ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ ⚖
СтатистикаӨз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов Телефон: +998 90 574 44 47 Телеграм: @AmangeldiAbatov Группа: @adillkadvokatigroup
- Последний пост
- 16 авг.
- Последнее чтение
- 17 авг.
- Постов за неделю
- 12
- Всего постов
- 43
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Право
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 1 193
- 1/48двое суток
- 1 367
- 1/72трое суток
- 1 474
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
Президент Шавкат Мирзиёев: "Суд системасы реформалары биринши дәрежеде турады! Әлбетте, көп нәрселер иследик ҳәм ислеп атырмыз, бирақ адамлар судтан разы ма деген сораў тур. Бул пикирдиң өзи-ақ суд-ҳуқық системасындағы реформалардың ең зәрүр өлшеми адамлардың судтан разылығы ҳәм судқа исеними екенлигин көрсетеди. Президент 2030-жылға шекем заманагөй, халықшыл ҳәм әдил суд системасын жаратыў ўазыйпасын қойды. Судтың күши - жазалаўында емес, әдиллик орнатыўында. Адам суд босағасынан киргенде де, шыққанда да: "Мениң ҳуқықым қорғалды," деп айта алса - әне сонда реформа нәтийжеси сезиледи. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
❗️ Кәсиплик сертификатлаўдан өте алмаған оқытыўшы жумыстан босатылады ма 📊 БАЛЛАР ТАЛАБЫ! ▪️ Бақлаўшы сынақ жәми 100 баллдан ибарат (50 тапсырма, ҳәрбири 2 балл). ▪️ 56 ҳәм оннан жоқары балл - сынақтан өткен, 56 баллдан кем - сынақтан өтпеген саналанады. 🗓 МҮДДЕТЛЕР! ▪️ Стажёр-оқытыўшы жумысқа қабыл етилген ўақыттан баслап 1 жыл ишинде кәсиплик сертификатқа ийе болиўи шәрт. ▪️ Тийкарғы қадағалаў сынаў әдетте ҳәр жылы март-май айларында өткериледи. ▪️ Биринши имтиханнан өте алмаған яки кеширимли себепке бола қатнаса алмаған талабан ушын гезексиз қадағалаў имтиханы ҳәр жылы жаңа оқыў жылы басланғанша шөлкемлестириледи. ▪️ Кеширимли себеп болса - сынақ сәнесинен кейин 5 жумыс күни ишинде мүрәжат етиў керек. ▪️ Нәтийжеде наразы болса - жәрияланғаннан кейин 5 күн ишинде апелляция бериў мүмкин, апелляция болса 2 ҳәпте ишинде көрип шығылады. ⚠️ ШӘРТНАМАНЫ БИЙКАР ЕТИЎ ТИЙКАРЫ! Нәўбеттен тысқары қадағалаў сынағында да қатнасып, 56 баллға жете алмаған талабан менен дүзилген мийнет шәртнамасы мийнет нызамшылығында белгиленген тәртипте бийкар етиледи. 📌 Демек: 1-мәрте - 56 баллға жетпеди → нәўбеттен тысқары сынақ; 2-мәрте - нәўбеттен тысқары сынақта да 56 баллға жетпеди → шәртнаманы бийкарлаў ушын ҳуқықый тийкар есапланады. 📚 Дерек: Министрлер Кабинетиниң 12.02.2024-ж. 87-санлы қарары (Регламент) ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
