HIDAYATNURI.UZ | Рәсмий канал️
СтатистикаҚарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Хожели районы "Пирим ийшан баба" жаме мешити рәсмий сайтының Telegram каналы!
- Последний пост
- 13 авг.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 1
- Всего постов
- 39
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Новости и СМИ (по похожим)
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 128
- 1/48двое суток
- 146
- 1/72трое суток
- 158
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
#xushxabar #mobil_ilova #muftiyuz 📢ХУШХАБАР: “MUFTIY.UZ” ИЛОВАСИ ИШГА ТУШДИ! 🌙 Ўзбекистон мусулмонлари идораси “Muftiy.uz” мобиль иловаси ишга тушди. Ушбу замонавий платформа муҳим эслатмаларни тезкор етказиши, тез ва енгил ишлаши, ҳатто айрим бўлимлардан интернетсиз ҳам фойдаланиш мумкинлиги ва телефон хотирасида кам жой эгаллаши билан ажралиб туради. 📲 Илованинг асосий имконият ва афзалликлари: 🌙 – “Муфтий минбари” материаллари, бой кутубхона ва диний-маърифий янгиликлар; 📍– Жойлашувингизга мос аниқ намоз вақтлари ва навбатдаги ибодатгача қолган вақт таймери; 🕋– Қибла томонни сониялар ичида аниқ кўрсатиб берувчи қулай компас; 🕌– Харита орқали атрофингиздаги энг яқин масжидлар ва уларнинг манзилини топиш имконияти; 📖 – Қуръони карим суралари, кундалик зикрлар, дуолар ва электрон тасбеҳ; 💬 – Соҳа мутахассисларига тўғридан-тўғри савол ва мурожаат юбориш тизими. ✅“Muftiy.uz” – бу ибодат, илм ва замонавий қулайликларни бирлаштирган платформа. Иловани ҳозироқ юклаб олинг ва маънавий дунёнгизни бойитинг! ⬇️ Юклаб олиш учун: 📱 play.google: https://play.google.com/store/apps/details?id=uz.muslim.mosque_app 📱 App Store: https://apps.apple.com/uz/app/muftiy-uz/id6757763485 ✅ Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати 📱ISHONCHLI VA RASMIY MANBA📲 OBUNA BO'LING ▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook
Намазым қабыл болып атыр-ма якы яқ-па? Индия уламаларынан Имдадуллаҳ Маккийдиң алдына бир киси келип, шағым етти: — Неше жыллардан берли намаз оқыйман. Бирақ, намазым қабыл болып атыр ма, яқ па, соны билмей, әўере-сарсанман... Сонда Ҳәзирети Имдадуллаҳ Маккий бәримиздиң кеўлимизди көтеретуғын жуўап берген екен: — Таңда таң намазын оқыдыңыз ба? — Аўа, оқыдым. — Соң песинди оқыдыңыз ба? — Аўа, оқыдым. — Егер Аллаҳ таала намазыңызды қабыл етпегенде, сизге кейинги намазды оқыўға тәўфиқ бермес еди. Намазыңыз даўамлы болып атыр ма, демек, Аллаҳ ибадатыңызды қабыл етип атыр. Егер қабыл етпегенде, кейинги намазға жеткермес еди... •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
#ҳикмет Инсан қанша байлық, шырай ҳәм күшке ийе болмасын, бәрибир бир күни барлығын жойтады. Қалатуғын нәрсе - Аллаҳ разылығы ушын қылынған әмеллер! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
#ҳикмет Ғыйбат қылыў - өз жәннетин басқаларға үлесиўдур! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
без подписи
без подписи
без подписи
Хожели районы бас имамы Устаз Икрам Шерниязов БАӘда тәжрийбе арттырып атыр Бирлескен Араб Әмирликлеринде хызмет сапарында болып турған Өзбекстан имам-хатиплери ушын мәмлекетшилик, кеңпейиллик ҳәм заманагөй диний-социаллық қатнаслар темасында гезектеги илимий-әмелий сабақ болып өтти. •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
#ҳикмет Қәлбиңди қызғаныш пенен күйдирме, жек көриўшилик ҳәм өкпелеўшилик пенен өлтирме, ашыў ҳәм кек пенен кесент етпе! Таза жүрек ҳәм саламат пикир менен жаса! Жаратылғанларды Жаратқанга тапсыр! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
ГҮНАНЫ ТӘРК ЕТИЎ ӘҲМИЙЕТЛИРЕК Корруцияны жоқ етиў пайданы тартыўдан алдын турады. Фиқҳда бул қағыйдаға жүдә үлкен бап ажыратылып, бир қанша ҳүкимлерге тийкар болады. "Бузықлықты жоқ етиў пайданы тартыўдан үстин." Бул қағыйда бойынша, бир жерде бузықлық пенен пайда дус келсе, дәслеп исти бузықлықты жоқ етиўден баслаў керек. Абу Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Мен сизлерге бир нәрсени буйырсам, оны алың. Сизлерди бир нәрседен қайтарсам, оннан шетлениңлер," деди" (Имам Ибн Можа рәўияты). Басқа рәўиятта болса: "Сизлерге бир нәрсени буйырсам, қүдиретиңиз жеткенинше ислең," делинген. Яғный Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усы ҳәдисте: "Сизлерди бир нәрседен қайтарсам, қолыңыздан келгенинше, қәбилетиниз жеткенинше, имканиятыңыздан келип шығып оннан қайтың," демеген, бәлки "қайтың," деп айтқан. Гүнадан қайтыў сабырға байланыспады. Буннан белгили болыўынша, инсан бузықлықты дәрҳал жоқ етиўи ҳәм оннан тезлик пенен қайтыўы керек. Бул жерде зыянды сапластырыў пайданы тартыўдан үстин қойылады. Зыян алып тасланса, пайда өз-өзинен тартылған болады. Ҳәттеки, бул фиқҳий қағыйда халқымыздың күнделикли турмысында көп қолланылатуғын сөзге айланып үлгерген - "Аўырыўды емлегеннен көре оның алдын алған жақсырақ." "Фитна көз илмес қәўип" китабынан. •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
КӨЗ ҚЫЯНЕТИ НЕ? Аллаҳ берген көз бенен Ол разы болмаған нәрселерге қараў! Намаҳрам ҳаяллар ма, фильм яки сүўретлер ме, биреўдиң үйи ишинде ме... ҳәммеси көз неъматының Ийесине қыянетдур. Себеби бул ислердиң ҳеш қайсысына Аллаҳ таала разы емес. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ таала көзди сиз ҳәм бизге оннан жақсы жолда пайдаланыўымыз ушын берген. Ол арқалы дүняның гөззал көринислерине нәзер таслаң. Перзентлериңизге қарап қуўаның. Ол арқалы ата-анаңызға қарап қуўаның. Ҳаялыңызға қарап рәҳәтлениң. Аға-инилериңиз, ажапа-қарындасларыңыз, досларыңыз ҳәм жақын адамларынызды көрип қуўаның. Ол арқалы дүнялық ислерди жүргизиң. Бирақ бузықлыққа, гүна ҳәм әсилик ушын жумсасаңыз, бул ис Аллаҳ тааланың аманатына қыянет болады. •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
#видео Хақыйқый шахид ким? Устаз Икрам Шерниязов •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
#ҳикмет Суўық бизди кеселлендирип қояды! Ыссы бизге азар береди! Қуяш күйдирип жибереди! Шаң шаршатып жибереди! Самал қолайсыз түйиледи! Жәннет буншелли гөззал болмаса! "Олар ол жерде қуяшты да, қатты суўықты да көрмейди" (Инсан сүреси, 13-аят). Аллаҳым! Өзимизди де, жақынларымызды да жәннетте жәмлестир! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
АҒЗАЛАР АМАНАТ Егер тереңирек ойлап қарасақ, инсанның денеси де Аллаҳ тааланың аманаты. Бул дене бизге мүлик емес. Бәлким, Аллаҳ таала пайдаланыўымыз ушын бизге берип қойған аманаты. Қолымыз, аяғымыз, көзимиз, қулағымыз – биз оларды бир базардан сатып алдық па? Ямаса өзимиз жаратып-жасадық па? Яқ, булардың барлығын Аллаҳ таала инам еткен. Ҳәттеки, бизге оларды бийпул берген. Демек, барлық ағзаларымыз: көз, қулақ, қол, аяқларымыз – аманат. Солай екен, ағзаларымыз аманат болса, оларды Аллаҳ тааланың буйрығына қарсы ислетсек, аманатқа қыянет еткен боламыз. "Нәсиятлар гүлдәстеси"нен. •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
➤"АЛҲАМДУЛИЛЛАҲ"ты: - меҳир менен; - шүкирлик пенен; - ҳәр күни, ҳәр ай, бир өмир; - ашлықта да, тоқлықта да; - бәрҳа ҳәм мәңги айтып жүрейик." •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
#видео Нәшебентликке қарсы гүрес! Устаз Икрам Шерниязов •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📃 @hidayatnuriuz
Поделиться https://m.youtube.com/watch?v=PkMt_th_Qo4
https://m.youtube.com/watch?v=JNKdrF39KY8&t=9s
https://youtu.be/w_05AeyDrJs?si=e9ScitiSvVZgmwbq
https://m.youtube.com/watch?v=h5QyIlxd1_E