tgindex
"Жаратылыс"

"Жаратылыс"

Статистика

Шегинген кеўил сезимлери ой-қыял ҳәм реал дүнья шегарасында жан сақлайды. Ол шегинистен соң "Қубылыс"қа ушырайды. Қубылыўлар әсте ақырын жүз берип, "Жаратылыс" ты пайда етеди. Мазмун — "Жаратылыс" та! Айгүл Қосымбетова

Последний пост
13 авг.
Последнее чтение
15 авг.
Постов за неделю
1
Всего постов
21
Тип
открытый
Язык
узбекский
Категория
Новости и СМИ (по похожим)
В каталоге с
13 авг.
Подписчики
391
0 за 2 дн.
Сутки
0
0,00%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
523
21 постов
Вовлечённость
133,8%
к подписчикам
Постов в день
0,1
всего 21
Упоминаний
1
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
81
1/48двое суток
92
1/72трое суток
100

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • Бир апайдың айтқанлары: Өткен өмирин еслеп, тек өтмишти айта беретуғын адамның бүгинги өмиринде мазмун жоқ екенлигинен. Адам мазмунлы және бахытлы жасаған саатларын еслеп те бахытлы болады... Сол ушын қолыңыздан келгенше адамлардың өмирине мазмун, қуўаныш бериң, буннан шаршамаң. @sheginisten

  • Қарақалпақ әлипбесинде өзгерислер күтилип атырғаны ҳаққындағы хабарлар бийкарланды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесиниң өзгериўи ҳаққында тарқалған хабарлар тийкарсыз екенлигин мәлим етти. Барлық рәсмий ҳүжжетлерди әмелдеги әлипбе тийкарында жүргизиў даўам етеди. Мағлыўмат ушын, қарақалпақ әлипбесине соңғы нызамлы өзгерислер 2016-жылы киргизилген болып, онда ҳәриплердеги апостроф белгилери акут (á, ó, ú, ǵ, ń, í) белгисине алмастырылған. Рәсмийлер халықтан рәсмий емес ҳәм тастыйықланбаған хабарларға исенбеўди сорамақта. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!

  • 4 июл.440152из Allayar_Darmenov

    Сабақ аларлық сабақ Профессор келди. Қатнасты алып, енди сабақты өтежақ еди, "женсәбет" келди. Қызларды орнынан турғызып, келте киймеўин, шашларын жыйнап жүриўин ескертип, 10 минут ўаз оқыды. Муғаллим енди доскаға тема жазажақ еди, оқыў бөлиминен келип, муғаллимниң алған қатнасына исенбей, өзи хәммени орнынан турғызып, паточныйдағы 78 адамды санап кетти (алжасып, бир-еки рет қайта санады). 10 минуттың басына суў қойды. Теманы түсиндирип баслайжақ еди, "замдекан" келип, старостолардан кешеги берген тапсырмаларын сорап, орынламағаны ушын бақырып кетти. Теманы түсиндирип атыр еди, кафедра баслығы келип, курс жумысын тапсырмағанларды тикке турғызып, жараған түйедей аудиторияны басына көтерди. (Қанша ўақыт кеткенин қудай биледи). Кейин тютор келип, ертеңги байрамға қатнасыўшы онлаған студентти тапырлатып алып кетти. Үйге тапсырма бережақ еди, көптен күтилген мийман (яки мезбан) келди: ДЕКАН! Студентлер тәнеписке шыға алмады. А. Дарменов @Allayar_Darmenov

  • 3 июн.653136

    Шайырлар бар шайырлардың шайырлығын сүйетуғын, Шайырлар бар шайырлардың отларында күйетуғын. Бул кең әлем, Сөз иләҳий, пири бөлек, жини бөлек. Шайырға да сырлас керек йош рюмкасын қағатуғын. Айгүл Қосымбетова @sheginisten

  • @sheginisten

  • 1 июн.508102

    Мүженем...мөженем...мазалы дәнем, Миттай жүрегиңнен үйим жылыйды. Сүйги сандығымнан шыққан ғәзийнем, Ағаң жерге қоймай, орын излейди. А.Қосымбетова Байрамыңыз қутлы болсын, өмир периштелери. Сизлер менен өмир сулыў. Перзентлеримиз алдымызда аман болсын. Бахытлы балалық инәм ететуғын Ата-Ана болғаймыз... Мөженелериңизди сүйип қойың😇 @sheginisten

  • 31 мая382102

    Өмирде әжайыбатлар көп... Олар өзгешелиги менен гөззал... Усындай гөззаллық бул – Егизлер. Бүгин мениң анам ҳәм оның егиз сыңары дайымның туўылған күни. Өмир өзи Сизлерди гөззал етип жаратқан. Бирге, тең қартайып жетпистиң желкесинен атлап, сексеннен секирип, жүз бенен жүзлескейсиз... Алла та Алла нийет еткен бәршеге егизлерди инәм еткей... Маған да❤️🙏🙏🙏 Айгүл Қосымбетова @sheginisten

  • 31 мая397141

    https://youtu.be/ZU4LP0fCHI0?is=WCWJGNfZuefonzVE t.me/katharsis_nukus

  • 31 мая36934из katharsis_nukus

    https://youtu.be/ZU4LP0fCHI0?is=WCWJGNfZuefonzVE t.me/katharsis_nukus

  • 27 мая487133

    Шайырдың бахытсызлығы— жақсы қосық жаза алмай қалған ўақты.... Бахтыяр Генжемуратов Базда сағынаман жойтаман излеп, Сенлик сезим бөлек, сенлик жол алыс. Қыяллар гезеди ышқыста, ҳәлек , Шаршаған кеўлиме тек бир сен кемис. Мен бахытлы шайыр, Бахытсыз ашық. Өз дүньяма өзим султанлық еттим, Сен барда туйғылар турған таўланып, Жоғыңда сөтилип баратыр сезим. Сен кеттиң...сөз кетти... сезимлер кетти... Меннен қайғы кетти, жоқ енди муңым. Улыған қасқырым уйқыға кетти. Қосық сулыўлығы. Сен едиң бахтым?! Мәжгүнлик те бахыт, айралық ығбал. Оларсыз мен бахытлы, бахытсыз делбе. Қәлбим қосық айтып бәлким жубанар... Көзлерим байланған бир қара көзге. Мен бахытсыз шайыр, Бахытлы ашық. Өзге дүньяларда гезип жүриппен, Үнсиз қыял менен турман таўланып, Сағынып, сөтилип баратыр сезим. Айгүл Қосымбетова @sheginisten

  • "Кеўил лирасы" көрсетиўиниң мийманы "Шуҳрат” медалы ийеси,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы белгили шайыр, эссеист ҳәм прозаик  Сағынбай Ибрагимов.    Көрсетиўди 23-май күни саат 20:50 де Қарақалпақстан телеканалы арқалы тамаша етиң.

  • 22 мая4882из kewil_lirasi

    "Кеўил лирасы" көрсетиўиниң мийманы "Шуҳрат” медалы ийеси,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы белгили шайыр, эссеист ҳәм прозаик  Сағынбай Ибрагимов.    Көрсетиўди 23-май күни саат 20:50 де Қарақалпақстан телеканалы арқалы тамаша етиң.

  • Ә_ж_а_й_ы_п е_р_и_н_ш_е_к_л_и_к Бир ўақлары ушырасыўларға, көрсетиўлерге, радиоға шақырады. Барғым келип ышқыста боламан. Бирақ, үлгеремен бе..., деп ойлап бармай қаламан. Үлгериўге болатуғын да шығар, анығы. Деген менен өзиме өзим дем ал... Қудайдың берген демалысы... Бул күнлер қайта айланып келмейди деп үйимнен шықпай қаламан. @sheginisten

  • Кишкентай Айгүлдиң барлық тилек ҳәм арзыўларын Анам менен бирге орынлағаныңыз ушын сизден миннетдарман ӘКЕ❤️ Бахытлы балалық сыйлағаныңыз ушын рахмет. Алдымда аман болғайсыз. Өмириңиз узақ, денсаўлығыңыз беккем болғай.Анам менен бирге қартайып, ғаррылықтың алтын тахты несип еткей, бахытлы мәўритлериңиз көп болсын... 🙏🙏🙏 Туўылған күниңиз қутлы болсын деп қызыңыз Айгүл Есбосыновна @sheginisten

  • 25 апр.597117из genjemuratov1959

    Ҳақыйқый еркек - ол, ҳаялдың туўылған күнин билетуғын, бирақ жасы нешеде екенин билмейтуғын жигит. Ҳаялдың туўылған күнин билмейтуғын, бирақ жасы нешеде екенин анық билетуғын жигит, ол - еркек емес! Фаина Раневская

  • Өмир бул арзыў еткен кеўлиңдеги дүньяда жасаў. Биреўлер қәлегендей етип жасаў емес... Сол ушын биз өз қәлеўлеримизге талпынамыз, жүрегимизди тыңлаймыз... Айгүл Қосымбетова @sheginisten

  • 7 апр.73326из sheginisten

    Балалығымда  Савицкий музей тәреплерди тек шаңарақ ағзаларым менен айланыўға болады  деп ойлайтуғын едим. Бул пикиримди есейгенимде де өзгертпедим. Айланып жүриў ушын ең қолайлы жолдасым шаңарағым... Бул  жерде ең сулыў картиналар бизиң қыялларымыздан реаллыққа, реаллықтан еслеўимиз ушын санамызда сақланып қалады екен. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Қолымда улың бар, қолыңда қызым, "Савицкий" тәреп пиядалаймыз. Жетекке ереди бизлик шөжелер- Қос аққуў киби палапанлаймыз! Палапандаймыз... Қара, сулыў сүўрет гөззал реңлерде, Еки художниктиң шеберлиги бул. Бирге арзыў еткен жасыл жерлерде, Бизлик күлки жайнар-бизлик қыз ҳәм ул! Палапандаймыз... Қос аққуў киби палапанлаймыз! А.Қосымбетова @sheginisten

  • 5 апр.7433119

    Ҳәййиў Ҳәййиў, ҳәййиў, Айданам, Сулыўлықта бир данам, Бағда ашылып гүлдей, Жайнап турған гүл-лалам. Ҳәййиў, ҳәййиў, айдай қыз, Жипек минез, жайдай қыз, Бахыт қусың жарқырап, Несиңбең мол болғай, қыз. Ҳәййиў, ҳәййиў бөбегим, Жан дүньямсаң, жүрегим, Қолқанатым, туңғышым, Қәдирлимсең, керегим. Ҳәййиў, ҳәййиў, ақыл қыз, Сыр сандықлым, нақыл қыз, Аппақ қардай пәкизем, Дүр, алтыным, ҳасыл қыз. Ҳәййиў, ҳәййиў, периштем, Ақ бесикли нәрестем, Дүнья жүзин шарлағай, Бийик болғай несийбең. Ҳәййиў, ҳәййиў, Айқызым, Ай жүзи нур, ҳүр қызым, Дениң саў болғай қызым. Ығбалың жанғай, қызым. Ҳәййиў, ҳәййиў, Айдана, Сен данасаң бир ғана. Бағда ашылып гүлдей, Жайнап турған гүл-лала. Айгүл Қосымбетова 2025-жыл ноябрь

  • 5 апр.563153из sheginisten

    Саған ҳәййиў айтыў үллы инәм,- деп, Ең жақсы бақсыға шәкирт түскенмен. Айгүл Қосымбетова @sheginisten

  • 29 мар.62495из sheginisten

    Қалай түсинесең, билмейсең жүрегимниң сызықларын- Толқынлар мәўижленген бир ўақлары, Жипек тал шашымды жайған ўақта- Балықлар секирип байрамлады. Сен оқый алмайсаң, көзлеримнен- қосығымда жасырынған кардиограммамды... Суўсырап жатырған қәлбим мениң- Муңсырап жатырған Арал яңлы. Айгүл Қосымбетова Картина: Кардиограмма Автор: Саидбек Сабырбаев. @Sabirbaev_art @sheginisten