МЕРЎЕРТ
СтатистикаҚараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қайыпбергенов.] 📖Әдебият 🗞️Тарийх 🎭Көркем өнер 📜Илим Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y= Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi
- Последний пост
- 27 июл.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 0
- Всего постов
- 21
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Видео (по похожим)
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 297
- 1/48двое суток
- 340
- 1/72трое суток
- 367
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
Улымыз туўылғанда, сондай-ақ, мени академик етип сайлағанда ҳәм басқа да сәнелердин себеби менен келген мийманлар бул гилемниң әкемнен қалған мийрас екенлигин билип журди. Онда мениң аңға шыққанда апаратуғын ҳар қыйлы еллерден алып келинген жигирмалаған қанжарым қыстырыўлы туратуғын еди. Ҳәзирги заман гилемлери туўралы сөз болғанда, бәрқулла усы ғалының сапасы гәп етилер еди. 1976-жылы таза қоныслы болдық ҳәм еки-үш гилем сатып алынды. Заманагөй хаяллардай мың қубылған, бирақ ярымсинтетикалық усы гилемлер дийўалға тутылғанлықтан ески гилемимиз еденге жайылды. Ҳәммемиздин унсиз келисимимиз бенен зайыбым менен балаларым гилемди ис кабинетиме төсестирди. Оның устинде мениң көп ғана мақалаларым, китапларым, докладларым жазылыўына себепши болған жазыў столым тур. Ол бирден көзге тасланбайды да, онша үлкен де емес (4х2 метр шамасында). Туги сәл жуқарған, үнсиз, ол бизиң үйдеги көп ғана ўақыялардың гүўасы еди... Мениң әкемнен, кемпир апамнан, анамнан мийрас етип қалдырылған бул гилем бизлер ушын оғада қәстерли еди. Ол тозып баратыр, тап мендей қартайып баратыр... Бирақ, оның жанымды жалғызсыратпайтуғын пәкизелиги, әндамлылығы гөне болған менен өзгелердиң де жүрегине жақсылықтың нурларын уялататуғын еди. Сен тек мүлк ретинде емес, бизиң семьямыздың қәсийетли тумары ретинде нурлы меҳир-муҳаббетке бөлене бергейсең! 1984-жыл, 18-январь Марат НУРМУХАММЕДОВ 1986-жылдың 20-июнинде Марат Көптилеўович Нурмухаммедов Түркияға барған сапарында автомобиль катастрофасынан қайғылы қазаға ушырады. Семьясы, тамыр-таныслары, бирге ислескен дослары ҳәм жақынлары оны усы гилемде соңғы сапарға узатып салды. Таярлаған қызы Мариника БАБАНАЗАРОВА @kitap_al_qr 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Е С К И Г И Л Е М (Еске түсириў) Мен отырған кабинеттиң еденине түркменниң зер нағыс ғалы гилеми төселген. Ол ата-анамнан маған қалдырылған бирден-бир мүлк болып, мениң менен түйдей қурдас 54 жаста. Ол көп ўақыялардың да гүўасы. Анам менен кемпир апам усы ғалы ҳәм және бир кишигирим гилемди мен туўылған жылы әкемниң сатып алғанын айтысып отырар еди. Бул еки гилем де мениң ата-анам ушын оғада қәстерли, баҳалы мүлик болған. Биз әкемизден айырылған азалы күнлерде, 30-жыллардың аяғында, шым-шырқадай бес баланың тамағы ушын кишкентай гилемди сатып жиберген. Бирақ, қалған үлкен гилемди кемпир апам менен анам жетиспеўшиликтиң аўыр тәшўишлери бас-ларына түссе де сатпаған, себеби, ол биреўинин баласынан, биреўиниң күйеўинен, яғный менин әкемнен қалған естелик еди. Әкемди «көрген» бул гилем ол ҳаққында көп ўақыяларды еслеткенликтен мына жақты дүньяда, арамызда жүргендей сезим пайда етер еди. Семьямыз ушын ауыр болған урыстан алдын, қәҳәрли урыс жыллары, сондай-ақ, уллы женистен сон да оны биз итиятлылық пенен қәстерлеп сақладық... Ол бәрқулла бизин семьямыз бенен бирге болды, Төрткүлде, Чаржаўда, Ташкентте, Қызыл Ордада, Жиззақта, Тахтакөпирде, Хожелиде, Шоманайда, Нөкисте... Уйимиздин уйтқысындай болған бул ғалыны пароход ҳәм поездларда, арба ҳәм қайықларда, самолет ҳәм машынларда, ҳәттеки, ешекли яки арқамызда алып жүрдик... Уйимизде гилемди сандықтын үстине тап-туйнақтай тақластырып жыйнап қоятуғын едик, оған одеял жабылады, ең жоқарысына жатқанда, бәримизге жететуғын узын дастық қойылады. Гилемнин ҳәр бүкленген қатламына нафталин табылмайтуғын болғанлықтан жупар ийси аңқыған жуўсан салынатуғын еди. Гилемниң бүклемлеринде анам ҳәм кемпир апам әкемнен қалған базыбир затларды сатып, жыйнаған азынаўлақ пулларды сақлап жүрди. Урыс жыллары бир гезенде урының еки жүз манатымызды усы гилемниң бүклеминен урлап кеткени елеге дейин есимизде. Гилемниң бүклеминде анамның ҳәм кемпир апамның паспортлары, бизлердиң метрикаларымыз бенен нан алыўға рухсат қағазлар да сақланатуғын еди. Гилемниң бүклемлери езинше бир шкафқа да усайтуғын, оның жүдә исенимли болмаса да шкатулка ҳәм сейфке де мегзесли-ги бар еди. Бәрқулла жыйыўлы турган бул гилем ҳеш ўақта да еденге төселмейтуғын еди, дийўалға да қағылмады, ара-тура жәмийетлик ислерде ғана тутылды. Мен Нөкисте оқып жүрген пайытта анам, кемпир апам ҳәм қарындасларым Ленин атындағы колхозда ўақытша жасады. Колхоздың председатели Мырзамурат Абдуллаев Жоқарғы Советте сайлаўлар күни сайлаў участкасы өткерилген орынды айрықша безеў мақсетинде дийўалға илдирип қойыў ушын анамнан бир кунге ғана сорап алған. Урыс ҳәм урыстан соңғы жыллардың кәмбағал колхозлары! Олардың, ҳәтте, бир гилеми де болмаған. Сол дәўирлерде Хожелиниң, ал, 1944-жылдан баслап Шоманай районының М. Абдуллаев басқарған, «Ленин» колхозы республикадағы ылғаллы хожалықлардың бири еди... Кемпир апам ҳәм анам гилемимизди колхоз мәжилисинде қолланылғанын жақсылыққа жорып, қуўанысып жүрди... Гилем семьямыздағы ең баслы дүнья еди. Ол көп жыллар даўамында тек ғана үйимиздиң емес, ал, бизлердиң де руўхый дүньямыздың кәраматлы мойтумарындай бәрқулла қәлбимиздиң ардақлысы болды. Гилемниң шашақлы нағысын тышқан түтелеп кеткенин көрип анамның өкирип жылап жибергени еле ядымда. Изли-изинен үш қарындасым қайтыс болғанда анам усылай жылаған еди... 1964-жылы мен апамды усы гилемде мәнгилик сапарға атландырдым, 1973-жылы кемпир апамды... усы гилемде ҳаялымның иниси Эрикти... Жүк машынның кузовына төселген усы гилемниң үстине қайтыс болған туўысқанларымыздың табыты жайғастырылатуғын еди. Ески гилем көп жыллар даўамында бизиң үйдиң саўлаты болды. Дем алатуғын өжиремиздиң дийўалына тутылған оны биз тумардай қәстерледик.
Бүгин 9-ҳәсет (июл) шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың туўған күни. Шайыр арамызда болғанда 86 жасын қарсы алып атырған болар еди. Қалай да Қудай оларға екинши өмир берген. Теңелбай Сәрсенбаев (09. 07. 1940 - 29. 10. 2005) @Tengelbay_Sarsenbaev
Оныншы классты питирген жылы Халила Дәўлетназаров Оныншы классты питирген жылы, Соңғы имтиханды тапсырған күни, Өткенде қызлардың туңғыш дүркини, Балалықтың алтын жибин қырққанбыз. Ўақыт бизге: "енди буннан көш" деди, "Қалған сабағыңды өзиң шеш" деди, Класс балларының соңғы гештеги, Азырақ-азырақ шарап жутқанбыз. Сол нәўше қызлардың билеги аппақ, Тутсақ, сағат баўдай қолымыз шап-шақ, Тап бир болып қалған жандай ғоддаслап, Соңыра пушайманлық бағын қаққанбыз. Ҳәр жаңсақ қәдемге төлем төленер, Өкиниш-шар тас дур, жаның егелер, Гейбир жаңалықтан абзал гөнелер, Изге қарайлап көз майын сырққанбыз. Жалы-жылаўында қайғы ҳәм бахыт, Шоқлығын услатпас суў тулпар-ўақыт, Қос аяқлап сәдде берер уқшатып, Пүтин китапларды сонда жыртқанбыз. ...Қара көз, қәлем қас әрманлардың да, Соңғы дүркинлери жетип келгендей, Өмир дәптеринен жулынған жыллар– Аппақ ақ парақлар ушып кеткендей... Кеўлим уясының үмит қуслары, Гүз жақын дегендей безиге берер. Сол китаплар менен балалығым да, Жыртылып қалғандай сезиле берер. 15-июнь, 1990-жыл. @X_Dauletnazarov Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
🦊«Tulkishek”tiń jańa sanın kórdińiz be? 🥋🥊“Qanday sport?” 📝Scenariy avtorı Allayar Dármenov Kanalımızģa aģza bolıń: 🐥@Allayar_bala
🦊“Túlkishek” jáne sizler menen birge! 🧩“Chellendj” 📝Scenariy avtorı Allayar Dármenov Kanalımızģa aģza bolıń: 🐥@Allayar_bala
🦊«Túlkishek» telejurnalınıń jańa sanı: 🤔«Nege onday?» 📝Scenariy avtorı Allayar Dármenov Kanalımızģa aģza bolıń: 🐥@Allayar_bala
ӘСИР ҚАҲАРМАНЫ 2026-жыл 11-февраль. Пайтахттағы қыстаўлы медициналық жәрдем емлеўханасының жанландырыў бөлиминде шыпакер болып ислейтуғын қызым Зәрийпаның телеграмынан азан менен хат келди: АТА КЕТТИ! АЗАНДА СОҢҒЫ ДЕМИНЕ ДЕЙИН 100ГЕ ШЫҒЫЎ ӘРМАНЫНАН ҮМИТИН ҮЗБЕЙ КЕТТИ! ЕСИ БАРЫНДА «МУРАТБАЙДЫ ШАҚЫРЫҢ, АЙТАТУҒЫН ТАПСЫРМАЛАРЫМ БАР» ДЕГЕН ЕКЕН. ДОКТОРЛАР МАҒАН АЙТАҒОЙМАПТЫ... Қызым бул еки аўыз кеўилсиз хабарды бөлип-бөлип жазғанын көрип, Атаның айта алмай кеткен тапсырмаларын еслеп, қоллары дирилдеп турып жазғанын көз алдыма келтирдим... Муратбай НЫЗАНОВ, Қарақалпақстан халық жазыўшысы. 👉 Толық оқыў
Енди Кегейлиде газета баспаханасы бар Бул ҳаққында Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы Нәўбәҳәр Дәўенова жазды: «Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған грант таңлаўына қатнасып, 10 мың доллар қаржы есабынан районға газета басып шығаратуғын үскене алып келинди. Районлық «Кегейли турмысы» газетасы да мине 73 жылдан берли районның социаллық-экономикалық ҳәм сиясий турмысындағы өзгерислерин газета бетлери арқалы тарыйхқа мөрлеп келмекте. Усы жыллар даўамында газета көплеген шаңарақлардың қазанын қайнатқан үлкен жумыс орны болыў менен бир қатарда республикаға белгили журналист, жазыўшыларды қәлиплестире алды. Кегейлиниң тарыйхын китапқа жазған Жийенбай Моянов, Муратбай Нызановлар усы газетаның жанкүйери болды. …». Толық оқыў Биз каналымыз атынан баспасөз пидайыларын, мийнеткеш кегейлишилерди ҳәм пүткил зыялы халқымызды бул жаңалық пенен шын жүректен қутлықлаймыз. 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Бәҳәр келди 📝Толыбай Қабулов 🎼Шарапатдин Пахратдинов 🎤Базаргүл Кәримова Бәҳәр келди! Нәўбәҳәр келди, Нурлы қуяш жибитти жерди, Қысқы тоқсан нәўбетти енди, Нәўбәҳәрдей пасылға берди. Әтшөк қуслар шақырғанында, Сен, бәҳәрди сағынбадың ба? Бәҳәр сени сағынып келди, Гүлден ҳәйкел тағынып келди. Наз уйқыдан турып тәбият, Қуслар көкти әйледи пәрият, Үйрек ғазлар келген көклерге, Нәўпир суўын тастырды дәрья, Жерлер липас жамылғанында, Сен бәҳәрди сағынбадың ба? Бәҳәр сени сағынып келди, Ол ышқына табынып келди. Қызлар тағып алтын сырғасын, Ат көтермес назын, жылўасын, Нәўбаҳәрге көрсетиў ушын, Ертип шықты қурбы-қурдасын, Олар моншақ тағынғанында, Сен, бәҳәрди сағынбадың ба? Бәҳәр сени сағынып келди, Гүлден липас жамылып келди. Бәҳәр келди бийғәрез елге, Қуўат берди, күш берди белге, Әбиҳаят суўы сылдырап, Жан берди ҳәм сән берди жерге, Той дабылы кағылғанында, Сен, бәҳәрди сағынбадың ба? Бәҳәр сени сағынып келди, Ашық болып аҳ урып келди. Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
https://telegra.ph/MEN-BҮGIN-ҲESH-ҚANDAJ-SHAJYR-EMESPEN-yamasa-basқalarғa-ҳesh-usamajtuғyn-adam-menen-sәўbet-02-26 “Еркин Қарақалпақстан” газетасының 2026-жылғы 23-санынан алынды. 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
“ИБРАТ” көрсетиўи Саз зергери Қурбанбай Заретдинов 75 жаста @qrtrkmm_telekanali 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
ҚУРБАНБАЙ ЗАРЕТДИНОВ 75 ЖАСТА! Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 25-февраль күни саат 15:00де Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем-өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор дирижёр-хормейстер профессор Қурбанбай Заретдиновтың 75 жасқа толған юбилей кешесине мирәт етеди. Театрдың мәлимлеме хызмети. 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
25-февраль қарақалпақ миллий тағамы "жүўери гүртик" күни мүнәсебети менен “Жаслар ТВ” телеканалы тәрепинен таярланған телесюжетти нәзериңизге усынамыз. Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
#Қутлықлаў #Маэстро Бүгин, 25-февраль Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, устаз композитор, театрдың бас дирижёры Қурбанбай Заретдиновтың туўылған күни. Бүгин ол өзиниң 75 жасын қарсы алмақта. «@Merwert_uz» каналы жәмәәти маэстроны бүгинги туўылған күни менен қутлықлап, терең денсаўлық, узақ өмир, шаңарағында аманшылық, дөретиўшилигинде табыслар тилеймиз. Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
🎉25 - февраль — ЖҮЎЕРИ ГҮРТИК КҮНИ ✍️Базарбай Серекеев; 🖼“Тойға таярлық”; 1987-жыл. @museumsavitsky Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
25-февраль қарақалпақ миллий тағамы "жүўери гүртик" күни! Байрамымыз қутлы болсын, Ўатанласлар! Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Мәтен Сейтниязов Қорқаман бүгинги гей жаслардың, Орынсыз отырыспа, кешесинен. Айтылған мәниси жоқ көп тостлардың... Ишип болып сындырған шийшесинен... Қорқаман ғыйқылдаған, быйқылдаған, Қулақты тесетуғын “шуў” сесинен. Қол-аяғы порқандай қайқаңлаған, Ойынынан — айырылғандай киси есинен. Қорқаман бир-бирине күш көрсетип, Көз алартып гүжирейткен желкесинен. Ақыл айтқан адамды ермек етип, Ерси қылық шығарған еркесинен. Қорқаман “люблю” деп ержеткенине, Өзи болған өзмәмбет пешесинен. Қорқаман “ақыллы” боп кеткенине, Өзиниң әке менен шешесинен. 1979-жыл. Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Мәтен СЕЙИТНИЯЗОВтың өмири ҳәм мийнет жолы: 1934-жылы 22-ҳүтте (феврал) Қанлыкөл районында туўылған. 1951-1955-жыллары Қарақалпақ Мәмлекетлик Педагогикалық институтының Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетин тамамлап; 1955-1956-жыллары Жазыўшылар Аўқамында, 1956-1959-жыллары «Әмиўдәря» журналында, 1959-1960-жыллары Қарақалпақ Мәмлекетлик баспасында, 1960-1962-жыллары «Әмиўдәря» журналында поэзия бөлимин басқарса, 1962-1965-жыллары «Әмиўдәря» журналының бас редакторы, 1965-1971-жыллары Жазыўшылар Аўқамында жуўаплы хаткер, 1974-1980-жыллары Қарақалпақстан телевидениеси хәм радиоеситтириў комитетинде редактор, бас редактор, Соңғы жыллары «Әмиўдәря» журналының бас редакторы орынбасары болып иследи. ПОЭЗИЯЛЫҚ ТОПЛАМЛАРЫ ҲӘМ ПУБЛИЦИСТИКАСЫ: 1955-жыл «Кәрим матрос», 1957-жыл «Жумбақлар», 1959-жыл «Нәпсиқаў пышық ҳәм басқалар», 1961-жыл «Толқытқан ойлар», 1966-жыл «Қызғыным мениң», 1971-жыл «Бәрҳәмә жолдаман», 1975-жыл «Айтылар сөз», 1978-жыл «Ел қәдири», 1981-жыл «Кеўил тилласы», 1987-жыл «Бир гәпим бар», топламлары 1991-жыл «Жети журтқа саяхат» публицистикалық дүркинлер сыяқлы китаплары баспа жүзинен жарық көрди. 1957-жылы Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамы ағзасы болды. ОРЫС ТИЛИНДЕГИ ТОПЛАМЛАРЫ: 1973-жылы "Поэзия Каракалпакский литературы" дүркининде орыс тилинде Л. С. Северцев аўдармасында туңғыш топламы жарық көрген. 1979-жылы "Не быть камнем" китабы Анатолий Землянский аўдармасында баспадан шыққан. АЎДАРМАЛАРЫ: А. С. Пушкин, Ш. Руставели, С. Есенин, М. Горький, М. Рыльский Л. Бать Олег Шестинский сыяқлы бир қанша дөретиўшилердиң шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарды. АТАҚ ҲӘМ СЫЙЛЫҚЛАРЫ 1957-жылы 28-ҳамалда (март), 1973-жылы 5-дәлиўде (январ), 1984-жылы 20-сәўирде (апрел) Қарақалпақстан АССР Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған. 1969-жылы 7-ҳамалда (март)ҳәм 1972-жылы 11-ҳүтте (феврал) Өзбекстан ССР Жоқарғы Президиумының Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған. 1970-жылы 7-сәўирде (апрел) СССР Жоғарғы Кеңеси Президиумының Жарлығы менен «В. В. Ленинниң 100 жыллығына орай ылайықлы мийнети ушын» юбилей медалы менен марапатланған. 1991-жылы 1989-1991-жыллардағы мийнетлери ушын Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлық лауреаты болды. Канал: @Maten_Seyitniyazov @Maten_Seyitniyazov_topari
МӘТЕН СЕЙИТНИЯЗОВ ( 22. 02. 1934 – 02. 12. 2006 ) Мәтен Сейитниязов каналы: @Maten_Seyitniyazov