- Последний пост
- 23 июн.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 0
- Всего постов
- 14
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- —
- 1/48двое суток
- —
- 1/72трое суток
- —
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
Өзбекстанда коррупционерлер реестри енгизилмекте 5 жыл күтилген ҳәм 22-июнь күни қол қойылған нызам менен, Жынаят кодексиниң 18 статьясы (ямаса олардың айырым диспозициялары) нан ибарат коррупциялық жынаятлар дизими тастыйықланды. Нызамға бола, бул дизимдеги жынаятларда айыплы деп табылған шахслар электрон реестрге киргизиледи ҳәм олар судланған дәўири даўамында мәмлекетлик жумысқа қабыл етилмейди. Реестрдиң жәмийетшиликке ашық ямаса жабық болыўы нызамда көрсетилмеген. ️️➡️ Каналға ағза болыў
❓ Мақсетли қабыллаў деген не? 📌 Егер сиз мақсетли қабыллаўдан пайдаланбақшы болсаңыз, онда бул постты әлбетте оқың. ❓ Мақсетли қабыллаўда кимлер қатнаса алады? ➖ ️Квота тастыйықланғаннан соң, мақсетли қабыллаў орынлары аймақлар кесиминде бөлинеди. Әйне бир аймаққа ажыратылған мақсетли қабыллаў квотасынан пайдаланыў ушын сол аймақта турақлы жасайтуғын (пропискасы бар) абитуриент мақсетли қабыллаўдан пайдаланады. ❗️️Абитуриенттиң улыўма орта ямаса орта билимлендириўди тамамлағанлығы ҳаққында ҳүжжети, яғный аттестаты да болыўы керек. ❓Мақсетли қабыллаўға квоталар қалай бөлистириледи? ➖ Квоталар бағдарлар кесиминде ҳәм бағдарлар кесиминдеги орынлар болса аймақлар кесиминде бөлистириледи. Мәселен, денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириўи сыяқлы бағдарлар айрықша ажыратылады. ❓Мақсетли қабыллаўда жетерли балл топлай алмағанлар оқыўдан жығыла ма? ➖ Мақсетли қабыллаў таңлаўына қатнасқан абитуриент керекли баллды топласа, ол грант тийкарында студент болады. Бирақ топлай алмаса, басқа абитуриентлер менен бирге улыўма таңлаўда қатнасады. Баллы жеце, әлбетте, студент болады. ❓Оқыўға тапсырып атырғанда мақсетли қабыллаў қалай таңланады? ➖ ЖООна кириў ушын онлайн арза тапсырып атырған абитуриент мақсетли қабыллаўды таңласа, ҳәм мақсетли, ҳәм улыўма таңлаўда қатнасады. Мәселен, Ташкент медицина университетиниң Емлеў иси бағдарына абитуриент жасап атырған аймаққа 2 орын ажыратылған болса, ол ҳәм усы 2 орын ушын, ҳәм ажыратылған улыўма квота ушын таңлаўда қатнасады. ❗️️Мақсетли қабыллаў менен төменирек балл топлап та грантқа кириў мүмкин. Бирақ 2 нәрсени есапқа алыў керек: ️1⃣ Мақсетли қабыллаў менен оқыўға кирген студентке "перевод"қа рухсат берилмейди; 2⃣ Кейин ала оқыўды тамамлағаннан соң өз аймағында 5 жыл ислеп бериў миннетлемеси қойылады. ️️➡️ Каналға ағза болыў
❓Сырт елден оқыўды көшириў быйыл қандай тәртипте болады? Президенттиң 279-санлы қарарына муўапық студентлердиң оқыўын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў бойынша төмендеги тәртип енгизилген: 👉 сырт елдеги (соның ишинде, ТОП-1000 лықтан орын алған) ЖООдан мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының тек ғана сәйкес ҳәм түрлес билимлендириў бағдарларына көшириў мүмкин; 👉 көшириў имтиханы тийкарында студенттен айрықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарлары бойынша кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар ҳәм мәжбүрий 3 пәннен тест, басқа тәлим бағдарлары бойынша тест сынақлары өткериледи (худди бакалавр қабыллаўындағы сыяқлы); 👉 тест сынақлары ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар бойынша өтиў баллары ҳәр жылы 15-июльға шекем қарамағында ЖООлары болған министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен белгиленеди ҳәм Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң _ (old. DTM) _ рәсмий веб-сайтында жәрияланады; 👉 өтиў балынан төмен балл топлаған студентлер бакалавриатқа қабыллаўдағы тәртипке муўапық дифференцияластырылған төлемли-коньтракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи мүмкин. Мағлыўмат орнында, сырт елден оқыўды көшириўде үзирли себеплер инабатқа алынбайды, тек ғана имтихан тийкарында әмелге асырылады. ️Усы жылдан оқыўды көшириў имтиханларында шет тили ҳәм улыўма билим бериў пәнлеринен сертификатлар максимал ҳәм еселенген балл береди. ️➡️ Каналға ағза болыў
️❗️Ертең барлық мәмлекетлик шөлкемлерде жумыс ўақты саат 10:00 ден басланады Президентимиз 18-июнь күни барлық мәмлекетлик шөлкемлерде жумыс ўақтының саат 10 да басланыўын белгилеп берди. Ертең Өзбекстан - Колумбия ойыны 07:00 де басланады. ➡️ Каналға ағза болыў
️Физикалық шахслар ушын үш есе жер салығы бийкар етилди, алдын есапланған суммалар қайта есап-китап етиледи Өзбекстан Республикасының Нызамы менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди. ӨРҚ-1153-сан, 15.06.2026-ж. Оған тийкарланып, Салық кодексиниң 483-статьясы төмендеги редакция менен толықтырылды: ️Жер участкаларынан ҳүжжециз пайдаланғанлық ушын үш есели салық есаплаў тәртиби физикалық шахслар ушын 2020-жыл 1-январьдан 2024-жыл 1-июньға шекем бийкар етилди. Енди салық уйымлары тәрепинен жоқарыдағы мүддет ушын алдын есапланған салықлар қайта есап-санақ етиледи. ❓Нызамда және қандай тийкарғы өзгерислер нәзерде тутылған? ➖ Өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкалары ҳәмде оларда қурылған имарат ҳәм обектлерге болған ҳуқықларды тән алыў жумысларын жеделлестириў; ➖ ўәкилликли шөлкемлердиң жуўапкершилигин арттырыў; ➖ ҳуқықты тән алыўға тосқынлық етиўши айырым механизмлерди әпиўайыластырыў; ➖ пуқаралар ушын қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде салық қарыздарлығы түсинигин анықластырыў; ➖ ҳуқықларды тән алыў менен байланыслы болған ҳүжжетлерди көрип шығыў мүддетлерин қысқартыў; ➖ ҳуқықларды тән алыў ушын бир мәртелик төлемди бөлип-бөлип төлеўди әмелге асырыў тәртиби ҳәм шәртлерин белгилеў; ➖ ҳуқықларды тән алыў ислери менен байланыслы шағымларды көрип шығыў механизмлерин жетилистириўи. Каналға ағза болыў:👉 @KarNews
Ендигиден былай Өзбекстанда кадастр паспортын алыў толық онлайн алыў мүмкин болды Буның ушын пуқаралар my.gov.uz порталына кирип, дизимнен өтиўи керек. Соң "Кадастр" бөлиминен тийисли хызмет таңланады ҳәм арза толтырылады. Арзаға мүлк ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етиледи. Процесс жуўмағында таяр кадастр ҳүжжетин портал арқалы жүклеп алыў мүмкин. Таяр болыў мүддетлери: * квартира - 3 жумыс күни; * жеке үй - 5 жумыс күни; Каналға ағза болыў:👉 @KarNews
Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары сайланды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясында Абибуллаев Елубай Онгарбаевич Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары – жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы лаўазымына сайланды. Каналға ағза болыў:👉 @KarNews
SАТ сертификаты бар абитуриентлер грант тийкарында оқыўға қабылланады Көпшилик IELTS, CEFR яки А-Level ҳаққында биледи. Бирақ SАТ сертификатының бир әҳмийетли абзаллығы бар — ол абитуриентти тиккелей мәмлекетлик грант тийкарында оқыйды. Бул тәртип Министрлер Кабинетиниң қарары менен белгиленген. 📌 Тийкарғы шәрт SАТ имтиханында максимал баллдың кеминде 75 проценти яғный 1200 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже көрсетилиўи керек. ➖ ️Жеңиллик тек ғана SАТ пәнлери (математика ҳәм инглис тили) таңланған бакалавриат бағдарының кирисиў пәнлерине сәйкес келгенде ғана әмел етеди. ✅ Нәтийже тек ғана электрон формада (DI код арқалы) Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигине жибериледи. ❌ Скриншот ямаса қолда тапсырылған нусқа ҳақыйқый деп есапланбайды. ️Каналға ағза болыў:👉 @KarNews
Радар бар жерде "радар" жол белгиси болыўы мәжбүрий есапланады Министрлер Кабинетиниң 15.05.2025-жылдағы 318-санлы "Транспорт қуралларынан пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарарына бола, ➖ ️2025-жыл 1-сентябрьден баслап ҳәрекет тезлигин бақлаўға мөлшерленген ҳәр қандай түрдеги стационар ҳәм мобил радарлар жайласқан аймақта ҳәм оған шекем кеминде 250 метрден кем ҳәмде 500 метрден көп болмаған аймақта "Радар" жол белгисиниң орнатылыўы мәжбүрий есапланады. Каналға ағза болыў:👉 @KarNews
❗️Нөкис қаласында мектеп оқыўшысы автотранспорт қуралын басқарғаны анықланды тийисли тәртипте шара көрилди. Каналға ағза болыў:👉 @KarNews
Абитуриентлер тестке кириў ушын 206мың сўм төлейди Орта билимлендириўди алдынғы жылларда тамамлаған абитуриентлер кириў имтиханларында қатнасыў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси муғдарында төлем қылыўлары керек. ✅ Ҳәзирги ўақытта бир БЕМ - 412 мың сум, ярым есеси болса 206 мың сум. Бирақ ҳәмме абитуриентлер де тестке уириў ушын төлем қылмайды. Төлемнен азат абитуриент категориялары: ➖ ️тест өткерилип атырған жылда оқыўды тамамлаған питкериўшилер; ➖ майыплығы болган шахслар; ➖ Меҳрийбанлық үйлери балалары; ➖ балалар қалашасының питкериўшилери; ➖ ️"Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар ҳәм олардың перзентлери; ➖ ️"Жаслар дәптери"нде дизимде турыўшы жаслар кириў имтиханларында қатнасыў ушын төлем төлемейди. ️ Каналға ағза болыў:👉 @KarNews
❗️️Chevrolet Cobalt автомобиллери ушын контрактация басланады 28-апрель саат 10:00 ден баслап барлық қарыйдарлар ушын онлайн шәртнамалар ашылады. 👉 @KarNews
❗️1-майдан баслап Humo карталары бойынша СМС хабарнама баҳасы еки есеге артады ─ 84,2 сумнан 168,4 сумға Бул қарар хызмет көрсетиў қәрежетлериниң артыўы менен байланыслы екенлиги айтылып атыр. 👉 @KarNews
Channel created