❗️ Аттестациядан өте алмаған оқытыўшы жумыстан босатылыўы мүмкин бе 🗓 Аттестация мүддетлери қалай белгиленген? ▪️ Алдын аттестациядан өтпеген, жаңадан жумысқа қабыл етилген яки жоқары билимлендириўди питкерип биринши мәрте жумысқа кирген педагог кадрлар - кәсиплик жумысына 3 жыл толғаннан соң гезектеги мәжбүрий аттестациядан өткериледи (магистратураны питкергенлер буған кирмейди). ▪️ Гезектеги мәжбүрий аттестация нәтийжесине бола категориясы көтерилген, сақлап қалынған ямаса түсирилген педагог кадрлар - кейинги гезектеги мәжбүрий аттестацияға 5 жылдан соң тартылады. 📌 Егер оқытыўшы гезектеги мәжбүрий аттестациядан өте алмаса - жумыс бериўши оның менен дүзилген мийнет шәртнамасын бийкар етиў ҳуқықына ийе. 📌 Бирақ жумыс бериўши шәртнаманы дәрҳал бийкар етиўи шәрт емес. Бундай жағдайда педагог нәўбеттен тысқары аттестацияға көби менен 3 мәрте тартылыўы мүмкин. 📌 Егер бул үш гезектен тыс аттестацияның ҳеш қайсысынан өте алмаса - мийнет шәртнамасы маманлық жетерли емеслиги себепли бийкар етилиўи мүмкин. ⚠️ Демек: "Бир мәрте аттестациядан өте алмаған ҳәр бир оқытыўшы дәрҳал жумыстан босатылады" деген қағыйда жоқ. Нызамшылық жумыс бериўшиге яки шәртнаманы бийкар етиў, ямаса педагогқа және имканият бериў бойынша анық тәртипти белгилеп берген. ⚖️ Аттестация нәтийжеси - мийнет шәртнамасын бийкар етиў ушын ҳуқықый тийкар, бирақ барлық жағдайда автоматикалық рәўиште жумыстан босатыўды аңлатпайды. 📚 Дерек: Министрлер Кабинетиниң 17.09.2021-ж. 572-санлы қарары. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
❗️ СУДҚА КЕЛМЕГЕН ЛАЎАЗЫМЛЫ ШАХСҚА ЖӘРИЙМА САЛЫНАДЫ Енди ҳәкимшилик судта қарары үстинен шағым етилип атырған лаўазымлы шахс яки оның ўәкили судта қатнасыўы зәрүр деп табылса, суд мәжилиси кейинге қалдырылады. Егер лаўазымлы шахс себепсиз сылтаўлар менен судқа келмесе, оған суд жәриймасы қолланылады. Бул өзгеристиң әҳмийети: пуқара шағым етип атырған қарардың себеплерин лаўазымлы шахстан тиккелей сораў ҳәм судта оның позициясын тыңлаў имканиятына ийе болады. ⚖️ ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
Дүня жаман адамлардың зулымлығынан емес, жақсы адамлардың үнсизлигинен азап шекпекте! Уллылық киши нәрселердиң жыйындысынан ибарат... ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
🔴 КОМПЛАЕНС БАСШЫЛАРЫНЫҢ СТАТУСЫ БЕЛГИЛЕНДИ Республика дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бойынша басшы орынбасарлары (мәсләҳәтшилери) енди Администрация Басшысы тәрепинен тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи. Ең баслы тәрепи - олар өз жумысы даўамында Администрацияның ўәкили статусына ийе болады. ⚖️ Бул не береди? 🔹 Комплаенс хизметиниң бийғәрезлиги беккемленеди; 🔹 Коррупциялық жағдайларды анықлаў ҳәм оларға баҳа бериў имканияты артады; 🔹 Шөлкем басшыларының басымына түсип қалыў қәўпи азаяды; 🔹 Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў және де күшейтиледи. Бирақ тийкарғы сораў ашық қалады: "Администрация ўәкили" статусы әмелиятта қандай ўәкилликлер менен тәмийинленеди? Себеби коррупцияға қарсы гүресиўде статустың өзи емес, еркин қарар қабыл етиў имканияты ҳәм анық ўәкилликлер шешиўши әҳмийетке ийе. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
❗️Шаңарақлық даўларда бала әкеде қалыўы әкениң материаллық байлықлары тийкар болмайды Бөлек жасайтуғын ата-аналар тәрепинен перзентти тәрбиялаўға байланыслы ислерди көриўде судлар итибар беретуғын ҳәр қыйлы тәреплери бар... Жоқары суд Пленумының 1998-жыл 11-сентябрьдеги "Балалар тәрбиясы менен байланыслы болған келиспеўшиликлерди шешиўде судлар тәрепинен нызамларды қолланыў әмелияты ҳаққында"ғы қарарында айрықша көрсетпелер келтирип өтилген. Бул қарарға бола, ата-аналардан бириниң материаллық ҳәм турмыслық жағдайының үстинлигиниң өзи баланы оған алып бериў ушын тийкар бола алатуғын шәрт болып есапланбайтуғыны нәзерде тутылады. Онда судлар: ➖ баланың ата-анасынан, аға-ини, апа-сиңлисинен қайсы бирине баўыр басып қалғанын; ➖ ата-аналардан қайсы бири балаларына көбирек ғамхорлық ҳәм итибар көрсетип атырғанлығын; ➖ балалардың жасын ҳәм ата-анадан қайсы бирине кеўил қойғанлығын; ➖ ата-ананың әдеп-икрамлылық ҳәм басқа жеке пазыйлетлерин; ➖ ата-ананың ҳәр бири менен бала арасындағы қатнасықларды; ➖ баланы тәрбиялаў ҳәм оның раўажланыўы ушын шараятлар (ата-анасының билимлендириў түри, жумыс тәртиби, материаллық ҳәм шаңарақлық жағдайы ҳәм басқалар) жаратыў имканиятын итибарға алады. ☝️ Яғный тек ғана материаллық жағдайдың жақсылығы яки әкеде анадан материаллық жағдай бойынша үстинлик бар екенлигиниң өзи баланы әкеге алып бериўге жетерли дәлил болмайды. Сондай-ақ, тенгениң екинши тәрепинде болса мәселениң руўхый ҳәм меҳир менен байланыслы болған оғада нәзик болған тәреплери де бар. 📨 Адвокатқа сораў бериў ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
🎬 "MY SISTER’S KEEPER" Кызы өзинин денеси үстинен қарар етиў ҳуқықын талап етип судқа мүрәжат етеди. Тәсирли ҳәм ойландырыўшы фильм. Көриўди усыныс етемен. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
⚖️ Жумыста қысқарыў (сокращение) болған хызметкерге 6 айлық кепиллик қалай әмелге асырылады? Мийнет кодексиниң 102-статьясы 7-бөлимине бола, хызметкерлердиң саны яки штаты қысқарыўы себепли жумыстан босатылған хызметкерге 6 ай ишинде оның алдын иелеген қәнийгелиги ҳәм маманлығы бойынша вакант жумыс орны пайда болса, жумыс бериўши оны жумысқа қабыл етиўи шәрт. Бирақ сораў: ваканция пайда болғанын ким билдириўи керек? Әмелдеги нызамшылықта бул процесстиң анық механизми - жумыс бериўши хабар бериўи ямаса хызметкердиң өзи мүрәжат етиўи - жетерли дәрежеде анық белгиленбеген. Бизиңше, жумыс бериўши 6 ай мүддет ишинде муўапық ваканция пайда болғаны ҳаққында бурын ислеген хызметкерди жазба ямаса электрон түрде хабардар етиўи шәртлиги нызам менен белгилениўи керек. Себеби, Мийнет кодексиниң 102-статьясындағы бул кепиллик әмелде де толық ислеўи ушын механизми де анық болыўы лазым. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
⚖️ Ҳақлығын билетуғын, бирақ үндемейтуғын мыңлаған адамлар бар... Бизде машқала барлық ўақытта да нызам жоқлығында емес. Машқала — өз ҳақ-ҳуқықын талап етиўден қорқыўда. Адам өз ҳақлығын биледи. Нызамды, статьяны да биледи. Қаяққа мүрәжат етиўди де биледи. Бирақ кредити бар, баласы бар, айлығына мүтәж... ҳәм үндемейди. Мине, усы үнсизлик әдалатсызлықты күшейтеди. Айрым басшылар кем-кемнен: «Бәрибир ҳеш ким сөйлемейди», деген пикирге үйренип қалады. Бир мәртебе, еки мәртебе... соңынан нызамбузыўшылық әдетке айланады. Мениң мақсетим — басшы менен хызметкерди бир-бирине қарсы қойыў емес. Басшы да, хызметкер де бирдей нызам шеңберинде ҳәрекет ететуғын жәмийет болыўын қәлеймен. Бир хызметкер өз ҳуқықын мәденият пенен қорғаса, ертең екиншисине де аңсат болады. Сонлықтан, бүгин пост, ертесине түсиник ҳәм арғы күни жуўап. Әсте болса да, мийнет қатнасықларында қорқыў емес, нызам үстин болыўының тәрепдарыман! ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
⚖️ ӘДИЛЛИК ТИКЛЕНДИ. БИРАҚ БИР СОРАЎ ҚАЛАДЫ... Жақында бир суд исине қатнастым. Жүдә қызық жағдай жүз берди. Тилекке қарсы, бундай жағдайлар әмелиятта көплеп ушырасады. Биринши инстанция суды, судланыўшыларға тергеўде қойылған статьялары менен ҳүкимди оқыды. Қойылған бирде-бир айыплаў өзгермеди. Ал апелляция суды болса, исти дерлик үш ай көрип, қылмысты қайта квалификациялады, айырым статьяларды алып таслады, жазаны алмастырды ҳәм судланыўшыларды суд залының өзинде азат кылды. Әлбетте, бул - қуўанышлы. Әдиллик тикленди. Бирақ апелляция суды болмағанда не болар еди? Инсан тәғдирине байланыслы қәте биринши инстанция судының өзинде-ақ сапластырылыўы лазым емес пе? Апелляция қәтени дүзетти. Лекин әдилликти тиклеўден көре, биз ушын оны алдыннан бузбаў әҳмийетлирек... Себеби, судтағы ҳәр бир қәте - әпиўайы ғана жол қойылатуғын қәтелик емес. Оның артында инсан тәғдири, шаңарақтың берекети ҳәм бир неше айлық өмири турды. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
⚠️ ЕНДИ КРЕДИТ РЕКЛАМАСЫ ДА ҚАРЫЗДАРЛЫҚТЫ ЕСКЕРТЕДИ Кредит алыўға шақыратуғын рекламаларда енди тек ғана "аңсат ҳәм қолай кредит" деп айтыў менен шекленип қалынбайды. 📌 Кредит ҳәм басқа финанслық хызметлер рекламасында пуқаралар ҳәм исбилерменлерге қарыз миннетлемелерин ўақтында орынламаў ҳәм өзинин төлеў қәбилетин надурыс баҳалаў сезилерли финанслық қәўиплерге алып келиўи мүмкинлиги ҳаққында ескертиў шәрт. Буның әҳмийети үлкен... Себеби реклама кредитти алыў қаншелли аңсат екенин көрсетеди, бирақ оны қайтарыў миннетлемеси де бар екенин умытып кетиў мүмкин. 👉 Енди пуқара кредит алыўдан алдын тек ғана "қанша пул аламан?" емес, ал "оны қалай қайтараман?" деген сораўды да ойлаўы керек. Кредит - қосымша пул емес, қосымша миннетлеме дегени. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
⚖️ Суд шақырыў қағазы менен даўа нусқасы да жиберилиўи шәрт! ППКниң 156-статьясына муўапық, судья шақырыў қағазы менен бир ўақытта жуўапкерге даўа арзасы ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлердиң нусқасын жибериўи керек. Сондай-ақ, ППКниң 158-статьясына бола, шақырыў судқа келиў ҳәм иске таярланыў ушын жетерли ўақыт қалатуғын тәризде жеткерилиўи лазым. ❗️Әмелиятта болса айырым жағдайларда жуўапкер бул ҳүжжетлерди биринши суд мәжилисинде ғана алып атыр. Нәтийжеде ис пенен танысыў ҳәм қорғаўға таярланыў ушын суд мәжилисин қалдырыўға туўра келмекте. Бул болса, өз нәўбетинде артықша әўерегершилик, ўақыт ысырапгершилиги ҳәм суд мәжилислериниң тийкарсыз созылыўына себеп болады. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
🧚♀ Бүгин қызым маған ең қымбат саўғаны берди Бүгин қызым Edu City оқыў орайы шөлкемлестирген олимпиадада қатнасып, 200 мың сум сыйлықты қолға киргизди. Мен ушын бүгинги күнниң ең үлкен қуўанышы сыйлықтың өзи емес... Қызым қолына тийген бул пулды әкесине берди. 200 мың сум - пул сыпатында бәлким үлкен сумма емес. Бирақ мен ушын оның қәдирин ақша менен өлшеп болмайды. Себеби бул - қызымның биринши табысы, мийнети, ҳәрекети ҳәм әкесине болған пәк меҳри менен баҳалы. Қызым, бүгин маған ақша емес, меҳрин берди. Бул саўғаны ҳеш қашан умытпайман. Илайым, бүгинги киши табысы ертеңги үлкен жетискеликлериниң басламасы болсын. 🤲 Әкем деп қолыма усынылған 200 мың сум - мен ушын дүнядағы ең қымбат саўғалардан бири... ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
Бир күни оянасаң! Бир ўақытлары жүдә ислегиң келген, бирақ "кейинирек ислеймен" деп қалдырып кеткен ислериң ушын енди ўақыт қалмағанын түсинесең... Итибар берип атырсыз ба? 🍂 Мәўсимлер сыяқлы өмиримиз де сезилмей өтип бармақта. Турмыс тәшўишлери, күнделикли жумыслар, "еле ўақыт бар" деген қыял менен күнлерди өткере беремиз. Кейин болса артқа қарап, қанша имканиятларды қолдан жибергенимизди көремиз. Ўақыт аяўсыз. Ол ҳеш кимди де, ҳеш нәрсени де күтип турмайды. Ал "кейин" ҳәр дайым келе бермейди... ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
❗️ ӘПИЎ ЕТИЎ УШЫН МУРӘЖАТ ҚЫЛЫЎ ТӘРТИБИ Жақын туўысқаныңыз жаза өтеп атырған болса, оны әпиў етиў мәселесинде мүрәжат етиўиңиз мүмкин. Әсиресе, шаңарақлық шараят аўыр болса (жалғыз ана, бағыўшысын жоғалтқан, майып перзентлер), буны мүрәжатта әлбетте көрсетиң. 📌 Ким ҳәм қай жерге мүрәжат етиўи мүмкин? 🔹 Қамақтагы шахстын ози: Жазаны өтеў мәкемеси ҳәкимшилиги арқалы. 🔹 Шаңарақ ағзалары: Тиккелей ӨзР Президенти жанындағы Әпиў етиў мәселелери бойынша комиссияға яки оның исши уйымы есапланған Президент Администрациясының пуқаралық ҳәм әпиў етиў секторына. ⚠️ Зәрур болған нызам талабы: Егер шаңарақ ағзасы тиккелей қамақтағы шахстың ўәкили сыпатында мүрәжат қылса, мүрәжатқа әлбетте ўәкилликти тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етилиўи шәрт! 📄 Қандай ҳүжжетлер қосымша етиледи? Мүрәжатқа төмендегилер қосымша етилиўи мүмкин (бул ҳүжжетлер қайтарылмайды): ➖ Майыплық, пенсия ҳәм социаллық жағдай мағлыўматнамалары; ➖ Шаңарақ қурамы ҳәм ата-ана өлими ҳаққындағы ҳүжжетлер; ➖ Қамақтағы шахс шаңарақтың тийкарғы бағыўшысы болғанын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер. ⚖️ Еслетпе: Әпиў етиў ҳәм амнистия өз алдына айрықша түсиник. Әпиў ҳәр бир шахс ушын индивидуал көрип шығылады. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
⚖️ ҚАМАҚТАҒЫЛАРДЫ ӘПИЎ ЕТИЎ: КИМЛЕР ҲӘМ ҚАНДАЙ ЖАҒДАЙЛАРДА МҮРӘЖАТ ЕТИЎИ МҮМКИН? Нызамшылыққа бола, Президент қамақтағы яки жазаны өтеп болған шахсты (Өзбекстан пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды) әпиў етиўи мүмкин. ✅ Жазаны өтип атырған шахс әпиў етиўди сорап мүрәжат етиў мүддетлери белгиленген: ➖ Өмирлик азатлықтан айырылғанлар: ➖ Жазаның 25 жылын өтегеннен соң (егер дүзелиў жолына өткен ҳәм минез-қулқы унамлы болса - 20 жылдан соң). ➖ Узақ мүддетке еркинен айырыўға ҳүким етилгенлер: Жазаның 20 жылын өтегеннен соң (жақсы минез-қулық пенен - 15 жылдан соң). ➖ Басқа жазаға ҳүким етилгенлер: Отелген жаза мүддетине карамастан (қәлеген ўақытта). ➖ Оғада қәўипли рецидивистлер ҳәм алдын жеңиллик (амнистия, әпиў, мүддетинен алдын азат етиў) алып, және қастан жынаят ислегенлер: Тайынланған жазаның кеминде үштен бир (1/3) бөлегин өтеп болғаннан соң. ❕Әҳмийетли қағыйда: Президент қамақтағы шахстың илтимаснамасы бар ямаса жоқ екенлигине қарамастан, өз басламасы менен қәлеген шахсты әпиў етиў ҳуқықына ийе. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
🏠 "Риэлторлық жумысы ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1163-санлы, 07.08.2026-ж.) қабыл етилди. 🔹 Риэлтор жумыс ислеўи ушын маманлық сертификатына ийе болыўы керек. 🔹 Риэлторлық шөлкемлери ҳәм көшпес мүлк агентлери Бирден-бир реестрге киргизилгеннен соң жумыс алып барыўы мүмкин. 🔹 Риэлторлар көшпес мүлкти сатып алыўда дәлдалшылық, саўдаларды шөлкемлестириў, исенимли басқарыў ҳәм де информация ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетеди. 🔹 Риэлторлық тараўында мультилистинг системасы енгизиледи. Ол "бир айна" принципи тийкарында электрон мәлимлеме алмасыўын тәмийинлейди. ⚖️ Ең әҳмийетлиси - көшпес мүлк базарында хызмет көрсетиўдиң анық қағыйдалары ҳәм риэлторларға қойылатуғын талаплар белгиленди. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
Ҳүрметли нотариуслар! ⚖️ Сизниң жумысыңыз турақлы қәўип ⚠️ ҳәм қатаң жуўапкершилик пенен байланыслы. 💼 Тексериўлер ямаса гүманлы жағдай көп жыллық мийнеттиң нәтийжеси болған лицензияны 📜 қәўип астында қалдырыўы мүмкин. ⏳ Кәсиплик қәтелер ямаса тийкарсыз даўалар ақыбетинде лицензиядан айырылыўдың алдын алың! 🛡 Сизге усыныс етемиз: 🏛 Нотариуслердың ҳуқық ҳәм нызамлы мәпләрин суд ҳәм мәмлекетлик уйымларда қорғаў; ⚖️ Лицензияны тоқтатыў ямаса бийкар етиў бойынша ҳуқықый жардем көрсетиу; 🤝 Тексериўлер ўақтында адвокатлық хизмети ҳәм оператив ҳуқықый жәрдем; 📊 Ҳуқықый қәўиплерди алдын ала баҳалаў ҳәм кәсиплик жумысты қорғаў стратегиясы. Ўақыт ⏱️ ҳәм ҳуқықларыңызды қолдан шығарымаң. Кәсиплик қорғаўды ҳәзирден тәмийинлең! 💼✨ 📞 Мүрәжәат ушын: +998910017783 🌐 Мәнзил / Телеграм: https://t.me/advokat_aksu_medetbaeva Telegram @advokat_aksu_medetbaeva Advokat|Адвокат Медиатор Law teacher of TIL under Minjust| RSEM PhD student Jinoyat va fuqorolik ishlar boʻyicha yuridik yordam. @aksu_medetbaeva https://www.instagram.com/p/DWnwBM_iLFm/?igsh=MTQzZWhoOWJ6bGJhaw==
🎬 Көриўди усыныс қыламан! "Коррупцияға қарсы вакцина" - күлкили жане терең мәниге ийе фильм. Коррупцияға қарсы гүрес темасы юмор арқалы сәўлелендирилген. Фильм жақсы тәсир қалдырады. Ўақтыңыз болса, әлбетте, тамаша етиң. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati