RÁWIYAT.UZ
СтатистикаҚарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни
- Последний пост
- 15 авг.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 40
- Всего постов
- 119
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Telegram
- В каталоге с
- 13 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 23
- 1/48двое суток
- 26
- 1/72трое суток
- 28
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
💖 Муҳаббат не екенин билесизбе? 💕 Муҳаббат бул - Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болғаннан кейин азан айтыўды тоқтатқан Билал. 💕 Муҳаббат бул - Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болғаннан кейин Мадинада жасай алмай, ол жерден кеткен Билал. 💕 Муҳаббат бул - Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қәбирин узақ ўақыт зиярат қылмағаны ушын түсинде Пайғамбар алайҳиссәләмди көрген ҳәм: "Бул қандай жапа болды, ҳәй Билал" деген сөзлерин еситип оянғаннан кейин, жылап Пайғамбарымыз алайҳиисәләмның зияратына барған Билал. 💕 Муҳаббат бул - түнде Мадинаға келип, Ҳасан ҳәм Ҳусайн разыяллаҳу анҳумларды излеп таўып, олардан таң намазына азан айтыўға руқсат сораған Билал. Сонда азанды еситкен Мадина жылаўдан ләрзеге келген еди. Мадина усы күндегидей өзгеше сезимди сезинбеди. 💕 Муҳаббат бул - Шамдағы нөкерге Умар разыяллаҳу анҳу азан айтып бериўин сораған ҳәм "Әшҳәдў әннә Муҳаммадар расулуллаҳ"қа келгенде тоқтап қалып жылаған ҳәм нөкерди де жылатқан Билал. Ең қаттыға ҳәм ең көп жылаған Умар еди. 💕 Муҳаббат бул - өлим төсегинде жатқанда "Ертен сүйгеним Муҳаммад ҳәм асҳабына жетисемен" деген Билал. 💕 Муҳаббат бул - усы сөзлерди оқып атырғанда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды Билалдай сүйип, ол сыяқлы толғанып, көзлери жасқа толған Сиз. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
#жақсы #әмел #пикир #Аллаҳ 🤲ЖАҚСЫ ӘМЕЛ ҚЫЛЫЎ ПИКИРИ АЛЛАҲТЫҢ "МИЙМАНЫ" 🗣 Үммет данышпаны, Маўлана Ашраф Әлий Таҳанаўий қуддиса сирруҳ былай дейди: ⏺"Қәлбке, бир жақсы әмелди ислеп алайын, деген пикир келиўи суўпылар терминологиясында "ўарид" делинеди. Яғный, мен усы саўаплы исти ислейин, намаз оқып алайын, таҳажжудқа турайын, садақа берейин, бирәдарыма жәрдем берейин, достымның қайғысын кетирейин, деген сыяқлы ойлардың келиўин "ўарид" дейди. ⏺"Ўарид" – Аллаҳ таала тәрепинен келген мийман. Егер сен бул мийманды аз ғана болса да ҳүрмет етсең, миймандослық көрсетсең, онда ол және келеди. Қандай жақсы әмел қылыў ойы қәлбиңе келсе, сол ўақытта оны орынлаў миймандослық болады. Егер сен бир мәрте миймандослық етпесең, ол мийман жүдә ҳүрметке ылайық болғаны себепли алдыңа қайтып келмей қояды. Оның қайтып келмей қалыўынан пана тиле. Ол мийманның қайтып келмей қалыўы, енди қәлбке жақсы әмел ислеў пикири келмейди дегени. Аллаҳ таала сақласын. Қәлбке мөр басылса, тат қапласа, мине сонда жақсы әмел қылыў пикири келмей қалады". 📚 "Нәсиятлар гүлдәстеси"нен. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
Aссаламу алейкум!! ✅ Аллаҳ таала жүзимизди жарық; ✅ Қәлбимизди кең; ✅ Қәдиримизди бәлент; ✅ Сөзимизди жоқары; ✅ Ул-қызларымызды әдиўли перзент; ✅ Қарызларымызды жоқ; ✅ Ырысқымызды кең; ✅ Күнимизди берекетли қылсын! Қайырлы күн әзизлер! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
Дуўа УЙҚЫҒА ЖАТАРДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА Уйқыға жатып атырғанда төмендеги дуўа оқылады: اللهُمَّ إِنِّي أَسْأَلُكَ بِإِسْمِكَ العَافِيَةَ فِي الدُّنْيَا وَالآخِرَةَ اللهُمَّ أَسْلَمْتُ نَفْسِي وَفَوَّضْتُ أَمْرِي إِلَيْكَ وَرَضِيْتُ بِكَ رَبًّا ووَبِمُحَمَّدٍ نَبِيًّا وَبِلإِسْلاَمِ دِيْنًا Айтылыўы: «Аллооҳуммә инний әсәлукә бисмикәл аафиятә фид-дүньйәә ўәл әәхироҳ. Аллооҳуммә әсләмту нәфсий ўә фәўўадту әмрий иләйкә ўә родийту бикә роббән ўә би Муҳаммәдин соллаллоҳу аләйҳи ўә сәлләм нәбиййән ўә бил исләәми дийнәә». Мәниси: «Аллаҳым, Сениң атын ҳүрмети менен дүньяда ҳәм ақыретте саламатлық ҳәм тынышлық сорайман. Аллаҳым, мен өзимди ҳәм ҳәр бир исимди Саған тапсырдым. Сени Рәббим ҳәм Муҳаммад алайҳиссаламды пайғамбарым, ал Исламды диним, деп разы болып, итиқад етемен». "Ибадати Исламия" китабынан. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
#Тәрбия 🍃 Шаңарақ ҳәм перзентлерди пул, мал-дүнья, түрли шығыўлар, семинарлар, түрли шынығыўлар ҳәм оқыў курслары жәрдеминде емес, ал Аллаҳ таалаға тақўа тийкарында тәрбия қылынады. Аллаҳға тақўа қылыў менен олардың ҳәмме ислери аңсатласады. "(Адамлар) әззи зүрядларын қалдырыўдан қалай қорықса, (онда басқалар ҳаққында да) сондай қорықсын. Солай екен, Аллаҳтан қорықсын ҳәм (оларға) туўры сөз айтсын". (Ниса сүреси, 9-аят). •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
#рәўият Пайғамбар неге керек? Уламаларымыздан бири кемеде китап оқып баратыр еди. Кемедегилерден бири оған жақынласып: Пайғамбардың не кереги бар? Aллаҳ таала ҳәммемизге ақыл берип қойыпты, өз жолымызды өзимиз таўып ала бермеймиз бе?, - деди. Улама басын китаптан көтермей жуўап берди: Кемениң не кереги бар? Теңизден өзиң ақ жүзип өте бер... •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
без подписи
без подписи
🕌 ЖУМАҒА ТАЯРСЫЗ БА? Ҳәдиси шәрипте келеди: “Жума күни келгени ушын қуўанатуғын мөминге қыямет күнине шекем ҳәр күни сол дәрежеде мол саўап бериледи, оның санын тек Аллаҳ ғана биледи”. Жума күниниң сүннет ҳәм әдеплери бар: Жуманы пийшембиден баслап күтиў. Мысалы, жумаға баратуғын кийимлерин таярлаў; Жума намазы ушын ғусыл қылыў; Тырнақларды алыў; Мешитке ертелеў барыў; Намаз оқып атырған адамның алдын кесип өтпеў; Илажы болса, биринши қатарда отырыў; Хутба, намаз ҳәм маруза ўақытлары сөйлемеў; Намаздан кейин Фәтиҳа, Кәфируўн, Ихлас, Фәләқ ҳәм Нәс сүрелерин оқыў; Көбирек дуўа қылыў; Көп салаўат айтыў; Каҳф сүресин оқыў; Аз болса да садақа қылыў; Ата-ана, уллы адамларды зыярат етиў; Жумадан қайтарсын, шаңарақ ағзаларына шийринлик апарыў; Қаза намазы жоқлар, нәпил намаз оқыў. Қазасы бар адамлар, қаза намазларын оқыўы; Намазлыгерден кейин жайнамаз үстинде қәдир болғанша “Я Аллаҳ, Я Роҳман, Я Роҳийм, Я Қоўий, Я Қодир”, деп оннан кейин дуўалар қылыў. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
жума ЖУМА НАМАЗЫ УШЫН ТАЗА КИЙИМ КИЙИЎ Абдуллаҳ ибн Салам разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның жума күни минберде турып: "Жума күни ушын мийнет кийиминен басқа еки кийим сатып алсаңыз, жақсы ис болар еди", - дегенин еситтим". Ибн Можа ҳәм Әбиў Даўыт рәўият қылған. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға Йеменнен келген "ҳибара", яғный сызықлы таўардан тигилген йеменше шапаны болып, оны мүнәсабетлерде, жума күнлери кийетуғын еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болғанда мүбәрек жүзлерин сол шапан менен жаўып қойылған. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
#ҳикмет Әбиу Дужана разыяллаҳу анҳу кесел болғанында зиярат қылыўға келген адамлар оның жүзинен нур шашылып турғанын көрди. Одан бул нурдың себеби соралғанында... Әбиу Дужана разыяллаҳу анҳу ; "Мен үмит қылатуғын еки әмелим бар 1. Пайдасыз гәпти сөйлемедим 2. Қәлбимде мусулманларға деген жек көриўшилик болмады" деп жуўап берди! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
АЛЛАҲ ТААЛА ОҒАДА МЕҲРИЙБАН Даўыт алайҳиссалам Аллаҳ тааланың алдындағы саўаплар тартылған тәрезиниң үлкенлигин көрип, оның оғада кең ҳәм үлкенлигинен ҳайран қалды ҳәм: "Ҳәй Рәббим! Бундай үлкен тәрезини қандай толтыра аламыз?! - деди. Сонда, Аллаҳ таала: "Ҳәй Даўыт! Егер Мен бендемнен разы болсам, оны ярым хурма менен де толтырып қояман", - деп мәрәҳәмат қылды. Аллаҳ таала ҳәммемизден разы болсын. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
БИРИНШИ ҚАТАР Аллаҳ таала ҳәм Оның периштелери биринши қатарда турыўшылардың ҳаққына салаўат айтар. Абдураҳман ибн Аўф разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Аллаҳ ҳәм Оның периштелери биринши қатардағыларға салаўат айтады", - деди. (Имам Мажа, имам Аҳмад, имам Әбиў Даўыт рәўияты) •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
РАСУЛУЛЛАҲТЫ ЖЫЛАТҚАН АЯТ Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан: Пайғамбарымыз: — Маған Қуран оқып бересең бе? — деди. — Я Расулуллаҳ! Қуран сизге нәзил болған болса, мен оқып берейин бе? — дедим. — Мен оны басқа биреўден еситиўди қәлеймен, — деди Нәбий алайҳиссалам. Соннан соң "Ниса" сүресин оқый басладым ҳәм: "Ҳәр бир үмметтен бир гүўа (өз пайғамбарын) келтирип, сени (ҳәй Муҳаммад!) олардың ҳәммесине гүўа қылып әкелгенимизде (олардың жағдайы) не болады?!" аятына жеткенимде: — Болды, жетеди, — деди. Қарасам, Расулы акрам саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жылап отырған екен. 📚"Қәлбимиздиң нуры" китабынан. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
Ассаламу алайкум! Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир! 🌸☘Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын! 🌸☘Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын! 🌸☘Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймен. 🌸☘Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын. 🌸☘Ибадатларыңыз әжр-саўапларға толы болсын! Күниңиз берекетли өтсин. Қайырлы таң!!! Бүгин пазыйлетли жума күни Жума күниңиз қайырлы болсын! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
#мағлыўмат Садақаны пул берместен қылса да болады, қалайынша екенин төменде баянлаймыз: 1) Адамларға жаманлық етиўден тыйылыў да садақа. 2) Ҳәр бир тасбиҳ (яъни, «Субҳааналлооҳ», деп айтыў да садақа. Ҳәр бир ҳамд (яғный, «Әлҳамдулилләәҳ», деп айтыў) да садақа. Ҳәр бир таҳлил (яғный, «Ләә иләәҳә иллаллооҳ», деп атыў) да садақа. Ҳәр бир тәкбир (яғный, «Аллооҳу әкбәр», деп айтыў) да садақа. 3) Жақсылыққа буйырып, жааанлықтан қайтарыў да садақа. 4) Ер адам өз ҳаялына шийрин сөз айтыўы да садақа. 5) Еки адамды жарастырып қойыў да садақа. 6) Мүләйим сөйлеў де садақа. 7) Достына ашық жүзлилик пенен қараў да садақа. 8) Жолдан азар бериўши нәрсени алып таслаў да садақа. 9) Мусылман адам мийўели нәл ексе яки қайсы бир егин ексе, оннан адамлар, ҳайўанлар жесе, бул да садақа. 10) Ҳәр бир жақсылық садақа. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
ҚӘЛБТЕ БАР💬 Ибн Қаййим раҳимаҳуллаҳ айтады: ✅ Қәлбте тәртипсизлик бар, оны тек Аллаҳға жүзлениў туўрылайды; ✅ Қәлбте жалғызлық бар, оны тек Аллаҳ пенен жалғыз қалғандағы сәўбет кеткизеди; ✅ Қәлбте ғам бар, оны тек Аллаҳтың мәрийпаты менен қуўаныў ҳәм Ол менен болған мәмиледе садықлық кеткизеди; ✅ Қәлбте тынышсызланыў бар, оны тек Аллаҳға байланыў ҳәм Ол тәрепке қашыў пәсейтеди; ✅ Қәлбте қайғы жалыны бар, оны тек Аллаҳтың буйруғы, қайтарығы ҳәм қазасына разы болыў ҳәм Аллаҳға жолығаман дегенше сабырлы болыў өширеди; ✅ Қәлбте күшли қәлеў бар, егер Жалғыз Аллаҳ талапқа айланбаса, бул талап тоқтамайды; ✅ Қәлбте жоғалтыў бар, оны тек Аллаҳтың муҳаббаты ҳәм Оған қайтыў, бәрқулла Зикирин етиў, Оған болған садықлық толтырады; ✅ Егер дүнья ҳәм ондағы бар нәрселер берилсе де бул жоғалтыўдың орны ҳасла толмас! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
🟢ӨМИРДИҢ 10 АЛТЫН ҚӘДЕСИ 1. Қоңыраў қылыўға ўәде бердиңизбе, қоңыраў қылың! 2. Кешигип атырсызба, бул ҳаққында ескертип қойың! 3. Басқалардың арзыўын күлки қылыў жақсы емес! 4. Сизге қыянет қылған адамлардың арасына ҳасла қайтпан! 5. Бәрҳа ата-анаңыздың дуўасын алыўға асығың! 6. Әлпайым болың! Бул, әтираптағылардан көре көбирек сизге пайда келтириўи анық! 7. Өз қәтелериңизди тән алыўды үйрениң! 8. Шағым қылыў әдетин таслаң! 9. Ҳәттеки ең қатал келиспеўшилик жүзеге келгенде де қарсыңыздағы инсанның нәзик тәрепине соққы бермең! 10. Тек ғана рас сөйлең! Егер рас сөйлеўдиң илажы болмаса, өтирик сөйлемең! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
ТАЎЫП АЛЫНҒАН НӘРСЕНИ ИЙЕСИНЕ ҚАЙТАРЫЎ Cораў: Шәриятымызда жерден таўып алынған нәрсе ямаса ақша бизлерге ҳадал емес екен. Еситкеним бойынша ким ақша таўып алса, оны бир жыл сақлаўы, ийеси таўылмаса садақа етип жибериўи керек екен. Сонда да бул садақаның саўабы таўып алғанға жазылмайтуғын екен. Мен жерде жатырған ақшаны көрип, саўып қойыўым мүмкин деп алмасам, маған гүнә болмайдыма? Себеби ийеси меннен сораўы мүмкин, мен болса гүнәдан қорқып басқа гүнәға тутылып қалмайманба? Жуўап: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳийм. Таўып алынған нәрсе еки түрли болады: 1. Егер таўып алынған нәрсени ийесин излегиси келмей, оған қайтарып бере алмағаны ушын алмаса, ол нәрсе сол жерде зыянға ушырап жоқ болып кетиў итималы болса, таўып алынған нәрсени алыў парыз болады. 2. Таўып алынған нәрсени ийесин излегиси келмей, оған қайтарып бере алмағаны ушын алмаса ҳәм ол жерде зыянға ушырап жоқ болып кетиў итималы болмаса, ол нәрсени алыў қәлеўинше болады. Бирақ ийесине қайтарып бериў мақсетинде алыў абзал есапланады ҳәм бул иси ушын саўап та үмит етиледи. Ўаллаҳу аълам. Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
Бул үш нәрсеге исенимиңиз кәмил болсын: - Ҳеш ким саған Рәббиңнен көре мийримли бола алмайды. - Ҳеш ким сениң ғам-тәшўишлериңди Рәббиңдей билмейди. - Рәббиңнен басқа ҳеш ким сеннен зыянды қайтара алмайды. Солай екен, Аллаҳтан жәрдем сорап, Оның Өзине умтылың. Сонда ҳәмме нәрсе ойлағаныңнан да жақсы болады. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz