Сөз маржаны
СтатистикаБул дүньяның көрки - адам баласы. (Әжинияз) Дүнья талантлылары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы. Админ менен байланыс ушын: +998939287370
- Последний пост
- 15 авг.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 63
- Всего постов
- 97
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Новости и СМИ (по похожим)
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 1 119
- 1/48двое суток
- 1 282
- 1/72трое суток
- 1 383
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
Дүнья Сөзлер бар еситсең қанттай мазалы, Сөзлер бар еситсең жаның азады, Қалған кеўил жылымайды сөз бенен, Қалған кеўил қалай кеўил жазады? Төрт қатарға сапланса да қосығым, Оң жағына айналмаған асығым, Қосыламан ким жазбаған қосықты, Кеўиллерге жол табыўға асығың!.. Айырмасы сәл-ақ терек-теректен, Тәңири оны солайынша дөреткен, Бири жатып өссе бири шалқайар, Узайса да озып кетпес пәлектен!. Билгенлерге шексиз айдын дүнья-бул, Билмегенге жыйнап кетер дүнья-пул, Туўылғаннан бойға сиңер қәсийет, Қәсийетсиз шайтанларға болар-қул!.. Аманатлы дүнья, дүнья аманат, Қуласа тикленбес қурған салтанат, Бир өмир пәк жасаў илажсыз нәрсе, Жасағанлар болса ол үлкен талант! З Юсупбаев https://t.me/Soz_marjani
ТИМУР ДОСЖАНОВ КӨРДИМ Әй кеўлим, билмегил дүньяны бақый, Дәўирлер араны ашқанын көрдим. Дүнья ғой әзелден сақыйға сақый, Кең болсаң - кең болып тасқанын көрдим. Сән-иў салтанатын мәңги билгенлер, Адасар ҳәсилик етип күлгенлер. Зерден липас кийип, зерди төккенлер, Басынан бар күн бағ ушқанын көрдим. Көрдим көрдим, бәрине көндим Кең болсаң кең болып тасқанын көрдим. Көрдим, көрдим, бәрине көндим, Басынан бир күн бағ ушқанын көрдим. Достыңман дегенлер табылар талай, Тил менен төбеңе қондырар сарай. Ала алмас бир күни дәртиңе жарай, Өз басы ғай болып қашқанын көрдим. Сән-иў салтанатын мәңги билгенлер, Адасар ҳәсилик етип күлгенлер. Зерден липас кийип зерди төккенлер, Басынан бир күн бағ ушқанын көрдим. Көрдим көрдим, бәрине көндим, Кең болсаң кең болып тасқанын көрдим. Көрдим, көрдим, бәрине көндим, Басынан бир күн бағ ушқанын көрдим. https://t.me/Soz_marjani
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ЖАНЫ ЖАЙСАҢ ЖАҚСЫЛАРЫМ! Және бир атқан қуяшлы таңымыз ҳәммеге қайырлы болсын! Тилегим бар сизге усы шағ, Ғам-қайғы жүрсин сизлерден узақ. Тек Аллаға болғайсыз жақынырақ, Қайырлы күн, сизге, жақсылар! Жаратқанға ҳәмдлер дейик, Көп таңларға аман жетейик. Кетсек жәннетлерге кетейик, Қайырлы күн, сизге жақсылар! Гүлайым. Басыңызға аманлық, өзиңизге денсаўлық, исиңизге сәтлилик, үйиңизге берекет тилеймен. ҚАЙЫРЛЫ КҮН! https://t.me/Soz_marjani
#Қайырлы_ақшам Алла ҳәммемизди бәрше жаманлықлардан сақласын! Арзыў-нийетлериңиз орынланып, ақшамыңыз қайырлы өтсин! Жулдызларын жетеклеп, Ай да шықты аспанға. Бергениңе шүкир деп, Жетип келдик ақшамға. Тилеймен мен қайырлы ақшам, Қайырлы түн, қәдирдан! Таңда сизди оятсын, Сәҳәрде жаңлаған Азан! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН! https://t.me/Soz_marjani
#Ойлан Исеним — руўҳқа уқсайды. Адамды бир мәрте тәрк етти ме, кейин қайтпайды. https://t.me/Soz_marjanj
#Рәўият СҮТКЕ САЛЫНҒАН ЖҮЗИК Әййемги заманлардa бир аўылда ай-күни жеткен ҳаялларды жеңил босандыратуғын бир кемпир болыпты. Оның аты сол жақын әтираптағы аўыл-аймақтың ҳәммесине таныс екен. Бир күни кемпир түнде үйинде жатса сырттан: - Ким бар? - деген даўыс шығады. Шығып қарайтуғын өзинен өзге ҳешким жоқ болғанлықтан, жуўап бермей жата береди. Бираздан соң жаңағы даўыс тағы қайталанады. Ақыры кемпир қапыны ашып қараса, ҳешким жоқ. - Бул қалай болғаны? - деп ҳайран қалып орнына енди жатып атырса, тағы да үшинши мәрте жаңағы даўысты еситкендей болады. Орнынан турып есикти ашып қараса, ақ ат минген, денели, бет-әлпети өзгеше еки киси келип турған екен. - Қорықпай бери жақынлай бериң, апа! Сизиң алдыңызға келип турған себебимиз сизге зыян тийгизиў емес. Бизиң бир жас келинимиз бар еди, сол босана алмай қыйналып атыр. Келинимизге жәрдем берсеңиз өзимиз үйиңизге қайтарып әкелип таслаймыз, - депти. Әлбетте, дәслебинде есигине түн ортасында бийтаныс биреўлер келип "Алып кетип, әкелип таслаймыз," дегенинде кемпирдиң жан ийманы қалмай шоршып кетеди. Бирақ бираз ойланғаннан соң кемпир бийтаныс кисилердиң усынысына қайлы болады. Себеби босана алмай атырған жас келиншекти ойлап, келиспеске басқа илажы да жоқ еди. Сөйтип кемпир бийтаныс кисилердиң атына минип олар менен бирге кетеди. Бир ўақытта жаңағылар кемпирге: - Еки көзиңизди қатты жумың. Биз аш демегенше, ашыўшы болмаң. Болмаса өмириңизге қаўип төниўи мүмкин,- депти. Кемпир көзин қатты жумып алыпты. Бир ўақытта жер силкингендей қатты гүрсилдеген даўыслар қулағына келе баслапты. Бул нениң даўсы екенлигин ойлап та, аңлап та үлгерместен, бийтаныс кисилер: - Жетип келдик, көзиңизди аша бериң,- деп буйырыпты. Сонда кемпир көзин ашса, бир үйдиң алдында тур. Кемпир үйге кирсе төрги жайда бир келиншек босана алмай қыйналып жатқан екен. Өзиниң тәсиллери менен жас келинди аңсат-ақ босандырып алыпты. Соннан соң жаңа өмир есигин ашқан нәрестениң гиндигин кесипти. - Баланы шомылдырайын, жыллы суў әкелиң,- депти. Сөйтсе, суў орнына бир тостаған сүт алып келипти. Ақыры сол сүтке нәрестени шомылдырып отырып қараса, сүт қуйылған ыдыс кемпирдиң көзине таныс қусап көрине берипти. Баланы шомылдырып шамаласқан гезинде кемпир ҳешкимге билдирмей бармағындағы жүзигин тостағанның ишине салып жиберипти. Баланы қундақлап орап болған соң: - Енди мен қайтайын, - деп руҳсат сорапты. Үй ийелери кемпирге алғысын айтып, үлкен қапшық пенен түрли азық - аўқат ҳәм көп алтын берипти де, бағанағы екеўи қайтадан кемпирди үйине апарып таслапты. Жолда және кемпирге көзин қатты жумыўы кереклигин айтыпты ҳәм тағы бағанағыдай сатыр гүтир даўыслар не екенлигин аңлағанша үйине де жетип қалыпты. Қараса жаңағы өзин алып келген ақ атлы кисилер көзден ғайып болыпты. Үйине келип, түн ярымы болса да бираз ўақытқа шекем уйықлай алмапты. Таң атысы менен кемпир қоңсысының үйине барса, түндеги өзи көрген, бети ашық бир тостаған сүт тур екен. Кемпир бүгин түнде басынан өткен жағдайды қалдырмай қоңсы ҳаялға айтып берипти ҳәм тостағандағы бети ашық турған сүтти адам аяғы баспайтуғын жерге төгип таслаң депти де сөзиниң дәлийли 7сыпатында сүттиң түбиндеги өзи салып жиберген жүзикти көрсетипти. Кемпирдиң пәмлеўинше, оны түнде келинин босандырыўға алып кеткенлер жин-шайтанлар екен. ЖУЎМАҚ: Әжелеримиздиң түнде суўдың, азық-аўқаттың ҳәм ағарғанның бетин ашық қалдырмаң. Аўқат ишкен ыдысларыңызды ўақтында жуўып таслаң. Тазалықсыз үйде берекет болмайды, - деп ҳәр дайым қайталап отырыўының себеби усы екен. Топлаған: Қуўанышбаева Гүлайым https://t.me/Soz_marjani
ӨМИР - МЕКТЕП Тағдириңизден разы болың. Себеби итибар менен ойлап көрсеңиз, қандай жағдай болса да бәри жақсылыққа болған. Мәселен: 🌿Сизди қапа қылды, сиз кешириўди үйрендиңиз; 🌿Қыйын күнлер келди, сабыр етиўди үйрендиңиз; 🌿Дәрт келди - дәртли адамның жағдайын түсиндиңиз; 🌿Қайғы келди - шыдамлы болыўға қалиплестиңиз; 🌿Әтирапыңызда жаманлар көбейип кеткенде, өзиңизге исенимиңиз артты; 🌿Мейиримсизлер менен жолдас болдыңыз - басқаға мейиримли болыўды үйрендиңиз; 🌿Кесел болып, ден саўлықтың қадирин билдиңиз; 🌿Айралықта жүрип, өз журтыңызды, жақынларыңызды сағыныўды үйрендиңиз; 🌿Жаслығыңызда оқымай, улғайғаннан кейин илимниң қадирин түсиндиңиз... Тек сизден өтиниш, Жетим болмай турып ата-ананың, кесел болмай турып, ден саўлықтың, ғаррылық келмей турып жаслықтың, өмириңиз өтип кетпей турып, ҳәр бир минутыңыздың қадирине жетиўди умытпаң! Себеби, булардың қадирин түсинген кезде бәри кеш болыўы мүмкин... 😚😚😚😚😚 Жыйнаған: Қуўанышбаева Гүлайым https://t.me/Soz_marjani
#Билип_қойған_жақсы Шаш тез майланатуғын болғаннан кейин оны ҳәр күни агрессив шампунлар менен жуўыў және де машқала арттырады. Шампунь теридеги тәбийий май қатламын пүткиллей жуўып жибергенде бас териси оны қәўип деп қабыл етеди ҳәм қорғаныў ушын және де май ажырата баслайды. Шашты жүдә көп жуўыў май безлериниң активлигин жасалма рәўиште арттырып жибереди. Оптимал вариант – шашты күнде емес, 2- 3 күнде жуўыўға үйретиў керек. https://t.me/Soz_marjani
https://t.me/Soz_marjani
Қус уяда көргенин қылады Тәрбия айтып емес, көрсетип, үлги болып үйретиледи. Балаларымызға дәслеп өзимиз жақсы әдет ҳәм ертең уялып қалмастай үлги көрсетейик. https://t.me/Soz_marjani
Жыл садақасында қатарда даўыс шығарып отырғанларға таўар-орамал жаўылатуғын әдет пайда болған. Бул да артықша шығын. Сүйекке енип, марҳумды соңғы сапарға шығарып салыў, ҳәр бир бенде ушын саўап екен. Кѳпшилик саўап ушын сүйекке енсе, биразлар буны да дәбдебеге айландырып жиберген. Бардамлы марҳумды жуўыўға таласады. Себеби, сүйекке енгенге таза кийимлер бериледи. Бурын болса марҳумның кийилген кийимлери берилсе, ал ҳәзир болса тазасын бериўге мәжбүр болған. Басын жуўғанға жақсы малақай, аяқ тәрепи ушын геўиш яки етик талап етиў ҳеш бир адамның инсаныйлық пазыйлетине туўры келмейди. Ислам дининде марҳумды азалаў үш күн делинген. Лекин, қырқына шекем аза тутқан шаңарақта ҳәр пийшембиде қазан асылып, адам толы автобуста қәбирине зыяратқа барады. Қәбири басында жылап-сықлап және үйге келип, аўқат жеп болып қайтады. Егер жумыс болып яки басқа исиң шығып бармай қалсаң, келмеди деген ѳкпеге қаласаң. Дәбдебелерди орынсыз көбейтпеўге болады ғой. Садақаны ғәрипке, ата-анасыз жетимлерге берген мақул. Бундай дәбдебеден кѳре арамызда жәрдемге мүтәжлер бар соларға жәрдем берсе болады. Соларға жәрдем бериў инсаныйлық парызымыз. Марҳумларға «тийе берсин» айтып, шаңарағындағылардың қалғанларына аманшылық тилеўден ѳтетуғын саўап жок. Биз елимиздиң тынышлығынан, тоқшылығымыздан, нанымыз қалың, дәстүрханымыздың пүтинлигинен ҳәр күни, ҳәр саатта шүкираналар айтыўымыз керек. Бундай күнлерде жасап атырған екенбиз, оның қәдирине жетпесек ертең тек биз емес келешегемиз болған перзентлеримизге де оның кесири тийиўи мүмкин. Себеби, ҳәр биримизге бул гѳззал, тәкирарланбас ѳмир тек бир мәрте ғана бериледи. Дүньяны да, дәўлетти де, бахытты да кѳтере билетуғын, қәдирлейтуғын бендесине ғана береди екен, жаратқан. Ҳәр бириңиз усындай несийбелерден бос қалмағайсыз, деген жақсы тилектемиз. Арыухан Турекеева https://t.me/Soz_marjami
ДӘБДЕБЕЛЕР ТЕК ТОЙЛАРДА ЕМЕС ЕКЕН Дүньяға шыққан ҳәр бир инсанның ѳмиринде қуўаныш пенен қайғысы тең жүреди екен. Перзент дүньяға келгенде, күлгенде, тәй-тәй басып жүргенде, сѳйлегенде, сүннетленгенде, оқыўға барғанда, оны питкерип жоқары оқыў орнына киргенде, үйленгенде, оның да перзентли болғанында қайта-қайта қуўанасаң. Буларға қуўанып, тойлар бериледи. Соңғы ўақытта тойдың да түрлери кѳбейип, дәбдебеге айланып атырғаны ҳаққында кѳп мәрте айтып атырмыз. Бүгинги тойларды ышқамлы, ысырапхорлыққа жол қойдырмай ѳткериўди тәртиплестирип атыр. Деген менен, бир-биреўге жарысыў, дәбдебеден еле де узақласпай атырғанымыз ҳәр күни турмыста кѳринип турады. Мейли, бул той ғой, жақсы күнимизде ойнап күлиўден айырмасын. Бирақ, соңғы пайытлары дәбдебе, маба деген иллетлер азаларға да жаңадан «мода»ларды киргизип атыр. Бир сапары танысымның анасы қайтыс болғанын еситип, намаздан бир күн бурын да кирип шығайын деп бардым. Даўыс шығарып болғаннан соң танысымның қасында отырып, кеўил айттым. Сол ўақытта қатарда даўыс шығарып атырған бир кемпир ҳѳктем даўысы менен: —Анаңыз қандай еди, айттым айтып жылаң. Бес қыз бес жағынан жыласаңыз адамлар ертең «ҳе, қызлары анасын қайғырып атыр» деседи ғой. Ѳли де ҳәзир сыналатуғын болған. Ертең намазда бул журт қайсы қызы қәйтип жылайды деседи,-деди. Ҳайран болып шығып кеттим. Бул да тәўир, бес қызы бар екен қызы жоқлар, яки бир қызы барлар не қылады деймен ишимнен. «Ѳли де ҳәзир сыналатуғын болған»—деген сѳзди ҳәзир емес соңғы ўақытлары кѳп еситип жүрмиз. Бурын кемпир-ғарры қайтыс болса 2-3 қатар жип тартылатуғын еди. Хәзир апарған затларды басқа бөлмеде дәптер қойып, жазып алып қалады. Бурын ѳлген марҳумның кийимлери қыстырылып, оны жақынларына «ийиси» деп бѳлистирилер еди. Енди олар марҳумның ул-қызлары, келинлери, жақынлары тапсын-таппасын кийилмеген кийимлерди, жақсы таўарларды, орамалларды, костюм-шалбарларды әкелетуғын болды. Той сыяқлы келгенлер бир нәрсе әкеледи, кетип баратырғанда таўарына таўар қайтармас па екен деп, артына қарай-қарай кетеди. Марҳум шығарылғаннан соң таўарларға таласып, урысқанларды да кѳрип жүрмиз. Инсан ѳмирден кетип атыр. Неге енди изинде қалғанлар, «Ертең биз де ўақты-сааты менен усы күнге түсемиз»-деп қайғырыўдың орнына бундай намақул ислерге қол урамыз. Намазда да үлкен мал сойылып, еки аўқат асылып, адамлар күлип кетпесин, деп дәстурханларды тойдағыдай безетеди. Шаңарақтың қандай жағдайда болмасын оның жетисин, қырқын, жүзин тарқатыў да намаздағыдан кем болмаўы керек, болмаса және адамлар «күледи».
Фантазия ҳәм шеберлик https://t.me/Soz_marjani
Фантазия ҳәм шеберлик https://t.me/Soz_marjani
#Миллий_мийрас -Күш неде? -Бирликте. -Және неде? -Және бирликте. -Адамды басқаларға жақсы көрсететуғын еки ағзаның атын ким биледи? -Мен билемен. Адамды басқаларға жақсы көрсететуғын еки ағзаның бири-жүреги, екиншиси-тили ! -Енди, адамды басқаларға жаман көрсететуғын еки ағзаның атын ким биледи? - Және мен айтаман. Адамды басқаларға жаман көрсететуғын ағзалардың бири-тили, екиншиси- жүреги ! -Дурыс, дурыс !.. Төлепберген Қайыпбергенов "Қарақалпақнама" роман-эссеси. https://t.me/Soz_marjani
Үш нәрседен қорқаман: 1. Баласына ҳәййиў айтпаған анадан. 2. Ақлығына ертек айтпаған әжеден 3. Өз елинде жүрип ана тилинде емес өзге тилде сөйлескен еки адамнан қорқаман. Бауыржан Момышулы https://t.me/Soz_marjani
Балалар биз - үлкенлердиң аңлай алмаған ҳақыйқатларын көреди, үйренеди, өзлестиреди. Керек болса, биз - үлкенлерге сабақ береди. Баласының дәптерин қолына алған Фарида оны оқыўға киристи. "Музейдеги тәсирлерим Кеше әкем менен музейге бардым. Кишкентай саяхатымыз барысында мен көп нәрселерди үйрендим. Мысалы, алдаўды. Анам дослары менен сөйлесип, дем алыс күни отырыспаққа барыўды келисип алған еди. Әкем жумыстан келиўге жақын басын орамал менен байлап алып "Аўырып турман," деп алдады. Ал әкем болса мени музейге апараман деп ўәде берген еди. Бирақ биз музейдиң сыртында турып, оны алыстан тамашаладық. Кейин киноға бардық. Кассир ҳаял мениң жасым нешеде екенлигин сораған гезде "Тоғызда," деди әкем. Негизинде мен он жастаманғо" деп айтпақшы болып атыр едим , әкем "Үндеме," деп ымлағаннан кейин айтпай қалдым. Кейин дийўалдағы "10 жастан үлкен балалар билет алыўы шәрт!" деп үлке-ен етип жазып қойған жазыўды көрдим. Бизлер 1 билет алдық. Урыс-урыс кино екен, әкем ҳәзз етип көрди. Мен уйықлап қалыппан. Әкем оятып, сыртқа шыққаннан кейин музқаймақ алып берди ҳәм анама "Музейге бардық, деп айт," деди. Мен "Яқшы," дедим ҳәм анамды алдадым. Автобусқа мингеннен кейин бир сулыў ҳаялдың қасына отырдық. Әкем оған мени көрсетип, "Жийеним," деди. Ол ҳаял маған шоколад берди. Үйге келсек анам тәўир болып қалған екен. Анам әкемнен: "Мектепте пул жыйнап атыр екен," деп ақша алды. Бирақ оны маған бермеди. Мен бөлмеме кирип, кийимлеримди аўмастырдым ҳәм сабақ таярлаўға киристим. Мениң бүгинги тәсирлерим усылар еди." Шығарманы оқып болған Фарида муғәллимниң көзине қарай алмады. Буны сезген оқытыўшы оны жалғыз қалдырды. Қуўанышбаева Гүлайым https://t.me/Soz_marjani
АТА - АНАЛАР... - Ертең дем алыс күни, - деди муғәллим балаларға қарап. - Әкеңиз ямаса анаңыз бенен бир дем алыў орнына барып, сол жерден алған тәсирлериңизди шығарма етип жазып келиң. Дүйшемби күни тексерип, баҳа қояман! Қоңыраў урылып, 4 -"б" класс оқыўшылары үйлерине бет алды. Әнўар үйине келемен дегенше ертең ким менен қай жерге барыўы ҳаққында ойланып келди. Есиктен кире сала: - Ертең айланыўға барыўымыз керек екен. Устазым айтты. Барған жеримиз туўралы шығарма жазып бармасақ "2" қояды екен! - деди Әнўар анасына асығыс түрде. - Яқшы, яқшы, - тез барып кийимлериңди аўмастыр,- деди анасы Фарида асханаға қарай кетип баратырып. Жумыстан шаршап келген әкеси Ғайраттың мойнына асылып атырып Әнўар анасына айтқанларын әкесине де қайталап айтты. Буны еситкен Ғайрат басы менен Фариданы нусқады: - Әне, анаң менен айланып келесизлер. - Уҳ! Және мен бе?! Өткен сапары да сиз бармадыңыз! - Өзи бир күн демалыста мен дем алайын. Жүдә шаршап жүрмен! - деди Ғайрат қыйналып. - Мен аўырып жүрмен. Аязлаған қусайман, ыссылығым көтерилип тур! - ҳаялы орамал менен байлап алған басын услап: - Ўай, басым-ей, жарылып етейин деп тур... Биресе әкесине, биресе анасына жәўтеңлеп қарап турған Әнўарға әкеси: - Яқшы, мына жақын жердеги паркке барамыз, бола ма? - деди. - Бәрқулла сол жерге барамыз ғой, әке... Музейге барайық - тә. - Яқшы, мейли. Тек тәртипли бала болып барып қайтасаң, яқшы ма? - Яқшы! - деп қуўанып кеткен Әнўар бөлмесине қарай жуўырып кетип, ертеңи ушын кийимлерин таярлады. Саяхатқа барыў ушын азанда ерте турып алған бала әкесиниң ояныўын еки саат күтти. Соң олар азанғы чайларын ишип болып көшеге шықты... Түстен кейин оларды күтип алған Фарида баласынан алған тәсирлери ҳаққында сорады. - Ҳәзир шығарма жазыўға кирисемен. Мен көп нәрселерди көрдим, - деп жуўап берди Әнўар. - Зор болыпты, балам! Бара ғой бөлмеңе... Ертесине биринши саатта барлық оқыўшының дәптерлерин жыйнап алған муғәллим сабағын баслады. Тәнепис ўақтанда дәптерлерди тексерип отырып, Әнўардың жазғанларын оқып, ҳайран қалды. Ол терең ойға батты. Кейин Әнўардың анасына қоңыраў етип, келип кетиўин сорады. Фарида баласы мектепте бир нәрсе бүлдирип, ямаса биреўди урып-соғып қоймады ма екен деп қәўетерленип, дәрҳәл жетип барды. - Әнўар класымыздағы ағлашы бала,- деп гәп баслады муғәллим Фаридаға қарап. - Әсиресе оқыў сабағын жақсы көреди. Әжайып шығармалар жазады. Кеше де бир шығарма жазған екен. - Аўа, әкеси музейге алып барып еди! - деди Фарида устазы баласын мақтаў ушын шақыртқанын байқағаннан кейин. - Келе сала шығарма жазыўға киристи. - Өзиңиз оқып көрдиңиз бе? - Яқ, оқып үлгермедим. - Ондай болса оқып шығың.
#Халық_даналығы Тон киймеген тон кийсе, Қағыу менен тоздырар, Жаман болса алғаны, Ер жигитти аздырар. Жақсы менен сөйлессең, Қумарыңды қандырар. Жаман менен сөйлессең, Кеуилиңди қалдырар. Сууқылдаққа тап болсаң, Өтирик айтып қандырар. Өсекши менен сөйлессең, Урмай-соқпай талдырар. Жолдас болсаң симсикке, Жол үстинде қалдырар. Жаман болса досларың, Өзиңди жауға алдырар. *** Халық қонбаса жер —жетим, Қус қонбаса, көл—жетим, Қостары жоқ ғарры —жетим, Ийеси жоқ мал—жетим. Көрмес қаранғы көз —жетим, Тыңланбаған сөз —жетим. Доссыз қалған ер—жетим, Жауға түскен ел —жетим. Жапырақсыз путақ— жетим. Оқылмаса китап —жетим. Сөзи тыңланбаған дана—жетим, Ата-анасыз бала—жетим, Қағазсыз қәлем—жетим, Ақылсыз адам —жетим. https://t.me/Soz_marjani
https://t.me/Soz_marjani