Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
СтатистикаӨткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓 Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
- Последний пост
- 13 авг.
- Последнее чтение
- 13 авг.
- Постов за неделю
- 2
- Всего постов
- 22
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 167
- 1/48двое суток
- 191
- 1/72трое суток
- 206
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
без подписи
без подписи
без подписи
ЕРЛИ ЗАЙЫП ҲАҚҚЫНДА СӨЗ Ер жигиттиң тынық болса ақылы, Шаңарақты бийлемейди қатыны. Ақыл ҳәмде парасатлы адамлар, Қатты жаппас қайтып ашар қапаны. Ер жигиттиң орынланбас пәрманы, Егер үйди нашар адам бийлесе. Шаңарақтың таўсылады дәрманы, Ерли-зайып бирин-бири сүймесе. Шаңарақтың ақыл болса ҳаялы, Ериде болады оған саялы. Саялы гүжимди қәдирлемесең, Әлбетте бир күни тутар заўалы. Нашарға қараса еркектиң күни, Қасынан шықпайды бақырса үни. Бундай еркеклерде жасап жүрипти, Сасып кетпеў ушын, әйтеўир тири. Еркеги бар үйде болады пайыз, Жалған деп айтады, ақылы сайыз. Шаңарақтан берекетти қашырмаў, Еки тарепкеде ең үлкен парыз. Ерли-зайып бир арбаның арасы, Бирге тартса зор болады табысы. Еки кеўил бирин-бири түсинсе, Узақ емес жақын болар алысы. Аңсатбай Қаражанов 10. 08. 2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
АҢСАТБАЙ ҚАРАЖАНОВҚА Есик ашып келгениңе дүньяға, Қырық жылдан бир жыл ғана өтипти. Таң азаннан тәжим етип қублаға, Қутлықлайман сиздей уллы жетикти. Пырағыйдай ҳақыйқатты жазасыз, Қосықларың емес ҳасла мазасыз. Туўры жолды көрсетиўши шырақтай, Маржан сөзди дәл турмыстан қазасыз. Сиз негизи туўылғансыз данадан, Сиздей болсам, қәне дейди ҳәр адам. Күнделикли ўақыяны сүўретлеп, Ҳәр күн қосық дөретесиз жаңадан. Ҳақыйқаты сен халыққа керексең, Әдебиятта саялы бир терексең. Атам ушын шайырлардың ишинде, Өз алдына ҳүрметиң бар бөлексең. Ҳүрметли Устаз дүньяның есигин ашқан күниңиз қутлы болсын, әдиллик жолында ийгиликли ислериңиз көп болсын, жақынларыңыздың бахытына саў саламат жүреберегейсиз Шәкиртиңиз Нур Даўлет🎂
ӘЖАҒАМ СӘРСЕНБАЙ ЖУМАБАЕВИЧ 50-ЖАСТА Әкем отыз жаста туўылған улы, Бүгин елиў жасты қарсы алып тур, Бәлент жилбиресин мәңгиге туы, Әжаға бул дүнья турғанынша тур. Ярым әсир жолды өттиңиз басып, Не бир қыйын қыстаў жоллардан асып. Мениң сизге туўылған күн тилегим, Бәрҳә қуўаныштан жүргейсиз тасып. Ул ҳәм қызларыңның қызығын көрип, Сүргил жеңгем менен бирге дәўранды. Перзентлериң жүрсин өсип ҳәм өнип, Орынлап сиз берген барлық пәрманды. Баллардың ишинде уллысы өзиң, Жаманлықты ҳасла көрмесин көзиң. Қызыңды қыяға, улды уяға, Қондырып бахытын көргей-дә көзиң. Жақсы тилеклерди тиледим сизге, Ҳеш қашан кетпесин өмириң изге. Мениң сизге туўылған күн тилегим, Қуўаныш жайнасын ҳәмише жүзде. Аңсатбай Каражанов 04.08.2026 Ҳүрметли Әжағамыз Сәрсенбай Жумабаевич сизди ярым әсирлик юбелей жасыңыз бенен шын жүректен қутлықлаймыз, Сизге узақ ҳәм мазмунлы өмир тилеймиз, ул-қызларыңның рәҳәтин жеңгем менен бирге көрип қоса қартайып Ҳажы ата, Ҳажы ана болып жүребергейсиз. http://t.me/Ansatbai
Әкем өмирден көз жамбағанын бүгин 80 жасты қарсы алған болар еди, Әттең арамызда жоқ. Тек ғана қуран оқып ҳаққына дуўа қылыўдан басқа илаж жоқ. Әкемниң жатқан жери жайлы, топырағы торқа болып қәбири абат, изинде қалған жақынларына, перзентлерине узақ ҳәм мазмунлы өмир бергей.
Әкем Каражанов Жумабайдың естелигине бағышлайман. ӘКЕ Әке деген асқар таў-ғой билгенге, Ойлама сен әпиўайы жүргенге. Умытпайман шадлы дәўран сүргенде, Уллы, асқар таўым айбатым Әке. Билсеңизлер Әке байлық дәўлетиң, Пәтиясын алсаң келер әўметиң, Жайына қой бәрҳә оның ҳүрметин, Уллы, асқар таўым айбатым Әке. Еркелетип алақанда көтерип, Не сорасақ бәрин бердиң әкелип, Қыйналдыңыз бизлер қалсақ жөтелип, Уллы, асқар таўым айбатым Әке. Еркелесек сиз бәрине көндиңиз, Бизлер ушын ўақытыңды бөлдиңиз, Енди жеттим дегениңде сөндиңиз Уллы, асқар таўым айбатым Әке. Ансатбай Каражанов 29.03.2023 архивтен Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
БАЛАЛЫҚТЫ ЕСЛЕП Алтақта*да отырып ешек айдап, Шырыш* пишен емес майсаны сайлап. Орып болғаннан соң арбаға жайлап, Өтер еди мениң балалық күним. Темир дегершикли ешек арбалар, Кәрўан тартар еди "Алтынкөл" тәреп, Жолда ушырасар еди шарўалар, Жас бала басыма маған не ҳәлек. Маңлайдан тер төгип балалық ўақтан, Шөп орып, арбаға артар едик биз. Пишен орып оны өткерип жаптан, Үйимизге шаршап қайтар едик биз. Анам асқан "Нан сорпа" ның дәмине, Жетпес еди басқа бирде-бир тағам. Ырза болып не ислесем бәрине, Мақтар еди мени дәўлетим ағам. Ешки бағыў, ешек миниў дегени, Балалық күнлерден қалған естелик, Ўақыт өтиў болса өмир дегени, Несийип етсе бир күн келер кекселик. Алтақта*-ешек арбаның алдыңғы тәрепиндеги бөлеклериниң бири, Шырыш*- пишенниң қаттысы, суўсыз жерде өскени. Аңсатбай Каражанов 02.08.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
ӨМИР КИТАБЫ Өмир китабының ҳәр бети басқа, Ўақыт өткен сайын ақ түсер шашқа. Жақсы оқымасаң өмир китабын, Басыңды урасаң бир күни тасқа. Жақсы алсаң егер өмир сабағын, Үйретеди обал ҳәмде саўабын. Биреўден ас сорап, созбас табағын, Жақсы оқығанлар өмир китабын. Өмир китабының бетлерин ашып, Оқығаның мақул толып ҳәм тасып. Базылар жүрипти жолын табалмай, Өзиниң қонышын өзлери басып. Өмир китабының жыртсаңыз бетин, Билип қой, жылайды жесир ҳәм жетим. Ашып көрмегенлер өмир китабын, Әйтеўир жүрипти, басып жер бетин. Бул өмир китабын жақсы оқыған, Оқымағанлардан озып кетеди. Оқымай тек ғана өсек тоқыған, Өзиниң басына өзи жетеди. Өмир муғаллимдур билген адамға, Бирақта әйтеўир заттай наданға. Бир гәпти жасырмай айтқым келип тур. Өткен өмир сабақ берди мағанда. Жол жоқ, бул китапта ҳасла ҳарамға, Сонлықтан жақсылық қылғаның мақул. Усыныс етемен, оқы саған да, Өмир китабынан болсаңда ақыл. Ансатбай Каражанов 30. 07. 2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
БАЙЛЫҚ, ДҮНЬЯ МАЛ Байлық дүнья малдың изинен қуўып, Жүрсең жарға барып қулаўың мүмкин. Жоқ жерден басыңа бир күн, күн туўып, Басыңды шеңгеллеп жылаўың мүмкин. Нәпис қул болмайды, бирақ сен оның, Қулына айланып қалыўың мүмкин. Мәңгиликке жоқдур ҳеш кимге қоным, Жайнап турған гүлде солыўы мүмкин. Жүгирип тынбастан байлықты қуўып, Жеп ишпей қызғанып тамақтан буўып. Жыйнаған байлық ҳәм дүнья малыңда, Кетиў мүмкин сеннен қолларын жуўып. Өзиңе сораў бер жалғыз қалғанда, Нәпсиңе қул болып ҳасла алданба. Берекетин Алла береди екен, Ҳадал мийнет ислеп ақша таўғанға. Жеңил келген нәрсе, жеңил кетеди, Жеңил кеткен ҳеш гәп, жанды сөтеди. Дүнья деп нәпистиң изине ермей, Тыныш жасағанға нелер жетеди. Ҳадал мийнет исле белиңди буўып, Қыйсық жолдан дәрҳәл қолыңды жуўып. Қунжыйып байлықтың изинен қуўсаң, Қалыў мүмкин бирден маңлайың қурып. Ансатбай Каражанов 30. 07. 2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
ЖАС ҮЛКЕН Жас үлкенди ҳүрмет қылсаң, Өзиң иззет табасаң. Ашыўланып қолды жуўсаң, Жалғыз өзиң қаласаң. Шапшығаның дурыс емес, Жас үлкенниң бетине. Бизге керек, "урыс" емес. Соранаман өтине. Жас үлкенди сыйлай билиў, Тәрбияның барлығы. Сәл нәрсеге жанып, күйиў, Ол ишиңниң тарлығы. Еркеликте жолы менен, Бала ўақта болады. Көре-көре көсем болып, Ақылыңда толады. Бир ўақытлар мениң өзим, Қыйсық бастым аяқты. Жас үлкенди көрмей көзим, Жедим дәкки, таяқты. Пайдасы жоқ ушқаныңның, Ҳақ сезинип аспанға. Урысқаққа айланасаң, Берекетиң қашқанда. Дүзеткениң мақул болар, Өзиң қылған қәтеңди. Жас үлкенди сыйламаған, Шақырады қәтерди. Ансатбай Каражанов 29.07.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
ДҮНЬЯ Бул дүньяда бақыйлық жоқ, Ҳәмме келип кетеди. Болса егер кеўилиң тоқ, Аз нәрседе жетеди. Бул дүньяда мәңгиликке, Ҳеш ким қалып кетпейди. Дүнья малы көп болсада, Аш адамға жетпейди. Бес күн жалған дүньяда, Ҳеш ким алты қонбайды. Нәшүкирдиң өмирден, Ҳеш кеўили толмайды. Көкте қуяш барлық ўақыт, Парлап турабермейди. Инсанларда тап усындай, Мәңги турабермейди. Бул дүньяның қәдирине, Жетиў керек бес күнде, Еки мәрте берилмейди, Өмир деген ҳеш кимге. Ансатбай Каражанов 28.07.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
ШАЙЫР (Батырды да тарийхқа беккемлейтуғын шайырлар есапланады) Бир гәпим бар айтқым келер халыққа, Илҳам келмес шыйыр сөзден тарықса, Бир нәрсени бирақ анық билемен, Шайыр менен батыр қалар тарийхта. Шайыр ҳәтте туўғанына жақпайды, Себеби ол сөзден қурал саплайды. Орынсыз гәп айтағойса шайырға, Сөзи менен оның өзин баплайды. Ҳақ сөзлердиң түбиринде ашшы бар, Ҳәр бир үйде өз алдына басшы бар. Егер үйди қатын адам бийлесе, Ас ишкенде табағынан тас шығар. Шайыр сөзи өткир ушлы қанжардай, Қатар-қатар дизиледи маржандай. Ел ишинде халық сөзин сөйлесе, Шайыр болар ол тарийхта қалғандай. Мен қосықты талап қылып жазбайман, Илҳам келсе текте төгип саламан. Халық мени қоллап турса бирақта, Бердақ яңлы тарийхларда қаламан. Ансатбай Каражанов Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
без подписи
25 iyul – Xalqaro sudyalar va sud xodimlari farovonligi kuniga bag‘ishlangan davra suhbati videoroligi 👉@odilsudlovakademiyasi👈
АТА-АНАМЫЗ Бүгин бизлер өзимизше данамыз, Негизинде дана емес шаламыз. Билмесеңлер билип қойың яранлар, Биз ушын жасады ата-анамыз. Олар барда кир болмады жағамыз, Байланбады ҳеш ўақытта сағамыз. Жалған дүнья жалғанына алданып, Биз ушын жасады ата-анамыз. Олар барда жақын еди арамыз, Питер еди тез арада жарамыз. Шыбын жанын қыйнап бес күн жалғанда, Биз ушын жасады ата-анамыз. Қыйналғанда болды бизиң панамыз, Олар барда ойланбады санамыз. Қатарынан кем болмасын балам деп, Биз ушын жасады ата-анамыз. Ер жетсекте биз оларға баламыз, Олар барда қырда жүрер шанамыз. Ҳеш ўақытта ядыңыздан шығармаң, Биз ушын жасады ата-анамыз. Ансатбай Каражанов 19.07.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
Ақ қара ҳаққында. Өмирде боясаң қара деп ақты, Өмир жолың болмас ҳеш қашан жақты. Қараны ақ, ақты қара дегенлер, Перзентлери өлип қудайдан тапты. Тәрези дүзеў болса қолыңдағы, Мақсетиң иске асар ойыңдағы. Ақлығын билип турып қара демеў, Парыз да, қарыз да сол мойындағы. Қудайдан таўып кетер жала жаўған, Талайлар жала жаўып ери аўған. Ақ адамды қара деп таныўшылар, Өмирде ҳеш озбаған, артта қалған. Дәўран меники деп қаттыға кетип, Ақты қара дейип басына жетип. Жүргенлер бес күнлик жалған дүньяда, Қыйналып жүрипти жанларын сөтип. Ең әдил қызы бул, билсеңлер ўақыт, Сабырлы адамға берилер бахыт. Кеўил көзи соқыр, надан адамлар, Төсек тартып қалар соңында жатып. Менде бир әўлиедей келер айтқаным, Көзим көрди дәўлетлиниң қайтқанын. Ақты биле тура қара деўшилер, Тәғдир сизлергеде қояр қақпанын. Кимдур көрип отыр қосықтан өзин, Ялған болса айтың, мениң бул сөзим. Ақты ақ деп тән алмасаң өмирде, Май басқаны болар маңлайда көзиң. Ансатбай Каражанов 18.07.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
https://t.me/Soz_marjani
без подписи