BILIMLENDIRIW PRESS/ TAXIR DAULETMURATOV
СтатистикаBul kanalda bilimlendiriwge tiyisli jańalıqlar sáwlelendirilip barıladı.
- Последний пост
- 15 авг.
- Последнее чтение
- 15 авг.
- Постов за неделю
- 25
- Всего постов
- 35
- Тип
- открытый
- Язык
- узбекский
- Категория
- Новости и СМИ (по похожим)
- В каталоге с
- 12 авг.
- 1/24сутки в ленте
- 787
- 1/48двое суток
- 901
- 1/72трое суток
- 972
Оценка по просмотрам недавних постов: пост набирает почти всё за первые сутки.
Посты
#Абитуриент ❗️МАНДАТ ШЫҚТЫ ⚡️ Жуўмақлаўшы таңлаў нәтийжелери (мандат) жәрияланды ✅ 2026/2027-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақлары бойынша таңлаў нәтийжелери жәрияланды. 📌 Таңлаў нәтийжелерин 3 түрли усылда билиў мүмкин. 1️⃣ my.uzbmb.uz сайты арқалы: my.uzbmb.uz/allow/bachelor-answer бетине кирип, абитуриенттиң паспорт сериясы ҳәм номери және ЖШШИР номерин киргизген ҳалда. 2️⃣ mandat.uzbmb.uz сайты арқалы: mandat.uzbmb.uz сайтына абитуриенттиң ID номерин киргизген ҳалда. 3️⃣ Тест нәтийжелери ведомость арқалы: Сондай-ақ, тест нәтийжелери протоколы жоқары оқыў орынларына усынылады. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
Өмир бизге барлық нәрсени тек қайтарып алыў шәрти менен ғана инам етеди. © Артур Шопенгауер Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
Енди пән бағдарлары бойынша миллий сертификат пенен докторантураға кирип болмайды Жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўге қабыллаўда миллий сертификатқа ийе талабанларды қәнигелик пәнинен имтиханнан азат етиў ҳәм оған максимал балл бериў тәртиби бийкар етилмекте. Бул дегени, мектеп ямаса улыўма билим бериў бағдарламалары тийкарында алынған пән сертификаты енди докторантураға кириўде жеңиллик бермейди. Негизинде бул әдалатлы қарар. Себеби докторантура мектеп билимлерин емес, қәнигелик бойынша терең таярлық ҳәм илимий потенциалды баҳалайтуғын басқыш. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
⚡️Мандат ертең жәрияланады! - Жоқары билимлендириў министри Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
НӨКИСЛИ ОҚЫЎШЫЛАР ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ОЛИМПИАДА ЖЕҢИМПАЗЫ БОЛДЫ 🇬🇧Усы жылдың 2-7-август күнлери Уллы Британияның Лондон қаласында болып өткен Халықаралық XPERTSTEM Олимпиадасы финал басқышында Нөкис Президент мектебиниң 9-класс оқыўшысы Абдиреимова Гулбану ҳәм 6-класс оқыўшысы Муратбаева Нурзада инглиз тили пәнинен қатнасып, сыйлы 2-орынды алыўға миясар болды. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
Өзбекстанда балаға әкесиниң атын фамилия сыпатында қойыўға рухсат берилиўи күтилмекте Тийисли нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. Оған бола, Шаңарақ кодексиниң 69-статьясына әкениң атын балаға фамилия сыпатында бериў имканиятын нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
Өмирим даўамында бойыма тең китап жаздым. Бирақ мени жақтырмайтуғынлар буннан да айып изледи: «Онысыз да бойы кишкене еди», - деп айтыўдан арыға өтпеди. — Әзиз Несин Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
«Базда гәзийне өз үйиңде жайласқанын түсиниў ушын пүткил дүньяны гезип шығыўыңа туўра келеди». © Пауло Коэльо, «Алкимёгар» Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
❗️В2 сертификаты жоқ шет тили муғаллимлери менен мийнет шәртнамасын бийкарлаў усыныс етилди, жойбар додалаўы бүгин жуўмақланады Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен шет тили муғаллимлерине байланыслы қарар жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды. Жойбарға бола, В2 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық сертификатқа ийе болмаған улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң шет тили муғаллимлери менен мийнет шәртнамасы нызамшылықта белгиленген тәртипте бийкар етилиўи усыныс етилмекте. В2 сертификатына ийе болиў талабы әмелдеги ҳүкимет қарарында алдыннан белгиленген. Жаңа жойбар болса бул талап орынланбаған жағдайда мийнет шәртнамасын бийкар етиў тәртибин анықластырмақта. 📌Жойбар додалаўы бүгин – 12-август күни жуўмақланады. ☝️Жуўмақлаўшы қарар додалаў нәтийжелерине бола қабыл етиледи. Жойбар силтемеси: 👉 https://regulation.adliya.uz/project/10653/33288?contentLang=uz Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
2026-2027-оқыў жылында өткерилетуғын руўхый-ағартыўшылық илажлар режеси ҳәмде психологтың жыллық жумыс режеси тастыйықланды ✔️МШҳМБМниң 2026-жыл 6-августтағы 288-санлы буйрығы Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
❗️2026/2027-оқыў жылында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын тийкарғы ўазыйпалар белгиленди Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң 2026-2027-оқыў жылына пуқта таярлық көриўи, тәлим-тәрбия процесин заманагөй талаплар тийкарында нәтийжели шөлкемлестириўи ҳәм балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде жаңа оқыў жылы ушын тийкарғы ўазыйпалар белгиленди. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
Сүўреттеги бул инсанға дүньядағы бәрше оқытыўшы ҳәм оқыўшылар ҳәзирги күнге шекем миннетдар болып келмекте, десекте болады. Өйткени, бул инсан АҚШлы Манн Хорас Гораций педогог сиясатшы болып, 1837-жылы мектептеги 3 айлық жазғы дем алысты ойлап тапқан еди. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
#Билесиз_бе? Япон мектеплеринде жазғы дем алыс (каникул) берилмейди 5 ҳәптелик каникуллар оқыў жылы дәўиринде бериледи ҳәм сол дәўирде де оқытыўшылар оқыўшылар менен үзликсиз шуғылланып келеди. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
#Мотивация 🟣Ким болғаның әҳмийетли емес, ким болыўың әҳмийетлирек! Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
❗️2027-жыл ушын жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў квоталары тастыйықланды Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң 2026-жыл 11-августтағы 337-санлы буйрығы менен қабыллаў квоталары тастыйықланды. Жәми квоталар саны – 4 840. Бул квоталар республикадағы 234 илимий ҳәм билимлендириў шөлкемлери кесиминде бөлистирилди. 📌Квоталар төмендегише белгиленген: ▪️стажёр-изертлеўшилерге – 400; ▪️таяныш докторантураға – 3 900; ▪️докторантураға – 540 квота. ❓Бул нени анлатады? 2027-жылғы қабыллаўда тийкарғы квота таяныш докторантураға ажыратылған. Яғный PhD басқышына талап ҳәм мүтәжлик жоқарылығынша қалмақта. Соның менен бирге, стажёр-изертлеўшилер ҳәм докторантура ушын да өз алдына квоталар тастыйықланғаны илимий кадрлар таярлаў системасы басқышпа-басқыш даўам ететуғынын көрсетеди. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
#Билесиз_бе? Неке жасына жетпеген перзентин турмысқа берген ата-ана жуўапкершиликке тартылады Ата-ана яки олардың орнын басыўшы шахслар тәрепинен неке жасына жетпеген шахсты некеге бериў яки үйлендириў БЕМниң 7 есесинен 15 есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады. Мағлыўмат ушын, неке жасы ерлер ҳәм ҳаяллар ушын 18 жас етип белгиленген. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
Жоқары оқыў орны питкериўшилерине имтихансыз маманлық категориясы бериледи Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 29-июльдеги 411-санлы қарары менен педагогларды аттестациядан өткериў тәртибине өзгерис киргизилди. 🔴 Бакалаврлар ушын: Жеңилликли (қызыл) диплом менен питкерип, мектепке биринши мәрте жумысқа киргенлерге аттестациясыз туўрыдан-туўры екинши маманлық категориясы бериледи. 🟢 Магистрлер ушын: Магистратураны тамамлап, барлық пәнлерден ҳәм аттестациядан «5» (90-100 балл) нәтийже көрсеткенлерге биринши маманлық категориясы бериледи. Қалған магистр питкериўшилерине болса екинши маманлық категориясы берилиўи белгиленген. 📌 Жаңа тәртип жас ҳәм билимли педагогларды мектеплерге тартыў ҳәм олардың жоқарырақ маманлық категориясы менен мийнет жумысын баслаўын тәмийинлеўге қаратылған. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
❗️Баслаўыш тәлим муғаллимлерине маманлық сертификаты, ҳуқықтаныў пәнинен болса миллий сертификат бериў жолға қойылады Ҳүкиметтиң тийисли (411-санлы, 29.07.2026-жыл) қарары менен, 2026/2027-оқыў жылынан баслап: ➖ Баслаўыш тәлим муғаллимлеринин билим дәрежеси ҳәм педагогикалық шеберлиги аниқланып, оларға 3 жыл мүддетке әмел етиўши A+, A, B+, B, C+, C сертификатлары бериледи. B+ ҳәм оннан жоқары сертификатқа ийе оқытыўшылардың айлық мийнет ҳақысына 15 процент үстеме төленеди; ➖ Ҳуқықтаныў пәнин билиў дәрежесин анықлаў ҳәм миллий сертификат бериў жолға қойылады; ➖ Қытай, корейс, япон, испан, итальян, парсы, дарий, пушту, урду, ҳинд ҳәм уйғыр тиллеринен шет тилин билиўдиң көп дәрежели (multi-level) тест системасы енгизиледи. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
❓Пенсионер муғаллимлерге сабақ бериў шәрт пе? Пенсионер муғаллимлерге сабақ бериў мәселеси ҳәр жылы көплеген додалаўларға себеп болады. Биреў оларға сабақ бермеў керек десе, басқалар олардың тәжирийбесинен пайдаланыў кереклигин айтады. Халық билимлендириў инфо усы сораўға жоқарыдағы видеода нызамлы тийкарлар менен жуўап бериўге ҳәрекет еткен. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
🏫 Ташкентте жеке меншик мектеплерде оқыў қанша турады? 2026/2027-оқыў жылы ушын Ташкент қаласындағы айырым жеке меншик мектеплерде айлық ҳәм жыллық төлемлер мәлим болды. 💰 Айлық төлемлер: 🔹 Global Elite School — 3,1–4,1 млн сўм 🔹 Wisdom School — 4,4 млн сўм 🔹 Intello School — 4,5–6 млн сўм 🔹 Salam International School — 4,5–7 млн сўм 🔹 Evrika — 4,6–6,2 млн сўм 🔹 Lumos Mind — 4,8 млн сўм 🔹 UK School of Tashkent — 5 млн сўм 🔹 Nshtein School — 5 млн сўм 🔹 Wise School — 5 млн сўм 🔹 Rahimov School — 5,1–6,5 млн сўм 🔹 Little Harvard — 5,2–7 млн сўм 🔹 «Вселенная знаний» — 5,3 млн сўм 🔹 Cool Kids — 5,5 млн сўм 🔹 International Goldstars School — 5,9–8,7 млн сўм 🔹 Euroasia School — 6 млн сўм 🔹 Humo School Academy — 6–7 млн сўм 🔹 Oriental School of Tashkent — 6 млн сўм 🔹 Vosiq International School — 6,592–8,652 млн сўм 🔹 Mezon Inspiring School — 6,9 млн сўм 🔹 Smart School — 6,9 млн сўм; Cambridge дастури — $825–1 050 🔹 «Школьная Академия» — 7 млн сўм 🔹 Profi School — 7,222–10 млн сўм 🔹 Happy Time — 7,8 млн сўм 🔹 Diplomat International School — 7,9–9,8 млн сўм 🔹 Sehriyo — 7,9 млн сўм 🔹 Wunderkind Study — 8,4 млн сўм 🔹 Bek School Future Education — 8,5 млн сўм 🔹 Oxbridge International School — 8,5–25 млн сўм 🔹 Intellect — 8,6 млн сўм 🔹 Leader School — 9,6–12,5 млн сўм 🌍 Жыллық төлемли мектеплер: 🔸 International Talent Academy — 133,5–207,5 млн сўм 🔸 Westminster International School — 155,05–262,3 млн сўм 🔸 The British School — 173,28–328,444 млн сўм 🔸 Invento the Uzbek International School — 178,8–246 млн сўм 🔸 Cambridge International School — 208,818–323,001 млн сўм 🔸 Tashkent International School — $23 000–33 000. 📌 Әҳмийетли: төлем муғдары класс, билимлендириў бағдарламасы, билимлендириў тили ҳәм филиалға қарап өзгериўи мүмкин. Айырым мектеплерде қабыллаў ямаса дизимнен өтиў төлеми де өз алдына өндириледи. ☝️Мағлыўматлар 2026-жыл 6-август жағдайына бола. Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress