tgindex
МАМАН АДВОКАТ

МАМАН АДВОКАТ

Статистика
@maman_advokatПравоузбекский

Сорауларыныз хам пикирлериңизди 👉 @maman_advokatbot жибериң Тел: 90 700-04-40 Каналда юридикалық мағлыуматлар, жаналықлар хамде адвокаттың жеке пикирлери жазылады. Пуқаралар хам юридикалық шахсларға шартнама тийкарында юридикалық жардем көрсетиледи.

Последний пост
14 авг.
Последнее чтение
15 авг.
Постов за неделю
27
Всего постов
47
Тип
открытый
Язык
узбекский
Категория
Право
В каталоге с
13 авг.
Подписчики
21 083
−52 за 5 дн.
Сутки
−2
−0,01%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
3 894
40 постов
Вовлечённость
18,5%
к подписчикам
Постов в день
3,9
всего 47
Упоминаний
5
каналов
Охват размещения
по 4 постам
1/24сутки в ленте
4 480
1/48двое суток
5 134
1/72трое суток
5 537

Медиана по постам, которые мы застали свежими и померили через сутки.

Посты

  • 14 авг.1 1858

    Қарақалпақстан Республикасындағы автомашиналарда 95 нөмерден алдын қандай сан болған? Тапқанларға сауғам бар деп қояды дейди. 🫣😁 https://t.me/maman_advokat

  • 14 авг.2 1775712

    Бағана бир жерде оқып қалдым. Аллахтааланың жақсы көретин бенделерин бул дуньяда көпшилик адамлар онша жақтырмайды екен. Қызық мағлыумат. https://t.me/maman_advokat

  • 14 авг.2 53765

    Music time https://t.me/maman_advokat

  • 14 авг.2 661141

    Буннан кейин хәр бир ҳайўанға өмири даўамында тәкирарланбайтуғын (уникал) сан бериледи. 🫣😭 https://t.me/maman_advokat

  • 14 авг.3 0842652

    ❗️Мандат ертең, 15-август күни саат 08:00 де жәрияланады. Бизлердиң ткярлық курсымыздың результатларын көриуге таярсызларма? ☝️😁 https://t.me/maman_advokat

  • 14 авг.3 095118

    Қатының менен урсып қалсаң не қылыу керек😁👉 https://www.instagram.com/reel/DcBngPxNK7d/?igsi=MTMxZmpjNTYyeXJrOQ==

  • 14 авг.3 9353220

    ❗️️2026-жыл 1-сентябрьден бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар муғдары 7 процентке асырылады.. https://t.me/maman_advokat

  • 14 авг.4 14514

    ✅ Енди Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Басшысы да ҳәмме ушын мәжбүрий болған норматив-ҳуқықый ҳүжжет қабыллаўы мүмкин 📑 Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен "Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳаққында"ғы Конституциялық нызамға қол қойылды. https://t.me/maman_advokat

  • 14 авг.4 06841

    Music time https://t.me/maman_advokat

  • 14 авг.4 5851518

    ⚡️Енди көбирек пуқаралар «декрет» ҳәм «больничный» напақаларын алыў ҳуқықына ийе болады 🔰Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 13-августтағы 440-санлы қарары менен ҳәмиледарлық ҳәм туўыў (декрет), сондай-ақ, ўақытша мийнетке жарамсызлық (больничный) напақаларын тайынлаў тәртиби жетилистирилди. Оған бола: ▫️6 айлық үзликсиз қамсызландырыў стажын есаплаў тәртиби жеңиллестирилди. Енди мийнет қатнасықлары сақланған ҳалда мийнет ҳақысы төленбеген айлар, соның ишинде, өз есабынан алынған дем алыс, сондай-ақ, кеселлик дәўири қамсызландырыў стажының үзилисине себеп болмайды. ▫️Кем мийнет ҳақы алыўшы ҳәм толық емес ставкада ислеўшилер ушын да қамсызландырыў стажы есапланады. Айлық мийнет ҳақы мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының бир есеси ҳәм оннан көп болса - 1 ай, бир еседен аз болса - ярым ай қамсызландырыў стажы сыпатында есапқа алынады. ▫️Туўыў қыйын өткен яки еки ҳәм оннан артық бала туўылған жағдайларда «декрет» дем алысы узайтырылса, қосымша напақа алдынғыйда етип есапланады. Бул напақа муғдарының тийкарсыз азайып кетиўиниң алдын алады. https://t.me/maman_advokat

  • 14 авг.3 6656017

    Хәзирги заманда зор болыу аңсат. Себеби көпшилик күшссиз. Дурыс ауқатланбайды, спорт пенен шуғылланбайды, оқымайды, мақсетсиз, көп ишеди, уақты телефон көриу менен өтеди, Аллахтаала менен сөйлесиуди билмейди. https://t.me/maman_advokat

  • 13 авг.4 8282441

    Аўыр жағдайдағы наўқаслар бийпул емленеди Президенттиң 2026-жыл 21-майдағы қарарына бола, аўыр наўқасларда медициналық тексериў, емлеў ҳәм хирургиялық әмелият өткерилмекте. Бундай жәрдемлер аўыр кеселликке шатылғанлар, онкологиялық ҳәм гематологиялық наўқаслар ҳәм баўыр-бүйрек көширип өткериўге мүтәж пуқараларға көрсетиледи. Наўқаслар операция исленеди, емленеди ҳәм трансплантация әмелге асырылады. Бәри бийпул, мәмлекет есабынан. Бул жәрдемлерди алыў ушын Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Dmed қосымшасы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ямаса Президент Халық қабыллаўханасына мүрәжат етиў мүмкин. ️ https://t.me/maman_advokat

  • 13 авг.4 363463

    “Қәне енди қайтып келсе 18 жасым. Қәне енди Мухаббаттан айланса басым” Тап жаңа биреу усы қосықты айтып берди. Керек жерин илип қалдым. 🫣😁😭 https://t.me/maman_advokat

  • 13 авг.4 457204

    Нызамшылықтан диний экстремизм деген түсиник алып тасланбақта. https://t.me/maman_advokat

  • 13 авг.4 55461

    ❗️Енди жәрийма майданшасынан машиналар тек ғана QR-код пенен алып шығылады 📲 Усы жылдың 1-августынан баслап жәрийма майданшасынан транспорт қуралын алып шығыўға рухсат бериў системасы толық электрон түрге өткериледи. 🪪 Жаңа тәртипке бола, рухсатнама тек ғана «Жәрийма майданшасы» мәлимлеме системасы арқалы, арнаўлы QR-код пенен усынылады. https://t.me/maman_advokat

  • 13 авг.4 569144

    Негатившилерим аман болсын 😁👉 https://www.instagram.com/reel/Db-oY-ONChu/?igsi=MW9qazN6OHYwczFlbw==

  • 13 авг.5 3071016

    ⚡️Енди кредитке алынған жайға басқа шахсларды прописаға қойыўға банктиң руқсаты талап етилмейди ✅ Президенттиң 15.07.2026-жылдағы ПҚ-265-санлы қарарына бола, буннан былай қадаған етилген (запрет) ямаса хатлаў қойылған турақ жайға гиреўге алыўшының келисимисиз басқа шахсларды турақлы ҳәм ўақтынша дизимге қойыўға болады. https://t.me/maman_advokat

  • 13 авг.4 708195

    Судта және бир тарийхый жеңис👉https://www.instagram.com/reel/Db-LDuutCnb/?igsi=MXh4NWRkOWVkM25obw==

  • 13 авг.4 76684

    Music time https://t.me/maman_advokat

  • 13 авг.5 1981324

    2026-жыл 7-август сәнесинен "Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў ҳаққында"ғы Нызам күшке кирди. ✅ Нызамда төмендегилер нәзерде тутылған: 🤓 1. Өзбекстан аймағында физикалық ямаса юридикалық шахслар тәрепинен сақланатуғын ҳәм (ямаса) көбейтилетуғын ҳайўанлар идентификацияланыўы ҳәм де дизимге алыныўы керек. 🤓 2. Ҳайўанларды идентификациялаў ҳәм дизимге алыўдың төмендеги мүддетлери белгиленген: ➖ қарамал, қой, ешки ҳәм түйелер - туўылғаннан кейин 14 күннен кейин; ➖ атлар - туўылғаннан кейин 4 айдан кейин; ➖ шошқалар туўылғаннан соң - 1 айдан кейин; ➖ ийтлер ҳәм пышықлар - туўылғаннан 3 айдан кейин. 🕐 Бунда ҳайўанлар көрсетилген мүддетлер тамамланғанынан кейин 1 айдан кешиктирмей идентификацияланыўы ҳәм дизимге алыныўы керек. 🤓 3. Сақлаў ҳәм (ямаса) көбейтиў мақсетинде Өзбекстанға алып кирилетуғын ҳайўанлар алып кирилген сәнеден баслап 21 күннен кешиктирмей идентификацияланыўы керек. 🤓 4. Өзбекстанда сақланатуғын ҳәм (ямаса) көбейтилетуғын ҳайўанлар сойылған (набыт болған, өлген, жоқ етилген) ямаса Өзбекстан аймағынан сыртқа алып шығылған жағдайда 7 күнлик мүддетте есаптан шығарылады. 🤓 5. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның ўәкили ҳайўан ийесиниң мүрәжатына тийкарланып 5 жумыс күни ишинде ҳайўанды идентификациялаўы ҳәм дизимнен өткериўи керек. 🔗 Ҳүжжеттиң рәсмий толық тексти менен усы силтеме арқалы танысыўыңыз мүмкин: https://lex.uz/ru/docs/7670550 https://t.me/maman_advokat