tgindex
А

Алпысбай Султанов

Статистика
@alp_sultanрусский

Қарақалпақ әдебиятында өзиниң тәкирарланбас дөретиўшилик жолына ийе Өзб. ҳәм ҚҚ. Жазыўшылар аўқамы ағзасы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алпысбай Султановтың (Алп Султан) шығармалары каналы. Пикир ҳәм усынысларды @is_juritiwshi_bot жолласаңыз болады.

Последний пост
8 мая
Последнее чтение
09:44
Постов за неделю
0
Всего постов
20
Тип
открытый
Язык
русский
В каталоге с
16 авг.
Подписчики
259
0 за 2 дн.
Сутки
0
0,00%
Неделя
 
Месяц
 
Просмотров на пост
795
20 постов
Вовлечённость
306,9%
к подписчикам
Постов в день
0,0
всего 20
Упоминаний
2
каналов
Охват размещения
оценка
1/24сутки в ленте
1/48двое суток
1/72трое суток

Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.

Посты

  • 8 мая38584из kitap_al_qr

    Bahası: 20.000 Mánzil: Baylanıs: @Darksiteeeeee t.me/kitap_al_qr

  • 13 сент. 2025 г.1 080117из milliyqosiqlarqr

    @milliyqosiqlarqr 📲 Alpisbay Sultanov tárepinen 1992-jil tusirilgen Allayar Dosnazarov haqinda "Elim degen er edi" atamasindagi hujjetli filmdi názerińizge usinamiz. Derek @waqit_time_nukus

  • Алпысбай СУЛТАНОВқа (туўылған күни мүнәсибети менен) Атласым ким екениң аттан анық, Асқарларға атландың күйип-жанып, Әстен-ақ сөйлегениң сап-салмақлы, Мақтаўға ылайықсыз қыйқыў салып. Сиздей инсан туўылса қуўанбас па, Жете бериң қудайым берген жасқа, Жазыўшы да, шайыр да толып атыр, Ҳәрбириниң орыны басқа-басқа. Орталықта тән берер сөзиң зыят, Азық болған бир өмир әдеп-уят, Султанның алыбысаң заманыңда, Жүз жасыңа буйырсын жүзлеп той хат! Алпысбай ИБАДУЛЛАЕВ, 16.03.2025-жыл

  • 15 мар. 2025 г.1 14011из alp_sultan

    ПЕРИШТЕ Ушырасқан айлы ақшамда, Көзлериңе үнсиз бақсам да, Шашларыңа гүлтаж тақсам да, Бир күлмедиң гөззал периште. Сени умыта алмайман ҳеш те, Ҳасла көзим илинбес кеште, Муҳаббаттың түйинин шеш те, Бахытлы ет мени периште. Тәғдирим тек сениң қолыңда, Сүрниктирме мени жолыңда, Пешанама жазған болың да, Ертип әкет мени периште. Мәңгиликке бирге турайық, Палдан татлы турмыс қурайық, Өмир деген мисли бир қайық, Ескекши ет мени периште.

  • 🔗 Media link 👉 @InstagramSaveruBot

  • 15 мар. 2025 г.1 24019из instagramsaverubot

    🔗 Media link 👉 @InstagramSaveruBot

  • 15 мар. 2025 г.6481из gulnara_nurlepesova

    ЖАСЛАРҒА ИТИБАРЛЫ УСТАЗ "Әдебий блогнот" каналынан бүгин устаз жазыўшы Алпысбай аға Султановтың туўылған күни екенин көргенимде мениң де балалығым есиме түсти. ...Мектепте оқып жүрген гезлеримде 5 класс ўақытымнан "Жеткиншек"газетасына мақала ҳәм косықлар жазып баслағанман.Жазғанларым газетада жәрияланса меннен бахытлы адам жоқ еди.Сол ўақытлары нөкисли жас хабаршылар Гүлнара Асанова,Гүлнара Даниярова,Гулнара Алланиязова,Рауия Уматова,Базаргул Бегжанова деген қызлар менен бирге газетада мақалаларымыз жийи-жийи жәрияланып турар еди.Жазғы дем алыста Нөкиске бир келгенимде сол хабаршы қызлар менен ушырасқанымда олар маған;- "Оқыўшылар сарай"ындағы жас хабаршылар дөгерегинде Алпысбай Султанов деген жазыўшы бизлерге мақала жазыўды үйретеди", - деп мақтанып қалды.Сонда мен Алпысбай ағаны жүзбе-жүз көрмеген болсам да,жазғанларын оқығанлықтан,қызларға ҳәўес пенен қарап;"-Қандай жақсы, сизлердиң мақала жазыўдың сырларын үйрететуғын сондай устазыңыз бар"-дегенмен ҳәм Алпысбай аға мен ушын бир әпсанаўий адамдай туйылатуғын еди сол ўақытларда. Ең дәслеп Алпысбай ағаны ТашГУ диң журналистика факультетин питкерип,"Жас Ленинши"(ҳәзирги "Қарақалпақстан жаслары"газетасында арнаўлы хабаршы болып жумыс ислеп журген гезлеримде көрдим.Ол ўақытлары Алпысбай аға областьлық партия комитетинде жумыс ислейтуғын еди.Ол бир күни редакциямызға бир келгенинде мениң баспасөз бетлеринде жәрияланып атырған қосықларыма жүдә жоқары баҳа берип мақтады.Устаз шайырдың баҳасынан бираз қысынсам да төбем көкке жеткенлигин жасыра алмайман. Бир күнлери областьлық партия комитетинен Алпысбай аға редакцияға қоңыраў етип маған"- "Гүлнара,сиз Москваға "Комсомольская правда"газетасына еки жыллық стажировкаға барасыз"-деп қалды.Мен бул хабардан я қуўанарымды,я қапа боларымды билмес едим.Өйткени,турмыс қурғаныма енди ғана бир-еки айдың майданы болған еди.Мен бул мәселени айтсам,Алпысбай аға;-"Оның ҳеш зыяны жоқ,ол жаққа барсаңыз күйеўиңе де жумыс таўып бериледи,турақ жай менен де тәмийин етеди",-деди.Сонда мен "ойласып көрейик" деў де жоқ;-Жоқ,Алпысбай аға,мениң түскен жеримде атам бар болған менен енем жоқ,ертерек қайтыс болған.Күйеўим де баллардың үлкени,келинли болдым деп атам,жеңгели болдық деп бийкеш-қәйнилеримниң көксине күн тийип атырғанда шым-шырқадай бала-шаға ең кишкенеси алты жасар қыз болған 8 ул-қызды қалдырып қалай ажағасын Москваға алып кетемен? Итибарыңыз ушын рахмет,устаз,-деп гәпимниң тоқ етерин айттым да қойдым.Сонда Алпысбай аға;-Сени келешеги бар талантлы қыз деп жибермекши болып едик,барып келгениңде келип газетаға бас редактор болар едиң,қарағым,-деп өз ойын айтып атыр. Сол ўақытлары "Вести Каракалпакстана"газетасында ислеп атырған Әдилбек Қайыпбергенов "Правда"газетасына еки жыллық тәжирийбе арттырыўға жиберилип,кейин "Народное слово"газетасына жумысқа жиберилди,кейин ташкентли болып қалды. Бизге туўылып-өскен топырағымыздың дузы буйырған екен 40 жылға жақын баспасөз тараўындағы барлық лаўазымларда жемисли мийнет еттим.Бирақ,сонда өмирлик жолдасым маған Москваға екеўимиз бирге барып тәжирийбе уйренип келгенимизде қандай жақсы болар еди,ең болмаса маған ойласпай шешим қабыл еткениң болмапты дей беретуғын еди ҳәр сапары."Елдиң дузы жибермеген-дә,түскен жеримди де қыймаған шығарман" дейтуғын едим сонда оған, Бирақ,бүгинги туўылған күни мүнәсибети менен устазымыз Алпысбай ағаны мен тек ғана талантлы жазыўшы ғана емес,ал дөретиўши жаслардың талантын таный билетуғын ҳәм оларды қоллап-қуўатлайтуғын ҳақ кеўил инсан сыпатында есимде қалғанын мақтаныш пенен тилге алғым келди.Туўылған күниңиз қутлы болсын,әдиўли устаз! Узақ жасап еле де қунлы шығармалар дөрете бериўиңизге тилеклеспиз! Ҳүрмет пенен көп санлы шәкиртлериңиздиң бири ГүлНур https://t.me/gulnara_nurlepesova

  • без подписи

  • 15 мар. 2025 г.58914из alp_sultan

    БАЛДЫЗЛАР (Жезделер тилинен) Сулыўлықтың бәрин жәмлеп денеге, Жигитлерди исендирип бәнеге, Узатылмай жүре бересиз неге, Дым қартайып қалдыңыз ғой, балдызлар. Автобаздан бир автобус алдырып, Сылтаў таўып, жумысты да қалдырып, Қуда болып, бир қошқарды шалдырып, Қуўғыншы боп барар едик, балдызлар. Жүресизлер шоқ кийинип доланып, Нешше түрли бояў алып боянып, Жигитлердиң сезимлери оянып, Жолларыңда пидә болды, балдызлар. Көп ишинен биз аяймыз сизлерди, Көздиң жаўын алған анаў дизлерди, Аса кетип умытпаңыз бизлерди, Аўылымыздың сәни сулыў, балдызлар. Қатарларың қашшан балалы болды, Сизлер жүргенде ақ бир силтеп қолды, Үй ишиниң сабыр кәсасы толды, Енди қашан кетесизлер, балдызлар? Сизлер кетпегели дәметип жәрмиз, Арақ ишиўди де кем етип жүрмиз, Қартайғанларымыз ем етип жүрмиз, Бир қыя бағар деп бизге, балдызлар. Қыз бала дегениң елдиң сәни ғой, Ал Нөкисим нашарлардың кәни ғой, Ҳәзил айтсам, кетсин деген мәни ғой, Түбинде бахытлы болың балдызлар! @alp_sultan

  • 15 мар. 2025 г.533из a_blognot

    #устаз_тууралы@a_blognot Устазым Алпысбай Султановты мен студентлик дауиримде динтаныу пәнинен сабақ бергенде биринши рет ушыраттым. Мен мектепти қызыл аттестат пенен питкерип келген китапханашының қызыман. Устаз сабақ уақтында мениң талантымды аңлап, жол-жоба берди. Туңғыш қосықларымды баспаға таярлаған еди. Сонда ойлап қарасам устаз еки бирдей уазыйпаны атқарып келген екен. Жасларға хәм билим берип хәм талантлы жасларды әдебиятқа алып кириу уазыйпасын да атқарып жүрген екен ғой. Мен Алпысбай Султанов мектебинен шыққанман деп айта аламан, өйткени мениң устаздан алған сабақларым бир жоқары оқыу орны ажыратқан сабақлардан да көп. Сиз тууралы айтатуғын сөзлерим көп, бәлки эссе болар, бәлки китап болар. Сиз бенен мақтанаман, алдымызда аман жүриң. Жазарыңыз, халқымызға берериңиз көп болсын! Тууылған күниңиз қутлы болсын! Хүрмет пенен шәкиртиңиз Абадан Турдымуратова. https://t.me/a_blognot

  • 15 мар. 2025 г.50941из a_blognot

    #қутлықлау Қарақалпақстан халық жазыушысы, аудармашы, шайыр устазымыз Алпысбай Султановты бүгинги тууылған куни менен шын жүректен қутлықлаймыз! Устазға терең денсаулық, узақ өмир, дөретиушилик жумысларында табыслар тилеймиз! https://t.me/a_blognot

  • 12 мар. 2025 г.58121из a_blognot

    #романнан_үзинди БИРИНШИ БӨЛИМ Нәресте нәпесине мегзес қыстың қысқа күни бираз жылып турды да, таў шоққыларына түскен қуяш кетиўден көп узамай ҳаўа райы бузылды: музлықлар тәрептен суўық самал есе баслады, үңгирлерди тез арада қараңғылық қаплады, кыпырық қар менен араласып, уйтқыған қуйын түнниң ызғырык суўык болатуғынының нышаны еди. Ҳәп заматта гүллән дөгерек қалың қар менен қапланды. Тәбияттың қүтилмеген ҳәдийселери нәтийжесинде әтирапқа апат дарыған сыяқлы буннан еки қүн бурын тосаттан қалың қар жаўып, соның ақыбетинде Ыссыкөл таў лизбеклери қар менен қапланып жатар еди. Қар боранның ишинде таўлар көзден ғайып болды, аспан түнерип, әтирап-айнала көзге көринбестен қалды. Кейин тынышлык шөкти, ҳаўа райы ашылды. Буннан кейин қыс бораны тынып, ой-қырлары пүткиллей қар қоршаўында қалған таўлар шымыр аязда тып-тыныш үнсизликти сақлап қатып турар еди. Тек те сол бир күнбатар мезгилинде Узын Шат шоққылары үстинде, шексиз аспан кеңислигинде, булытлар тодасы қойнында, думан астында жатқан Ала-Монгю музлы шығарлығына қарай ушып баратырған аўыр салмақлы вертолёттиң гүрилдеген даўысы кем-кем жақынласып, бетер күшейип барар ҳәмде әтирап-дөгерек даўыс  ҳәм жақтылықтан басқа ҳеш нәрсе жетип бара алмайтуғын шоққылар, таў дизбеклери менен мәңги көк музлықларды пүткиллей өз қарамағына алды. Дәслепкиден бес бетер күшке минген вертолёт пәрриклериниң сести таў менен тасларға урылып, соныңдай қорқынышлы шаўқым салар еди, енди тағы да солай даўам ете берсе, тапбир жер силкингендей, киямет-қайым келип қалатуғындай сезилип турды. Ушып киятырған вертолёт соныңдай жақынласып қалды, жол үстиндеги самаллар желпип өткен таў жанбаўырларынан гүлдирлиниң тәсирине ушыраған таў таслары бөлекленип орынларынан қозғалды да, соңынан сол заматта домалаўы менен тоқтады. Тап бир соны күтип турғандай, гиддиман ушқыр таслар бирқанша бәлент бийикликлерден түсип, жол-жөнекей шаң-тозаң көтерип, гүрсилди пайда етип төменге қулады. Олар таў жанбаўырына түскенде тап бир зеңбиректиң оғындай гүрсилди сес шығарып жарылып, қызыл тал ҳәм дус келген путаларды женшип өтип, қар тозаңларын көкке суўырып, қорқынышлы сес шығарып қулады. Таў жанбаўырына жетип, гүңиренип түсип атырған таслар жоқарыдан салбырап турған шақалар ҳәм  қойыў путалықлар менен қоршалған үңгирге келип, тәрепи жылға бойына қараған қасқыр ининиң кирер жеринде иркилди. Урғашы қасқыр Акбара жоқарыдан қулаған таслар ҳәм қар жыйындыларынан шоршып кетип, артына қарай шегинип, қараңғы үңгирге қарай ысырылды, желкесиндеги жаллары тикирейип, көзлери ғәзептен от шашып, қандай бәламат болмасын, не болыўына қарамастан оған қарсы ҳүжим етиўге таярланып турды. Лекин ол бийкарға қәўетерленген еди. Шыңғыс АЙТМАТОВ. ӘЖЕЛ ДАСТЫҒЫ Русшадан Алпысбай СУЛТАНОВ аўдармасы https://t.me/a_blognot

  • 12 мар. 2025 г.49612из a_blognot

    #аударма Шыңғыс АЙТМАТОВ                       ӘЖЕЛ                     ДАСТЫҒЫ                        Роман Русшадан Алпысбай СУЛТАНОВ аўдармасы. Романның бас қаҳарманы Авдий Каллистратов, бурынғы семинар тәрбияланыўшысы, жаслар редакциясының тапсырмасы менен Мойынкөл тропикалық далаларына кендир жыйнаўшы нәшебентлер ҳаққында мағлыўматлар жыйнаўға жибериледи. Ол тек тапсырманы орынлаў ушын емес, түскинликке түскен бийшараларды қутқарып, оларды бурынғы инсан дәрежесине келтириўди мақсет етеди. Ақкөкирек Авдий дүньяны тек те «жақсылық көзқарасынан» көреди, оны өзи де сезбей, гейде ипләслық қуралына айланып та қалады… https://t.me/a_blognot

  • 12 мар. 2025 г.4805из booky_nks

    😍 Kópten kútilgen jańalıq! Shıńǵıs Aytmatovtıń "Plaxa" kitabı qaraqalpaq tilinde baspadan shıqtı. "Ájel dastıǵı" atamasında joqarı dizaynde tayarlanǵan kitapqa házir-aq, buyırtpa beriń. Romannıń bas qaharmanı Avdiy Kallistratov, burınǵı seminariya tárbiyalanıwshısı, jaslar redakciyasınıń tapsırması menen Moyınkól tropikalıq dalalarına kendir jıynawshı náshebentler haqqında maǵlıwmatlar jıynawǵa jiberiledi. Ol tek tapsırmanı orınlaw ushın emes, túskinlikke túsken biysharalardı qutqarıp, olardı burınǵı insan dárejesine keltiriwdi maqset etedi. Aq kókirek Avdiy dúnyanı tek te «jaqsılıq kózqarasınan» kóredi, onı ózi de sezbey, geyde ipláslıq quralına aylanıp ta qaladı… Muqaba: Qattı. Bet: 423 bet Bahası: 95 000 som Silteme arqalı onlayn buyırtpa qaldırsańız boladı 👉 https://forms.gle/Fb9oNmGaFY8PSKFKA Buyırtpa ushın: Telefon: +998-93-362-57-44 Bizdi baqlap barıwdı dawam etiń👇 Telegram | Instagram | YouTube | Vebsayt

  • 28 февр. 2025 г.5998из qqkad

    без подписи

  • 28 февр. 2025 г.7416из qqkad

    без подписи

  • 28 февр. 2025 г.9675из qqkad

    без подписи

  • 28 февр. 2025 г.1 0805из qqkad

    без подписи

  • 28 февр. 2025 г.96335из qqkad

    без подписи

  • 28 февр. 2025 г.7422из qqkad

    ​​ Sultanov A. «Qaraqalpaq prozasında Sh.Aytmatovtıń poetikalıq dástúrleri»