ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
СтатистикаОт жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
- Последний пост
- 15 авг.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 53
- Всего постов
- 123
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Видео
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 3 338
- 1/48двое суток
- 3 657
- 1/72трое суток
- 3 944
Медиана по постам, которые мы застали свежими и померили через сутки.
Посты
✍Х.ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ ЕРКЕКЛЕРДИ САҚЛАҢ ҲАЯЛЛАР Үй дегенниң болар тарысы, Ҳәр кимниң өз өлшер қарысы, Шаңарақтың тартар арысы, Еркеклерди сақлаң ҳаяллар. Айтпас сөзге аўыз жасқатар, Қылўалары бар бир қақсатар, Мүтәж гезде бирақ асқатар, Еркеклерди сақлаң ҳаяллар. Көпдур өзи-өзине мәслер, Аң орнына жортыўшы пәслер, Душпан менен урсыўға әскер, Еркеклерди сақлаң ҳаяллар. Нәзер салса наз бенен қайрап, Тилсизи де жиберер сайрап, Қолыңызда ойнаған байрақ, Еркеклерди сақлаң ҳаяллар. Ер екенин уқтырып ерге, Отырғызып қойыўға төрге, Асықтырмаң кетиўге гөрге, Еркеклерди сақлаң ҳаяллар. Бул, булар ма? Буншелли бийғам!.. Гейбири өз үйине мийман, Пәмин я көп, я азлаў қуйған, Еркеклерди сақлаң ҳаяллар. Өмирдиң тең қолдасып қабын, Ығбал атын мингесип шабың, Өзге ҳешким табалмас бабын, Еркеклерди сақлаң ҳаяллар. Улды отта полаттай, ер ет, Қызды көркли, иш-тысын зер ет, Керек болса егер де перзент, Еркеклерди сақлаң ҳаяллар. Гә қуўантар, гейде муңайтар, Сөзимиз көп сизлерге айтар, Не қылсаң да өзиңе қайтар, Еркеклерди сақлаң ҳаяллар. https://t.me/ibratli_sozler
<<ӨМИРГЕ ИСЕНИМ>> ....Бәҳәр келиўден алдын қунарлы топырақ қойнында еки дән қатар жатыпты. Биринши дән: ~Тезирек бәҳәр келсе екен? Мен өнип-өсип, тереңге тамыр жайып, жер бетине қарай бүршик жарып шыққым келеди. Бәҳәрдеги қуяштың жыллы шуўағына бөленип, таңғы шыққа жас жапырақларым менен гүл қаўызымды шомылдырғанша асығаман!--дейди өзгеше қулшыныс пенен. Екинши дән болса исенимсиз, түңилген қәлпинде әсте ақырын: ~Мен қорқаман...Егер тамырымды тереңге жиберсем, қараңғы жер қойнында неге барып тирелетуғыны белгисиз....Жер бетине шыққан сабағымды бәҳәрдиң ызғырық самалы тоңдырып, солытып тасласа не ислеймен!? Қандай да бир жәнликлер кемирип кетсе ше? Егер қаўызымнан жарып шыққан гүлди жулып, аяқ асты етип женшип тасласа... Жоқ, мен оннан да қәўипсиз ўақытты күтип, усы жерде жата турайын...деди буйығып. ...Биринши дән бәҳәрдиң көзи жылт етиўден әрманын орынлап, тамыр жайып, жап-жасыл болып өсе баслады. ...Ал, екиншиси сол қолайлы ўақытты күтиў менен орнында жата берди. Бирнеше күннен соң азық излеген таўық топырақты шуқыланып жүрип, өнбеген дәнди таўып алды да, жутып жиберди. Әлбетте, бул мысалдың тобықтай түйини--ким де ким тәўекел етпесе, ол алға илгерилей алмайды, сол орнында қала береди. Оны өмир миннетли түрде "жутып" қояды. Бул мысалдан келип шығатуғын екинши унамлы тәрепи: Бәҳәрге, оның жыллы лебине, жаңарыўға, жаңа өмирге, жаңа ис баслаўға талпыныс, тәўекел. Мақсетке, әрманға толы, оның орынланыўын көз алдыңа елеслете отырып, оның иске асатуғынына исениў. Исеним--ҳәр қандай бөгетлерден де күшли! ӨМИРГЕ ИСЕНИМ МЕНЕН ҚАРАЎ~КЕЛЕШЕГИҢЕ ИСЕНИМ! ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler
❤️Мухаббат - ылайық болғанлар ушын. 💞Садықлық - умытпағанлар ушын. 💕Дослық - садық болғанлар ушын. 🌷Өмир болса бахытлылар ушын! Бахыт, әўмет, садықлық, ден-саўлық сизди ҳеш қашан тәрк етпесин Әзизлерим! https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
Ассалаўма алейкум, қәдирданларым! 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Қәдирли ықласбентлерим! Жаңадан атқан таң менен бирге жүрегимизге үмит, шаңарағымызға берекет кирсин… Бүгинги шығажақ қуяш береке, әўмет, бағы-дәўлет алып келсин! Шаңарағыңыздан аўызбиршилик ҳәм берекет кетпесин. Рәббим елимизге тынышлық берип, халқымызды арақ апатынан, өсек апатынан өзиң сақла. Шет еллерде жумыс излеп жүрген халқымызды елге қайтарып, несийбесин елден бергейсең. ☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘ Сүмбиле айының 15-сәнеси, шемби Бүгинги күниңиз нурлы ҳәм мазмунлы өтсин! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• https://t.me/ibratli_sozler
Қайырлы түн! Қайырлы кеш! Арман қумырыңыз уяға қонсын, Үйиңиз кеўлиңиз шадлыққа толсын, От-ошақ басыңыз аманлық болсын. ✨✨✨✨✨✨✨✨ Бар дәртиңиз кетсин усы түн менен, Таң ертең қаўышың нурлы күн менен, Талабыңыз бәрҳә оңынан келсин. 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 Кеш жарық хош ақшамыңыз, Умит шамы жаққаныңыз, Болсын арман есиклери, Ерте таңда ашқаныңыз. 💫💫💫💫💫💫💫💫 Ҳеш жаманлық көрмеңиз ҳеш, Болсын бәрҳә кеўлиңиз хош, Тыныш уйықлап жақсы турың, Қайырлы түн! Қайырлы кеш! Қайырлы түн! Қайырлы кеш! 🌛🌝💫✨✨✨✨✨ Каналымызға ағза болыўды умытпаң!!!👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler
ЖУУАП:👇👇👇 "Рентгенолог" Бириншилерден дурыс жууап берген: Байрам Кууаныш Хапизов, Бабур Алланазаров хәм барлық дурыс жууап ийелерине, путкил ықласбентлерге алғысымыз шексиз!!! 👏👏👏 👉https://t.me/ibratli_sozler
"СҮУРЕТЛИ ЖУМБАҚ" ДЫҚҚАТ, ДЫҚҚАТ:СҮУРЕТЛИ ЖУМБАҚ: ... 1813-ЖЫЛЫ АНГЛИЯДА АЛЫНҒАН БУЛ СҮУРЕТТЕГИ ҚАЙСЫ КӘСИП ИЙЕСИ??? Жууапларыңызды комментарийде қалдырыңлар🙏..... 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler
#миллийлик# "ҚАШАРМАН ТОП" ойыны. Қашарман топ- қарақалпақ халқының тарийхы мың жыллықларға барып тақалатуғын миллий ойынларының бири. Ойын майданы 10 ға 20, 20 ға 50 яки 30ға 60 метр сыяқлы аралықта белгилениўи мүмкин. Ойында шетки сызықтан белгиленген узақлықта кишкене дөңгелек сызылады. Бул «тәрип» деп аталады. Ойынды баслаў алдынан дәслеп еки сәрдәр бала тәрепинен еки топар ағзалары таңлап алынады. Буннан соң қайсы топар биринши даў алыўын анықлаў мақсетинде еки топар ағзалары тәрепинен белгиленген қашықлыққа қойылған топқа дәстек ылақтырылады. Ким ылақтырған дәстек топқа тийсе яки оған жақын түссе, сол топар биринши даў алыў ҳуқықын қолға киргизеди. Усы орында бул мәселени шешиўде балалар тәрепинен басқа да усыллардың қоланылатуғынын атап өтиў орынлы. Топ қағылатуғын жер сызық пенен бегиленеди. Даў алған тәрептен бир ойыншы қарсылас топар усынған топты майданға қарата узаққа қағады. Топты қаққаннан соң сол тәрептеги ойыншылар жуўырып тәрипке барып қайтыўы тийис. Тәрипке барып қайтыўға үлгере алмайтуғынын сезген ойыншылар сол жердиң өзинде ямаса ярым жолдан қайтып «Жатарман»да турып қалады. Қарсылас ойыншылар қағылған топты таўып алып, тәрипке баратырған ямаса барып киятырған баланы топ пенен урады. «Жатарман»да жатып қалған ойыншыны топ пенен урыўға болмайды. Олар, топ екинши мәрте қағылғанда тәрипке барып қайтыўға таяр турады. «Жатарман» бул даў қағылатуғын сызықтың қасына үлкен дөңгелек етип сызылган орын. Егерде қарсылас тәрептеги ойыншылар топ менен тәрипке баратырған яки киятырған ойыншыны урыўға миясар болса, онда даў булар тәрепке өтип, дәслепки даў алған тәреп ойыншылары тәрипке шығады. Сондай-ақ, қағылған топты қарсылас тәреп ойыншылары жерге түсирмей қақшып алса, олар «үш даў» алыўға миясар болады ҳәм өз тәрепи менен даўды қолға киргизеди. Бул ойын жүдә қызықлы. Соның менен бирге, балаларды шақканлыққа, мергенликке тәрбиялайды. Елимизге белгили илимпазлардың атап өтиўинше, бүгинги күнде АҚШта раўажланған ҳәм бир қатар мәмлекетлерде кеңнен тарқалған бейсбол ойынының тийкары усы қарақалпақ миллий ойыны – «Қашарман топ»тың негизинде келип шыққан. М.Нызанов. «Қарақалпақлар» китабынан... Әзийзлер!!! Арамызда балалығында "уйден безип" берилип "Қашарман топ"ойнағанлар қаншамыз?!. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler
Ҳаял-қулыплаўлы сандық. Әўмети күлген жигит гилтин таўып ашады. Лекин,. сол сандықтың ишинде кишкене сандықша бар. Әне,. сол сандықшаның гилти ҳаялдың өзи менен қоса жерленеди. ✍М. Нызанов. 📓 Соңғы тилек. https://t.me/ibratli_sozler
#ЖУМБАК#👇👇👇 Төменде А. Эйнштейннин даналық хикметиниң дурыс ЖУУАБЫ👇👇👇 Әззи адамлар өш алады. Күшли адамлар кеширеди. Ақыллы адамлар болса 👇👇👇 итибар бермейди! Бириншилерден болып дурыс жууап берген Зульфия, Самамбетов Азаматқа, сондай-ақ кейинги дурыс жууап ийелерине, белсене қатнасқан ықласбентлеримизге Администрация атынан Миннетдаршылық билдиремиз! 👏👏👏 © https://t.me/ibratli_sozler
ГЕЙДЕ ҚАҒАЗ СУУҒА БАТЫП, ТАС ЖҮЗЕТУҒЫН УАҚЫТЛАРДА БОЛАДЫ. БУЛ👇👇👇 "НАХАҚЛЫҚ ХӘМ ЖАЛА" ... Бизди каналымызда бақлап барың👇👇 https://t.me/ibratli_sozler
Жас келинлик пайытымда үйге енемниң әжапасы, еки сиңлиси Шымбайдан қыдырып келди. Буларды тойымнан кейин биринши көриуим еди...қасақана енемде алысыраққа мерекеге кеткен еди...Мен манты писирип парға қойған едим... Желип жүгирип хызмет еттим. ,шайларын берип ярым саатлардан мантыныда тарттым, сөйтип,сизлер отыра турыңлар!-деп күйеуимди шақырып "тауық сойып бер!"дедим..ол ауқат жедиғо, неге дейди....мен :-яқ олар ауылдан алыстан қыдырып келди,қонық ас бериуимиз керек!деп тауық сойдырып , оны екеулеп тазалап, күн геугим болғанда қазанға салып асып жибердим...қонақлар көз астынан мени сынақтан өткерип отырғанын сезип, оннанда бетер шаққан ислеймен...гүртигин шығарып атырғанда енем келди....сонда әжапасы: - түпәлам келиниң саған усапты, қонақ асымызды берди, бизлердиң сынағымыздан өтти!деп гезек-гезек пәтиясын берип атыр, мен болсам жақсы сөзлерден мәспен...... Мине әпиуайы мысаллардан белгили болғанындай бар тапқанын мийманға қоятуғын, мийманның кетиуин күтип , дәстурханға "атака" жасауға таярланып жүретуғын томпақ қара балалары бар ақкөкирек халқымның миймандослық пазыйлетин СҮЙЕМЕН ҚӘДИРЛЕЙМЕН ПЕРЗЕНТЛЕРИМЕ ҮЙРЕТЕМЕН.... ЗУЛЬФИЯ ЖУМАНОВА. Каналымызға жақынларыңызды қосыуды умытпаң!!! 👇👇 https://t.me/ibratli_sozler
....ЕСИГИН ЕКИ АДАМ ҚАҚПАЙТУҒЫН, ТӨРИНДЕ ТӨРТ АДАМ ОТЫРМАЙТУҒЫН ҮЙДЕ БЕРЕКЕТ БОЛМАЙДЫ.... (Халық даналығы) "МИЙМАНДОС ХАЛҚЫМ" Бизде сөз бар: мийман ырыс, берекет, Қонақ күтиу-зийнети хәр адамның, Егер үйге бес күн мийман келмесе, Шайы қонбас мениң байғус анамның.... Мине сөз зергери шайыр Ибрайым ата Юсуповтың усы қосық қатарларынан белгили болғанындай қарақалпақ халқы миймандос халық.. Буны жәнеде оның: Жалғыз атын сойып берип қонаққа, Жаяу қалып бул халық талай бүлинген.... Деген қосық қатарларынан әйне хақыйқат екенин билемиз... Миймандослық хаққында гәп кетер екен, жаслық уақытларым және көз алдымда лентадай айланды десем қәтелеспеймен....Әке-шешемниң , табылмас алтын уямда" өткен алтын дәуирлеримде анамның әпиуайы писирген асына "ашық" болған инсанлар көз алдымда сәулеленип атыр.... Гөне жайымызда арқадан киятырған жолаушылар үйдиң үстинен өтип, қубладағы "жыңғыл хәрем"ниң еки айра жеринен өтетуғын төте жолы бар еди...Бала емеспизбе, әке-шешемизге: -неге хәмме бизиң үйдиң үстинен өте береди, хәремди қаусырып байлаңса! хеш ким өтпесин!деймиз...Әкем хәм анам: -қой адамлар әнедей өтип атыр, булда сауапқо, олар ауылдың туу сыртынан айланыуға туура келеди, бул жол олардың алысын жақын етип турғо, қой балларыма, пейлиңизди кең қылың!десе бизлер; -неге олар бизиң қауын атыздан өтедиғо, ертең писсе алып қоядығо...десек: -ол пискен дақылда жолаушылардыңда хақы бар, олар сорап жейдиғо, қой балларым бул дүньяда бир адам бир адамға мийман !дейтуғын еди...бизлерде ата-анамыздың айтқан хәрбир сөзин "хат пенен қәлем" етип "хее усындай болыуы шәрт"екен деп ойлағанбыз....Үй тусынан өткенлерге әсиресе жаздың күни жазғы "қақыра"дағы анам писирип атырған майда қолдан қыйған "кеспас"ының ийиси шығып тур, уят болады,деп анам пақыр кишкене табақларға ишине ағаш қасық салып берер еди....оларда жатырқап я уялып отырмай шып-шып терге түсип жазлық сыпада отырып табағына қуйылған пайын ишип кетер еди....арасында ел гезип жүретуғын "лолылар"ғада қуйып берер еди ау анам пақыр.....көбинесе ауыл аралап "пилле алың" деп келген отдел баслық қайнағасы Жуманазар атамызғада үлкенирек табаққа қуйып бергенин , оныңда иштей менен ишип : -келин берекет тап , усы кеспасыңа бес кетеменау, хау мына бизиң үйдеги абысыныңа кеспас қыйыуды үйретсе, оның кеспасы енепаттай, сорпасын тартып кетеди, десе анам пақыр қолын көйлегиниң узын жеңи менен жасырып, ийбе менен күлимсирегени хәзир көз алдыма келип атыр..... Әкем дерлик хәр күни жумысының адамларын (көбиси Шоманай районынан еди) түсликке ертип келер еди...Анам қабақ шытпас сирә, еки аяғын қолына алып хызмет етер еди, үйшилик күнде гөш табыла бермейди, дурыс қора толы тауық, оны күнде сойсақта тауық гөшинен шықпас едик....бирақ анам гөшсиз ауқатларды да басқаша мазалы писирер еди.... Бир күни ағамның бирге ислескен кәсиплеси кишкене баласын ертип келди...Анам "шаж гүртик" писирди...мен қасында көмеклесип жүрмен :анам дәрхал еки зууала қамыр ийледи де кастрюлге суу қуйып газге қойып жиберди...маған үш төрт картошка тазалаттырды, қорадан төрт-бес мәйек әкелиуди буйырды...келсем анам картошканы табада азғана қолдан писип еритилген сары майға қууырып атыр екен, үстине мәйеклерди қуйып, астын пәслетип ,қақпағын жауып демге қойды да қамырды жайды, сол арада кастрюлдеги сууда қайнап, екеуимиз гүртик салдық...ойланаман, сууда пискен гүртикте дәм болама?деп...яқ гүртикте писти, оны үлкен подносқа сүзип, үстине сары майда қууырылған картошка хәм мәйекти жайып салды да, оның үстине қатық қуйып бир табағын қонақларға, бир "бала" табағын бизлерге берди...пах-пах қандай татлы еди ау, қонақ бала хәзз етип жеди.... Ертеңине жаңағы киси келип: -Жеңге ,кеше бизиң бала үйге барып, келиниңизге " мәйек бөрек, яқ яқ сыртында мәйеги менен картошкасы барынан писирип бер!деп шатқаяқты салды ау , бизиң үйдеги келиниңеде картошкалы бөрегиңди үйретсе!дегенде анам пақыр мардыйып қойды ау😢😢
#ЖУМБАК#👇👇👇 Төменде А. Эйнштейннин даналық хикмети келтирилген.... Ушинши катардагы сөзди (еки сөзден ибарат) табың хәм комментарийде қалдырыңыз...?! 👇 Әззи адамлар өш алады. Күшли адамлар кеширеди. Ақыллы адамлар болса ...... ........ ? ©
"тәрбия" "ӘКЕҢ КИЯТЫР!" Перзент ушын ўақты таўсылмайтуғын ең мықлы антивирус - ол анасы. Еркек - дүздиң адамы. Сонлықтан бала көбинесе анасына жақын болып өседи. Бала көп нәрсени өзи улыўмаластырып, шешим қабыллай алмағанлықтан, барлық исте анасының айтқанына жүгинеди. Анасы жақсы көретуғын адамларды ериксиз түрде ол да жақсы көреди. Анасы биреўге өкпелеп қалса, баланың жүрегинде де сол адамға деген ренжиў пайда болады. Егер ҳаял үйинде отырып күйеўин жаманлай беретуғын болса ямаса балаларының көзинше оған ҳүрмет көрсетпесе, ертең балалары да тап сондай әкесин сыйламайтуғын болады. Оның сөзин зорға тыңлап, адам қурлы көрмейди. Ал ақыллы ҳаял 🍃 "Әкең киятыр!" 🍃 "Ҳәзир әкең келеди!" 🍃 "Әкең (ренжийди???) қапа болады" 🍃 "Әкеңнен сора" деген сөзлерди жийи-жийи айтыў арқалы бала санасына әкеге деген өз алдына ҳүрмет пенен сыйласықтың урығын егеди. Бүгин әкесинен қаймығып, керек уақытта оның көз-қарас, қабағынан тайсалып өскен бала ертең жәмийетке опалы, жас-үлкенди сыйлайтуғын тәрбиялы, салмақлы болып өседи ҳәм өзге биреўге емес, ең алды менен, өз әкесине еликлейтуғын болады! Демек, бул - перзент тәрбиясындағы ең пайдалы тәсирлердиң бири. Дерек: интернет материалларынан аудармаланды. 👉https://t.me/ibratli_sozler
Оң тәрептеги аяқ кийимниң шеккен машақаты – шеп тәрептеги уялмаўы хәм жақсы жасауы ушын… 👉 https://t.me/ibratli_sozler
ЖАМАН БОЛСА ҚОСТАРЫҢ. ✍Т. Жумамуратов. Әдепли болсаң, «аўан» дер, Қабақ үйсең, «жаман» дер. Жаман болса қостарың, Сийреклейди досларың, Бездиреди жақынды, Сындырады сағынды. Арламайды арыңды, Бүлдиреди барыңды, Бар нәрсенди жасырар, Берекетин қашырар. Салып сени сүргинге, Бәрҳа шабар төркинге. Сени салып қорлыққа, Үйренисер урлыққа. Абырайыңды түсирип, Қонақ барда есирип, Менсинбейди сөзинди. Жалалайды өзиңди. Есигиңе қулп болып, Түнереди булт болып. Ашылмайды қабағы, Асылмайды тамағы. Жақыныңды жаманлап, Ерегисер табанлап. Тоңқылдайды өзинше, Мийманлардың көзинше. Уялып сөз айталмай, Шыбынлаған байталдай, Тыпыршылап ишиңнен, Айбынасаң «күшинен». Шаршап келип жумыстан, Мийиң қайнар урыстан, «Таярлықлы жаў» менен, Күниң өтер даў менен. Мийман барда баланы, Шырқыратып салады. Әдепли болсаң, «аўан» дер, Қабақ үйсең, «жаман» дер. Алдайтуғын бала емес, Сататуғын мал емес. Перзентиңди сыйлайсаң, Жетимликке қыймайсаң. Соған пәми жетпейди, Қара басын күтпейди, Айырмайды киринен, Жеркенесең түринен. Жумыс десең қашады, Кейисип маўқын басады. Қызықпайды билимге, Барлық бәле тилинде. Қоңсыны да қас етер, Жүрегиңди тас етер. Арыңа дақ келтирер, Әрман менен өлтирер. Дерек:👇 @Tilewbergen_Jumamuratov каналы. https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler
✍.Мақтумқулы сөзине.. 🎤ГҮлпаршын Сырымбетова. « СЕНИ » Ишки сырың айтпа хеш бир нәмәртке, , Сырың елге жайып паш етер сени, Уры газзап пенен ауыллас болма, Малыңнан айырып аш етер сени. Жаман адам менен отырма турма, Хасла нәкас пенен хеш жолдас болма, Қәдирдан достыңнан жүзиңди бурма, Басына көтерип таж етер сени. Бир ғош жигит нәзәлимге яр болса, Хәм жамалын бир көрмеге зар болса, Арасында бир сум шуғыл бар болса, Қәдирдан достыңнан айырар сени. Мақтумқулы елге айтар нәсият, Жаман адам менен болмағыл үлпет, Саған берсе саадатлы бир перзент, Қартайған шағыңда яш етер сени. https://t.me/ibratli_sozler
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ ҚӘДИРДАНЛАР !!!🤝🤝🤝 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !!!🙏❤️🙏 ❤️ САЎЛЫҚ-САЛАМАТЛЫҚТА ОЯТҚАН АЛЛА ТААЛАҒА МЫҢ ШҮКИРЛЕР БОЛСЫН!!!🌺 🌹КҮНИҢИЗ КЕЎИЛЛИ, НЕСИЙБЕЛИ, МАЗМУНҒА БАЙ БОЛСЫН!!!🌷 🌼РЕЖЕЛЕСТИРГЕН ИСЛЕРИҢИЗДИҢ СӘТИН БЕРСИН!!!🌺 🌸КҮН ДАЎАМЫНДА ӘЎМЕТ СИЗГЕ ЯР БОЛСЫН!!!💐 https://t.me/ibratli_sozler