ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
описание
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
18 480
подписчиков
Охват к подписчикам
11,4%
ERR
Реакции к просмотрам
0,84%
1 396 на 49 постов
Пересылки к просмотрам
0,92%
1 529
Постов в день
7,4
всего 123
Где отзываются чаще
доля реакций к просмотрам- 14 авг.Қайырлы түн! Қайырлы кеш! Арман қумырыңыз уяға қонсын, Үйиңиз кеўлиңиз шадлыққа толсын, От-ошақ басыңыз аманлық болсын. ✨✨✨✨✨✨✨✨ Бар дәртиңиз кетсин усы түн менен, Таң ертең қаўышың нурлы күн менен, Талабыңыз бәрҳә оңынан келсин. 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 Кеш жарық хош ақшамыңыз, Умит шамы жаққаныңыз, Болсын арман есиклери, Ерте таңда ашқаныңыз. 💫💫💫💫💫💫💫💫 Ҳеш жаманлық көрмеңиз ҳеш, Болсын бәрҳә кеўлиңиз хош, Тыныш уйықлап жақсы турың, Қайырлы түн! Қайырлы кеш! Қайырлы түн! Қайырлы кеш! 🌛🌝💫✨✨✨✨✨ Каналымызға ағза болыўды умытпаң!!!👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler2,19%
- 14 авг.Жас келинлик пайытымда үйге енемниң әжапасы, еки сиңлиси Шымбайдан қыдырып келди. Буларды тойымнан кейин биринши көриуим еди...қасақана енемде алысыраққа мерекеге кеткен еди...Мен манты писирип парға қойған едим... Желип жүгирип хызмет еттим. ,шайларын берип ярым саатлардан мантыныда тарттым, сөйтип,сизлер отыра турыңлар!-деп күйеуимди шақырып "тауық сойып бер!"дедим..ол ауқат жедиғо, неге дейди....мен :-яқ олар ауылдан алыстан қыдырып келди,қонық ас бериуимиз керек!деп тауық сойдырып , оны екеулеп тазалап, күн геугим болғанда қазанға салып асып жибердим...қонақлар көз астынан мени сынақтан өткерип отырғанын сезип, оннанда бетер шаққан ислеймен...гүртигин шығарып атырғанда енем келди....сонда әжапасы: - түпәлам келиниң саған усапты, қонақ асымызды берди, бизлердиң сынағымыздан өтти!деп гезек-гезек пәтиясын берип атыр, мен болсам жақсы сөзлерден мәспен...... Мине әпиуайы мысаллардан белгили болғанындай бар тапқанын мийманға қоятуғын, мийманның кетиуин күтип , дәстурханға "атака" жасауға таярланып жүретуғын томпақ қара балалары бар ақкөкирек халқымның миймандослық пазыйлетин СҮЙЕМЕН ҚӘДИРЛЕЙМЕН ПЕРЗЕНТЛЕРИМЕ ҮЙРЕТЕМЕН.... ЗУЛЬФИЯ ЖУМАНОВА. Каналымызға жақынларыңызды қосыуды умытпаң!!! 👇👇 https://t.me/ibratli_sozler1,97%
- 13 авг.#Тәсирли ўақыя Қәбирге көмилген геўиш Ўалаятлардың биринде бир неше жыл алдын бир ҳаял ҳәммениң көз алдында ески геўишин алып, қәбиристанға көмип келди. Бул жағдайдан ҳайран қалған қоңсы-қобасы ҳәм жақынлары оннан бул истиң себебин сорады. Бирақ ол жуўап бериўди қәлемеди. Арадан көп өтпей, ҳаял қайтыс болды. Үш күннен соң оның күйеўи де қайтыс болды. Бул сырлы өлимлерден ҳайран қалған маҳәлле адамлары жергиликли имамға мүрәжәәт етти. Имам қәбиристанға барып, жақында көмилген геўиш көмилген жерди тексериўди мәсләҳәт берди. Адамлар қәбиристанға барып, сол жерди ашқанында, ҳайран қалып тилсиз қалды. Геўиштиң ишинде бир хат бар екен… Хатты ашып оқығанында, ҳәммениң көзине жас келди. Онда былай деп жазылған еди: «Ҳәр жолы усы геўишке қарағанымда, жүрегимдеги арман , көз жасларым тоқтамас еди. Аллаҳ мени 10 ул менен сыйлады. Мен оларды қарнымда көтердим, туўдым, емиздим, өсирдим. Олар ушын уйқысыз түнлерди өткердим, аш қалған күнлерим де болды. Аяқларымда күш қалмаса да, оларды бағыў ушын ҳәрекет еттим. Бирақ усы 10 перзентим ержетип, өз өмирлерин жолға қойғаннан кейин, маған ҳәтте бир дана жаңа геуиш те алып бере алмады. Мен бул дүньяда 10 ул көрдим, бирақ бир жуп жаңа геўиш киймедим. Сонлықтан бул геўишти көрген сайын жүрегимдеги арманды еске түсиргим келмей, оны қәбиристанға көмип келдим. Рәббимнен сорайман: Ол маған қәбиримде усы геуишти сый етсин». Адамлар бул ўақыядан қатты тәсирленди. Биреўлери анасын умытқан улларға өкпеледи, биреўлери өз аналарының қәдирин еске алып жылады. Гөрҳаў да бул уакыяны еситкен еди. Бул сөзлерден кейин оның кеўили тыншымай қойды. Сол себепли түнде қәбирди ашып көриўге қарар етти. Түн қараңғысында қәбирди ашқанында, мейиттиң аяқлары астында бир жуп жаңа геўиш алтындай жылтырап турған еди… Ана ҳақы — ең уллы ҳақ. Оны түсинген инсан — бахытлы инсан. Аллаҳ Таала бизлерди тәрбиялаған ҳәм ҳәзир де биз ушын қайғырып жүрген ата-аналарымыздың өмирине береке берсин!1,96%
- 14 авг.Оң тәрептеги аяқ кийимниң шеккен машақаты – шеп тәрептеги уялмаўы хәм жақсы жасауы ушын… 👉 https://t.me/ibratli_sozler1,95%
- 12 авг.Ҳәр кимниң өзинше өлшеў тасы бар, Салмағың ол тасқа туўры келмейди, Жеңил келсең ол күлиўге асығар, Аўыр келсең,жақтырмайды күнлейди. ✍Ибрайым Юсупов Канал👉https://t.me/ibratli_sozler1,90%
- 11 авг.МЕНМЕНЛИК ӨКИНИШКЕ АЛЫП БАРАДЫ.. Кәсибим журналист болғанлығы ушын жумыс бабы менен сыртта көп жүремен деп сөз баслады машынға минген бир жолаўшы. Оның бир түйинли ўақыя айтқысы келип турғанын сездимбе? Ямаса жол өниў ушын гәп алғым келдиме? Оның гәпин мақуллап, узақ жолды қысқартайық аға дедим. Ол астарлы сөзиме түсингендей болып, аз ғана отырды да әтирапқа нәзер салып қарады ҳәм аўыр гүрсинип сөз баслады. - Бир үлкен ақсақалдың үйинде жатып ислеймен. Себеби сол жасуллы менен жумысымыз бир жерде. Бир күни кешки пайыт дастурқанның басында отырғанда ақлығы бақшадан келип шатақты салды. Бир өзиниң еркелиги он балага татыйтуғын еди. Азанғы шайды асығыс бир - еки уртлағанымнан ҳәм түсликсиз жүргенимнен расы басым аўырды. Өзи қарашайдың қумары тутып турғанда баланың шатақлығы артықша еди. Ақсақал ақлығыңызды жүдә қатты еркелетеди екенсиз дедим, - ақыры шыдамай. - Аўа, бул мениң өш-аларым- ғой,- деди. - Бул не дегениң,- дедим. - Ақлығым ер жетип баламның маған қылғанын әкесине қайтарады деди. Жасуллының бул сөзи маған найза болып қадалды. Сол сол екен балам маған қайтарып сөйлесе, ақыл үйретсе, ямаса "саған ҳәр басқан қәдемимди айтыўым шәрт емес" десе, мен әкеме сондай қылдым ба екен деп көп ойланатуғын болдым. Ойлап ой түбине жете алмайман. Бир күни әкем аўыр жумыстан шаршап, бир айлық дем алыста дем алып емленейин деп келген екен. Билесең аўылда егис пайыты қол- көмек жүдә зәрүр әкемиз келиўден кемпир апам шай суўын берип болып қолына бел услатты. Қалада жүрип семирип кетипсең барып балларға жәрдем бер деп бизлер қазып атырған салманы силтеди. Ағам анасына яқ дейалмай бизлерге жәрдем бериўге ҳәрекет етти. Еки бел топырақты сыртқа атып, белим деп отырып қалады және бираздан еки бел атып және отырады. Сонда бизлер әкемиздиң үстинен күлип, бул қазыўыңнан кешке шекем болалмайсаң өйтип қазасаң, бүйтип қазасаң деп ақылда үйретип қоямыз. Оның бел аўырыўы бар екенлигин төсек тартып жатқансоң билдик. Ақырғы демде әкем маған не айтпақшы болды екен? - деп ойлайман. Себеби, әкем аўырып узақ жатты. Сол гезде аўылға көриўге барғанымда анам бийшара жуўындырып, кийимлерин қайта- қайта алмастырып атырған болады. Әкемиз ири геўдели инсан болғанлығы ушын анамызға оны кийиндирип шешиндириўи қыйын еди. Сонда кесел әкеме "бүйтип жатқанша жеңил- желпи шынығыўлар ислеп ҳәрекет етсеңиз- ғо" деппен. Бизге Алладан, узақ бахытлы, тахытлы өмиримиз бенен тилеп алған, дәртимизге шерик, бахтымыздан төбеси көкке жетип жүрген асқар таўымыз әкемиздиң алдында малдас қурып, керилип сөйлегенимиз де менменлик екен. Шортан балықтың басы тасқа тийип қайтқанындай биз бенделерде басымызға тәғдирдиң таяғы тийгеннен соң менменлигимизди түсинемиз. Әкениң қәдирин әке болғанда билерсең деген даналық гәпти бийкарға айтпапты. Ҳәр сапары балам менен келиспеўшилик болса сол ақсақалдың гәпи есиме түседи. Балам атасының өшин алып атырган шығар деп ойлайман Руўҳың мәңги шад болсын әкежан, ийманың саламат болсын! Билип-билмей сизге қылған менменлигимди, әдепсизлигимди ақлықларыңнан көрип атырман деп, - сөзин жуўақлады көзине жас алған жолдасым. Даўамы бар.... ✍ Д. Нурназаров 📋https://t.me/ibratli_sozler1,51%
- 14 авг."тәрбия" "ӘКЕҢ КИЯТЫР!" Перзент ушын ўақты таўсылмайтуғын ең мықлы антивирус - ол анасы. Еркек - дүздиң адамы. Сонлықтан бала көбинесе анасына жақын болып өседи. Бала көп нәрсени өзи улыўмаластырып, шешим қабыллай алмағанлықтан, барлық исте анасының айтқанына жүгинеди. Анасы жақсы көретуғын адамларды ериксиз түрде ол да жақсы көреди. Анасы биреўге өкпелеп қалса, баланың жүрегинде де сол адамға деген ренжиў пайда болады. Егер ҳаял үйинде отырып күйеўин жаманлай беретуғын болса ямаса балаларының көзинше оған ҳүрмет көрсетпесе, ертең балалары да тап сондай әкесин сыйламайтуғын болады. Оның сөзин зорға тыңлап, адам қурлы көрмейди. Ал ақыллы ҳаял 🍃 "Әкең киятыр!" 🍃 "Ҳәзир әкең келеди!" 🍃 "Әкең (ренжийди???) қапа болады" 🍃 "Әкеңнен сора" деген сөзлерди жийи-жийи айтыў арқалы бала санасына әкеге деген өз алдына ҳүрмет пенен сыйласықтың урығын егеди. Бүгин әкесинен қаймығып, керек уақытта оның көз-қарас, қабағынан тайсалып өскен бала ертең жәмийетке опалы, жас-үлкенди сыйлайтуғын тәрбиялы, салмақлы болып өседи ҳәм өзге биреўге емес, ең алды менен, өз әкесине еликлейтуғын болады! Демек, бул - перзент тәрбиясындағы ең пайдалы тәсирлердиң бири. Дерек: интернет материалларынан аудармаланды. 👉https://t.me/ibratli_sozler1,37%
- 13 авг.КЕЎИЛ. Ҳеш кимниң кеўлине тиймейин , Тийиўден тыяйын өзимди , Ҳәр ўақыт ойланып сөйлейин , Болып мен шыдамлы - төзимли . Ҳәммениң кеўлине қарайын , Деймен - аў түсинбес көбиси , Көрсемде қайғының талайын , Ол менен ҳеш кимниң жоқ иси. Сонда да , жымыйып тураман , Билдирмей иштеги муңымды , Бәрибир түсинбес бир адам , Жүректен жайлаған сырымды . ✍Нурбийке Бердимуратова ташкент. https://t.me/ibratli_sozler1,28%
- 11 авг.Қайырлы түн әзизлер! Арттағы қәтеликлер менен бос кеткен мүмкиншиликлерди ойлап, кеўилди түсирмеңиз. Алдымызда еле узақ жол бар, артқа қараўдың ҳеш себеби жоқ. 📖 Адель Эшворт Сизлерге түннен тынышлық таңнан рысқы берекет несип етиўин тилеймиз... 📖 https://t.me/ibratli_sozler1,25%
- 14 авг.....ЕСИГИН ЕКИ АДАМ ҚАҚПАЙТУҒЫН, ТӨРИНДЕ ТӨРТ АДАМ ОТЫРМАЙТУҒЫН ҮЙДЕ БЕРЕКЕТ БОЛМАЙДЫ.... (Халық даналығы) "МИЙМАНДОС ХАЛҚЫМ" Бизде сөз бар: мийман ырыс, берекет, Қонақ күтиу-зийнети хәр адамның, Егер үйге бес күн мийман келмесе, Шайы қонбас мениң байғус анамның.... Мине сөз зергери шайыр Ибрайым ата Юсуповтың усы қосық қатарларынан белгили болғанындай қарақалпақ халқы миймандос халық.. Буны жәнеде оның: Жалғыз атын сойып берип қонаққа, Жаяу қалып бул халық талай бүлинген.... Деген қосық қатарларынан әйне хақыйқат екенин билемиз... Миймандослық хаққында гәп кетер екен, жаслық уақытларым және көз алдымда лентадай айланды десем қәтелеспеймен....Әке-шешемниң , табылмас алтын уямда" өткен алтын дәуирлеримде анамның әпиуайы писирген асына "ашық" болған инсанлар көз алдымда сәулеленип атыр.... Гөне жайымызда арқадан киятырған жолаушылар үйдиң үстинен өтип, қубладағы "жыңғыл хәрем"ниң еки айра жеринен өтетуғын төте жолы бар еди...Бала емеспизбе, әке-шешемизге: -неге хәмме бизиң үйдиң үстинен өте береди, хәремди қаусырып байлаңса! хеш ким өтпесин!деймиз...Әкем хәм анам: -қой адамлар әнедей өтип атыр, булда сауапқо, олар ауылдың туу сыртынан айланыуға туура келеди, бул жол олардың алысын жақын етип турғо, қой балларыма, пейлиңизди кең қылың!десе бизлер; -неге олар бизиң қауын атыздан өтедиғо, ертең писсе алып қоядығо...десек: -ол пискен дақылда жолаушылардыңда хақы бар, олар сорап жейдиғо, қой балларым бул дүньяда бир адам бир адамға мийман !дейтуғын еди...бизлерде ата-анамыздың айтқан хәрбир сөзин "хат пенен қәлем" етип "хее усындай болыуы шәрт"екен деп ойлағанбыз....Үй тусынан өткенлерге әсиресе жаздың күни жазғы "қақыра"дағы анам писирип атырған майда қолдан қыйған "кеспас"ының ийиси шығып тур, уят болады,деп анам пақыр кишкене табақларға ишине ағаш қасық салып берер еди....оларда жатырқап я уялып отырмай шып-шып терге түсип жазлық сыпада отырып табағына қуйылған пайын ишип кетер еди....арасында ел гезип жүретуғын "лолылар"ғада қуйып берер еди ау анам пақыр.....көбинесе ауыл аралап "пилле алың" деп келген отдел баслық қайнағасы Жуманазар атамызғада үлкенирек табаққа қуйып бергенин , оныңда иштей менен ишип : -келин берекет тап , усы кеспасыңа бес кетеменау, хау мына бизиң үйдеги абысыныңа кеспас қыйыуды үйретсе, оның кеспасы енепаттай, сорпасын тартып кетеди, десе анам пақыр қолын көйлегиниң узын жеңи менен жасырып, ийбе менен күлимсирегени хәзир көз алдыма келип атыр..... Әкем дерлик хәр күни жумысының адамларын (көбиси Шоманай районынан еди) түсликке ертип келер еди...Анам қабақ шытпас сирә, еки аяғын қолына алып хызмет етер еди, үйшилик күнде гөш табыла бермейди, дурыс қора толы тауық, оны күнде сойсақта тауық гөшинен шықпас едик....бирақ анам гөшсиз ауқатларды да басқаша мазалы писирер еди.... Бир күни ағамның бирге ислескен кәсиплеси кишкене баласын ертип келди...Анам "шаж гүртик" писирди...мен қасында көмеклесип жүрмен :анам дәрхал еки зууала қамыр ийледи де кастрюлге суу қуйып газге қойып жиберди...маған үш төрт картошка тазалаттырды, қорадан төрт-бес мәйек әкелиуди буйырды...келсем анам картошканы табада азғана қолдан писип еритилген сары майға қууырып атыр екен, үстине мәйеклерди қуйып, астын пәслетип ,қақпағын жауып демге қойды да қамырды жайды, сол арада кастрюлдеги сууда қайнап, екеуимиз гүртик салдық...ойланаман, сууда пискен гүртикте дәм болама?деп...яқ гүртикте писти, оны үлкен подносқа сүзип, үстине сары майда қууырылған картошка хәм мәйекти жайып салды да, оның үстине қатық қуйып бир табағын қонақларға, бир "бала" табағын бизлерге берди...пах-пах қандай татлы еди ау, қонақ бала хәзз етип жеди.... Ертеңине жаңағы киси келип: -Жеңге ,кеше бизиң бала үйге барып, келиниңизге " мәйек бөрек, яқ яқ сыртында мәйеги менен картошкасы барынан писирип бер!деп шатқаяқты салды ау , бизиң үйдеги келиниңеде картошкалы бөрегиңди үйретсе!дегенде анам пақыр мардыйып қойды ау😢😢1,24%
- 13 авг.#мотивация Егер бахытқа ерисиў ушын Сизге екинши бир адам керек болады десеңиз қәтелесесиз... Бахытқа ерисиўди өзиңиз де еплей аласыз. Екинши адам сол ерискен бахтыңыздың қуўанышын бөлисиўге керекдур... 🌅 Жақсылық ислеў ушын қолыңыздан келгенинше бәрше имкәнияттан пайдаланың. Оның есесине Алла сизге күтилмеген саўғаларды таярлап қояды. Соның ушын да өмир жүдә қызықлы. Өмириңиз арзыўға, арзыўыңыз болса мазмунлы ўақыяларға айлансын! Күниңиз әўметли ҳәм мазмунлы өтсин! https://t.me/ibratli_sozler1,23%
- 11 авг.без подписи1,18%