tgindex
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Статистика
@Tariyxqa_nazerузбекский

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал instagram.com/tariyxqa_nazer Ютуб канал https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

Последний пост
30 июл.
Последнее чтение
13 авг.
Постов за неделю
0
Всего постов
20
Тип
открытый
Язык
узбекский
В каталоге с
13 авг.
Подписчики
1 904
−2 за 5 дн.
Сутки
−2
−0,10%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
2 340
20 постов
Вовлечённость
122,9%
к подписчикам
Постов в день
0,0
всего 20
Упоминаний
5
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
1 256
1/48двое суток
1 439
1/72трое суток
1 552

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • XIX әсир басында Хорезмде Хийўадан ғәрезсиз бирликлер. XVIII әсир соңы XIX басында қарақалпақ урыўлары сыясый пытраңқылық жағдайында еди. Әмиўдәрья бойындағы қарақалпақ бийлери дәслеп Есенгелди Мәҳрем басшылығында (соңынан Айдос бий) олар Хийўа ханына бағынған. Қоңыраттағы Төремурат Супы ҳәм оның Таллық жағасындағы қарақалпақ аўқамласлары Хийўаға қарсы ҳәрекет еткен. Олар 1811-жылы ғана күш пенен бағындырылды. Ағжағыс қарақалпақлары Әмиў бойына көшиў нийетинде еди, бирақ Хийўа ҳүкмети оларды Әмиў бойына өткермей турған, будан тысқары Хорезмдеги бурыннан киятырған сыясый үрдис бойынша Ағжағыс Хийўа сорамына кирмеген. Бирақ Ағжағыстағы бийлик Айдос ҳәм Аймурза бийлер қолына өткен соң ондағы қарақалпақлар Әмиў бойына көшип өтти. Жаңадәрьядағы қарақалпақ бийлери Хийўа сорамына өтиўге қатты қарсы еди, олар Бухара әмири менен жақын байланыста еди, олар Орта Жүз қазақ султанлары менен де байланыс етиўге ҳәрекет еткен. Соған қарамастан Хийўа ханлығы бул бирликлердиң барлығын бағындырды.

  • 23 июл.1 240107

    Ҳенри Мозердиң "Орта Азия бойлап" атамасындағы мийнетинен үзиндилер. Ҳенри Мозер 1882-1883-жыллары Орта Азия бойлап саяхат еткен ҳәм естеликлерин жазған. • Оренбургтен кеткенли берли биринши мәрте тыныш уйқладық. Ертеңине Сырдәрья бойына жол алдық. Ол жерде империяның "Обкоутчеф" атлы пуў кемеси бизди күтип тур еди. Генерал ҳәм оның жолдаслары кемеге минди. Күн жүдә әжайып еди, шатыр саясында отырып дәрья бойлап төменге қарап сүздик ҳәм ушып баратырған қусларға мылтықлардан оқ атып сәлем бердик. Генерал Сырдәрьяның киши Жалакөл атлы көл менен биригип атырған жериндеги каналды көриў ушын киятыр еди. Бул канал пүткиллей жергиликли халық тәрепинен қазылған. Онда Хийўадан келген 400 қарақалпақ мийнет еткен, каналдың қазыў режесин де жергиликли кадрлар дүзген. • Биз кесип атырған мәмлекет жақсы өзлестирилген ҳәм егин егилетуғын аймақ. Бирақ Әмиўдәрьяның шеп жағасында шөлди суўғарыў арқалы өзлестирилген өнимдар жерлер шеңбери тарайып баратыр. Бул жерлердиң тийкарғы бөлеги ўақым жерлер онда мөл пахта егиледи. Егер аламанлар (тонаўшылық шабыўыллары) қәўипи болмағанда бул үлке дүньядағы ең баҳтлы ҳәм ең бай мәмлекетлерден бир болар еди, өйткени бул жерде суў күтә мол. Халқы тийкарынан өзбеклер ҳәм қарақалпақлардан ибарат. Қумлықлар шетинде ата ҳәм ерсары түркменлери жасайды, олардың бир бөлеги турақлы отырады, бир бөлеги аўылда жасап бир орныннан екинши орынға көшип жүреди. • Узынлығы 500 жүз, кеңлиги 350 жүз верст болған бул ўалаятта (Әмиўдәрья бөлими нәзерде тутылған) тынышлықты сақлаў ушын 3 мың орыс әскери жетерли. Оның районларынан бири Нөкистиң өзи Бельгия менен дерлик тең аймақты қамтыйды. Әмиўдәрья округиниң 130 мың халқы өзбеклер, қарақалпақлар, түркменлерден турады. Жергиликли халық салықларды жыйнаўшы "волостной"ларды өзлери сайланды. Генералдың айтыўынша бул системаның абзал тәрепи сонда, егер жергиликли халық мәмлекетлик хызметлшиердиң зулымынан шағым етсе оларға төмендегише жуўап бериледи: Бул өзлериңиздиң айыбыңыз, себеби оларды өзлериңиз сайлағансыз-ғо! • Әмиўдәрьяның төменги алғысында орналасқан Хийўа ойпаты 33 000 кв.км майданды ийелейди. Доктор Е. Шмидттиң мағлыўматына көре бул жерде шама менен 150 000 турақ жай бар. Қураны Кәрим қағыйдалары себеп халықты дизимнен өткериў қыйын болса да, үй-жайларды есаплаў мүмкин. Соның ушын ҳәр бир үйде орташа бес адам жасайды деп есаплап мәмлекет халқының шамасын табыўға болады. Усы есап-китапқа көре Хийўа Ханлығының халқы дерлик 750 000 киси еди, олар төмендегише бөлистириледи: а) отырықшы жасайтуғын турғынлар; өзбеклер, сартлар, қуллар, азат етилген қуллар - 65 мың үйли. б) көшпели турғынлар; 1- қазақлар 20 мың үйли 2- қарақалпақлар 23 мың үйли 3- түркменлер шеп шағада 40 мың үйли 4- түркменлер оң жағада 2 мың үйли Жәми; 150 мың үйли. • Хийўа ханлығында нөкерлер Хийўа мәмлекетинде жасайтуғын түрли халықлар арасынан бирдей жалланатуғын еди. Олар арасында өзбеклер, қарақалпақлар, түркменлердиң бәрше қәўимге тийисли кисилер бар еди. Ең көп санды түркменлер қурайтуғын еди... Дерек: A‌ travers l'Asie Centrale, Henri Moser Paris 1886 Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 23 июл.1 5931317

    Мир Иззатуллаҳдиң "Орта Азияға саяхат" атлы мийнетинен үзиндилер. Мир Иззатуллаҳ Ҳиндистанда хызмет еткен мусылман саяхатшы, ол Ост Индия компаниясы тапсырмасы менен 1812-1813-жыллары Орта Азияда болған. • Мәўеренахр яғный Әмиўдәрьяның оң жағасында жайласқан үлке, бир неше ҳүкимдарлар арасында бөлип алынған. Олардың ишинде ең қүдиретлиси Бухара патшасы Әмир Ҳайдар есапланады. Оның ләшкери турақлы болмаған атлы әскерлерден менен бирге шама менен 100 мың нөкерден ибарат. Кейинги орында Қоқан әмири Омархан турады. Үшинши Оратөбе ўәлийси Маҳмудхан. Одан кейин Шахризабз бийи Нияз Али, ол рәсмий түрде Бухараға бойсынғаны менен Әмир Ҳайдар атына қутба оқыўға да теңге басыўға да рухсат бермеген, ол өз аймағында "ўәлий ун-ниам" атағын ислеткен. Бунда тысқары Ҳисарда Сейид бий, Қубадиянда Мурат Али бий менен Дост Муҳаммед бий, Қорғантөбеде Аллаяр бий басшылық етеди. Қазақлар, қарақалпақлар (kurakilpak), қырғызлар сыяқлы көшпели қәўимлер ҳеш бир жеке ҳүкимдарды мойынламаған, қазақлардың рәсмий түрде төре деп аталатуғын баслығы болса да оның әмелде үлкен ҳәқимяты жоқ. • Ташкент жайласқан ўалаят Түркистан деп аталады, қаланың бурынғы аты Шаш болған. Оны кең тегисликлер орап турады ҳәм оның етегинде Шыршық дәрьясы ағып өтеди. Андижан төбешиклериниң арқасында Россия аймағына тутас жерлерде қазақ ҳәм қарақалпақ (kurakooleeak) қәўимлери жасайтуғын кең дала орналасқан, бул қәўимлердиң тийкарғы қаласы Булғар болған яғный Қазан ҳәзир ол Россия сорамында. Бул кең даланың батысында Қаратеңиз шығысында Қытай жайласқан. Қазақлардың бир ортақ патшасы жоқ олар түрли киши баслықлар яғный төрелер тәрепинен басқарылады. • Жиззақ қаласынан өткен соң Самарқандқа жақын жерде Қарақалпақ (Kura Kilpak) елаты бар. • Самарқанд қаласы атрапында бир неше көшпели қәўимлер жасайды, олардың бири қытай екиншиси қыпшақ, бул еки қәўим көбинесе қытай-қыпшақ деп бирге айтылады, және бир қәўим қарақалпақлар (kurakilpak). Бул қәўимлер бурын өз алдына болған болыўы мүмкин, бирақ ҳәзир оларды өзбеклер деп айтады. Дерек: Meer Izzut-Oollah "Travels in Central Asia" Calcutta 1872. Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 20 июл.1 8473031

    Түркистандағы Қарақалпақ Ханлығы. Дерек: nakoshi.edits Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 9 июл.1 754131

    Нызан ахун ҳәм оның Әўладлары: Тарийхый шежире ​Бул қолжазба — өткен әсирлердеги ел басқарған тулғалар, ахунлар ҳәм ханлар арасындағы қарым-қатнасты баянлаған қымбатлы шежире. Ондағы дереклер бойынша тарийхый көринис төмендегише тәрийпленеди. ​Нызан ахунның хызмети: Нызан ахун өз дәўиринде Жезқазған ҳәм Қарағайлы аймақларында төрелик етип, хәкимшилик бийликти қолына алған уллы тұлға болған. ​Әўлад ўәкиллери: Шежиреде Айтуғанның улы Нысан ағаның бийлиги, Жанназардың уллары — Бекберген ҳәм Емберген ахунлардың ел исине араласқаны атап өтиледи. ​Тарийхый ўақыялар: Қолжазбада Қиза ханының Нөкерди шақырып, Емберген ахун менен болған мәселелери ҳәм хан алдындағы тартыслы жағдайлар сүўретленеди. ​Шежирелик деректе. Бул жазбалар тек шаңарақлық шежире емес, соның менен бирге сол дәўирдеги басқарыў системасы ҳәм бийлер арасындағы саясий қатнаслардан дерек беретин әҳмийетли тарийхый мийрас болып табылады. ​Бул тарийхый мағлыўматлар Нызан ахун әўладлары тәрепинен маған жеке өзиме тапсырылып, қолжазбадағы жазыўларды оқып, аўдарып бериўимди өтиниш етти. Бул тарийхый мийрасты сақлап қалыў ҳәм келешек әўладқа жеткериў — ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз. 20-XII-2000-жыл. ​Нызан Ахун Дәстаны 1-бөлим ​Әзелде Айтұғанның улы Нысан ағаның бийлиги, Нысанның өзи ҳаққында, Қасақан деп, төреликте - Жезқазған, Қарағайлыда - самал болды, батыста. ​Зәманбек - өткен елде ақын болып бийледи. Нызан деген - қолға алды. Зәманбек - ақыллы еди, қайта келди. Бул заман - болмады деп, жүрген жоқ па. ​Ақпанбай - Қадырғұлұлы, Зердебай бурында - бахытлы болды, соған күйдик. Зердебайұлының - жас слыўы, Жезқазған Құрбанбай - арстандай еди, бүгин кеттик. ​Айтуған - Қоскелдиұлы, биздиң бала, бурынғы ел - солай болар, Қусайынға. Айтуған мыйрасы - болып турды, Құдайбай улы - еки шекли болды, келисти. ​Айтуғанның - биринши улы Алиакпараз, екинши улы кейинги - Есенғазы. Айтуғанның балалары - үшеў болған, ең генжеси - Қоскелди Жанғазы. Дауамы бар.. Каналымыз тәрепинен көширмеленди: М. Абдуллаева Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 9 июл.1 4381

    без подписи

  • 9 июл.1 4541

    #Уллы_тулғалар_өмири Емберген ахун улы Нызан мақсым

  • 7 июл.1 839175

    Ту​рақлы ўәкили О. Ерманов әҳмийетли сиясий — хожалық мәселелерин шешиўге белсене қатнасты. ​Бир миллет ўәкилиниң екинши миллет адамлары ушын туңғыш алфавитин дүзиў, сабақлықлар жазып шығыў — тарийхта жекке-сийрек ушырасатуғын қубылыс. Татар С. Мәжитовтың қарақалпақ халық шайыры болып кәлиплесиўинде, оның қарақалпақ мәдениятының атақлы ғайраткери болып жетилисиўинде Ораз Ермановтың тийисли үлеси бар. О. Ерманов шайыр тәбиятлы адам есланып, ол өзиниң бала-шағаларын, бирге ислескен жолдасларын қарақалпақ халқының мәдениятын ҳүрметлеўге, көркем әдебиятты сүйиўге тәрбиялайтуғын еди. ​Қарақалпақ халық шайыры Аяпберген Мүўаев та С. Мәжитовтың мәдений-ағартыўшылық, журналистлик хызметлерин Ораз Ермановтың искерлиги менен бирликте алып, былайынша сүўретлейди: ​Сөз еситиң Ораз, Сейфулғабиттен, Бурыннан ис көрген гөне заводтан, Ташкент үлкесинде уллы ис тутқан, Газит басып, тил шығара баслады. ​Демек, дәслепки оқыў қуралларын, газеталарды бастырып шығарыўда О. Ермановтың тийисли үлеси болғанлығы гүмансыз. ​1925-жылдың ақырында Қарақалпақстанда мәмлекетлик саўда мәкемеси шөлкемлесип, Ораз Ерманов оның баслығы болып тайынланды. Бул мәкеме тийкарынан ишки базарларды санаат товарлары менен тәмийинлейди ҳәм санаат орынлары ушын халықтан шийки затлар жыйнайды. Қарақалпақстан саўда мәкемеси областымызда ярмаркалар ашып, онда көтере ҳәм усақлап сатыў кеңнен раўажланады. Бул әҳмийетли илажлар, бириншиден, ишки базарлардан жекке меншик капиталын кем-кемнен қысып шығарды, екиншиден, қарақалпақ мийнеткелериниң экономикалық аўҳалын жақсылады ҳәм олардың Коммунистик партия менен Совет ҳукиметине исенимин беккемледи. Революциядан бурын саўда тараўында жетерли тәжирийбеге ийе болған Ораз Ерманов автономиялы республикамызда совет саўдасына тийкар салған ҳәм оның алға раўажланыўына тийисли тәсир жасаған басшы хызметкерлердиң бири. ​О. Ерманов 1927—1938-жыллар арасында автономиялы республикамыздың пахта таярлаў мәкемелеринде басшы жумысларда ислейди. Бул жыллар қарақалпақ дийханларының дара хожалықтан коллективлескен хожалықларға, гүндеден қуўатлы тракторларды меңгереўге, қол серппе менен шығырлардан бирнеше мың гектар жерлерди суўғаратуғын ири каналларды қазыўға атланған дәўир еди. Мийнеткелерди ҳәзирги заман аўылхожалық машиналары менен тәмийин етиў, оларды басқаратуғын маман кадрларды таярлаў ҳәм зәрүрли аўыл хожалық артельлерине бөлистириў зүрәтлиликти, мийнет өнимин арттырыў жумысларына Қарақалпақстан пахта таярлаў мәкемеси басшылық етти. ​Хорезм ойпатында жаңа жәмийетлик дүзимди орнатыў ҳәм беккемлеў ушын қаҳарманларша гүрескен, Хорезм Совет Социалистик Республикасының ҳәм Қарақалпақстан автономиялы республикасының экономикасы менен мәдениятын алға раўажландырыўға салмақлы үлес қосқан Ораз Ерманов жекке адамға сыйыныў жылларында қуўдалаўға ушырады. Ол 1938-жылы жазықсыз қамаққа алынды ҳәм 1939-жылы қайтыс болды. 1958-жылдың 17-июнинде О. Ерманов өлгеннен кейин қайтадан ақланды. Ораз Ермановтың өмири ҳәм хызметине тийисли айырым мағлыўматларды Түркстан Илимлер академиясының академиги Г. Непесовтың, Өзбекстан мийнети сиңген илим ғайраткери профессор Ж. Орынбаевтың мийнетлеринен оқыўымызға болады. Автономиялы республикамыздың тарийхшы илимпазлары бул баҳалы мағлыўматларды еле де толықтырады, деп ойлаймыз. «Мағлыўматты топлаған автор ийеси Филология илимлериниң докторы Қырықбай Байниязов «Елим деп еңиреген ерлер" (Илимий-биографиялық очерклер)» китабынан алынды» Каналымыз:https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 7 июл.1 0824

    және Түркстан АССР ының Әмиўдәрья областынан Қазақстан АССР ының составында Қарақалпақстан автономиялы областы дүзиледи. Бул туўралы О. Ерманов өз докладында былай жазады: «Төрткүлды Қарақалпақстанға қосыў мәселеси шешилгеннен кейин мен жолдас А. Досназаров ҳәм И. Бекимбетовлардың рухсаты менен Оренбургқа қайтып кеттим. Мен келгеннен кейин бул жерде КирЦИК тиң Пленумы болып өтті ҳәм № 47 протоколға муўапық мени Қырғызстан (Қазақстан — Б. Қ.) Орайлық Атқарыў Комитети Президиумының ағзалығына өткерди. Арадан бирнеше күн өткеннен кейин Москвадан жолдас А. Досназаров, И. Бекимбетов ҳәм Қ. Адинаевлар қайтып келди. «Мен Арал теңизиниң Қарақалпақстан автономиялы областына қосыў, халық билимлендириў ҳәм кооперация мәселелери бойынша доклад жасап, КирЦИК те бюджет, кооператив ҳәм саўда мәселелерин шешиўге қатнастым»¹. 1924-жылдың октябринде Қарақалпақстан автономиялы областы дүзилгеннен кейин Ораз Ерманов областымыздың Ташкент қаласында турақлы ўәкили болып ислейди. Ол дәўирде турақлы ўәкилге күте көп түрли ҳәм оғада әҳмийетли жумыслар жүкленетуғын еди. Автономиялы областымызға зәрүрли болған кәнигели кадрлар ушын жоқары қалалардағы оқыў орынларына оқыўшылар контингентин белгилеў, оларды зәрүрли жатақ жай ҳәм ақша менен тәмийин етиў, қарақалпақ мектеплери ушын сабақлықлар басып шығарыў — қулласы, Қарақалпақстан автономиялы областының гүллөн талаплары менен тилеклерин РКП (б) Орайлық Комитетиниң Орта Азиялық бюросына ҳәм басқа да жоқары партия, совет органларына жеткерип турды. Пикиримизди тастыйықлаў ушын архив документлеринен мысаллар келтиремиз: ​«Оренбург, КирЦИК, Ерманов Оразға. Усы телеграмманы алыўдан бизиң халықтың ўәкили сыпатында Ташкент қаласындағы бурынғы Түркстан республикасының мүлкин бөлистириўши комиссиясына тез барып жетиўиңизди буйыраман. Узсырзаг, Түрксельхозторг, Хлопком, Госсельхозсклад, Түркторг, Госиздат ҳәм басқа да санаат, саўда, мәдений мәкемелердеги бизиң областымыздың үлесин тәмийинлеўди қатаң түрде талап етиңиз. ​Булардан тысқары сельхозбанк ҳәм басқа да банклардағы бурынғы Түркстан республикасының капиталынан үлесиңизди алыңыз. Егер қандайда болмасын шөлкем ямаса мәкеме тарқатылатуғын болса, оның капиталынан да тийисли пайыңызды талап етиңиз. Егер имканияты болса, сельхозбанк, госбанк, промбанк ҳәм басқа да банклердиң бөлимлерин бизиң областқа өткериўди талап етиңиз. Наркомзем мәкемелеринде агроном персоналлары артықмаш болса, агроном ҳәм ветврачлардың бир бөлимин бизиң областымызға жөнелтиңиз. Ликвидациялық жумыслардың барысы ҳаққында тез-тезден хабарлап турыңыз. Керекли көрсетпени Сизге телеграмма арқалы берип турамыз... Облисполком председатели Ә. Қудабаев»¹. ​Ташкент қаласындағы Қарақалпақстан автономиялы областының турақлы ўәкили Ораз Ерманов жоқарыда атап өтилген жумысларды өз ўақтында инабат пенен орылады ҳәм ол Қырғызстан республикасының ликвидакомдағы ўәкили менен бирге иследи. Атап айтқанда, ол өз докладынды былай жазады: ​«1924-жылы 18-ноябрьде КирЦИК тен документлерди алып Ташкентке келдим ҳәм Әлипбаев пенен бирге Ликвидакомның баслығы жолдас Германға жолықтым... Жумыстың басланыўында бизлер, Қарақалпақстан автономиялы областының ўәкиллери Ташкент қаласындағы бизиң ўәкилханамыз ушын жай таўып бериў, сондай-ақ оқыўға келип атырған студентлер ушын жатақхана бериў мәселесин көрип шықтық. Орта Азия Ликвидакомының қарарына муўапық Ташкент қаласы Воронцов көшеси № 5 жайда орналасқан бурынғы Хорезм республикасының ўәкилханасына тийисли болған жай Қарақалпақстан автономиялы областының меншигине берилди. Ташкент қаласындағы ҚҚАО ның турақлы ўәкили Ерманов Ораз, қолы қойылған»². ​Турақлы ўәкилхананың жайы оқыўға барған студентлер ушын жатақхана хызметин атқарса, ҳәрқыйлы жумыслар менен командировкаға барған хызметкерлер бул жерде ўақытша жасайтуғын еди. Сөйтип Ташкент қаласындағы Қарақалпақстан автономиялы областының

  • 7 июл.1 11743

    #Тарийх #Уллы_тулғалар_өмири ЕЛ НАМЫСЫН ШЕККЕН ОРАЗ 2-бөлим Хорезм республикасының хүкмет басшыларының бири сыпатында О Ерманов бир қанша әхмийетли жумысларды ислейди. 1922-жылы Орта Азия эканомткалық кесесиниң мәжилисинде доклад жасап, Ораз Ерманов өз сөзинде Хорезм республикасы ақшасының сатып алыў қуны төменлеп кеткенин, буның өз нәўбетинде республиканың экономикалық турмысына зыянлы тәсир етип атырғанын көрсетеди. Бул жағдайдан қутылыў ушын Хорезм, Бухара, Түркстан республикаларында да бирден-бир ақша бирлигин — РСФСР валютасын қолланыў зәрурлигин айтады. Нәтийжеде Хорезм республикасы қоныслас республикалар менен өз-ара экономикалық келисим жасаўға ериседи. Усындай шөлкемлестириўшилик хызмети ушын Ораз Ерманов Хорезмниң Мийнет Қызыл байрақ ордени менен де наградланды. ​1922-жылы Хорезм Орайлық Атқарыў Комитети қасында қарақалпақ бөлими дүзилип, оның жумысына О. Ерманов қатынасады. Бул бөлим Хорезм республикасында жасаўшы қарақалпақлардың тағдирине тийисли мәселелерди шешеди және ол өз нәўбетинде аз сандағы халықтың миллий ҳукимети ролин атқарады. Хорезм республикасының ишки ислер министри ҳәм қарақалпақ бөлиминиң басшысы Ораз Ермановтың жақын жәрдемшиси, жергиликли орынларда Коммунистик партияның көрсетпелерин булжытпай әмелге асырыўшы шайыр С. Мәжитов болды. ​РКП (б) Орайлық Комитетиниң Орта Азиялық бюросы 1924-жылдың жазында халқымыздың тилеги бойынша Ораз Ермановты миллий — мәмлекетлик шегараларды белгилеўши қарақалпақ территориялық комиссиясының составына қосады ҳәм ол Аллаяр Досназаров, Ибрайым Бекимбетовлар менен бирликте Қарақалпақ автономиялы областын дүзиўге қатынасады. Бул жағдайды биз О. Ермановтың РКП (б) Қарақалпақстан областлық шөлкемлестириў бюросының жуўаплы секретары А. Досназаровқа ҳәм Қарақалпақстан областлық революциялық комитетиниң председатели Ә. Қудабаевқа жазған төмендеги докладларынан анық билиўимизге болады: ​«Мен 1920-жылдан баслап Хорезм Совет Социалистик Республикасының ҳәрқыйлы назиратында (министрлигинде — Б. Қ.) ислеп, бирде мәртебе мийнет отпускасынан пайдаланбадым. Сол себепли 1924-жылы 28-июльде Совнархоз председатели болып ислеп турған ўақтымда отпускаға шықтым. Қоңыраттағы үйимде аз- ​ғана ўақыт болып, Оренбург қаласында оқып атырған балаларымды көриў ҳәм өзимнің аўырыўым жөнинде врачлар менен мәсләхәтлесиў мәқсетинде 1924-жылы 11-сентябрьде Оренбургқа кеттим. 1924-жылы 17-сентябрьде бул қалаға жеттим және 25-сентябрьде Ташкенттен жолдас А. Досназаров ҳәм И. Бекимбетовлардан төмендеги мазмундағы хат алдым: «Бул жерде Орта Азия республикасында миллий-мәмлекетлик шегараларды белгилеў мәселеси қолға алынып атыр. Қарақалпақстан да өз алдына автономиялы област болып биригип, Қырғыз (қазақ — Б. Қ.) республикасына қосылатуғын болды. Сизиң Оренбургта екенлигиңизди билдик және Хожели менен Қоңыраттың Қарақалпақстан автономиялы областына қосылыўына байланыслы Сизди қоңыратлы қарақалпақлардың ўәкили сыпатында Қарақалпақстан шөлкемлестириў бюросына ағза етип сайладық. Бизлер жақын күнлерде Москваға барамыз ҳәм жол-жөнекей Оренбургта ҳәрқыйлы мәселелерди шешиў ушын токтаймыз. Бизлер барғанша сол қалада күтип турыўыңызды өтинемиз және Москваға бәримиз бирге барыўымыз итимал». ​О. Ерманов өзине ҳәм бала-шағасына Москвада оқып атырған улы Қарабайды көрип қайтыў ушын 27-сентябрьде поездға билет алған еди. А. Досназаров ҳәм И. Бекимбетовтың хатына байланыслы бул билетлер пайдаланылмай қалдырылды. Олар Оренбургта еки күн болып, Қырғызстан (Қазақстан — Б. Қ.) Орайлық Атқарыў Комитетинде ҳәрқыйлы мәселелер бойынша кеңеслер өткерип, 29-сентябрьде Москваға жөнейди ҳәм 1-октябрьде бул жерге келеди. ​Ораз Ермановта Хорезм Совнаркомының председатели деген мандат болғанлықтан ол Москвадағы Хорезм консульствосының жайына орналасады ҳәм Хорезм саўда ўәкилханасында Хорезм республикасы ушын Москвадан және Нижегород ярмаркасынан сатып алынған затларды тийисли орынларға жөнелтиў мәселелери менен шуғылланады. Усы дәўирде РКП (б) Орайлық Комитетиниң Сиясий бюросы ҳәм ВЦИК тиң Миллетлер Советиниң қарары бойынша ХССР дың Хожели ҳәм Қоңырат районларынан

  • 30 июн.1 8082315

    Қарақалпақ ханлары бойынша тарийхый кесте. Дерек: nakoshi.edits Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 30 июн.1 5831418

    Қарақалпақ ханлары бойынша тарийхый кесте. Дерек: nakoshi.edits Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 22 июн.2 306476

    #Еслеу Бугин тууыскан иним Кууаттын тууылган куни, ол,тири болганында 63 жасын толтырган болар еди..Кууат ишки ислер уйымларында кишкене хызметлерден офицер денгейине дейин жетип хызметлер етти.Тагдирине жазган шыгар; омири келте болды саррас кырык жасында бул дунья менен хошласты. жас кетти...Омир солай;бирде ой-шукырлыклар,бирде донес,балентликлерден ибарат..екен. Ол, артында ошпес из калдырды.. Омирлик жолдасы (келиним) Назигул саган мын рахмет! Кууаттын калган еки улы менен уш кызын катарынан кем етпей аякка тургызып жаксы тарбияладын.Бугин онын калдырган перзентлери,билим орайларында окып атырган улкен аклыклары-Кууаттын ен улкен газийнеси хам мактанышы.Бариниздин бойынызда онын хадаллыгы,мартлиги хам кен пейиллиги бар.Менин кадирли укемнин жаткан жери жайлы , иманы жолдасы болсын.Ал балларым,кызларым сизлер кайда болсанызларда сау саламат журип бир биреулеринизге суйеу болгайсызлар.. Биз сизлер менен мактанамыз..аман болын..-деп Палуанов Абат Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 24 мая5 42833106

    Қарақалпақ ханлары бойынша тарийхый кесте. Дерек: nakoshi.edits Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 22 мая4 7033471

    Қарақалпақ пенен Қырғыздың байланысы неде? Дерек: Отаў ишинде ашылған сырлар

  • 10 мая3 429206

    Сүўретте: Өмирбай ата Ақылбеков

  • 10 мая2 225128

    Сүўретте: Өмирбай ата Ақылбеков

  • 10 мая1 796206

    Сүўретте: Өмирбай ата Ақылбеков

  • 2 апр.5 4503758

    #билип_қойған_жақсы ҚӘУИМ БАСЛЫҒЫ хәм АҚСАҚАЛЫ - қәуимге сайлау негизинде тайынланған басшы, ол қәуим ақсақалы менен мәслахатласып қәуимди басқарған. ҚОЗАҚ - жип тоқыйтуғын станок, ол ''өрмек''деп те аталған. ҒОРЖЫН - ғалыдан нағысланып, еки жақлы қылып исленген қалта, сумка. ҚЫССАХАНЛЫҚ-көркем әдебий-тарыйхый шығармаларды шырайлы интонация менен оқыйтуғын өнер. МӘХРЕМ-ханға жәрдемши, ақылгөй. МЕХТЕР-закат хәм басқада түсимлерди қадағалаушы хәмелдар, инспектор. МУРАП-орта азияда 1917-жылға шекем суу ислерине басшылық қылған хәмелдар. МҮЛИК-жеке меншик жер. НӨКЕР-хан, әмирлердиң әскерий қызметшиси. НАЙЫП-ғәрезли үлкениң хәкими. ОРЫС ЖОЛ-пётроалександровск хәм шымбай ортасындағы жол. ОРЫС СУД-шымбай, шорахан участкаларындағы суд органы, ол судлар палатасына (Ташкент) бойсынған. ОТАУ-барлық қәдеси менен сәнли етип көтерилген үй. ОЯЗ-приставтың жергиликли халық тилиндеги атамасы. ПӨСТЕК-пахтаны қағып таярлау ушын астына төселген тери. ПРИСТАВ-участка баслығы. ПРИСТАН-кемелер тоқтайтуғын жер, порт ПУД-ауырлық өлшем бирлиги, 16 кг. САЛҒУРТ-жер салығы. САЛҒЫРТ КЕСПЕ-хийуа ханлығында хәр бир шаңарақтан 3.5 манат муғдардағы өндирилген салық. СҮРГИН-жинаятшыларға арналған ауыр мийнет фронты. ТАНАП-шылбыр, арқан. 12 танап 1 гектарға тең. ТЕНГЕ-орта азия ханлықларындағы алтын, гүмис, мыс пуллар. ҮСИР-руханыйлер пайдасына өндирилген салық. УАҚЫМ-диний мекелерге берилген, салықтан азат етилген жерлер. ФУНТ-ауырлық өлшем бирлиги 1 фунт 400 грам. ХАЛЫҚ СУДЛАРЫ-үш жыл мүддетге халық тәрепинен сайланған судялар, қазылар. ШАРЫҚ-пахтаны ийирип, жипке айналдыратуғын үскене. ШӨП ПУЛЫ-жайлаулардан пайдаланғаны ушын өндирилген салық. ЫЛАШЫҚ-гөне керегелерди қурастырып,үстинги хәм қаптал тәреплерин хәр түрли табылған тауарлар менен жауылып исленген қарақалпақлардың турақ жайы, бул турақ жайларда жарлы шаңарақлар жасаған. Каналымыз:https://t.me/Tariyxqa_nazer

  • 9 мар.3 8921013

    https://youtu.be/M2dUrzwmZwY?si=AWxETnJPZhKONoVV Тарийх бойынша жаңа видео, ютуб арқалы тамашалаңыз! Дешти Қыпшақ тарийхынан бүгинги күнимизге шекем. Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer