
Постов в день
0,3
всего 24
Упоминаний
8
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
70
1/48двое суток
80
1/72трое суток
86

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • 5 Аўылымда ғаррылар да аз енди, Алып кетти ағам менен әжемди. Келе ғойса лазымлы иске шақырық, Табалмайман таўсылмаған әжелди. Жас балалар шапқыласқан көңилли, Жигит болған тепсе үзгендей темирди. Келе ғойса қутлы тойға шақырық, Алғыслайман жалғасы бар өмирди!

  • Аўылды сағыныў 1 Жәннет деген бары-жоғы белгисиз, Аўылым бар сол жәннетке бергисиз. «Жабаныңда қызыққандай не бар?»-деп, Жаманламаң туўып-өскен елди, сиз. Әңгимени айтар болсам ҳағынан, Қус болғанда кетпес едим бағынан. Бир мийирман көз-қарасты сеземен, Шопан түўе, бағып жүрген малынан. Өзгерсе де енди оның келбети, Сол қәлпинде аңқылдаған «кел-кет»и. Бул дүньяда усы аўылым болмаса, Әбиргер тартып кетердей-аў жер бети! Көринбесем айлар өтип арадан, Қылмыслыдай зорға уялып бараман. Олар маған дуз бериўге таласар, Келгендей тап үлкен ғожық қаладан. Орны менен болар өкпе-гийне де, Мен тайынман бәрине бас иймеге. Мен тайынман, балалығым шапқылап Басып өткен соқпақларды сүймеге! Усы аўылым берди маған жоллама Ўатан ушын нағыз адам болмаға. Исенимин ақлай алсам түбинде, Мениң ушын жалғыз бахыт сол ғана! Шыдам деген болсадағы мәртшелик, Тез келмесем, сағынаман дәрт шегип. Себеп, менде ҳәр бир аўыллас пенен Орын-ортақ, мақсет-мөлдек, шәрт-шерик. Гәп қызғанда, алғандай тап шыңларды, Ўарлап сөйлер, сүймес олар ымлаўды. Жасы үлкенлер отырады тым-тырыс, Күсегендей меннен ақыл тыңлаўды. Ҳәр барғанда көкирегим өседи, Қолға услап шербет толы кесени: -Аўылымыздың шайыры!-деп мақтанбас, -Пүткил халықтың шайыры бол!-деседи. Усы сөзден төбем көкке жетеди, Усы сөзден зәррем ушып кетеди. Орынлаўға аўылымның тилегин- Белгисиз ғой бир өмирдиң жетери... 2 Бар ма тыным? Ўақыт алға шақырар, Бир күн жатсам, үй ишине сыймадым. Узақ кетсем, ой теңизи батырар, Сағынаман аўылымның дийдарын. Айтқан менен жийи-жийи келсем деп, Таслаў қыйын күнниң көп жумысларын. Қарға аўнаған балаларды көрсем тек, Сағынаман аўылымның қысларын. Талай жолға сапар шегип сабылдым, Туўған жерин перзент қалай сүймесин! Биле-билсең, өлгейлиден сағындым Алма түўе, қыйсық өскен жийдесин. Пәлек берип мендей жалғыз пошаққа, Саўға етти бахыттың да пүтинин. Сағындым ғой, гүрлеп жанған ошақта Оты түўе, морыдағы түтинин! Қайда барсам, асығыслы қайтарман, Тәрк әйледим өзге журттың қаласын. Сағындым ғой, жаз айлары жайқалған Бағы түўе, көсилген кең даласын. Перзентимен бир кеселге шатылған, Аўыл-даўам, Аўылға көп жалтағым. Сағындым ғой, самалларды шақырған Талы түўе, бозлардағы жантағын. Аўыл десе, алып-ушар жол турған, Кеўил деген ериместей мийтин бе? Сағындым ғой, жайлаўларды толтырған Малы түўе, әўпилдеген ийтин де!... Мойынға енди бала-шаға, үй минди, Сийрексиди аўылға да келисим. Сағындым ғой, шәпәәтли, мийримли Сөзи түўе, жасы үлкенлер сөгисин. 3 Өткенлерге өртен, мейли күй налып, Дос-яранды умытпағыл, суўыма. Қәне, енди сол балалар жыйналып, Бир сүңгисек «Жалпақ жап»тың суўына. Ойнар едик ҳәзиллесип, басқылап, Бир-биреўге ылайықлы ат таққан. Қәне, енди сол балалар бас қурап, Бир жуўырсақ аўылдағы соқпақтан. Ойламаппыз: ержетиўди билсек те, Тәғдир бүйтип тумлы-тусқа тарта ма? Қәне, енди сол балалар бир сәтке Отырыссақ мектептеги партада. Босағадан кирседағы қыс басып, Жаз етермиз ысқырысқан тоқсанды, Қәне енди сол балалар дусласып, Бир қайғырсақ мәңги кеткен досларды... 4 Алысларға кеткенде көп аңсадым, Аўыл деймен жүрегимниң бир тарын. Тоғайларға аўа бермес аңсарым, Көрген ўақта аўылымның бир талын. Жөнли-жөнсиз мақтаныстық, жыртылдық, Туўған жер деп, жүргенде жат еллерде. Мениң ушын теңизиң де бир пуллық, Алақандай «Айтым көл»ди көргенде. Аўыл десе мени неге буйтти екен? Қайда барсам көринеди булдырап. Сағындырсам поездлар да жүйткиген, Аўылымда ат шапсам бир қулдырап. Туўған жерин ҳәр ким ҳәр не мақтайды, Өз ерким ғой оны қәйтип жырласам... Симфонияң да шүйкилдидей жақпайды, Аўылда бир қораз сестин тыңласам. Еси пүтин адам алысты аңлар, Алға қызғын барар болса жолында. Тарта бермес асфальт магистраллар, Жүргенимде аўылдың шаң жолында. Көрмесем, кеўлимде көп алағада, Шыдамым таўсылып қайнар қумғанда. Бир айлық курорттан кетсин садаға, Аўылдың бир күнлик ҳәзи турғанда! 5 Аўылымда ғаррылар да аз енди, Алып кетти ағам менен әжемди. Келе ғойса лазымлы иске шақырық, Табалмайман таўсылмаған әжелди. Жас балалар шапқыласқан көңилли, Жигит болған тепсе үзгендей темирди. Келе ғойса қутлы тойға шақырық, Алғыслайман жалғасы бар өмирди! https://t.me/Kengesbay_Raxmanov

  • *     *     * Sen degende aǵılmasın jır qaydan! Tuwılǵan jer – terbetilgen besigim. Samallarıń kewilimnen bult aydar, Hár soqpaǵıń – ıǵbalıma esigim. Tuwılǵan jer, sen – babamnan miyrasım, Sen – jalańash, shır pitpegen jer ediń. Qoynıńdaǵı ıssı qumday sıylasıq…

  • *     *     * Сен дегенде ағылмасын жыр қайдан! Туўылған жер – тербетилген бесигим. Самалларың кеўилимнен булт айдар, Ҳәр соқпағың – ығбалыма есигим. Туўылған жер, сен – бабамнан мийрасым, Сен – жалаңаш, шыр питпеген жер едиң. Қойныңдағы ыссы қумдай сыйласық…

  • *     *     * Kel, oqıwshım, atlanayıq alısqa, Insan tanıs, dala tanıs, jol tanıs. Qara anaw dáryadaǵı aǵısqa, Onda barday tawsılmas tolǵanıs. Kópten berli saǵındım men sapardı, Jolǵa shıqtım. O, ózleriń qollańız! Sheksiz dala esletedi atamdı, Bar onda da…

  • *     *     * Кел, оқыўшым, атланайық алысқа, Инсан таныс, дала таныс, жол таныс. Қара анаў дәрйадағы ағысқа, Онда бардай таўсылмас толғаныс. Көптен берли сағындым мен сапарды, Жолға шықтым. О, өзлериң қоллаңыз! Шексиз дала еслетеди атамды, Бар онда да таўсылмастай…

  • 5 авг.2154из teatrolam

    🎭 TEATR HAQIDA O‘Y “Bug‘doy unini kaftida siqib, sifatini aniqlay olmagan odamdan novvoy chiqmaganidek, teatr va artistlar hayotini bilmagan qalamkash haqiqiy dramaturg bo‘lolmaydi. Drama — dialog yozish degani emas...” — Bahodir Yo‘ldoshev —— 🎭 РАЗМЫШЛЕНИЯ О ТЕАТРЕ «Как из человека, который не может определить качество пшеничной муки, сжав её в ладони, не получится хорошего пекаря, так и литератор, не знающий жизни театра и артистов, не сможет стать настоящим драматургом. Драма — это не просто написание диалогов...» — Баходир Юлдашев Telegram | Instagram | Facebook | Youtube

  • 5 авг.284102

    Гейбиреўлер сахнаға еки ямаса үш адамды шығарып сөйлестире берсек пьеса болады деп ойлайды. Ямаса оның қахарманларының образы ашылмай қалады, пьесаның басынан-ақ аяғы қандай болып питетуғының алдын-ала билип отырасаң. Сахнада сөзден көре ҳәрекет басым болыўы керек, деген менен артықмаш ҳәрекеттиң де кереги жоқ. Адамларды күлдиремен деп келиспеген ҳәрекетлерди қоса бериўге болмайды, сөз бенен ҳәрекет бир жерден шығады. Ҳәрекетти режиссер ойлап табады, сонда да оған ҳәрекет табатуғын жанлы сөзлер, анық ўақыялар керек. Сахнаның сыртында да не болып, не қойып атырғаны сахна ишиндеги болып атырған ҳәдийселерден билиниўи керек. ✍️ Кеңесбай Рахманов («Драматургия ғамхорлыққа мүтәж», «Еркин Қарақалпақстан» газетасы, 25-июнь 1998-жыл) @Kengesbay_Raxmanov

  • TUWÍLǴAN JER ATLANÍSLARÍ (qosıqlar dúrkini)

  • ТУЎЫЛҒАН ЖЕР АТЛАНЫСЛАРЫ (қосықлар дүркини)

  • 1-BÓLIM QOSÍQLAR

  • 1-БӨЛИМ: ҚОСЫҚЛАР

  • 1-BÓLIM QOSÍQLAR

  • 1-БӨЛИМ: ҚОСЫҚЛАР

  • без подписи

  • 3-kitap «Tań ashıǵı» (1978)

  • без подписи

  • 3-китап «Таң ашығы» (1978)

  • 2-kitap «Ómir tolǵanısları» (1974)

  • 2-китап «Өмир толғаныслары» (1974)