- Последний пост
- 11 авг.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 0
- Всего постов
- 21
- Тип
- открытый
- Язык
- белорусский
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 445
- 1/48двое суток
- 509
- 1/72трое суток
- 550
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
без подписи
без подписи
Ең болмаса мешитке апарып тасла найсап. Перзентли болмаған я жағдайы келмеген алар еди. Бесик кийели дүнья. Әййемги заманларда елди суў басқанда урпағым аман қалсын деп аналар бесикке болеп ығызған екен... Мен бесикпен ,мен Анаман! Мен бесикпен,мен атаман! Бесикти нәрестеден айырмаң! Нәрестени бесиктен айырмаң! Бесик-атаң, Бесик-анаң!
Муңлы бесик наласы. (Шығындыға шығарып тасланған муңлы бесик наласын хатқа тусирдим) Мен шығындыға шыққан бесикпен. Үш күн болды шығындылардың бәд ийиси,шыбынлардың тодасы астында ыссыға шытнап,бесик жаным қыйналып жатырман... Мен қәсийетли ақ бесик едим,енди ким болдым билмеймен?! Ийемниң анасы қызы биринши уллы болғанда,жүреги жарылып, бесик әкелгенде қызына қәсийетли ,кийели бесик хаккында бир аўыз айтпапды да...сонысы батады ,себеби ата-бабам не қыян кести дәўирде де әуладтан-әуладқа жеткерген бесиктиң орны енди ЖОҚ болса !!! Ертеде ата-бабам ,,анаң да бесик,атаңда бесик" деп уйреткен. Басымды қублаға қаратып әлпешлеген әжелер қайда кеттиңиз,аяқты тийгизиўге болмайды деп үйреткен хасыл аналар кайлардасыз?! Бесикке ,яғный маған бөленип, ,,берекет тапқыр ийемниң" бир улы,бир қызы үлкейди. Мени шығарып таслаў ойы ийеме келгенине көп уақыт болды . Жақында үйин евроремонт қылғалы мен хешжаққа сыймай қалдым. Кешеги хәпте де үйине қыдырып келген қурдасына; -Үйди кеўлимдегидей қылып ремонтлап алдым..Бурын шифонердиң басына қоятуғын едим,енди мына ремонтыма жараспай тур,шығарып тасламасам ,-демеси барма? Соннан жаным суў ете қалды. -Енди туумайсаңба?-деп сораў қойды,-достысы. -Бир қыз ,бир баланы ,,заказной"туўдық,болады. Соларды бақсақта болар,енди перзенттиң кереги жоқ,-деди ийем. Буларды еситип,бесик болып жаратылған ўақтым ядыма түсти. Бесик усталары аса байыпта кетпейди,жарлы да болмайды.Жолы дүзиў,обалды-саўапты билетуғын ,сабырлы-диянатлы адамлар ғана бесик устасы болады. Мениң негизим ақ талдан,ямаса тут ағашынан болады. Жас талдан исленгеннен кейин қарақалпақ бесиклери жеңил ҳәм жорға келеди. Жорға болыўының мәниси бир миллиметрине шекем мән берип,еки жағын теңдей етип қашайды. Ақ талды жуқа етип кесип алып, қайнаған суўға салып қояды.Бир ҳәпте қәлипке салып,шегелеп ийип алады. Соннан ийик ағашты кеўдирип бесик қәлпине келтиреди.Бесик онлаған кунде таяр болады. Оннан кейин бесиктиң ийеси сатыўға шығарады. Адам өмирге келгенде бесикке салынады,кетерде де ағаш атқа салынғаны ушын ,бесикти саўдаласпайды.Буның мәниси еки ара узақ болсын дегени. Бурын бесик усталары тек бесикти соғып қоятығын еди,хәзир базардың сораўына ,халықтың итияжын қандырыў мақсетинде уста өзи бесиктиң кәле-кулесин өзи тигеди. Бесиктиң қаўызы тарының қабығы,яғный қаўықтан исленеди. Қаўыздың абзаллығы жуўыуға колайлылығы,қаўықтың емлик қәсийетиниң барлығында. Еки тартқы баў тигиледи,бири аяқ жағына,бири көкирек жағына.Көкирек жағы анық бир қарыс узынлаў болады.Тартқы баўда да көп хикмет бар.Қалған өмири қуралып кетсин деп қурақлап тигиледи. Басына дастықты да қурақтан ислеген. Жабыўларын қысқы-жазғы мәўсимлерге арнаған.Қуяш бетине түспесин деп ,қараңғылап уйықлатқан. Менде жатқан бала шоршымайды,аяқ-қолы дуп-дузиў болып жатады,арқасы аязламайды. Тыныш,балбырап уйықлайды. Уҳ,несин айтайын?! Ҳәзирги заманда мийрим шапаат жоқ дейди. Бул неликтен деп ойлайсыз? Тай қулындай тебискен туўысқанлар бир бесикке бөленсе,бириниң арқасы тийген бесикке,бириниң арқасы тийсе бир-бирине баўырман,мийирман болады. Келинлер жарыспақ заман ай! Ким озар, қәде-қәумети көп заман ай! Дәстүри пилге аўыр халқым ай! Биринши рет қәдирли болып,улын салған уакытта ,,атасына шап,әжесине шап"деп қәдеге жарақлаған пулларды алған кейўанылар айтпадыма екен? Бесикти далаға таслағаның-путкил келешегиңди аяқ асты еткениң деп?! Хәзир бириниң бесигине бири жатпайды,бир аналар бесик зыян деп улыўма бесикке салмайды. Бурынғы уакытта ата-бабаларымыз бир урыққа бир бесик болады деп тәрбиялаған. Бир атаның төрт перзенти болса,бәри алма-гезек сол бесикке боленген. Хәзир жарыспақ. Бир келинниң баласы бир-бирине жатпайды. Бирин-бири кореалмаушылық,тууысканлардың мийримсизлиги бир бесикке туспегеннен болып отыр. Дәртимди кимге айтайын. Өзим дийуанаман Кимге пир болайын. Қақсап шығынды да жатқаныма нешше кун болды.Обалды дейтуғын адам табылмағанына хайранлар қалып турыппан.
Мен қалай жазатуғын болдым? Жазыў ушын көп оқыў азлық етеди.Әўелден санаға сиңдирилип,сөз маржанын орынлы қолланып билиў керек. Дилуарлық,жуўабый ,илме жуўаплық қарақалпақ қызларының қанында бар. Шешелеримиз ханды еки рет жумсаған халықтың қызларымыз. ,Сөз айтпайды,айтса да нақылсыз айтпайды"деген бизиң ата-бабамыз. Айтайын дегеним нақыл-мақал өмиримизге кирип кеткен,накыл-мақалды түсинип,орынлы жерине қойып сөйлеўдиң өзи де дилуарлық болып саналады. Мен усындай дилўар орталықта дуньяға келдим. Кемпир апам Ибрайым болыс қызы Жаңыл диний саўатлы ,аса дуўпыяз,бекзада,гөззал хаял болған. Кемпир апамның бизиң уйдиң балларының тәрбиясында тәсири көп болған. Шыраның жақтысында үйимизде әкем даўыслап,дәстан китаплар оқыр еди,инилерим Алпамыс болыўға қызларымыз Гулбаршын болыўға умтылар едик... Ертеклер дуньясына шүмип кирип кетер едик.Хәр кандай ертек жақсылық пенен таусылады,жас кәлбимиз ертеклерге кирип кетип,әрманларымыз бугин орынланатуғындай исенер едик. Хәзир ертекке хешким исенбейди.Жас бала да ,,Ертегиңди қой!" дейди. Оннан қалаберди қарақалпақ тили хәм әдебияты пәни муғаллимлеримиз жүдә күшли ,билимли еди.Сол оқыушы дәўиримизде жазған баян,шығармаларымызды еслесем...хәзирги әдебият пәни муғаллимлерине өкпемди жасыра алмайман. Эпиграф,цитаталарды орынлы қолланып,режени дурыс дүзип, ,,қатырып" жуумақлап ,әжайып дөретпе дөретер едик. Мәнерлеп оқыу деген болатуғын еди.Хәзир жоктың қасы.Муғаллимимиз қосық ядлата береди,ядлата береди,неге десең ядты раўажландырады,келешекте ядый дуньяң ағылып,булақтай қуйылады екен. Тил бойынша да кеўлим толмайтуғын ,шешимин табыў керек машқалалар бар. Сөзди саплаў ,таллаў,сөзди ,,пуштарлаў" деген бар. Грамматикалық таллаў,стилистикалық,фонетикалық,морфологиялық хтб.таллаулар бар. Хәзирги оқыушы грамматика менен морфологияны ажыратқанына қуўанып жүрмиз. Бала тәбиятын китапқа жақын етип өсириў керек деймиз ,бирақ мына интернет хукимранлық еткен әлемде ,китапты ысырып таслап атыр. Сонда да хәрекет ,хәрекет туби берекет қәбиле де ис тута бериўимиз керек. Балларды өзлерин ертип китап дуканларға апарыў керек. Иллюстрациялы ,сапасы жоқары китапларды сатып әпериу мақсетке муўапық. Сондай бир дәуирдиң балларының балларын окытып атырмыз,көпшилик ата-аналардың өзлери китап оқымайды ,ямаса уақты жоқ. Китапты оқыў,көп оқыў,сайлап оқыў дәрежесине жетиўде адамды жазыўға ийтермелейди. Солай етип,мен қалай жазып басладым дегенге айтарым. Көрген-еситкенлерим+әдебиятқа жақынлығым+өткен өмирге жуумақ мени жазыўға ийтермеледи. Әўели поэзия жанрын көрип едим,устазым Алпысбай аға Султанов ,,Ибрайым бола алмасаң,Даулетова болмасаң қосықтан бахтыңды сынама.Сен де өмирлик багаж толы.Новелла жанры сен ушын жақын.Прозаны көр"деген кенесин тыңладым. Әдепки жазған қосықларым бар екен. Тырналар. Тырналар хәй тырналар Канатларын талмагай Манзил алыс,жер шалгай Катарынан калмагай. Тырналар хәй тырналар Дизилисип кыйкыулар Неден сетем алдыныз Ыссы жакка сап тартар Келмекте бол тырналар Кормесек жан қыйналар Елшиси боп бахардин Келсен жаным нәр алар Келмекте бол тырналар. 2020 жыл Март "Байшешегим байшешек" Байшешегим бахарде Ашылады сахарде Елши болган бахарге Мисли таза келиншек Байшешегим байшешек! Байшешегим кулпырып Кыр атирапты толтырып Кыс уйкыдан оянган Тауыс кустай доланган Байшешегим байшешек! Жарып шыккан тонларды Мисли келин коз жарды Сагындырган бахарди Сап-сары гул гулмисен Гул ишинде дурмисен Байшешегим байшешек! Шешек -шешек ашканда Атынды койган байшешек Кар еримей атырып Карды жарган мол шешек Байшешегим коп шешек Байшешегим байшешек! 2020 жыл Февраль
без подписи
Нөкис қалалық 22-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар улыўма орта билим бериў мектеби 🔊 Төменде көрсетилген тараўлар бойынша 10-11 қәнигелестирилген классларға қабыллаўға конкурс өткериўди дағазалайды. 📚 -математика -физика 📆 Конкурс 2026-жыл август айында өткериледи ⌛️Қәнигелестирилген 10-11-класс оқыўшылары ушын ҳүжжетлер 10.08.2026-ден 20.08.2026 ге шекем онлайн ҳәм дәстурий тәризде қабылланады. ☎️ Қосымша мағлыўматлар ушын телеграм арқалы директор орынбасарларына хабарласың: -А.Кадиров 91 393 71 07 -Б.Оразбаев 90 595 88 44 -Г. Махамбетова +998 94 959-42-52 💥 Биз сизди күтемиз!!! 🏫 Бизиң мәнзил: Нөкис қаласы 25-киши район,Сәрўи тал көшеси номерсиз жай. Бағдар: Кардиологиялық орай.
без подписи
Общеобразовательная средняя школа с углубленным изучением ряда предметов №22 г. Нукус 🔊 Объявляет конкурс о приеме учащихся в 10-11 специализированные классы по направлениям : 📚 - математика; - физика. 📆 Конкурс будет проводиться ⏳В специализированные 10-11 классы документы учащихся будут приниматься с 10.08.2026 по 20.08.2026 года в онлайн форме. ☎️ Для дополнительной информации обращаться через телеграм заместителям директора: - А. Кадиров - +998 91 393-71-07, - Б. Оразбаев - +998 90 595-88-44 - Г. Махамбетова +998 94 959-42-52 💥 Мы ждем вас!! 🏫 Наш адрес: город Нукус, 25 м/р, улица Саруи тал б/н. Ориентир: Кардиологический центр
Мектеп аханасынан унемленген тийинлер... Азанда шыпырласып оянамыз.Сегизбиз.Үлкени мен.Атам,апам таң намаздан кейин уйықламайды.Анам олардан кейин оянса,,байбу,қурып қалыппан,мени не ғәплет басты"дейтуғыннан.Төрт мәўсимниң әжайып күнлери ,бахытлы балалығым атам-апам, әкем-анам,баўырларым ортасында өткен. Азанда тойымлы шайхалқастан кейин әкемниң қолына қараймыз. Кимимизге он,он бес,кимимизге жигирма тийин береди.Қуўанысып папкимиздиң түсип қалмайтуғын жерине салып,оқыўға атланамыз. Мектеп асханасы.Әжайып.Ийиси,мазасы еле аўзымда.Коржик бес тийин,компот бес тийин.Гуришли ,картошкалы пирожкилер бес тийин.Вафли он тийин,охо о замандағы вафлилар оғыры мазалы және алақандай келеди,пышыр-пышыр ететуғынын айт. Ҳәр күни оқыў алты-жети саат.Рус тилин тереңлестирип оқыймыз.Ең кейинги сабақта ишимиз тартылып кетеди.Сол уақытта да әкем берген жигирма (басқаларға он тийин берсе де,маған 20)тийин папкимниң төринде тура береди,себеби ол тийинлер ...еле оқыўшы болсам да нәпсимди тыйып,нийетлеп жыйнап атырған бар байлығым . Совхоз орайында китап дүканы жоқ,бирақ кишкене ғана киоск бар.Мени апай жақсы таныйды. -Ҳе ,Жокениң қызы,келдиңбе? Әкең тийин бердиме,пул бердиме,- дейди. Мен шақырлатып прилавканың үстине тийинларды төгемен. Киосканың полкаларында саўлат төгип турған ,,Мыңлардың бири","Ески мектепте","Жетимниң жүреги" қусаған китапларды он,жигирма, отыз,қырық тийинға сатып алып,тор сеткаға салып арқалап қайта беремен. Анам китап оқығанымды жақсы көре бермейди,өзимде жөнсизбен.Сабақ таярлайман деп,әдебий китап оқыйман,бир китапты қолыма усласам анам айтқандай ,,қудайымды умытып кетемен" ,,Басыма шырақ жағасаңба?" ,,Хә китабың менен қосып" ,,Китабыңды отқа ылақтыр дейди",бундай сөзлерге етим үйренип кеткен.Қолым жырылса болды,әдебий китап оқый беремен. Еле оқыўшы уақтымда жүзлеген жеке китапларым бар еди. Әўели қолыма китап түссе оқый беретуғын едим,кейин сайлап-шүйиншип ,кейин таллап оқыйтуғын болдым. Бугинги күни-ше? Балларымыз китаптан үзилди,китап оқыўға шыдам-сабыры жетпейди.Ўақты жоқ.Бәрин интернет орнын басты,китапты өмирден қысып шығармақта.Жазыўшы ким ушын жазады?Оқыўшысы жоқ жазыўшы ,турғыны жоқ Детройтқа уқсайды.Шаң басқан,күн жеген,бети ашылмаған ,насбай оралған теңи тайы жоқ дурдана китаплар! Китап болған да қандай! Жоқары сорт қағаз,муқабасы қалың,түплеп тигилген китаплар! Оқылмаған,шаң басқан,қорланған китаплар!Тили болса гүңиренип әлемди титиретер еди! Китапсыз келешек жоқ!!! дейтуғын еди .Китап оқымаған балалардан,келешектен қорқаман. Әзийз адамлар! Балаларды китапқа қызықтырайық.Приз,саўға,пул тиксекте балларды китапқа қайтарайық! Мектептеги көп жыллық тәжирейбемнен келип шығып айтаман,еки мың баласы бар мектептен көби менен жуз оқыўшы китап оқыйды,ертең жәмийетти,мәмлекетти басқаратуғын сол жүз бала болыўы әбден мүмкин. Китаплар жансыз,солғын,қапа,шала өлик халында бизлерди күтпекте!!!...
ИЗЛЕЎ Гүрриң Жигитлик ҳәcери мурынға урған жигит әкесине сораў берди: -Сизлер анамыз екеўиңизде мухаббат болдыңызба?Анамның қайсы пәзийлети сизге қатты унады ямаса әке-шешеңиз мына қызды ал дегенге ала қойдыңызба? Әкеси баласына анықлап қарады.Кеше туўылған баллар еди.Япырмай,қартаяйын дедикпе?Изиңдегини көрип қартаярсаң деген. Бала дей беремиз?Әйне жигирма еки жаста бала болама екен?Қырған мурты тикендей шаншылып турған баласын жаңа көрип турғандай. Бурын мән бермейди екенмен аў,буны сүт қуртқан деп еле бала көреди екенбиз аў? деген ойын баласы бузды. -Аға апама үйленгенде неше жас едиңиз? -Ҳә ,не дейсең? Аўўа! Анаң он сегиз жасар еди,мен жигирма бесте едим.Үйленгиң келип жүрген қусайсаң аў балам. Анаңдай қыз табаларма екенсең? -Табылар аға. -Әй билмедим аў.Қызға ашық болмастан бурын ,,бул қыздың несине ашық боламан " деп өзиңнен-өзиң сора. Биринши көзине қара,төмен қараса уятының,ийбе-әдебиниң болғаны,саған бийпарық емес дегени,тик қараса сеннен бийғәрез ,сезимсиз және бийтәрбия дегени. Екинши бурымына қара! -Бурым деген не?,- баласы ырасы менен сорады . -Бурым деген қыздың шашы.Бизлердиң ўақтымызда қызлар еки бурым,бир бурым етип өрип қоятуғын еди.Қолыңа бурымын услап,сыйпаласаң,ол тартып алмаса саған кеўли бар дегени. Әкеси қайтадан жигирма бес жасар жигит қәддине келгендей болды.Алыстағы жаслығына бир ләҳзе қайтқандай болды.Қолында қыздың бурымы,қушырлана ийискеди.Қыз уяттан қызара түсти,әсте бурымын тартып алды... Жигит әкеси айтқан көзлерди изледи,таба алмады.Тесирейискен көзлер...Тик қараған қызлардың нәзери жигитти шоршындырды. Шонтыйысқан,жайған шашлардың арасынан бурым изледи... Оралхан Сапарова
без подписи
"Янги Ўзбекистон" газетаси 2026 йил 11-июль №140 (1739) сони "Аёлга бахт беринг - саодат беринг" Халқ депутатлари Нукус шаҳар Кенгаши депутати Оралхан Сапарова ✔️ Нукус шаҳридаги энг муҳим қарорлар, учрашувлар ва янгиликлар - шу ерда👇 ✈️Telegram ✅Facebook 🌐 Instagram 📹 YouTube
KÚN JAŃALIǴI Ǵarezsizlik aldınan: Mektepke qosımsha zamanagóy imarat boy tiklemekte. Sociallıq tarmaqlar arqalı bizdi baqlap barıń: 👇👇 Telegram I Instagram I Youtube I Facebook I QTRK ONLINE
"БАҚЫТ деген немене бұл, немене екен, немене, Мен шықпаған заңғар шың ба, мен мінбеген кеме ме?" Бәлкім Бақыт байлық па екен сараңдықтан бас алған, Жомарттығы өзгелердің ырысынан жасалған. Талайларға байлық жинау болса дағы бас арман, Кейде Бақыт байларға да қолын бермей қасарған. Әлде Бақыт сұлулық па, олай дейін десем мен, Сұлулар жүр бай аяққа кілем болып төселген. Әлде Бақыт билік пе екен қылыш мүдде ұстаған, Тіпті қайсар қырандары рұқсатсыз ұшпаған, Жағымпазы сырт көздерді шошындырып сұрқымен, Бастығының көн етігін шөткелеген мұртымен. Шын парасат иелері бірақ оған бармаған, Олар өзін жаудан бұрын жағымпаздан қорғаған. Иә, биліктің қадамы тоқ, қамалы жоқ алмаған, Кей қасқалар биліктен де бақыт таппай сорлаған. "Бақыт деген немене бұл, немене екен, немене, Көрсет маған, құшақтайын, көтерейін төбеме" Деп едім мен, дәл сол сәтте ойы, бойы сымбатты Әбден қажып шашы ағарған ШЫНДЫҚ келіп тіл қатты: – Бақыт дәйім санасы мен ұғымында әркімнің Қанша ғасыр осыны елге ұқтыра алмай сарқылдым. Қане менің соңымнан ер... Мынау үйге қарашы: Нақ осы үйде жүріп жатыр Бақыт пен Сор таласы. Үй иесі – жас жұбайлар тілек, ойы қосталған, Билік, байлық қатар қонып, иықтымен дос болған. Бірін-бірі сүйгенімен көңілдері тобасыз, Тобасыздың есігінен кірген ырыс бағасыз. Келген әрбір жақсылыққа игіліктің басы деп Шын жүректен қуана алмау — ең қауіпті қасірет! Солай, солай... Енді, ақыным, мұнда бұрыл деп мені Шындық тағы ертіп барды жұпыны үйге шеткері: – Терезеден қара,— деді, жақын тұрып қарадым, Төрде отырған қос жұбайға түсті кенет жанарым. Бөлме іші тым қарапайым, ортада ақ дастарқан, Дастарқанда тек қара нан, қос түйір қант тасталған... Күйеуі айтты: "Жалақы алдым, ертең базар баралық, Саған, жаным, ерекше әсем көйлек іздеп табалық!" – Көйлегім бар,– деді әйелі (қабағына мұң қонды),– Бір бешпетпен жүрсің өзің, міне, қанша жыл болды... Екеуі де менен бұрын оған шаттық қонса деп, Алдыменен ол қуансын, оның көңілі толса деп, Бір-біріне сый ұсынып, бірін-бірі жақтады, Бірін-бірі ардақ тұта ортақ ойға тоқтады. Көрші аулада баласы өлген жалғыз кемпір бар екен, Шетсіз, шексіз кең дүние ол сорлыға тар екен. Бұлар қатар шуақ төге ізетті іске өрісті Сол кемпірге қыстық киім әперуге келісті. "Бақыт деген немене бұл, немене екен, немене, Мен шықпаған заңғар шың ба, мен мінбеген кеме ме?" Деп қиялдап әр биіктен көрсетіппіз бекер бой, Қымбаттым-ау, сөйтсек бақыт қанағатта екен ғой. Егер бүгін аласарса мекеніңнің шоқтығы, Оған себеп – қанағатсыз адамдардың көптігі... О, тәңірім, Қанағатпен басар болса аптығын, Мүмкіндік бер қадірлеуге жауымның да шаттығын! // Мұхтар Шаханұлы - Бақыт геометриясы
Сайыл хәм адам еди Новелла Тәғдирдиң тақазасы менен тап сол қубла районда Байнияз бенен ушырасып қалды. -Қурбанбай сенбе жора? -Байнияз сен не қылып журсең? Дослар ушырасып апақ-шапақ болып атыр. ,,Қурбанбай,,баланы билеме екен?"десе; ,,Байнияз ,,балам қандай болды екен?"деп ой толғаныс тынышлық бермей атыр. -Бала-шағаң аманба?Балалар нешеу болды?Қурбанбай шыдамады. -Мени хәм мениң бала-шағамды аузыңа алыушы болма!Мени көрмеген,еситпеген боласаң.Ал,хош бол,Байнияз!Бизди умыт,излеме,аузыңа да алма! * *. * Дийуана,гезенде ,сайыл Батя далаға шығып ,терең демин алды.,,Мениң балам!Мениң жас жигит уақтым!" Ыссылық орайдың ыссы трубасына арқасын берип,жылынды.Денесине азда болса,жыллылық барып маужырады.Өткен өмири жағымлы да,жағымсыз да елес болып көз алдынан картинадай өте баслады. Көптен бери ойланыў деген сезим жоқ еди,хайуаннан парқы жоқ,арақтан басқа нәрсе көзине көринбес,бир ишсе тойып,соннан турмаса да қайыл еди. Байнияз сотланғанынан кейин еки-үш жылдың ояқ-буяғында қутылып елге келди.Келе сала излегени Гулзада болды. Қурбанбай менен шаңарақ қурғанын,студент уақта балалы болғанын,кейин қубла районларда муғаллим екенин еситип ,бир қуўанды,бир қызғанды. Соннан оқыған оқыу жоқ,Россияға ,,Камаз"машын менен гүриш,қаўын,пыяз тийеп,саудаға шықты да кетти.Бирде банкрот,бирде пайда дегендей,сауданың татын жалап,тәуирақ уйренди.Оренбург,Астрахан,Пемза,Казан,Тула,Владимир буннан қалған жоқ,айналып Тамбов,Воронеж,Волгоградлардан бул жаққа не өтимли ,бәрин ,,Камазға"тийеп, сауданың әдисин тапты.Нөкистиң Россия базарын толтырды.Сол журисте Нөкистиң ағаш базарының қудайы Айкоға тап болды. Пул десе,жанын беретуғын Айко шайтанның өзи еди.Екеулеп жыйнады,жыйнады,дем алыс жоқ,рахат жоқ,бугин келсе ертең кетип баратыр.Енди машынды қойып,поезд бенен әкелиўди уйренди.Контейнер-контейнер,эшелонға айналды... Қулласы пул көп,бахыт жоқ еди.Уйиңе бир ағайын,бир жораң келе алмайды,қазан қайнамайды,нан жауылмайды,кир жууылмайды.Пулды қалталап тауды.Пул, байлық ,бахыт емес екен. Изиңде қалар перзент жоқ.Сонда бул пул дегенди,доллар менен евроны ким ушын жыйнайман.Еркекке күш бермейтуғын,өзиниң ағайынынан басқаны бул қараң қалғыр паянсыз сарайға киргизбейтуғын мына шайтан менен жасайманба? Пулдан жеркенемен! Сайыл басын алып уйден шығып кетти. Рахат! Еркинлик! Бул жерде сени түсинетуғын адамлар бар. Сол подвалы дуньяға толған уйден ,мына ыссы труба артық.Дем қысылмайды.Тапсам ишемен,таппасам қаңғыйман.Ишсем хәз етип,бул дүньяның тәшўишин умытып,қайтып турмасам деймен.Ол енди арқайын еди, себеби ол хәмме жүктен биротала қутылған еди...
Қәлбимизде балалық травманың жоқлығы ,ата-анамның перзентлериниң емин-еркин раўажланыўына себепши болды.Сол уақытлары бизлер тийкарынан газета-журнал,китап оқыу арқалы раўажландық . Ата-анам атызда рабочий болғаны менен, китап,газета-журнал оқыўға қызығатуғын еди. Бизлерди оқысын деп орайлық ,,Огонек",,,Труд",,АиФ","Крестьянка",,,Работница"Өзбекстанның ,,Муштум",,,Саодат","Шарқ юлдузи"Қазақстанның ,,Жулдыз", ,,Мадениет және турмыс" ,өзимиздиң Әмиўдәрья "буннан басқа да онлаған газета-журналларға жазылып,бизлер бос уақытымыз болғандай болса,дастанып усы газеталарды оқыр едик. Почташы келсе,уйге қәдирдан адамымыз келгендей қуўанамыз.Ешекке еки жағына артып, бир арқа газета журналларды адамлардың уйине тарқатады.Тусликке таяп уйге келеди, арасында чай ишип,ауысық газета журналларды да ,,сизлер оқыйсыз"деп бизлерге таслап кетеди.Ал,оқы басланады соннан, арасында анамыздан ,,шырақ жағасызба басыма"деп қолымыздан жулып алып,"барың жумысларыңызға "деп бақырыста еситемиз. Сол уакытлары аңлағанымыз,жақсы көретинимиз футбол,хоккей,гимнастика,фигурное катание сплртлары еди,хәттеки олардың сууретлерин газета-журналлардан қыйып алып,темир кроватьларымыздың тусына илип қоятуғын едик. "Пахтакор"командасы аўқам ўақтында ең кушли команда болып,ол 1956-жылы дузилген,оның СССР жоқары лигасына қатнасқан Өзбекстан клубы екенин,16 мәрте Өзбекстан чемпионатында қатнасқанын ,14 мәрте СССР кубогин жеңип алғанын қыз бала болсақта аңлаймых,утылса ,эх Пахтокор!" деп жүретуғын едик. Ол ўақытлары хәзиргидей имканият,қызықлар жоқ,бирақ елимизде болып атырған чемпионат,турнирлерди телевизордан қунығып көремиз. ,, Пахтакор"дың бириншилерден ойнаған Тажетдинов,Боркин,Канунников,Виткалов деген футболистлерди еситип өстик. ,, Пахтакор "командасы жыл сайын өсип отырды. 1979-жылы самолёт апатынан кеткенде,путкил планета қайғырды.Сол уакытта апаттан кеткен Михаил Ан,Куликов,Чуркин,Ишбутаев,Федоров деген футболистлер кетти.(көбин умыттым)Өзбекстан халқы елеге шекем бул исмлерди умытпайды Бул ўақыя Өзбекстан футбол тарийхында аўыр жоғалтыў болды.Усы өмирден ерте кеткен футболшылардың хурметине,хаққысына сондай команданы дүзиў хәм шығарыў Өзбекстан футбол федерациясының уазыйпасы болды.Олар буны орынлады. Өзбекстан футбол командасы биринши мәрте ФИФА Жахан чемпионатына қатнасты.Буны былтыр БАА командасы менен 0-0 ойнап ,жеңип алған еди.Сонда туркий еллер қанша қуўанған еди,ақыры Орайлық Азиядан ЖЧ на шықан биринши мәмлект еди. 1991-жылдан баслап,ЖЧ на жети мәрте квалификациядан өте алмады. Өзбекстан ушын бул ЖЧ тарийхый қәдем болды.Нәтийже жақсы болмаса да футболшылар ушын тәжирейбе,уйрениу болды. Өзбекстан футболшыларыөз тарийхында биринши рет ЖЧ да ойын көрсетти.Жәхвн футболының ең жоқары дәрежедеги футболшылары менен аренаға шықты. Команда үш ойын да келеси этапқа өте шыға алмады,жениске жете алмады,нәтийжеде группада кейинги орынды ийеледи. Бүгинги Конго менен ойынның әдепки минутларында Шамуратов гол теугени менен,кейинги ойынларда позицияны беккемлей алмады,қорғаныў менен 90 минутты өткерди.Көп кәтешилик кетти.Конгоға жол ашып берип, мүмкиншилик жаратты,олар еркин хужим жасады. Даруазаман да қапылып қалды,уш топқа да реакцияны кеш берди,топты қағып алыўға ,ямаса қайтарыўға мүмкиншилиги бар еди. Неде болса ,өзимизди-өзимиз алдарқатамыз,дурыс жуўмақ шығарамыз. Келеси ЖЧ да Өзбекстан футболшылары өз орынларын ылайықлы қорғайды,ең жақсы футболшыларды саралап,әдил алады деп ойлаймыз. Маған ең унағаны Өзбекстан футбол фанатлары хәм топты ортаға алып шыққан Жахангир Садиков болды. P.S. футбол комментаторлары Даврон Файзиев, Хайрулла Хамидов,Мурод Ризаевларға гәп жоқ.
без подписи
Көпті көрген қарт дәрігерден: «Адамның денсаулығын бәрінен де бетер құртатын не нәрсе?» деп сұрапты. Сонда дәрігер былай деп жауап берген екен: - Ашу-ызаны ішке жұтып, сыртқа шығармау, - Өзіңді құрметтемейтін ортада қала беру, - Өзгелерге ұнау үшін барыңды салып тыраштану — міне, осының бәрі тән саулығын жегідей жеп, құртады. Не ойлап тұрғаныңды ашық айта біл... Сыйламайтын, қадіріңді білмейтін жерден уақытында кетіп қал... Ешкімге ұнау үшін жаныңды қинама... Сені жек көруіне, сені ұнатпауына мүмкіндік бер... Сенің ауырып, төсекке таңылғаныңнан көрі, олардың сені ұнатпай-ақ қойғаны әлдеқайда қайырлы депті... Амантай Тойшыбайұлы
Группада орыс қызданда бетер бир сулыу бар.Қыз арқа районның ,ауылдың қызы еди. Қурбанбай усы қызды бир көргеннен унатқан.Қар басқан жигит емеспе,сезимин қызға билдирмей қыпсалайды. Оқыу басланар-басланбастан пахта деген хабар шықты. -Ертең пахта,жатаққа кетемиз,раскладушкаңызды алып,таярлана бериң,үш кунлик азық-аухатыңызды ғамлап келиң,деп куратор тапсырып атыр. Соның арасында декан шақырып атыр ,дегенге Қурбанбай шауып деканатқа кетти. -Если жигитсең,бир группаны оң қолдай басқарасаң.Кураторыңыз нашар адам,еки қабат қусайды.Өзиңе тапсырдым.Тәртип-интизамына өзиң жууап бересең! Булар колонна болып,жаслык жигер менен Шоманай қайдасаң деп ,Айбуйирден бир шықты. Кишилеу бир мектептин класс ханасына орналасты,қарап жата бермей кешке шекем ауылды бир аралап шықты. Солай етип,пахта мапаз басланып кетти.Студентлер шаршамас сирә.Куни менен пахта терсе,түнде отырыспақ. Қоңсы совхозда пахта терип атырған тарийх факультетиниң ,юридика бөлиминиң студентлери келемиз депти.Қызлардың жолы болып қалды.Бар-тапқанын дәстурханға жайып, қонақ күтиуге таярланбақта. Күткен жигитлерде көп куттирмеди.Аяқларын ғорпылдатып,тасырласып төрт-бес жигит кирип келди. Қасында Қурбанбай.Жигитлердиң биреуи Қурбанбай менен бир мектепте оқыған тап усы ,,сайыл"деп отырған Байнияз еди.Хешким Байниязды Байнияз демей Батя дейтуғын еди. Батя қаланың шаққан жигити,армиядан келип ,подкурстан оқыуға кирген,өзин болажақ прокурор санайтуғын еди. -Қурбанбай достым! Саған ырасын айтайын,ана қатқан сулыу қыз бенен бир жылдан бери сөйлесемен, бирақ бизиң мамамды билесең, ауылдың қызы деп мурнын жыйырып отыр, бирақ мен тап усы қызды аламан! Қурбанбайдың мазасы қашты.Индемей журип ,бәле қыз екен ,жигити бар екен да.Батяның қасында биз кимбиз? Әлбетте Батяға қарайды. Отырыспақ дауам етер еди,бирақ мәниси болмаған Қурбанбай; -Ал,жора көп отыра бермең,мына туркмен ауылдың адамлары ерси көреди,қызларға гәп келмесин! Қулласы , Байнияз бир келди,еки келди.Хәр келгенде машынын толтырып азық-аухат, жигитлерге ящиклеп арақ әкелип кетеди.Гулзада да кет демейди,соған қарағанда Байниязды жақсы көреди ау деп шамалайды. Пахта теримниң кейинги кунлери еди.Жаман хабар жатама?Юридиканың студентлери машыны менен биреуди қақтырып алыпты деген хабар шықты. Хабар рас болып,жолда кетип баратырған еки теримши оқыушыны қағып, жазатайым ис болып, Байнияз сотланып кетти... *. *. * Тап сол пахта терим декабрьге шекем дауам етти.Кун сууып кетти,теретуғын пахта болмаса да қайтармайды.Кейнине қарап ,пахтаның мазасы қашты.Азық-аухатқа терген пахта жетпей,қалтадан пул шығарып аухатланады.Баяғы Батяның қәдири өтти .Жатқан мектепте сууық,оннан дала жыллыма дейсең, усындай жағымсыз кунлердиң биринде Гүлзаданың достысы Сарбиназ; -Қурбанбай ажаға сизге бир гәп барау деп қалды.Сарбиназ урыулас болып,тап бул армиядан келип,булар менен оқып баслағаннан бери ажаға деп сөйлесетуғын еди. Қурбанбай еситемен дегендей қызға тигилди. -Сизге қалай айтыуды да билмеймен,енди не қыламыз? -Нени? -Гулзада көтерип қойған. -Нени көтерген? -Еки қабат! Қурбанбайдың маңлайына урғандай бул гәпти еситиу аңсат болмады. -Хешким еситпесин,тилиңе беккем бол! Нөкиске қайтайық,бир илажын тауармыз. Қурбанбай Нөкиске қайтыуға шыдамады.Шоманайдың орайына барды да ,бир машынды минип келди. -Сарбиназ қарағым! Сен бил,мен билейин,хешкимге тис жарма!Гулзаданы алып шық.Тууры үйге апараман! Басқа жол жоқ! . *. *. * Булар минген машын кешке Нөкиске кирип келди. -Гулзада гәп қайырма! Сени алып қашып киятырман.Бизиң үйге айдай келин боласаң. -Қурбанбай аға,бир сөйлесип алайық... -Сөйлесетуғын гәп жок,Гүлзада,мен сени жақсы көремен болғаны,қалғанын үйде айтаман. -Қурбанбай аға!? *. *. * Оннан берли көп жыллар өтти.Изли-изинен перзентлери тууылды.Қубла районларда муғаллим жетиспейди екен,,екеуи онлаған жыл сол жақта муғаллим болып ислеп қайтты. (Дауамы бар)