Сахибжамал Сырғабаева
Статистика📍АВТОРЛЫҚ ҚОСЫҚЛАР. 🚫Автор рухсатысыз қосықларды атқарыў қадаған. ӨЗБЕКСТАН ХӘМ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЖАЗЫЎШЫЛАР АЎҚАМЫ АҒЗАСЫ
- Последний пост
- 11 авг.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 1
- Всего постов
- 20
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Видео (по похожим)
- В каталоге с
- 14 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 831
- 1/48двое суток
- 952
- 1/72трое суток
- 1 027
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
видео или голосовое, без подписи
видео или голосовое, без подписи
видео или голосовое, без подписи
27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети ҚР Жоқарғы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген байрам иләжы болып өтпекте. Каналға ағза болыў: ➡️ @hoja_uz
Сен қашанғы жас боларсаң… @Ssirgabaeva
📩
Пүткил өмирим даўамы желкемде Қылыш турар: Уллы Ибрайым шайырға жақсы қосық қарызым көп… Бахтыяр Генжемуратов
Шынлық хәр кимге хәр түрли естилиуи мүмкин бирақ негизин сақлап қалады. *Бәуке БАУЫРЖАН МОМЫШ УЛЫ. #сөзбәндиргиси @Ssirgabaeva
Май айныса дуз салады. Ер айныса не болар?! Шын бөрилер айнымайды. Айнығанлар ийт болар, сағал болар, түлки болар қуйрық былғап қаңсылар. Мәртлер елдиң дузы болар — айнымайды жақсылар! © Бахтыяр Генжемуратов ✍ «Моде хан сөзи яки Шин жипегиндеги битик» поэмасынан.
видео или голосовое, без подписи
видео или голосовое, без подписи
видео или голосовое, без подписи
ҚР Мәденият министри Б. Темирбаев қаяққа қарап отыр ? Елге танымалы болған, халық дүрданасы есапланған "Тумарис" операсы ҳәмде "Қырық қыз" балети сахналық костюмлары жеке шаңарақта, яғный сахнадан тыс жерде не қылып жүр !? Бул нызам талапларына қайшы емеспе ? Соңғы ўақытлары ер адамлардың нашар кийимлерин кийиў үрдиске айланыўына Мәденият тиккелей жол қойып атырған жоқпа ? Әйтеўир , Ташкентте арнаўлы тиктирилген театрымыз сахнасындағы пердени биреўдиң шаңарағында шымылдық болып қағылып турғанын көрип қалмасақ болар... ҚР Мәденият министрлигине бул жағдайға рәсмий мүнәсибет күтип қаламыз ! Каналға ағза болыў: ➡️ @hoja_uz ✅
видео или голосовое, без подписи
Аңыз адам бүгин келмес сапарына жөнеп баратыр. Сырғабай атамның көзин көрген және бир адам мен билмеген тарийхты өзи менен алып кетти. Жайыңыз жәннеттен болсын. Каналға ағза болыў: ➡️ @hoja_uz ✅
Ҳәзир “блогер”, “вайнер” заман талабы деп аспанға көтерип атыр. Бирақ Шайырлар, ӘДЕБИЯТ… Қанша қунлы шығармалар, тулғалар өз дәўиринде өз бахасын алалмай атыр. Мени қыйнайтуғын нәрсе изиңизди даўам ететуғын урпақ кимди Әпсана , талант деп айтады? Хәзир адамлардың турмыс жағдайы анақурлым жақсарып атыр, өкинишшиси руўхый дүньясы аш. Адамлар бир мәртелик арзан нәрсеге барлық заманда да өш болған бул дегени оны бийикке қойыу деген емес. Әдебият, мәдениятты өлтириў дегени емес. Бул сөзимди хеш бир басшыға , қошшыға тийисли деген пикирден аўлақ болың. Хәр бир адам өзи ушын қабыл етиуиниң тәрепдарыман. Руўхыятыңызды азықлантырып турың, хүрмет пенен ерке қызыңыз Сахибжамал Сырғабаева.
Ҳәси кетпе! Мәнгилик жоқ!- мына аспан астында, Қәбириңе қойып қайтар достыңда. Ҳеш кимге ийилмеген кербаз басың, Ширип кетер қара жердиң астында… Сен өлесең, өзгермейди дүньялар, Туўысқаның журт көзинше қыйналар, Ҳеш ким саған жолдас болып бармайды, Топрағыңды сырт бетинен сыйпалар. Әжел келсе алып қалар дейсеңбе?! Қалып кетер, жаннан артық сүйсеңде. Ақ таўарға оранып-ақ кетерсең, Тириликте ең қымбатын кийсеңде. Ҳәси кетпе! С.Сырғабаева @SSirgabaeva
Сахибжамал шайыр қызыма. "Аязый" вокзалдан поездға минип, Жаслар өрлемекте, жигерли күлип. Сахипжамалдың "Сөз бәндиргиси"нде Отырман китаптың даўамын күтип.. Бес күншелли бул ялғаншы өмирде, Язмыш дейди, санаўлы ҳәр демимде, Бүгин жалт еткен бир жулдызды көрдим, Сахибжамалдың "Сөз бәндиргиси"нде Бул пәрўазың бәлент болғай, шайыр қыз. Сөз өткирлеп, саплаўыңнан таныймыз. Сахипжамал бүгин жаңа дәўирде, Қайсар бол. Ерке бол. Ал биз қайылмыз! Базарбай Қалменов. (Нураный устаз) Нөкис. 11.01.2026-ж
Аңсаў Сынығындай сәўле түскен жарықтың Шала уйқас , қара сөзден жалықтым… Қарақалпақ деген батыр халықтың, Бүгин Ибрайымы болғандамеди?! Айдың туўар ўақты қашан алмасқан Төбемизде хәммеге тең бир аспан Аға десем төмен қарап турмастан Аз-кем шайыр тилин алғандамеди… Суу қуйып әдебияттың үнине Масқарапаз мәденияттың пириме, Нан писип тур желөкпелер демине Заман Маман бийди туўғандамеди… Өлпең дауыс қулағыңа барама Қайсы тилде не айтасаң балаңа Қалған жағы хүжданына хаўала… Туўры тәрезиге салғандамеди… С.Сырғабаева @Ssirgabaeva
“Мама мен сени жақсы көремееен”-деп айтыўға телефонын таппайман🥹